196
жыйындысы сыпатында қаралыўы керек. Мысалы, мектеп оқыўшыларының
интеллект дәрежесиниң раўажланғанлығы ҳаққында тек ғана бир методика
тийкарында жуўмақ шығарыў мүмкин емес, буның ушын бир неше
методикалар топламын қолланыў керек.
Психометрияға
тийкарланған
тестлер
қолланылатуғын
анық
методикалардан парық қылады. Бул тестлерди ислеп шығыўда тийкарынан
баланың психикалық раўажланыў дәрежесин сәўлелендириўши
орнатылған
нормадан шетке шығыўларды, теңлеслер топары менен салыстырыўшы
муғдарлық кӛрсеткишлерге итибар бериледи (В.М.Блейхер, Л.Ф.Бурлачук).
Олардың сӛзсиз болатуғынлығы бир жас дәўириндеги сыналыўшының
үлкен топарларында әмелге асырылады (В.В.Столин, А.Г.Шмелѐв).
Тест – психологиялық диагностиканың методы болып, ол мәлим мәниске
ийе болған стандарт сораўлар ҳәм мәселелерден ибарат. Тест интеллектуал
ҳәм арнаўлы уқыплылықлар, шахстың психофизиологиялық ӛзгешеликлери
ҳәм сыпатларының раўажланыўы, кәсиплик жарамлылығын анықлаў,
кәсиплик экспертиза ҳәм
реабилитация, сондай-ақ, кәсиплик маслаҳәтлер
процесинде қолланылады.
Достарыңызбен бөлісу: