Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ БИЛИМИН ҲӘМ ӚЗБЕТИНШЕЛИГИН



Pdf көрінісі
бет115/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   111   112   113   114   115   116   117   118   ...   164
1-секция

 
ОҚЫЎШЫЛАРДЫҢ БИЛИМИН ҲӘМ ӚЗБЕТИНШЕЛИГИН 
ЖЕТИЛИСТИРИЎДЕ САБАҚТАН ТЫС ЖУМЫСЛАРДЫҢ 
ӘҲМИЙЕТИ 
 
Бектурсынов А.Б., ассистент, Жолдасбаева Ж., Қудайбергенова Н., 
Боранбаева А., талабалар 
Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
 
Сабақтан тыс жумыслар пәнниң турмыс пенен байланысын орнатыўға 
кӛмеклеседи, оқыўшылардың билимин тереңлестиреди, олардың билиўге 
қәбилетин, 
бейимлилигин, 
талантын 
айқынлайды, 
дӛретиўшилик 
ӛзбетиншелигин, китап пенен ислесиў, тәжирийбелер қойыў, бақлаўлар 
ӛткизиў уқыбын раўажландырады [Пономарева, 14]. 
Сабақтан тыс жумыслардың тийкарғы миннетлерине: а) пәнге 
қызығыўшылықты 
сиңдириў; 
б) 
биологиялық 
билимлер 
менен 
экспериментлик қәбилетти жетилистириў ҳәм тереңлестириў; в) дӛретиўши 
активлигин, 
инициативасын 
ҳәм 
искерлигин 
раўажландырыў; 
г) 
оқыўшыларды практикалық искерликке таярлаў ҳәм кәсипке бағдарлаў; д) 
оқыўшылардың аңлы рәўиште дем алыўын шӛлкемлестириў. 
Жақсы уйымластырылған сабақтан тыс жумыс оқыўшыларда 
уқыплылықты раўажландырады, ӛзбетиншеликти, тапсырылған ис ушын 
жуўапкершиликти ҳәм азадалықты тәрбиялайды. Үйренилетуғын затлар ҳәм 
приборлар менен конкретирек танысыў арқалы олар әсбап-ыдыслар, 
лабораториялық мүлклер менен айланысыў қәбилетин ӛзлестиреди, 
ӛзлериниң келешек мийнет искерлиги ушын зәрүр политехникалық 
таярлығын жетилистиреди. 
Мектеп практикасында сабақтан тыс жумыстың кең тарқалған түрине 
жас 
биологлар 
жәмийети 
киреди. 
Бул 
жәмийеттиң 
жумысын 
шӛлкемлестиргенде оқыўшылардың белсендилигин ҳәм ӛзбетиншелигин, 
олардың 
сабақтан 
тыс 
искерлигиниң 
жәмийетлик 
пайдалы 
бағдарланғанлығын, жәмийет жумысында қатнасының тапсырмаларды 
орынлаў миннетлилиги менен уйғынлығын, коллективлик ҳәм жеке-даралық 
жумыслардың тығыз байланысын есапқа алыў зәрүр.
Биологлар жәмийети мектеп турмысына, биология тарийхына, 
жәмийетлик 
ўақыяларға 
байланыслы 
сәнелерди, 
жетискенликлерди 
конференциялар, юбилейлик кешелер, конкурслар ӛткериў менен 
нышанлайды. Бундай илажлар оқыўшылардың ой-ӛрисин кеңейтеди, ҳәр 
қыйлы искерликте ӛзлериниң күшин сынап кӛриўге имкан береди, келешек 
кәсипти саналы таңлаўды жеңиллестиреди. 


209 
Сабақтан тыс жумыслардың жалпы системасында биологиялық мектеп 
кешелери де әдеўир елеўли орын ийелейди. Олар пән бойынша 
оқыўшылардың билимлерин беккемлеўге кӛмеклеседи, жас биологларды 
дӛретиўшиликке стимуллайды. 
Мектепте биологиялық кешелер сабақтан тыс жумыслардың басқа 
түрлери, 
биологиялық 
дӛгерек, 
экскурсия 
менен 
биргеликте 
шӛлкемлестириледи. Оқыў материалын тереңирек үйрениў зәрүрлиги яки 
мәлим ўақытта теманың актуаллығы жүзеге келген ҳалларда да эпизодлы 
илаж ретинде кешелер ӛткизиў мүмкин. 
Кешениң табыслы болыўын оны муқыят басқышлы таярлаў және 
ӛткизиў анықлайды: жобалаў, тематиканы, ўақытты, шӛлкемлестириўдиң 
тийкарғы формаларын, белсендилерди таңлаў, хызметлерди тақсымлаў, жеке 
топарлардың ҳәрекетлерин уйғынластырыў, сценарий ислеп шығыў, 
топарлардың ҳәм жетекшиниң репетициясы, орынның безелиўи, техникалық 
қуралларды таярлаў, кешени ӛткизиў ҳәм оны талқылап жуўмақлаў. 
Илимий 
конференцияларды 
шӛлкемлестириўде 
оқыўшылардың 
мәлимлемелери менен баянламалары тыңланады. Оларды демонстрациялық 
материаллар менен қоса алып барыў мүмкин. Гейде тек бир тема дӛгерегинде 
баянатлар және оппонентлердиң пикирлерин тыңлаў да пайдалы. Муғаллим 
оқыўшыларға баянаттың темасын, оған материалды таңлап бериўи керек. 
Оқыўшылардың илимий конференциялары мәлим бир проблема бойынша 
ӛткизилиўи мүмкин. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   111   112   113   114   115   116   117   118   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет