Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында


-2015-жылларда «Банк системасын раўажландырыў»



бет24/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25

2011-2015-жылларда «Банк системасын раўажландырыў» бағдарламасына муўапық, кәрханаларды модеринизациялаў, техника ҳәм технологиялық жақтан қайта қурыў бойынша инвестициялық проектлерди ҳәм экономиканың реал сектор тармақларын ҳәмде киши бизнес пенен шуғылланыўшы исбилерменлерди пул қаржылары менен тәмийинлеў, коммерциялық банклер тәрепинен кредитлестириў көлемин 2,8 есеге асырыўды тәмийинлеў нәзерде тутылған. Усыны есапқа алып мәмлекетимиздеги әмелге атырған реформалар нәтийжесинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўын рауажландырыўға айрықша итибар қаратылып, жәмийетимиздиң социал-экономикалық таянышы болған орта класстың қәлиплесип барыўына ерисилмекте.

Егер 2000-жылда мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң 31% ти киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери үлесине туўры келген болса, 2010-жылдың жуўмағы бойынша бул көрсеткиш 53% ке жетти. 10 жыл арасында бундай үлкен көрсеткишке ерисиўдиң баслы себеплериниң бири деп – сол ўакыт даўамында бул тараў субъектлерине қаратылған итибар, атап айтқанда, олар ушын берилген кредитлерди ҳәм жеңилликлерди келтирип өтиўимизге болады. Сондай-ақ мәмлекет экономикасында бәнт болғанлардың 74% инен асламы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўында хызмет көрсетпекте. Өткен 2010-жылдың өзинде бул тараўды раўажландырыў есабынан 480 000 жаңа жумыс орынларын жаратыўға ерисилген болса, соның 60% инен асламы аўыллық аймақларда шөлкемлестирилгенлигин айтып өтиў лазым. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетимиз экономикасында тутқан орнын есапқа алған ҳалда, коммерциялық банклер тәрепинен финанслық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар берилмекте. 2010-жылда усы тараўға ажыратылган кредитлер есабынан республикамыздың барлық орынларында 280 000 нан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине ажыратылған микро-кредитлер көлеми 2009-жылға салыстырғанда 1,5 есеге көбейди ҳәм 485 млярд. сўмнан асып кетти

Бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық орынларында 81 филиал ҳәм 284 мини банктен ибарат кең көлемдеги хызмет көрсетиў тараўына ийе болған «Микрокредит банк» киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде өз жумысын алып бармақта. Өткен 2010-жылда «Микрокредитбанк» тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти, әсиресе аўыллық орынларда усы тараўды раўажландырыўға 214,5 миллиард сўмнан зыят кредитлер ажыратылған болып, бул көрсеткиш 2009-жылға салыстырғанда 1,4 есеге көп.

Бүгинги күнде республикамыздағы барлық коммерциялық банклер экономиканың жоқары бағдары есапланған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң инвестициялық проектлерин кредитлестириў ҳәм финансластырыў мақсетинде «Азия раўажланыў банки», «Ислам раўажланыў банки» ҳәм басқа шет ел инвесторларының қаржыларын актив түрде өзине тартпақта. Тийкарынан өткен жыл даўамында усы мақсетлер ушын улыўма қуны 146 миллион АКШ доллары муғдарындағы шет ел кредит линияларын өз ишине алыўын тәмийинледи.

Солай етип, миллий экономикамыздың жоқары дәрежеде болыўы мәмлекетимиздиң рауажланыўының тийкарғы бағдары болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға ҳәм бул тараў бойынша өз жумысларын алып барыўшы исбилерменлерге кең орталық жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға байланыслы екен.
Әдебиятлар

1.Каримов И.А. Елимизди модернизациялаў жолын избе-из даўам еттириў – раўажланыўымыздың әҳмийетли факторы. Еркин Қарақалпақстан. 2010-жыл 9-декабрь

2.Болтабоев М.Р., Қосимова М.С, Эргашходжаева Ш.Ж, Ғойибназаров Б.К., Самадов А.Н, Ходжаев Р. Кичик бизнес ва тодбиркорлик. Тошкент – 2010
РЕСПУБЛИКАМЫЗДА КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА АЛЫП БАРЫЛЫП АТЫРҒАН ИЛАЖЛАР
Пирниязова Г., Ертелесова А.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Мәмлекетимизде алып барылып атырған экономикалық жеделликлердиң алға илгерлеўи нәтийжесинде базар экономикасына кең жол ашылғанлығы исбилерменлик ҳәрекетлерииниң барлық қатламларында хызмет көлеминиң еледе кеңейиўине алып келмекте. Бизге белгили, ҳәзирги күнде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик республикамыз экономикасының тийкарғы таяныш күшине айланбақта. Усыларды есапқа алған ҳалда Президентимиз И.А.Каримов 2011- жыл «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» деп белгиледи ҳәм зәрүр нызамлар,қарарлар, пәрманлар ҳәм ҳукуқый норматив-хужжетлер қабыл етилген болып, олар бүгинги күнде турмысымызға енгизилмекте. Буның тийкарғы мақсети қызықтырыўшылық тийкарында бизнес ҳәм исбилерменликке шақырыў болып табылады. Әлбетте бул ҳақ жол менен.

Ҳәзирги күнде бул тараў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде киши бизнес субьектлериниң 2000-жылда жалпы ишки өнимниң 31 % усы сектор үлесине туўра келген болса, 2010 – жылға келип, бул көрсеткиш 52,5 % ти қурағанлығы бизге белгили. Бундай жоқары көрсеткиш биринши гезекте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң мәмлекет тәрепинен турақлы түрде қоллап-қуўатланып атырғанлығының нәтийжеси болып табылады Соныңдай-ақ, өткен жыл қаржыландырыў мекемелери тәрепинен киши бизнес субъектлерине ажыратылған кредитлер муғдары 2 трил. 700 млрд сумға жетип, оның 485млрд сумнан артығы микро кредитлери екенлиги үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзирги ўақытта көпшилик пуқараларымыз Республикамыздағы аграр районлар қатарына киретуғын Төрткул районында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын қолайлы шараят жаратылғанлығы себепли, Төрткул райондағы пахта тазалаў кәрханасы жәмәәти, райондағы «НАМУКА» машина трактор паркиның қараўсыз жатқан бинасына 20 млн сум қаржы ажыратып оны реконструкциялап, таўықшылық фирмасына айлантырды. Фирмаға 47млн сумлық заманагөй технологиялар алып келип орнатылып, фирма жергиликли киши базарларға дәслепки пархез гөш өнимлерин ислеп шығарды. Соныңдай-ақ, «Қарақалпақпахтасанаат» акционерлик бирлеспеси тәрепиненде Арал бойы территориясында және усындай алты таўықшылық фирмасын иске қосыў әмелге асырылмақта.

Бүгинги қунге келип республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызмети менен шуғылланып атырғанлардың саны аз муғдарды қурайды, себеби гей бир адамлар ушын бул қосымша хызмет түри болып есапланса, гей бир адамлар ушын тийкарғы хызмет түри болып табылады.

Сонлықтанда республикамызда Экономикалық реформаларды тереңлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў республикамызда өткерилип атырған экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Бул болса экономикалық бәсекиниң раўажланыўын, тутыныў базарын товарлар ҳәм хызмет түрлери менен толтырыўды, сондай-ақ жеке исбилерменликтиң кең қатламын жаратыўды талап етеди. Усыларды есапқа алып, бүгинги күнде Республикамызда төмендеги мәселелерди шешиў лазым:

- халықтың кең қатламларын базар хызметине алып кириў, олардағы бағыўшылық, тутыныўшылық психологиясын сапластырыў, арнаўлы жеке исбилерменлик, киши бизнес пенен актив шуғылланыў қәлеўин (қызығыўшылығын) оятыў;

- аўыл хожалығындағы экономикалық қатнасықларды түптен жаңалаў, дийхан ҳәм фермер хожалықларының хызметин жәнеде раўажландырыў ҳәмде олардың санын мүмкиншилиги барынша көбейтиў, аймақларда киши кәрханалар шөлкемлестириў жолы менен ўақтынша жумыссыз жүрген адамларды қосымша жумыс орынлары менен тәмийинлеў;

- регионда базар мүнәсебетлери ҳәм инфраструктураны жеделлестириў, экономикалық бәсекини раўажландырыў ушын шарт-шараятлар жаратыў;

- республика халқының өсип баратырған талап ҳәм мүтәжликлерин толығырақ қанаатландырыўға хызмет етиўши экономикалық ҳәм социаллық шараятларды жаратыў;

- көрсетилетуғын хызметлер түрин ҳәм дәрежесин кескин арттырыў, банк, аудиторлық, консалтинг ҳәмде түрли дәлдәлшылық хызметлерди ҳәзирги заман илим ҳәм техника жетискенликлери тийкарында жоқары дәрежеде шөлкемлестириўди тәмийинлеў;

- кәрханаларды басқарыў нәтийжелигин арттырыў, олардың экономикалық жақтан ғәрезсиз болыўларын тәмийинлеў ушын шараятлар жаратып бериў;

- орынларда ислеп шығарылып атырған өнимлер түрлери ҳәм көлемин базар талапларына муўапық аңсатлық пенен масластыра алатуғын тутыныў базарын товар менен толтырып, экспорт ушын товар шығара алатуғын киши кәрханаларды дүзиў.

Бизге мәлим, республикада мийнетке қәбилетли халықтың 65,3 проценти аўыллық жерлерде жасайды. Бул аўыллық орынларда исбилерменликтиң раўажланыўы ушын жүдә үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетеди. Соның менен бирге, аўыл хожалық өндирисинде бәнт болған артықша жумыс күшлерин хызмет көрсетиў, қайта ислеў ҳәм сол сыяқлы бағдарларға қайта бөлистириў керек. Аўылда исбилерменликти, оның киши бизнес формаларын раўажландырыў менен байланыслы түрли басқарыў дәрежелеринде шөлкемлестириўшилик-экономикалық мәселелерди шешиў ең баслы мәселелер қатарына киреди.

Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын мәмлекетимиз көлеминде төмендеги мәселелерди шешиў лазым:

- аймақларда ҳақыйқый исбилерменлик орталығын жаратыў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў;

- киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң ҳуқықый базасын беккемлеў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти технологиялық үскенелер менен тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў;

- реформалар нәтийжелерин реклама ҳәм хабар хызметлери қураллары арқалы кең массаға жеткериў.

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлерин шөлкемлестириў жолларын әпиўайыластырыў;

- исбилерменлик субьектлери ислеп шығарып атырған өнимлерди сатыў ушын жеңилликлер бериў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери хызмети ушын еркинликлер бериў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлердиң ресурслардан пайдаланыў имканиятларын кеңейиттириў;


Әдебиятлар:

1.«Халқ сөзи» газетасы 2011 жыл 22-январ № 16 (5183)

2.И.А.Каримов «Елимизде модернизациялаў жылы избе-из даўам еттириў, раўажландырыўдың әҳмийетли факторы» «Еркин Қарақалпақстан» 2010-жыл 9-декабрь


  1. Интернет мағлыўматлары: Google.uz


KICHIK BIZNES VA XUSUSIY TADBIRKORLIK YILIDA HUQUQIY ISLOHOTLARNING AMALGA OSHIRILISHI
Pirniyazova G., Nodirov M.

Qoraqalpoq davlat universiteti
Barchamizga ayonki O’zbekiston Respublikasi o’z mustaqilligiga erishganidan so’ng o’z oldiga bozor iqtisodiyotiga asoslangan erkin demokratik davlat barpo qilishni maqsad qilib qo’ygan edi. Bugungi kunga qadar amalga oshirilib kelinayotgan islohotlar qatori bu yilning “Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik yili” deb elon qilinishi tadbirkorlik sohasidagi islohotlarga ham alohida etibor berilayotganini bugungi kunning o’zi yaqqol ko’rsatib turibdi. Avvalambor shuni ta’kidlash joizki tadbirkorlik – aholi farovonligining muhim omili, jamiyat ravnaqi va iqtisodiyotni barqarorlashtirishning vositasi hisoblanadi. Shu asnosda bugungi kunga kelib mamlakatimizda tadbirkorlik, kichik biznes sub’yektlari manfaatlarini himoya qilishga alohida e’tibor qaratilib kelinmoqda. Prezidentimiz Islom Karimov o’zining “Mamlakatimizda demokratik islohotlarni yanada chuqurlashtirish va fuqarolik jamiyatini rivojlantirish ” deb nomlangan ma’ruzasida bu to’g’risida quyidagi fikrlarni qayd etib o’tadi: “Birinchi navbatda, xususiy mulkning huquq va himoyasini mustahkamlashimiz, har qaysi xususiy mulkdor qonuniy yo‘l bilan qo‘lga kiritgan yoki yaratgan o‘z mulkining daxlsizligiga aslo shubha qilmasligini ta’minlaydigan ishonchli kafolatlar tizimini yaratishimiz zarur.

Har bir tadbirkor avvalo shuni aniq-ravshan bilib olishi kerakki, davlat xususiy mulkdor huquqlarining himoyachisidir. Shuning uchun ham tadbirkorlar o‘z biznesiga bexavotir investitsiya kiritishi, ishlab chiqarish faoliyatini kengaytirishi, mahsulot hajmi va olayotgan daromadini ko‘paytirishi, o‘z mulkiga o‘zi egalik qilishi, foydalanishi, tasarruf etishi lozim. Ayni shu maqsadda bozor iqtisodiyotining negizi hisoblangan xususiy mulkka nisbatan davlat tomonidan berilayotgan asosiy kafolatlarni mustahkamlashga qaratilgan “Xususiy mulkni himoya qilish va mulkdorlar huquqlarining kafolatlari to‘g‘risida”gi Qonunni ishlab chiqish va qabul qilish zarur.”35

Darhaqiqat, kichik biznes va xususiy tadbirkorlikni rivojlantirish shuningdek bu yo’ldagi har qanday to’siqlarni bartaraf etish, davlat nazorat organlarining korxonalar faoliyatiga noqonuniy aralashuviga to’la barham berish mamlakatimiz taraqqiyotining muhim vazifalaridandir. Shu nuqtai nazardan qaraganda 2011 yilning “Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik yili” deb e’lon qilinishi va Davlat dasturining joriy etilishi mulkdorlarning o’rta sinfini shakllantirish, ichki bozorni raqobatbardosh va sifatli mahsulotlar bilan to’ldirish, yangi ish o’rinlarini yaratish va shu asosda aholi daromadlarini ko’paytirish va farovonligini oshirishga xizmat qiladi.

Muhtaram prezidentimiz Islom Karimov 2010 yil 12 noyabr Oliy majlis palatalarining qo’shma majlisida “Mamlakatimizda demokratik islohotlarni yanada chuqurlashtirish va fuqarolik jamiyatini rivojlantirish konsepsiyasi” deb nomlangan ma’ruzasida oilaviy biznesni qonuniy belgilab qo’yish to’g’risida ham birmuncha fikrlarni aytib o’tadi. Unda shunday deyilgan: bugungi kunda kichik biznes va tadbirkorlikni kengaytirish uchun biznesning yangi tashkiliy-huquqiy shakli sifatida oilaviy biznesni qonuniy belgilab qo‘yish vaqti keldi. Mamlakatimizda biznesni tashkil qilishning ushbu shakli biznesni yuritishda yuzaga kelgan milliy an’analarimizga, xo‘jalik yuritish faoliyatining mavjud holatiga to‘la mos keladi. Ishonchim komilki, bunday biznesni tashkil qilishning qonunchilik bazasi yaratilsa, oilaviy biznesning huquqiy kafolatlarini kuchaytirish, iqtisodiyotning turli sohalarida uning jadal va keng rivojlanishi va yangi ish o‘rinlarining ochilishiga sharoit tug‘iladi.

Bunday qilinayotgan amaldagi ishlarning samarasi o’laroq sud huquq tizimining, jumladan, xo’jalik sudlarining zimmasiga katta mas’uliyat yuklangan. Xususan, xo’jalik sudlarining 2010 yildagi faoliyati ham odil sudlovni amalga oshirishga, xo’jalik munosabatlarida qonunchilikni mustahkamlashga, Prezidentimiz tomonidan tadbirkorlik sub’yektlarining faoliyatiga to’siq bo’layotgan holatlarni bartaraf etish borasida belgilab berilgan vazifalarni bajarishga qaratildi.

Respublikamizda tadbirkorlik sub’yektlarining huquqlari va qonuniy manfaatlarini himoya qilishga, sud huquq tizimini liberallashtirishga qaratilgan normativ hujjatlarning qabul qilinishi, fuqarolarning huquqiy savodxonligini oshirib borish natijasida ularning qonunlarga va sud tizimiga bo’lgan ishonchi kundan kunga ortib, xo’jalik sudlariga murojaatlari yildan yilga ko’payib bormoqda. Xo’jalik sudlarida 2009 yili 265 mingdan ish ko’rilgan bo’lsa, 2010 yilda bu ko’rsatkich 293 mingdan oshgan.

O’tgan yili da’vogarlar foydasiga 10 trillion 400 milliard so’mdan ortiq mablag’ hamda respublika byudjetiga 79 milliard 600 million so’m davlat boji undirish haqida sud hujjatlari qabul qilindi.

Tadbirkorlarga qulayliklar yaratish maqsadida 126 ming 500 ta yoki 43 foizdan ko’proq ish bevosita joylarda, ya’ni sayyor sud majlislarida ko’rildi.

Aytish kerakki, mamlakatimizda kichik biznes va xususiy tadbirkorlik sub’yektlarining moliyaviy – xo’jalik faoliyatiga davlat va nazorat tuzilmalarining aralashuvi keskin kamayib, shuningdek, soliq va boshqa to’lovlar borasida ularga qulayliklar yaratilib, imtiyozlar berilayotgan bir paytda davlat va nazorat organlari tomonidan tadbirkorlik sub’yektlarining huquq va qonuniy manfaatlariga zid hujjatlar qabul qilinishi hamon uchrab turibdi. O’tgan yili davlat va nazorat organlarining kichik biznes va xususiy tadbirkorlik sub’yektlarining huquq hamda qonuniy manfaatlariga xilof ravishda chiqarilgan 389 ta hujjati sudlar tomonidan haqiqiy emas deb topilib, huquqbuzarlikka yo’l qo’ygan 61 nafar mansabdor shaxsga sud ta’sir choralari qo’llandi.

Xulosa qilib aytganda, tizimda olib borilayotgan keng ko’lamli ishlar qonun ustuvorligini ta’minlash, odil sudlovni amalgam oshirish, iqtisodiyot sohasida qonunchilikni yanada mustahkamlash, kichik biznes va xususiy tadbirkorlik sub’yektlarining huquqlari va qonuniy manfaatlarini himoya qilish hamda ularning huquqiy madaniyatini oshirishga yo’naltirilganligi “Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik yili” da zimmamizga yanada mas’uliyatli vazifalarni yuklaydi.


Әдебиятлар

1.Каримов И.А. «Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари».Тошкент – «Узбекистон» 2009

2.Қосимов Г.М. Транспорт корхоналарида менежмент. Тошкент- «Узбекистон» 2001
ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИН МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП ҚУЎАТЛАНЫЎЫ
Қәлимбетов X., Жаңабаева Г.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Мәмлкектимиз экономикасында киши бизнестиң роли айрықша әҳмийетке ийе. Мәмлекетимизде шет мәмлекетлери тәжирийбелерине сыйынған ҳалда киши бизнести раўажландырыўға үлкен итибар берилмекте.

Президетимиз И.А.Каримов 2010–жылда елимизде социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм 2011-жылға мөлшерленген ең әҳмийетли бағдарларға бағышланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәжилисиндеги «Барлық реже ҳәм бағдарламаларымыз Уатанымызды буннан былай да раўажландырыўға, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди» атамасындағы баянатында – киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик экономикамыздың тез өзгерип туратуғын, базар талапларына жуўап бериўин тәмийинлейтуғын заманагөй структураларды қәлиплестириўде, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўде ҳәм халықтың дараматларын арттырыўда қәншелли әҳмийетли рол ойнайтуғын әлбетте терең түсинемиз, деп айрықша атап өткен ети. Хақыйқатында да бул тараўдың елимиздиң ишки базардағы орны, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге әҳмийети, соның менен биргеликте, экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеўдеги хызмети соңғы жылларда айқын көзде тасланбақта.

Мүлк ийелериниң орта класын қәлиплестириў, ишки базарды бәсекилесликке шыдамлы ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм усы тийкарда халықтың дараматларын көбейтиў және абаданлығын арттырыўдың әҳмийетли факторы, елимиздиң раўажланыўы жолындағы белсенди ҳәрекетлендириўши күш сыпатында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ушын қолай шәраятларды жаратыў бойынша анық мақсетке бағдарланған кең илажлар комплексин әмелге асырыў мақсетинде, 2011-жыл Өзбекстан Республикасында «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» деп жәраяланды. Усы мүнәсебет бенен Мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары шығып, төмендеги бағдарлар белгилеп берилди. Бизнес орталыгын жаратыў, жеке мүлкшиликтиң үстинлигин беккемлеўге қаратылған нызам ҳүжжетлерин жетилистириў ҳәм бунда исенимли кепилликлерди тәмийинлеў, киши бизнес субъектлериниң финанс-кредитлик және шийки зат ресурсларынана, олар ислеп шығаратуғын өнимлерге мәмлекетлик буйыртпалар бериўинен кең пайдаланыўын тәмийинлейтугын базар қураллары ҳәм механизмлерин енгизиў де нәзерде тутуылған. Бул илажларды мәмлекетимизде турақлы әмелге асырыўында экономика саласының ҳәм оның бир бөлеги есапланған киши бизнес ўәкиллери табыслы шешиўине өз үлеслерин қоспақта.

Быйылғы жылда жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес пенен шуғылланыўшылар ушын ҳәр қашанғыдан да кең имканиятлар жаратылатуғынлығы тәбийий.

Республика экономикасының қүдиретине күш қосыўда аймақларда бир неше өндирислик кәрханалар өз өнимлерин ишки ҳәм сыртқы базарларға шығарып, мәмлекетимиз ғазынасының дәраматларын көбейтиўде өз үлесин қоспақта. Бул бириншиден болса, екиншиден бундай кәрханалардың ашылыўы менен жумыссызлық да сапластырып, яғный жумыссыз жүрген пухаралардың жумыс бенен бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын ийелемекте.

Мәселен, «Халқабад» колбаса өнимин ислеп шығарыўшы кәрханасының иске түскенине көп жыл болмасада сыртқы базарларда өз қарыйдарларын таўып үлгерди. Бул кәрханаға өткен жылы Президентимиз И.А.Каримов журтымызда болған сапарында жетилистирип атырған өнимлерин барып көрди ҳәм кәрхананың турмысы менен жақыннан танысты. Журтбасшымыздың Республикамызға айрықша итибарының нәтийжесинде усындай кәрханалар пайдаланыўға билмекте.

Елимизде жеке исбилерменликти раўажландырыў бағдарында жаратылып атырған мине усындай мүмкиншиликлерден орынлы пайдалана билген исбилермен азаматлардан бири Беруныйлы Базарбай Машарипов өткен 2010-жылдың июль айында райион аймағындағы дерлик сегиз жылдан берли өз жумысын тоқтатып турған «Беруный агросанаат» сынар кәрханасын Биржа арқалы сатып алып « Шаббазлы Базарбай уста» атамасында жуўапкершилиги шекленген жәмийетин иске түседи.

Исбилермен дәслеп жаңа имаратты өзиниң жумыс ислеўи ушын қолайластырып алыў мақсетинде 27 миллион 451 мың сўмлық қайта реконструкция ҳәм қурлыс-мантажлаў жумысларын әмелге асырды. Соң халықтың талап хәм мүтәжликлерин үйренип шығып 130 миллион 238 мың сўм көлеминдеги Кория Кытай ҳәм Европа мәмлекетлеринде ислеп шығарылған заманагөй технологиялар алып келип орнатты. Нәтийжеде бүгинги күнге келип бул орында бир неше түрдеги колбаса, макарон, пешенийе ҳәм кондитор өнимлери ислеп шығарып, ишки базарларымызды тәмийинлемекте.

Экономикалық реформаларды ен жайдырыў барысында өним жетистириў көлемин арттырыў менен бирге оларды қайта ислейтуғын өндирислик кәрханалар ашыўға да айрықша итибар қаратылмақта.

Жақында ғана Нөкис қаласында Кипр мәмлекетиниң «Akofom» компаниясы менен биргеликте терини қайта ислейтуғын қоспа кәрханасының иске түскенлиги де буның айқын дәлили. 17-март күни бул кәрхананы иске түсириў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, кәрхананы қурып питкериўде жигерли мийнет еткен қурлысшылар менен монтажлаўшыларға, сырт елли шерикшилерге терең миннетдаршылық билдирди.

Республика басшысының атап өткениндей, улыўма нырқы 10 млрд сумнан зият бул кәрханада ҳәзирше 720 миллион сўмлық қурлық-мантажлаў жумыслары әмелге асырылды. Кәрханада өндирислик шығынларды зиянсызландырыў бойынша санитариялық талаплардың толық орынланыўын үлкен әхмийет берилген.

Жылына 240 мың данадан аслам қарамал терисин қайта ислеў қуўатына ийе кәрханада 80 нен аслам жаңа жумыс орнының шөлкемлестириўи халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге унамлы тәсир көрсетеди.

Кәрхананы маман қәнийгелер менен тәмийинлеўге, жумысшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар бермекте.

Келешекте кәрханада қой-ешиклердиң терилерин де қайта ислеў ҳәм 100ге жақын жаңа жумыс орынларын ашыў режелестирип атыр. Кәрхананы шийки зат пенен тәмийинлеў ушын қала ҳәм районларда тери қабыллаў шақапшаларын ашыў белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта кәрханада ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиў ушын Италия, Туркия ҳәм Роосия мәмлекетлери менен шәртнамалар дүзилмекте.

Базар экономикасы шараятында усындай қоспа кәрханалардың ашылыўы халықтың ийелиги ушын хызмет етип, бирге ислеўи шеңбериниң кеңейиўине, «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» мәмлекетлик бағдарламасының табыслы әмелге асырылыўына жәрдем етеди.

Әдебиятлар


  1. Еркин Қарақалпақстан 17-февраль 2011-жыл

  2. Еркин Қарақалпақстан 19-февраль 2011-жыл


ИҚТИСОДИЁТНИ МОДЕРНИЗАЦИЯЛАШ ШАРОИТИДА КИЧИК БИЗНЕС КОРХОНАЛАРИ РИВОЖЛАНИШИНИНГ ИҚТИСОДИЙ АҲАМИЯТИ

Аймухаммедова А.Қ.

Қорақалпоқ давлат университети

Кичик бизнес корхоналарининг барқарор равишда ривожланиб бориши иқтисодиётдаги рақобат муҳитининг кучайишига ҳамда барқарорликнинг таъминланишига олиб келади. Истеъмолчиларнинг талабини зийраклик билан кузатиш ҳамда унга қисқа муддат ичида ўз таклифи билан жавоб бера олиш қобилияти кичик бизнес корхоналарини йирик ва ўрта корхоналарга рақобатчига айлантиради, бозордаги яккаҳукмрон ишлаб чиқарувчини маҳсулот сифатини ошириш ва таннархини пасайтириш борасидаги тадбирларни амалга оширишга, таъсир доирасининг чекланишига олиб келади.

Бугунги кунда истеъмол этилаётган маҳсулотларнинг турли туманлигини таъминланишида ҳам кичик бизнес корхоналарнинг роли беқиёсдир. Чунки, айнан кичик бизнес корхоналарида янги махсулотларнинг ишлаб чиқаришга татбиқ этилиши, илмий-техникавий янгиликлар, янги технологияларнинг жорий этилиши жараёни жуда тезда амалга ошади. Чунончи, адабиётларда таъкидланишича, XX асрнинг 61 та йирик кашфиётларидан 48таси майда ва ўрта корхоналарда очилган. Антибиотиклар, инсулин, автоматик узатмалар, вертолетлар, кинескоплар, целлофан, ксерокопия, шарикли ручкалар, “Полороид” фотокамераси, микрокомпьютерлар каби ҳақиқий инқилобий янгиликлар кичик фирмалар томонидан яратилган ва биринчи бўлиб ўзлаштирилган. Мутахассисларнинг таъкидлашича, Япониядаги кичик фирмаларда тажрибавий ишлаб чиқаришни бир ҳафта ичида йўлга қўйиш мумкин экан. Ҳолбуки, йирик корхоналарда бу бир ҳафта тажрибавий ишлаб чикаришни ташкил этиш тўғрисидаги таклифни кўриб чиқиш ва уни корхонанинг турли бўлимларида тасдиқдан ўтказишнинг ўзига ҳам етмайди.

Режали иқтисодиётга асосланган кўплаб мамлакатларда ишлаб чиқаришнинг концентрацияси ва марказлашуви асосида юқори даражадаги самарадорликни таъминловчи ўта йирик корхоналар тизимини яратиш амалиёти нотўғри эканлиги маълум бўлди. Чунки, йирик корхоналарнинг ўз фаолиятларини амалга оширишларида ишлаб чиқаришнинг шундай жараёнлари ҳам вужудга келадики, уларнинг бевосита корхона томонидан бажарилиши билвосита харажатларнинг кўпайиши натижасида ишлаб чиқариш самарадорлигининг пасайиб кетишига олиб келади. Бу ўринда ана шу вазифани юқори даражада бажарувчи ҳамкор сифатида майдонга тушувчи кичик бизнес корхоналарининг аҳамияти беқиёсдир. Кооперация алоқаларида иштирок этиб, кичик бизнес корхонаси ўзининг иқтисодиётдаги ўрнини топади ҳамда йирик компаниялар ишлаб чиқариш самарадорлигининг ошишини билвосита тарзда рағбатлантирадилар.

Кичик бизнес корхоналарининг аҳамияти, айниқса, кўлами жиҳатидан катта бўлмаган янги бозорларни ўзлаштиришда намоён бўлади. Кундалик турмушда керак бўладиган уй-рўзғор буюмларидан тортиб, то уларнинг таъмири ва шу каби маиший хизматларни кўрсатувчи корхоналарнинг ролини одатда тўла тасаввур эта олмаймиз.

Кичик бизнес корхоналарининг аҳолининг иш билан бандлиги ва қўшимча даромад олиш имконини яратиш орқали жамиятдаги ижтимоий мувозанатни сақлашдаги аҳамияти беқиёсдир. Жумладан, бугунги кунда АҚШ, Германия, Буюк Британия, Италия, Японияда умумий иш жойининг 2/3 қисми кичик бизнес ҳисобига ташкил этилган. Россияда бу соҳада банд бўлганлар сони 8,5 миллион кишини (иқтисодиётда банд бўлганларнинг тахминан 12 фоизини), агар иккиламчи бандлик ҳисобига олинадиган бўлса – 15,2 миллион кишини ташкил этади.

Маъмурий-буйруқбозликка асосланган ҳолда хўжалик юритишнинг салбий оқибатларидан бири – йирик шаҳарларда ишлаб чиқаришнинг ҳаддан зиёд тўпланиши, кичик шаҳар ва қишлоқ жойларда эса ижтимоий-иқтисодий ривожланишнинг паст даражада қолиши натижасида табақалашувнинг кескинлашувидир. Айниқса, Ўзбекистондаги кўплаб кичик шаҳарлар ва қишлоқ аҳоли манзилгоҳларидаги ишлаб чиқариш ва ижтимоий инфратузилма даражаси ўта паст. Республика аҳолисининг асосий қисми қишлоқларда жойлашганлиги сабабли иш кучининг нисбатан ортиқчалиги мавжуд. Шаҳарларда эса бу ортиқча иш кучини қабул килиш имконияти ҳозирча яратилган эмас. Шунга кўра бу муаммони асосий ва тезлик билан ҳал этиш йўли – кичик бизнес корхоналарини, айниқса, саноат ишлаб чиқаришга ва қишлоқ хўжалик маҳсулотларини қайта ишлашга ихтисослашган кичик бизнес корхоналарини ташкил этишдир.

Кичик бизнес корхоналарини иқтисодиётнинг ривожланишидаги муҳим ўрни шу билан ҳам белгиланадики, у аҳолининг ишбилармонлик фаоллигини оширишнинг, бозор иқтисодиётидаги асосий унсур бўлган тадбиркорликни шакллантиришнинг самарали шакли ҳисобланади. Шунингдек, кичик бизнес корхоналарига кенг йўл очиш орқали халқнинг маънавий қадриятларини – миллий ҳунармандчиликни янада ривожлантиришга, унутилган соҳаларни қайта тиклашга имкон яратилади.

Жаҳон тажрибасининг таҳлили шуни кўрсатадики, кичик бизнесни ривожлантиришдан қатор мамлакатларда иқтисодий сиёсатнинг ўзига хос дастаги сифатида фойдаланиб келинмоқда. Жумладан:

1) ишчи кучи бандлигини таъминлашнинг асосий соҳаси;

2) иқтисодиёт инновация салоҳиятини ривожлантириш манбаи;

3) ишлаб чиқариш фаолияти янги шаклларини излаш ва жорий этиш манбаи;

4) давлат бюджетини солиқ билан тўлдириш (масалан, Германияда солиқларнинг деярли ярмини КБ таъминлайди);

5) ишлаб чиқаришнинг пасайишини олдини олиш (Венгрия, Чехия, Польша);

6) йирик бизнес билан узвий боғлиқ ҳолда мамлакат барқарор ривожланиши ҳамда унинг иқтисодиёти рақобатбардошлигини оширишнинг асоси.

Кичик бизнес ва хусусий тадбиркорликнинг аҳамиятли томонларидан яна бири шундаки, у йирик компаниялар ишлаб чиқариш самарадорлигини оширишни билвосита рағбатлантирувчиси ҳисобланади. Кўпинча кичик корхоналарнинг йирик яккаҳукмрон ишлаб чиқаришга боғлиқлиги таъкидланади. Бироқ бу боғлиқлик бир томонлама бўлмай, балки ўз навбатида йирик корхоналарнинг фаолиятини кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик ёрдамисиз тасаввур этиш мумкин эмас. Кўплаб майда ва ўрта компаниялар йирик корхоналар учун турли ишларни бажариб, бутловчи детал ва қисмларни етказиб бериб, уларнинг ички пудратчисига айланадилар. Ички пудрат тизими яккаҳукмрон ишлаб чиқарувчилар учун ўта фойдалидир. У бошқарув харажатларини қисқартириш, маҳсулот таннархини пасайтириш ва сифатини ошириш, аҳамиятли даражада натижа бермайдиган турли ишларнинг катта қисмини майда тадбиркорларга юклаш орқали яккаҳукмрон корхоналарнинг капитал тежашларига имкон яратади.

Бундан кўринадики, ҳозирги пайтда мамлакатимизда кичик бизнес корхоналарининг янада ривожланиши йирик корхоналар ривожланиши ва улар ўртасидаги кооперацион алоқаларнинг чуқурлашувига боғлиқ. Бу борада, айниқса, етакчи корхоналарни модернизациялаш ва янгилаш жараёнлари имкониятларидан кенг фойдаланиш лозим. Бунинг учун янги замонавий корхоналарни барпо этиш билан бир қаторда, мавжуд йирик корхоналарни таркибий қайта тузиш орқали кичик замонавий корхоналар фаолиятини йўлга қўйиш муҳим ҳисобланади.

Бугунги кунда мамлакатимиз иқтисодиётининг етакчи тармоқларини модернизациялаш ва янгилаш қуйидаги чора-тадбирлар ҳисобига амалга оширилмоқда:

- мазкур тармоқлардаги ишлаб чиқариш ҳажмининг аҳамиятли даражада ўсишини таъминлаш;

- корхоналарни реконструкция қилиш;

- замонавий, илғор ва юксак технологик ускуналар билан жиҳозланган корхоналар ташкил этиш;

- ишлаб чиқарилаётган маҳсулотларни мунтазам янгилаш.

Ушбу чора-тадбирларни амалга оширишда асосан тармоқ вазирлик ва идоралари, улардаги етакчи корхона ва бирлашмалар ҳамда мамлакатимиздаги иқтисодий ислоҳотларнинг ўтказилиши ва самарадорлигини таъминлашга мутассади давлат, нодавлат ва бошқа ташкилотларнинг биргаликдаги саъй-ҳаракатлари тақозо этилади. Шу билан бирга, фикримизча, ушбу жараёнларни амалга оширишда кичик бизнес корхоналари имкониятларидан фойдаланиш муҳим ҳисобланади.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет