Еригишлигине қарай барлық затлар жақсы ерийтуғын, аз ерийтуғын ҳәм әмелде еримейтуғын деп үш топарға бөлинеди. Мәлим бир заттың ериткиште еригишлигин сол заттың ериткишке тәбияты жағынан уқсаслығына байланыслы. Бирақ дым нәрсе еримейтуғын зат болмайды.
Затлардың еригишлигине температура тәсир етеди. Бул тәсир заттың ериўи ўақтында байқалатуғын жыллылықтың муғдарына байланыслы. Егер қатты заттың еригишлиги температураның артыўы менен кемейеди, ал егер зат еригенде жыллылық сиңирилсе, температураның артыўы менен заттың еригишлигиде артады.
Газлардың еригишлигине температураға қарағанда басымның тәсири көбирек. Турақлы температурада газлардың еригишлиги басымның артыўы менен артады. Суйықлықларда газлардың еригишлиги Генри нызамына бағынады. Турақлы температурада газлардың еригишлиги олардың басымына туўры пропорциялы.
Практикада көбирек жеке газ бенен емес, ал газлар араласпалары Дальтон нызамына бойсынады. Генри нызамына қолланбалы рәўиште Дальтон нызамын қосып газлар араласпасының еригишлиги ушын Генри Дальтон нызамын былай тәриплеўге болады.
Турақлы температурада газ араласпасының ҳәр бир компоненттиң суйықлықта еригишлиги оның еритпе үстинде газлар араласпасындағы парциал басымына туўры пропорциялы.
Газлардың еригишлиги температураның өсиўине байланыслы төменлейди.
Затлардың еригишлиги сан жағынан 100 г ериткишге (суўда) ериген заттың муғдары менен өлшенеди. Ериген заттың бул муғдары оның еригишлик коэффициенти ямаса еригишлиги делинеди. Мысалы, 00С температурада 100 г суўда 130 г калий иодиди ерийди. Егер усы температурада тойынган еритпеге сол дуздан тағы салып, қанша араластырсада ол еримейди. Белгили бир температурада зат одан ары еримейтуғын еритпени тойынған еритпе дейди. Белгили бир температурада заттың бираз муғдарын еле де ерите алатуғын еритпени тойынбаған еритпе деп атайды.
Еритпеде заттың ериўи менен қатар ериген зат бөлекшелериниң қайтадан кристалға айланыўы болып турады. Заттың ериў тезлиги менен қайтадан кристалланыў тезлиги теңлескенде тойынған еритпе алынады.
Ериген заты көп еритпе концентрленген, ал ериген заты аз еритпе суйылтылған еритпе делинеди.
Достарыңызбен бөлісу: |