Әдебиятлар
1. Каримов И.А. Ўзбекистон буюк келажак сари – Т., Ўзбекистон, 1998. 52-бет.
2. И.А. Каримов: «Ўзбекистон иқтисодий ислоҳотларни чуқурлаштириш йўлида» Тошкент 1995 йил 21-бет.
3. Вахобов А. В. Солиқлар ва солиққа тортиш. Олий уқув юртлари талабалари учун дарслик. Тошкент Молия институти, -Тошкент.: Шарқ, 2009. 448б.
АГРАР ТАРАЎДА КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ - БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА
Сейтимбетов К.С., Айтымбетов А.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Миллий экономикамыздың бәсекеге шыдамлылығы, сиясий ҳәм социаллық-экономикалық турмыстың барлық тәреплерин избе-из реформалаў ҳәм либералластырыў жәмийетимизди демократиялық жаңалаў ҳәм модернизациялаў процесслеринде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жедел пәт пенен раўажланып бармақта. Бунда, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар процессинде аўыл халқының турмыс дәрежесин жоқарылатыў, аўылларымыз келбетин өзгертиў, жәҳән стандартларына сәйкес келиўши заманагөй архитектура ҳәм дизайн тийкарда пайда болатуғын, барлық қолайлықлар ҳәм коммуникация системаларына ийе қолайлы үй-жайларды пайда етиў, социаллық тараў ҳәм өндирислик инфрадүзилмени раўажландырыўда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң үлеси үлкен.
Мәмлекетимизде избе-из алып барылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжесинде 2009 жылда мәмлекетимиз экономикасының турақлы раўажланыўы даўам етти. Бунда, мәмлекетимиз Президенти Ислам Каримовтың айтып өткениндей, «2009-2012 жылларға белгилеп қабыл етилген Кризиске қарсы дәстүрдиң кризис тәсирин жумсартыў ҳәм турақлы етиўдеги роли ҳәм әҳмийети үлкен болды»23. Сондай-ақ экономикамыздың реал секторы тармақларының жедел пәт пенен раўажланыўы нәтийжесинде халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар әмелге асырылды ҳәм өзиниң әмелий нәтийжесин берди. Мәмлекетимиздиң раўажланыўында 2009 жылда бир қатар жетискенликлер қатарында экономикалық өсимди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, бәнтлик машқаласын шешиў, халық дәраматлары ҳәм абаданлығын жоқарылатыўда жүдә әҳмийетли орын тутып атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги күнде киши бизнес субъектлери жалпы ишки өнимниң шама менен 50 % ин ислеп шығарылғанлығын пикиримиздиң дәлили ретинде тән алыныўы мүмкин.
Бизге белгили, мәмлекетимиз халқының 18,3 млн адамы яки 70,4 % ти аўылда, 7,7 млн адамы яки 29,6 % ти қалада жасайды. Солай екен, аўыллық жерлерде жасайтуғын халық ушын тийисли турмыс шараятларын жаратыў миллионлаған ўатанласларымыздың абаданлығын жоқарылатыў, оларда ертеңги күнге исеним ҳәм турмыстан қанаатландырарлы сезимлерди қәлиплестириўде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти аўыллық жерлерде және де раўажландырыў шәрт екенлигин көрсетпекте.
Президентимиз Ислам Каримовтың айтып өткениндей: «Өткен жылы көрилген әмелий илажлардың нәтийжесинде мәмлекетимизде 940 мыңнан зыят жаңа жумыс орынлары жаратылды, олардың 500 мыңға жақыны аўыллық жерлерде шөлкемлестирилди. Киши бизнес тараўында 390 мыңнан зыят, соның ишинде, хызмет көрсетиў тараўында 270 мыңнан артық жаңа жумыс орынлары ашылды»24.
Жоқарыдағы статистикалық мағлыўматларға қарай, мәмлекетимиз халқының тийкарғы бөлими аўыллық жерлерде жасайды. Солай екен халықтың турмыс дәрежесин жоқарылатыўда аўыллық жерлерде киши бизнес субъектлерин және де көбейтиў кереклигин талап етпекте. Аўыллық жерлерде хызмет көрсетиў ҳәм сервис, өнерментшилик тараўларын модернизациялаў арқалы аўыл халқының дәраматларын асырыў лазым.
Улыўма, мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, хызмет көрсетиў ҳәм сервис, өнерментшилик тараўларын турақлы раўажландырыў барысында әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып, олардың нәтийжесинде аўыл халқының турмыс дәрежесиниң жоқарылаўына сезилерли тәсир көрсетилмекте. Аграр тараўда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўда төмендеги жумысларды әмелге асырыў шәрт:
-
аўыллық жерлерде усақлап сатыў, аўқатланыў, турмыс жағынан хызмет көрсетиў объектлерин көбейтиў;
-
фермер ҳәм жеке хожалықларда жетистирилген мийўе-палыз өнимлерин қайта ислеўди шөлкемлестириў;
-
аўыллық жерлердеги кәсип-өнер колледжлеринде базарды үйрениў дөгереклерин шөлкемлестириў, буның ушын оқытыўшы ҳәм зийрек оқыўшыларды көплеп тартыў;
-
халық саны көп болған аўыллық пунктлерде минибанклерди шөлкемлестириў;
-
аўыллық пунктлерде ахборот-ресурс орайларын ашыў (электрон китапхана фонды, «ZiyoNet» тармағы ҳәм басқа видеопроектор аппаратлары);
-
социаллық объектлер (мектепке шекемги тәрбия объектлери, врачлық пунктлери, почта хызметлер) ин телефонластырыў;
-
киши кәрханаларды модернизациялаў, ҳәзирги заман талапларына сәйкес келетуғын техникалық ҳәм технологиялық қайта үскенелеўди және де жеделлестириў, заманагөй, ийилиўшең ҳәм жәҳән бәсекесине шыдамлы технологияларды кеңнен енгизиў;
-
жәҳән финанслық-экономикалық кризиси жағдайында экспортқа өним шығаратуғын киши кәрханалардың сыртқы базарларда бәсекеге шыдамлы болыўын қоллап-қуўатлаў бойынша белгили илажларды әмелге асырыў ҳәм экспортты хошаметлеў ушын жағдайлар жаратыў;
-
киши бизнес тараўында қатаң үнемлилик системасын енгизиў, өндирис қәрежетлери ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын кемейттириўди хошаметлеў есабынан киши кәрханалардың бәсекеге шыдамлылығын асырыў;
-
жаңа шөлкемлестирилип атырған киши ҳәм жеке кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жеңилликли кредитлерди енгизиў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў;
-
жәҳән финанслық-экономикалық кризис жағдайында жәҳән базарында талаптың төменлеп баратырған бир ўақытта, киши кәрханалар тәрепинен өндирилип атырған өнимлерди ишки базарда талапты хошаметлеў арқалы жергиликли өндириўшилерди қоллап-қуўатлаўдың экономикалық өсиминиң жоқары пәтлерин сақлап турыў;
-
хызмет көрсетиў тараўында исбилерменлик хызметин және де күшейтиў ушын қолайлы шәрт-шараятлар жаратыў, аўыллық жерлерде жасап атырған халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң түрлерин көбейтип барыў;
-
дәстүрий хызмет түрлери менен биргеликте жаңа перспективалы-юридикалық, консалтинг, банк, финанс, қамсызландырыў, лизинг ҳәм баҳалаў хызмет түрлерин жедел раўажландырыў;
-
мәмлекетимиз кәрханаларының халық-аралық базардағы хызметлериниң дәрежеси ҳәм сапасын жоқарылатыў ҳәм усы тийкарда хызметлер экспортын көбейтиў;
-
хызметлер ҳәм сервис тараўында ислейтуғын кадрларды таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин жоқарылатыўды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
-
хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў бойынша регионлық дәстүрлерди түптен қайта көрип шығыў ҳәм аўыллық жерлерде оларды халықтың, әсиресе, жаслардың бәнтлигин, аўылда турмыс дәрежесиниң жоқарылаўының әҳмийетли факторы ретинде жедел раўажландырыўға тийисли қосымша илажларды ислеп шығыў.
Әдебиятлар
-
Каримов И.А. «Асосий вазифамиз-ватанимиз тараққиёти ва халқимиз фаровонлигини янада юсалтиришдир».// Халқ сўзи, 2010 йил 29 январь.
-
Ўзбекистон фермер хўжаликларини юритиш асослари. Т. 2007 й.
-
Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг «Кичик корхоналар, деҳкон ва фермер хўжаликларини маблағ билан таъминлаш, моддий-техник таъминлаш, уларга божхона имтёзлари бериш, банк хизматлари ва бошқа хизматлар кўрсатиш бўйича қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида»ги 2001 йил 10 сентябрдаги 366-сонли Қарори, «Ўзбекистон Республикаси банклари томонидан кичик ва ўрта бизнесни қўллаб-қувватлаш бўйича қонунчилик ҳужжатлари тўплами», Т.: «Ўзбекистон», 2002 й.
-
Фармонов Т.Х., Сейтимбетов К.С., Мадреймов А.У. Қишлоқ худудларида инфратузилма субъектларини ривожлантириш. Тошкент «Ўзбекистон миллий энциклопедияси», 2008.
МӘМЛЕКЕТ БЮДЖЕТИН ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎДЕ САЛЫҚЛАРДЫҢ ОРНЫ
Қудияров К.Р., Бекбосынов А.Қ.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Экономикалық реформаларды әмелге асырыўда, салық сиясатын және де ықшамластырыў, салықлардың түрлерин кемейтиў, оларды есаплаў механизмин әпиўайыластырыў, әҳмийетли мәселелерден есапланады. 2005-жылдың 25-январында Өзбекстан Республикасы Президенти И.А. Каримов Олий Мажилистиң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтип, 2005-жылда экономикалық реформаларды әмелге асырыўдың ең зәрүр ўазыйпаларын белгилеп берген еди. Мәмлекетимизде салық сиясатын және де ықшамластырыў зәрүрлиги алдағы ўазыйпалардан бири сыпатында атап өтилди. Салық төлеўшилерге салыққа тартыў системасында қосымша жеңилликлер хәм преференциялар бериў, салықларды унификация қылыў, салық жүгин жеңиллестириў, салық нызамшылығының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм де усы бағдарда раўажланған мәмлекетлер тәжирийбелеринен пайдаланыў лазымлығын атап көрсеткен еди. [1]
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 1991-жылға шекем, тийкарынан, мәмлекет кәрханалары пайдасынан ажыратылатуғын ажыратпалар тийкарынан қәлиплесетуғын еди. Усы пайдадан ажыратпа мәмлекет тәрепинен белгиленген мәжбүрий төлем болып, ол кәрханалар баланс пайдасының 90%ине шекем болған бөлегин бюджетке алып кететуғын еди. Қалған қаржылар болса кәрхана тәрепинен емес, бәлким жоқары шөлкемлер тапсырмасына байланыслы тийисли фондларға жиберилетуғын еди. Республикамыз административлик-буйрықпазлық системасынан базар қатнасықларына өтиўи себепли мәмлекетимиз хожалық турмысында терең унамлы өзгерислер жүз бере баслады. Базар қатнасықларының раўажланыўы менен экономиканы салықлар жәрдеминде тәртипке салыў, әсиресе, пайдадан ажыратпалар орнына дәрамат салығын енгизиў зәрүрлиги пайда болды ҳәм 1992-жылдан баслап барлық түрдеги хожалық жүритиўши субъектлер «дәрамат салығын төлеўге өтти».[2]
2008-жыл 1-январьдан күшке кирген салық кодексиниң 23-статьясына муўапық юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы улыўма мәмлекетлик салықлар қурамына киритилип, ол мәмлекет бюджети дәраматларын қәлиплестириўде тийкарғы дереклерден бири болып есапланады.
Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығының бюджеттеги үлеси 2000-жылы 12,8% ти, 2005-жылда 6,3% ти, ал 2009-жылда болса 5,2 % ти қураған. Ал бул көрсеткиш 2000-жылдан 2009-жыллар аралығында 2,5 есеге азайған.[3] Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы ставкасы 1998-жылда 36 % болған болса, 2007-жылда 10 % етип белгиленген.[4] Бул жағдай юридикалық тәреплерден алынтуғын пайда салығы ставкаларының жылдан-жылға пәсейип баратырғанлығы менен тәрийпленеди. Дәраматлардың көпшилик бөлеги кәрханалар ықтыярында қалыўы олардын инвестициялық активлигин асырады, жаңа жумыс орынларын ашыў, бәсекиге шыдамлы товарлар ислеп шығарыў ҳәм де жумыс ҳәм хызметлер көрсетиў ушын финанслық имкәният жаратады. Қарақалпақстан Республикасы көлеминде әмелге асырылған ислер нәтийжесинде 2010-жылдың 1-октябрине 2013 киши бизнес субъектлериниң мәмлекетлик дизимнен өтиўи ҳәм 2009-жылдың тоғыз айына салыстырғанда 661 ге өсиўин буның айқын мысалы сыпатында көрсек болады.[5]
Мәмлекет күшли социаллық-сиясий илажларды әмелге асырыў ушын пенсионерлер, талабалар, көп балалы аналар ҳәм басқаларды қаржы менен тәмийинлеў зәрүрлигин аңлап, айырым шекленген товарлар баҳасындағы парқты бюджет есабынан қаплайды. Буннан тысқары мәҳәллелерде социаллық қорғаў мүтәж кем тәмийинленгенлерге материаллық жәрдем көрсетеди. Бундай қәрежетлерди әмелге асырыўдың мәжбүрийлиги олар ушын дерек болған салықларды объектив зәрүр қылып қояды.
Атап өтилгениндей, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин изшил қоллап-қуўатлаў, салық жеңилликлерин бериў ҳәм оларға жүкленген салық жүгин кемейттирип барыў мақсетинде кейинги бес жыл даўамында бирден-бир салық төлеў ставкасы 2005 – жылдағы 13 проценттен 2010–жылда 7 процентке пәсейттирилди. 2011–жыл ушын салық сиясатында да киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жедел раўажланыўын хошаметлеў мақсетинде, бирден-бир салық төлеминиң әмелдеги базалық ставкасы микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын (саўда ҳәм улыўма аўқатланыў орынларынан басқа) 7 проценттен 6 процентке түсирилди.
Өзбекстан Республикасының Салық кодексиниң 30-статьясына муўапық, Салық кодексинде, басқа нызамларда ҳәм Өзбекстан Республикасының Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған, басқа салық төлеўшилерге салыстырмалы айырым тайпадағы салық төлеўшилерге берилетуғын абзаллықлар, соның ишинде салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер төлемеслик ямаса оларды кемирек муғдарда төлеў имкәнияты салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша жеңилликлер көрсетиледи.
Салық жеңилликлери салық төлеўшилерге төмендеги көринислерде бериледи:
-
салықларды төлеўден толық азат етиў. Мысалы, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 158, 208, 211, 261, 269, 282-бөлимлерине тийкарланып салықларды төлеўден юридикалық тәреплер ямаса салық салыў объектлери азат етиледи.
-
Салықларды төлеўден азат етиў. Бунда азат етиў төмендеги көриниске ийе болыўы мүмкин:
-
салық салынатуғын базасын азайтыў;
-
төменлеген салық ставкаларын қоллаў.
Мысалы, Өзбекстан Республикасы салық кодексиниң 159-бөлимине көре салық салынатуғын пайда белгили суммаға кемейтириледи.
Соны айтып өтиў керек, егер хожалық жүритиў субъектлери салық жеңилликлеринен пайдаланыў бойынша белгиленген тәртиптен дурыс пайдаланылса, бул әлбетте салық жеңилликлериниң надурыс пайдаланыў жағдайларын кемейтиреди.
Хәзирге шекем мәмлекеттиң функцияларын орынлаў ушын лазым болған финанслық қаржыларды қәлиплестириўде салықлардан басқа усылы жоқ. Демек, хүкимиран күш сыпатында мәмлекет бар екен, финансластырыў усылы сыпатында салықлар әмел қылыўын даўам ете береди.
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ИНВЕСТИЦИЯЛАРДЫҢ РОЛИ
Мадреймов А., Исмайлов Т.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығы-экономикалық хызмет процесслери ҳәм оның нәтийжелерин сәўлелендириўши көрсеткишлерде киши бизнес үлесиниң жоқары болыўына да байланыслы екенлиги анық.
Кем қәрежет сарплаў есабынан жаңа жумыс орынларын жаратыў имканияты, ири бизнес кирип бара алмайтуғын базар сегментлерин ийелей алыў қабилийети, әсиресе, хызмет көрсетиў тараўында ҳәм онша үлкен болмаған жергиликли ресурс базаларын өзлестириўде жүдә қолай шөлкемлескен форма екенлиги киши бизнести раўажландырыўдың әҳмийетлилигин көрсетеди. Сол себепли де киши бизнести тез пәтте раўажландырыў мәселеси өним өндириўди жергиликлилестириў, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ҳәм сондай ақ, мәмлекеттиң экспорт потенциалын жоқарылатыў мәселелери менен шеңберли байланысқан.
Киши бизнести раўажландырыў бойынша әмелге асырылған шара иләжлардың нәтийжеси төмендегилер арқалы көринеди:
-киши бизнестиң мәмлекетимиз ЖИӨ деги үлеси 2011 жылға келип 53 пайызға жеткенлиги;
-жумыс пенен бәнт ислеўшилер пул дәраматларының 70 пайызы киши бизнес тараўында қәлиплескенлиги;
-киши бизнес кәрханаларының мәмлекет экспортындағы үлеси 2009 жылда 14,3 пайызға жеткенлиги ҳ.т.б.
Киши бизнес субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў, оларды кредитлестириў көлеминиң артыўы тараўды раўажландырыўдың әҳмийетли факторы есапланады. 2009 жылда санаат тараўында хызмет көрсетип атырған киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар ушын бирден-бир салық төлеми ставкасының 8 пайыздан 7 пайызға түсирилиўи нәтийжесинде 23,6 млрд. сумм муғдарындағы қаржы усы кәрханалар ықтыярында қалдырылды.
Усы жылы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине 1трлн 850 млрд сумнан артық кредитлер ажыратылды. Бул 2001 жылға салыстырғанда 11 есе, 2005 жылға салыстырғанда 4 есе көп.
Киши бизнес субъектлерине ажыратылған кредитлердиң 462 млрд сумы «Микрокредитбанк» үлесине туўра келеди. Тараўдың раўажланыўы ушын Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Германия раўажланыў банки, ҚХР ҳүкимети ҳәм басқа сырт ел инвесторлар қаржылары есабынан жәми 121,8 млн. доллар муғдарында кредит ресурслары тартылды.
2010 жылда да киши бизнести тез пәтте раўажландырыўды қолап-қуўатлаў бойынша шара иләжлар даўам еттирилди. Мәселен, 2009 жылда санаат тараўында хызмет көрсетип атырған киши бизнес кәрханалары ушын бирден-бир салық ставкасы 7 пайызға түсирилген болса, 2010 жылы 7 пайызлы салық ставкасы барлық киши бизнес кәрханалары ушын енгизилди.
Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары күшейттирилди. Атап айтқанда, 2009 жыл даўамында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине 1 трлн 850 млрд сўмнан зыят кредитлер ажыратылды
Мағлыўматлардан көринип турғанындай, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўына бағдарланып атырған кредитлер муғдары 2001-2009 жыллар аралығында дерлик 11 есеге өскен.
Сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызметиниң тез пәтте раўажланыўында оларға хызмет көрсетиўши инфраструктура объектлериниң шөлкемлестирилиўи ҳәм хызмет сапасы дәрежесиниң жақсыланып барыўы сезилерли тәсир көрсетпекте
Өзбекстанда исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетиўши инфраструктура объектлери (2010 жыл жағдайына, бирликте)
Инфраструктура объектлериниң аты
|
саны
|
Коммерциялық банклер филиаллары
|
1042
|
Минибанклер
|
2318
|
Мағлыўмат-мәсләҳәт орайлары
|
262
|
Консалтинг орайлары
|
327
|
Аудиторлық фирмалар
|
113
|
Оқыў орайлары
|
917
|
Баҳалаў компаниялары
|
138
|
Товар шийки зат биржасының саўда майданшалары
|
204
|
Микрокредит шөлкемлери
|
32
|
Кредит аўқамлары
|
103
|
Бизнес-инкубаторлар
|
34
|
Қамсызландырыў шөлкемлери
|
32
|
Брокерлик конторалар
|
1424
|
Кесте мағлыўматларынан көринип турғанындай, бүгинги күнде мәмлекетимиз киши бизнес тараўына оннан зыят түрдеги 8 мыңға жақын инфраструктура шөлкемлери хызмет көрсетип, хызмет ушын зәрүр болған шараятларды бермекте.
Өзбекстанда киши кәрханаларды финанслық қоллап-қуўатлаў системасының жетилистирилиўи киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке хызмет көрсететуғын банклер, фондлар, инвестициялар ҳәм қамсызландырыў шөлкемлериниң хызметлерин хошаметлеў бағдарында алып барылыўы лазым. Экономикалық реформаларды тереңлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў республикамызда өткерилип атырған экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири есапланады. Бул болса экономикалық бәсекиниң раўажланыўын, тутыныў базарын товарлар ҳәм хызмет түрлери менен толтырыўды, сондай-ақ жеке исбилерменликтиң кең қатламын жаратыўды талап етеди.
2009 жыл даўамында инвентаризация нәтийжесинде анықланған 2 мыңға жақын бос турған биналар киши бизнес субъектлерине ижараға берилди. Бунда биналарды ижараға бериў тарифлери исбилерменлик субъектлериниң жайласқан орны ҳәм олардың хызмет түрине қарап 3 еседен 10 есеге шекем кемейттирилди. Сондай ақ өткен дәўир лерде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери ушын басқада бир қанша жеңилликлер жаратып берилди.
Мәмлекет көлеминде инвестиция хызметин нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде инвестиция бағдарламасы ислеп шығылған. Инвестиция бағдарламаларында белгили дәўирде әмелге асырылыўы мөлшерленген жойбарлар, олардың орынланыў басқышлары ҳәм сарпланыўы көзде тутылған қаржылар қуны аймақлар ҳәм тараўлар бойынша анықланған. Инвестиция дәстүрлери узақ мүддетке мөлшерленген болып, онда ҳәр бир жыл ушын белгиленген шара иләжлар айырым көрсетилген.
Республикамызда инвестицияларды тартыўда ең дәслеп ишки дереклерден пайдаланыўға итибар қаратылмақта. Бул жаңадан өндирислерди шөлкемлестириў ямаса бар болған өндирис қуўатлылықларын жәнеде кеңейтиўде инвесторлардың өз финанс ресурслары – кәрхана пайдасы, амортизация ажыратпалары, пул фондлары ҳәм басқалардан кеңирек пайдаланыў имкәниятын билдиреди. Себеби ишки дереклердиң толық пайдаланылыўы, бир тәрептен, бар болған экономикалық ресурслардан үнемли ҳәм мақсетке муўапық пайдаланыўды тәмийнлесе, екиншиден инвестициялардың нәтийжелилигин арттырады.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Ўзбекистон Республикаси Президенти Ислом Каримовнинг Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Қонунчилик палатаси ва Сенатининг 2010 йил 27 январда бўлиб ўтган қўшма мажлисидаги «Мамлакатимизни модернизация қилиш ва кучли фуқаролик жамияти барпо этиш – устувор мақсадимиздир» маърузaлары материаллары
2. Ходиев Б.Ю. Кичик тадбиркорлик фаолияти асослари. Т-2004
КЎЧМАС МУЛК БОЗОРИНИ РИВОЖЛАНТИРИШ ДАВЛАТ ИҚТИСОДИЁТИНИ РИВОЖЛАНТИРИШНИНГ АСОСИЙ МЕЗОНИ
Қудияров К.Р.
Қорақалпоқ Давлат Университети
Кўчмас мулк бозорининг барқарор ривожланишида унда фаолият кўрсатаётган инфратузилмалар яъни кўчмас мулк бозорига хизмат кўрсатувчи ташкилот (кўчмас мулк агентликлари, брокерлик идоралари, кўчмас мулкин баҳоловчилар, экспертлар ва ҳ.к.)ларнинг ахамияти каттадир.
Бозор иқтисодиёти қонунларига хос бўлган юқори самарадорлик бозор инфратузилмасининг тармоқлари билан амалга оширилади. Бу борада уларнинг вазифалари кўчмас мулк бозорининг барча иштирокчилари (баҳоловчилар биржалар, брокерлар, харидорлар ҳамда воситачилар) учун муҳим бўлган тезкор ишончли, қулай ва арзон нархдаги оммавий ахборот хизматларни таъминлашдан иборат.
Кўчмас мулк бозори иштирокчиларига хизматлар кўрсатувчи бозор инфратузилмалари тармоқларини янада ривожлантириш учун юртимизда ривожланаётган кўчмас мулк бозорининг бир қатор муаммоларини ҳал қилиш керак.
Кўчмас мулк бозорида фаолият кўрсатаётган инфратузилмалар фаолият кўрсатишининг ташкилий-ҳуқуқий ва кўчмас мулк бозоридаги белгиланган ўрнига мувофиқ таъминлаш даркор.
Аммо кўчмас мулк билан фуқаролик-ҳуқуқий битимларни амалга оширишнинг амалдаги меъёрий-ҳуқуқий негизи кўчмас мулк бозорининг иштирокчилари ўртасидаги бозор ҳуқуқий муносабатларининг ривожланишига тўсқинлик қилувчи меъёрлар ҳам 1996-йилда тасдиқланган Ўзбекистон Республикаси Фуқаролик Кодексининг 488 ва 490-моддаларига мувофиқ уй-жой ҳамда корхоналарнинг олди-сотди шартномалари (мулкий мажмуа сифатида) мажбурий равишда нотариус томонидан тасдиқланиши шарт.
Шу билан бир вақтда, Ўзбекистон Республикаси Фуқаролик Кодексининг 84-моддасига биноан, «кўчмас мулкка нисбатан мулк ҳуқуқи ва бошқа ашёвий ҳуқуқлар, ушбу ҳуқуқларнинг пайдо бўлиши, бошқа шахсга ўтиши, чекланиши ва тугатилиши, давлат рўйхатига олиниши лозим» дейилган.
Бир вақтнинг ўзида кўчмас мулкка нисбатан ҳуқуқлар ва улар билан амалга оширилган битимларнинг давлат рўйхатига олиниши билан кўчмас мулкни олди-сотди шартномаларининг мажбурий равишда нотариус томонидан тасдиқланиши тараққий этган бозор муносабатларини шакллантириши ҳамда кўчмас мулк бозори иштироқчилари-сотувчилар, харидорлар, воситачиларнинг манфаатлари нуқтаи назаридан мутлақо мақсадга мувофиқ эмас.
Мажбурий равишда нотариус томонидан тасдиқланиш талаби кўчмас мулк биржаларида тузилган кўчмас мулк битимларига нисбатан мазмунсиз ва асоссиз бўлиб қолмоқда. Ушбу меъёр амалда кўчмас мулк бозорининг энг йирик сегментлари-уй-жой бинолари ва мулкий мажмуалар бозорларидаги биржа операцияларини амалга оширишнинг аниқ имкониятини истисно этади.
«Маҳсулот» кўчмас мулк олди-сотди битимларини амалга ошириш бўйича хизматлар кўрсатишдан иборат бўлган кўчмас мулк бозори учун Фуқаролик кодексининг юқорида кўрсатилган меъёрлари унинг кўчмас мулк бозорининг энг йирик сегментлари уй-жой ва мулкий мажмуалар бозоридаги фаолиятини анча чеклаб қўяди.
Таққослаш учун: бу меъёр кўчмас мулк биржасидан фарқли товар-хомашё ва фонд биржаларида амал қилади. Бу эса биржа учун бозор инфратузилмасининг муассасаси сифатидаги меъёр ҳисобланади.
Масалан, Украина Республикасида кўчмас мулк билан биржа битимлари нотариал тасдиқларсиз биржанинг ўзи томонидан тасдиқланади.
Бундан ташқари, амалдаги қоидалар кўчмас мулк биржаларининг кўчмас мулк бозоридаги асосий вазифаларидан бири-уларда тузилган битимлар бўйича кўчмас мулкнинг турли объектлари, шу жумладан, уй-жой бинолари ва корхоналар (мулкий мажмуа сифатида) бўйича бозор нархларининг «индикатори» бўлиб хизмат қилишига тўсқинлик қилади. Бинобарин, қонуний ва меъёрий-ҳуқуқий асосларидаги ушбу зиддиятларга барҳам берилиши кўчмас мулк бозорининг фаоллашувига ҳамда кўчмас мулк соҳасидаги бозор ҳуқуқий муносабатларининг мустаҳкамланишига ёрдам беради.
Кўчмас мулк бозорида хизмат кўрсатувчи брокерлик (дилерлик) идоралари тармоғининг тадбиркорлик фаолиятини кенгайтириш ва қўллаб-қувватланиши таъминлаш зарур.
Кўчмас мулк, айниқса уй-жой фуқаролик, жамият ҳамда давлатнинг ҳаётий манфаатлари билан боғлиқ. Шунинг учун у давлат томонидан тартибга солиниши ва назорат қилиниши зарур. Ушбу манфаатлар ҳимоя қилиниши керак. Айнан шу туфайли давлат ваколатли орган орқали мазкур фаолият турининг лицензияланишини амалга ошириш кўчмас мулк билан фуқоролик-ҳуқуқий битимларни амалга оширишда воситачилик кўрсатуви шахсларнинг касбий тайёргарлиги даражасини ва жавобгарлигини таъминлаши шарт.
Кўчмас мулк бозорида мустақил баҳолаш фаолияти муассасасининг фаолият кўрсатиши учун бугунги кунда ташкилий-ҳуқуқий шарт-шароитлар яратилган бўлсада, кўчмас мулк объектлари айланмасининг тезлигига бозорда объектларни бозор усуллари асосида баҳолаш бўйича хизматларнинг камлиги, тегишли меъёрий-ҳуқуқий, услубий базанинг паст даражадалиги, шунингдек, кўчмас мулкни баҳолашнинг бозор усулларига эга бўлган мутахасисларнинг етишмаслиги тўсқинлик қилмоқда.
Авваломбор, баҳоловчи ташкилотларига қуйиладиган лицензия талабларини бирмунча кучайтириш, яъни ҳар бир баҳолаш ташкилотида раҳбар ва камида иккита баҳоловчи малака аттестатига эга бўлишлари мақсадга мувофиқ деб ҳисоблаймиз. Шу билан бирга, баҳолаш ташкилоти фақат баҳолаш фаолияти билангина шуғулланиши лозим. Амалдаги қонунчиликда эса ушбу ҳолатлар кўзда тутилмаган.
Кўчмас мулк олди-сотдиси битимларини молиялашнинг ташкилий-ҳуқуқий шарт-шароитларини яратиш.
Кўчмас мулк бозорининг ривожланиши умуман иқтисодиётнинг, шу жумладан, молия бозорининг равожланиши билан бевосита боғлиқдир.
Кўчмас мулк объектлари, масалан уй-жойнинг фуқаролик обороти бозор механизмининг фаолият кўрсатиши ипотека усулида кредитлашнинг ишончли тизимисиз таъминланиши мумкин эмас. Айнан шунинг учун бозор иқтисодиёти ривожланган мамлакатлар (АҚШ, Германия, Австрия)дан ипотека усулида кредитлаш тизимини ташкил этиш тажрибаларини ўрганиш асосида кўчмас мулкни, биринчи галда уй-жойни ипотека усулида кредитлаш тизимини ишлаб чиқиш ва барпо этиш зарур.
Бугунги кунда кўчмас мулк бозори учун мутахасислар тайёрлаш ишлари замон талабларига жавоб бермаяпти.
Кўчмас мулк бозори, айниқса, уй-жой бозори фуқароларнинг ҳаётий муҳим манфаатлари доирасида амал қилади ва фақәт уларга хос бўлган қотор хусусиятларга эга. Шунинг учун кўчмас мулк бозори иштироқчиларига хизмат кўрсатувчи (баҳоловчилар, брокерлар, риэлторлар) ва кўчмас мулк бозорини янги объектлар билан таъминловчи (дивелоперлар), кўчмас мулк бозорининг фаолият кўрсатишини (молиявий менеджерлар) ҳамда кўчмас мулк объектларнининг самарали фаолият кўрсатишини таъминловчи мутахассисларни тайёрлаш ихтисослашган ўкув юртида амалга оширилиши лозим (масалан, Москвада Кўчмас мулк, машиналар, асбоб-ускуналар, интеллектуал мулк ва инвестиция лойиҳаларини бахолаш академияси, кўчмас мулк бозорида ишлаш учун мутахасисларни тайёрламоқда).
Юқоридагиларни инобатга олган ҳолда Ўзбекистонда ҳам олий ва ўрта махсус таълим вазирлиги тизимидаги ўкув юртларида кўчмас мулк бозори учун малакали мутахасисслар тайёрлаш, қайта тайёрлаш тажрибасини оширишни кенг кўламда амалга оширишни назарда тутиш керак.
Биржада савдо ҳажми йилдан-йилга сезиларли даражада ошиб бораётган бўлсада, кўчмас мулк бозорининг барча имкониятларидан фойдаланилмоқда деб бўлмайди.
Мамлакатимиз иқтисодиётига хориж сармоясини жалб этиш борасида Интернет тизимидан кенг фойдаланиш лозим. Бу борада жалб қилувчанлик даражаси юқори бўлган мулкларни Интернет сайтларига мунтазам жойлаштириш ва янгилаб туриш даркор.
Кўчмас мулк бозори шундай юксалиши лозимки, унда яратилган шарт-шароитлар ҳам бир мулк эгасига ёки мулк сотувчисига керакли ахборотларни мавжуд биржа тизими орқали кенг миқёсда олиш, мулкни сотиб олиш ёки сотиш, мулкни ишончлик бошқарувга бериш ёки олиш, умуман кўчмас мулк билан боғлиқ барча хизматларни ошкора амалга ошириш имконини янада такомиллаштириш лозим.
Достарыңызбен бөлісу: |