Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет101/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   97   98   99   100   101   102   103   104   ...   164
1-секция

Foydalanilgan manbalar. 
1. 
http://www.uza.uz/uz/documents/respublika
- baynalmilal - madaniyat – 
markazining - 25yilligi – muno - 24-01-2017/. 
2. Tarixi mushtarak, ildizi tutash, urf-odati o‘xshash // Xalq so‘zi.- 2018-yil .-
4-iyul.
«ШӘРИЯР» ДӘСТАНЫНДА ШАҢАРАҚ ТӘРБИЯСЫ МӘСЕЛЕЛЕРИ 
 
Е.К.Алламбергенов – излениўши 
Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты 
 
Инсан тәрбиясында, соның ишинде жас ӛспиримлер тәрбиясында, яғный 
жасларды ақыллы, әдеп-икрамлы, мийнет сүйгиш, адамгершиликли, 
Ўатанына, халқына шын берилген садық, елсүйер, инсанларға, пүткил 
адамзатқа 
тилеклес 
ҳақыйқый 
инсан 
етип 
тәрбиялаўда 
халық 
педагогикасының атқаратуғын хызмети айрықша. 


191 
Этнопедагогиканың, мине, усындай анаў яки мынаў миллет, белгили бир 
халық яки этникалық топарға тийисли типлескен тәлим-тәрбиялық 
ӛзгешеликлер 
екенлигин 
үйренген 
алымлар 
ӛзлериниң 
изертлеў 
жумысларында оның бала тәрбиялаўдағы халықлық үрип әдет-дәстүрлер, 
диний ҳәм дүньялық түсиник кӛз-қараслар, материаллық ҳәм руўхый 
мәденият үлгилери, миллий тил, миллий аймақ, экономикалық турмыс тәриз 
усаған белгили бир халыққа, миллетке тән айрықшалық белгилер менен 
тығыз байланыслы екенлигин атап ӛтеди [1:3]. Усындай этникалық миллий 
белгилери бойынша бир миллет, яки халық екинши бир миллет, халықтан 
ӛзгешеленип туратуғынындай, этнопедагогикасы да екинши бир миллет, 
халықлардыкине усамаған мәлим ӛзгешеликлерге ийе болады. Сол ушын да 
айырым алымлар усы этникалық ӛзгешеликлерге қарап «халық ҳақыйқый 
мәнисте бул барлық миллет, ал этникалық мәнисте нәзер салсақ, тийкарғы 
миллет (миллий-этникалық ӛзгешеликлерге ийе мәлим бир миллет – Е.А.) 
[2:7]» деп түсиндиреди. 
Халық педагогикасы жасларды, мине, усындай миллий ӛзгешеликлер 
руўхында тәрбиялаўға хызмет етип, олардың ӛз елин, ӛз халқын оның миллий 
үрип әдет-дәстүрлерин, миллий менталитети менен қәдриятларын, улыўма, 
миллий ӛзлигин аңлаўға, солай етип, елине, халқына, миллетине, Ўатанына, 
улыўма инсәниятқа садық, тилеклес, ақылы кәмил, илими зор, сап ҳужданлы, 
адамгершиликли кәмил инсан болып жетилисиўине жәрдем етеди. Бул 
орында, әлбетте, халық педагогикасы, этнопедагогиканың барлық әжайып 
үлгилери жәмленген халықтың мың-мың жыллық мәдений мийрасларының, 
соның ишинде фольклорлық мийраслардың атқаратуғын хызмети айрықша. 
Себеби, бул мийрасларда инсанның шахс сыпатында қәлиплесиўиниң бир-
бирине усамаған ҳәр қыйлы педагогикалық факторлары иске салынып, 
халықтың әрман еткен идеал адамын жетилистириў жоллары, усыллары 
баянланады. [1:46] 
Усы кӛз-қарастан қарағанда, қарақалпақ халық дәстаны «Шәрияр»дың да 
халық этнопедагогикасындағы тәлим-тәрбиялық кӛзқараслардың пайда 
болыў, қәлиплесиўинде тутқан орны оғада уллы. Себеби, бул дәстанда ортаға 
қойылған мәселелердиң шешилиўи менен сол тийкарғы айтылажақ ой-
пикирди ашып бериўши қаҳарманлар образының жасалыў жолларына сер 
салып қарасақ, онда қаҳарманның индивид сыпатында туўылыў 
дәўирлеринен тартып жекке тулға болып қәлиплескенге дейинги барлық 
тәлим-тәрбия түрлери ӛз кӛркем сәўлесин тапқан. Бул тәрбия ҳәм тәлим 
түрлери, әсиресе, дәстандағы бас қаҳраман Шәриярдың туўылыў, ақыллы, 
билимли, ата-анасына, ели-халқына, ағайин-туўысқан, дос-яранларына садық, 
мийирман, әдеп-икрамлы, мийнетсүйгиш, ҳадаллық, ҳақыйқатлық ушын 
гүресиўши адамгершиликли, сап ҳужданлы инсан ҳәм әдил басшы болып 
жетилисиўи ҳаққындағы сюжетлик мотивлерде жүдә айқын кӛзге тасланады. 
Қулласы, дәстанда шаңарақ тәрбиясынан тартып, ол, мейли, әдеп-икрам, 
мийнет, ақыл, дослық, туўысқанлық, адамгершилик, тәбиятқа, ел-халыққа, 
Ўатанға сүйиспеншилик тәрбиясы ма, тәбияттың, жәмийеттиң сырларын 
үйрениўге қызығыўшылықты ӛз ишине алған билимлендириў түрлери ме – 
барлық-барлық тәлим-тәрбия түрлериниң кӛринислери сәўлеленгенлигин 
кӛриўге болады. 


192 
Биз бул кишкене мийнетимизде, мине, усындай тәлим-тәрбия 
түрлериниң бири - дәстанда сәўлеленген шаңарақ тәрбиясы, соның ишинде 
қыз балаларды турмысқа тәрбиялаў мәселесиниң ортаға қойылыўына тоқтап 
ӛтпекшимиз. 
Дәстан сюжетиниң басланыў экспозицисына сер салып қарасақ, «Ўатан 
түсиниги шаңарақтан басланады» дегендей, тәлим-тәрбияның да барлық 
түрлериниң шаңарақтан, яғный ата-ана баўрында тәрбияланып атырған жас 
ӛспиримлердиң жүдә жас гезлеринен-ақ басланатуғынлығын байқаўға 
болады. Буны биз дәстан қаҳарманлары болған «қарағай бармақ, жез тырнақ, 
кӛңли дәли, кӛз ойнақ, аппақ, юпқа додақ» [3:15] үш жас ӛспирим қыз – 
Гүландам, Гүлсуўым, Гүлшаралардың шаңарақта турмысқа, яғный хожалық 
қурыўға қалай тәрбияланғанлықларын сӛз етиўши эпизодтан айқын кӛремиз. 
Жоқарыда келтирилген қызлардың тәрийплеринен ерте дәўирлерден-ақ 
шаңарақ тәрбиясында қыз балалардың сыртқы сулыўлығына, әсиресе 
эстетикалық тәрбиясына үлкен әҳмийет берилетуғынлығы кӛзге тасланады. 
Әлбетте, халық эстетикалық тәрбиясында тек сыртқы сулыўлық, сыртқы 
гӛззаллық тәрбиясы менен шекленип қалмаған. Халық бул гӛззаллыққа сай 
келетуғын ишки гӛззаллықтың да болыўы зәрүрлигин жақсы түсинген. Сол 
ушын да ата-аналар ӛз қызларының ҳүсни-жамалының гӛззал болыўына 
итибар бериў менен бирге ақыл, минез-қулқ, әдеп-икрам, кәсип-ӛнер ийелеў, 
мийнет тәрбиясына үлкен әҳмийет бӛлген. «Шыққан қыз шийден тысқары» 
деген халық даналығын нәзерде тутып, қыз балалар балағат жасына жетер-
жетпестен-ақ оларды шаңарақта ҳаял-қызлар ислейтуғын аспазлық, қол 
ӛнери, тигиўшилик, тоқымашылық усаған барлық жумысларға уқыплылық 
пенен мийнет кӛнликпелерин, яғный қыз балаларға тийисли кәсип сырларын 
ийелеўге бағдарлай баслаған. «Епли келин керек пе, сепли келин керек пе» 
деген түсиниклердиң келип шығыўы да қыз балалардың, мине, усы ӛнер 
сырларын қалай ийелеўине, яғный турмысқа тайын, яки тайын емеслигине, 
уқыплы-уқыпсыз болып жетилисиўине байланыслы келип шыққан болса 
керек.
«Адам мийнети менен гӛззал» дегендей, барлық тәрбияның, соның 
ишинде мийнет тәрбиясының, улыўма, этнопедагогикадағы мийнет тәрбиясы 
да эстетикалық-гӛззаллық тәрбиясы категориясын келтирип шығаратуғын 
түсиниклер системасын қурайтуғынлығы дәстандағы үш қыздың мына 
сӛйлесиўлеринен айқын сезиледи: 
«Енди үлкен қыз (Гүландам – Е.А.) турып айтады: 
- Сиңлилерим, мында келиң, гәпиме қулақ салың, кеўлимде бир исим бар, 
атам ықтыярымды берсе, қәлегениңе тий десе, Шаҳидарап мени алса, 
сәўгилик яры қылса, бир пилланың жипегинен, қырық мың адамға шәдир-
шәмен тамам етип берер едим мен,-деди. Ортаншы қыз турып айтады: 
- Апа, сен бийкар айтасаң,-деди. - Кеўлимде бир исим бар. Атам 
ықтыярымды берсе, қәлегениң тий десе, Шаҳидарап мени алса, сәўгилик яры 
қылса, бир арпаның дәнесинен қырық мың адамға азық, ат жеми тамам 
етип берер едим мен,-деди. Кишкентай қыз (Гүлшара – Е.А.) турып айтады: 
- Апалар, сизлер бийкар айтасыз,-деди. - Пашша сениң азық, ат жемиңе, 
шәдир-шәмениңе мүтәж емес. Бир перзенттиң дағы ушын, бир тырнақтың 
зары ушын, алтын тахтынан түсип, етек-пешини кесип, қәлендер 
сыпатында болып баратыр. Атам ықтыярымды берсе, қәлегениңе тий десе, 


193 
Шаҳидарап мени алса, сәўгилик яры қылса, ҳақ миясар көрсе, Бийби Патпа, 
Бийби Айша, Бийби Мәрьям қолласа, бир кекили алтыннан, бир кекили 
гүмистен, бир ул менен бир қыз туўып берер едим,-деди.» [3:15] 
Сырттан қарағанда, бул келтирилген мысаллардағы үш қыздың 
ҳәммесиниң де кәсип сырларын терең билетуғынлығын, турмыс қурыўға, 
хожалықлы болыўға, шаңарақлық-семьялық ӛмирге ақылылығы ҳәм мийнет 
сүйгишлиги, ҳӛнер ийелеўдеги уқыплылығы менен пухта таярлықларда келип 
атырғанлықларын кӛриўге болады. Бирақ, үшинши қыз Гүлшараның сӛзинен 
қыз балалар тәрбиясындағы және бир әҳмийетли мәселениң сыры ашылады, 
яғный, оның сӛзи бойынша, қыз балаларды шаңарақ турмысына таярлаўда тек 
әдепли, ӛнерли, билимли, ақыллы, мийнет сүйгиш, уқыплы етип 
тәрбиялаўдың ӛзи жеткиликсизлиги, улыўма, ол тек жақсы үй бийкеси болып 
тәрбияланып қоймастан, ал биринши гезекте келешек ул-қызларымыздың, 
әўладларымыздың тәрбияшысы, муқаддес ҳаял – меҳрибан Ана болып 
тәрбияланыўы зәрүр екенлигин уғыўға болады. 
Мине, усындай ҳәр тәреплеме тәрбияланған қыз бала ғана шаңарақлық 
турмысқа, үйбийкеси ҳәм ана болыўға ылайықлы екенлиги ҳаққындағы халық 
түсиниги Дарапшаның әўелги еки қызды емес, алтын, гүмис айдары бар бир 
ул бир қыз туўып бергиси келетуғынын жақсы нийетли соңғы үшинши қыз – 
Гүлшараны ӛзине ӛмирлик жолдас етип таңлап алыў шешиминен де кӛринип 
турады. 
Жуўмақлап айтқанда, бул кишкене эпизод бизге халқымыздың ерте 
дәўирлердеги шаңарақ тәрбиясы түрлериниң ишинде қыз балаларды келешек 
ӛмирге, жақсы үй бийкеси ҳәм муқаддес ҳаял – Ана болыўға тәрбиялаўдағы 
тәлим-тәрбия мазмуны ҳәм усыллары ҳаққында да, яғный халық 
педагогикасы халық турмысының ажыралмас қурам бӛлеги екенлиги 
ҳаққында да қызықлы ҳәм кең мағлыўматлар береди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   97   98   99   100   101   102   103   104   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет