46
практикада қолланыў процесси болып табылады. Үшиншиден, ол мийнетти
жәмийетлик бӛлистириўдиң белгили түрин аңлатады.
Илим системаласқан рационаллық билим сыпатында антикалық дәўирде
пайда болады, социаллық институт ҳәм профессионаллық искерлик
сыпатында
Жаңа заманда қәлиплеседи, ӛндириўши күш ретинде
жигирмаланшы әсирдиң 1940 жылларында алып қаралады.
Илим
ҳәзирги
мәнисинде
адамзат
тарийхында
европалық
цивилизацияның ишинде (он алтыншы-он жетинши әсирлер) пайда болған
жаңа фактор болып саналады.
Немец философы К.Ясперс «Смысл и назначение истории»
деген
мийнетинде илимниң қәлиплесиўиниң еки басқышы ҳаққында айтады.
Биринши басқыш – логикалық ҳәм методикалық түсинилген илимниң
қәлиплесиўи – грек илими ҳәм сол ўақытта Қытай ҳәм Ҳиндистанда дүньяны
илимий билиўдиң бӛртиклериниң пайда болыўы.
Екинши басқыш – орта әсирлердиң ақырынан ӛсип шыққан, он жетинши
әсирде шешиўши түрде беккемленген ҳәм он тоғызыншы әсирден баслап кең
раўажланып атырған ҳәзирги заман илими.[ Яспeрс К. 94]
Илимниң раўажланыўының социаллық стимулы ретинде жаңа тәбият
ресурсларын ҳәм машиналарды талап ететуғын ӛсип баратырған
капиталистлик ӛндирис алып қаралды. Бул талапларды қанаатландырыў
ушын жәмийеттиң ӛндириўши күши сыпатында
алып қаралатуғын илим
керек болды. Сол ўақытта илимниң жаңа мақсетлери де алға сүрилди, олар
әййемги дәўирдеги илимпазлардың алдына қойған мақсетлеринен сезилерли
дәрежеде парықланатуғын еди.
Грек илими практикалық мәселелер менен аз байланысқан ой
жуўыртыўға тийкарланған изертлеўди аңлатады (теория сӛзиниң ӛзи грек
тилинен аўдарғанда ақылға салыў, ой жуўыртыў деген мәниге ийе). Илимий
нәтийжелерди практикалық қолланыўға бағдарланыўдың ӛзи биймәнилик
ретинде алып қаралады ҳәм ондай илимниң ӛзи тӛмен статусқа ийе болады.
Тек ғана XVII-әсирде илим халықтың жасаў жағдайының ӛсиўиниң ҳәм
адамның тәбиятқа үстинлик етиўиниң усылы сыпатында түсиндирилди.
Ойлаў стили сол ўақыттан баслап еки тийкарғы белги менен характерленеди:
бириншиден, нәтийжелерди беретуғын ҳәм тексеретуғын экспериментке арқа
сүйейди; екиншиден, ойлаўды реаллықтың әпиўайы,
буннан былай
бӛлинбейтуғын биринши элементлерин излеўге бағдарланған аналитикалық
усылдың үстем сүриўи алып қаралады Бул еки тийкардың биригиўине
байланыслы рационализм ҳәм сезиўлердиң үйлестирилиўи пайда болды.
Илимниң пайда болыў себеби ретинде ӛзинде сезиўди рационаллық
менен бириктиретуғын жаңа европалық мәденияттың ӛзгеше типи алып
қаралады. Илимди эмпирикалық тексериўге тийкарланған дүньяны билиўдиң
ӛзгеше рационал усылы деп түсиндириўге болады. [Сноу Ч. 85]
Солай етип, ҳәзирги заманда илим дӛретиўшилик искерликтиң
эталонлық типи ретинде ӛмир сүреди. Эталонлылық ҳәр
бир инсанның
дӛретиўшилик потенциалының илимий искерлиги арқалы шексиз
47
мүмкиншиликлерин реализациялаўда, кең түрде баҳалық ориентирлердиң ҳәм
илимпазлардың профессионаллық искерлигиниң нормаларының басқа
социаллық группаларға кириўинде кӛринеди. Илим ӛзгеше дӛретиўшилик
искерликтиң системасы сыпатында резонанс дәрежесине жәмийеттиң
тиккелей ӛндириўши күшине айланыў арқалы ериседи.
Достарыңызбен бөлісу: