209
Сабақтан тыс жумыслардың жалпы системасында биологиялық мектеп
кешелери де әдеўир елеўли орын ийелейди. Олар пән бойынша
оқыўшылардың билимлерин беккемлеўге кӛмеклеседи,
жас биологларды
дӛретиўшиликке стимуллайды.
Мектепте биологиялық кешелер сабақтан тыс жумыслардың басқа
түрлери,
биологиялық
дӛгерек,
экскурсия
менен
биргеликте
шӛлкемлестириледи. Оқыў материалын тереңирек үйрениў зәрүрлиги яки
мәлим ўақытта теманың актуаллығы жүзеге келген ҳалларда да эпизодлы
илаж ретинде кешелер ӛткизиў мүмкин.
Кешениң табыслы болыўын оны муқыят басқышлы таярлаў және
ӛткизиў анықлайды: жобалаў, тематиканы, ўақытты, шӛлкемлестириўдиң
тийкарғы формаларын, белсендилерди таңлаў, хызметлерди тақсымлаў, жеке
топарлардың ҳәрекетлерин уйғынластырыў, сценарий ислеп шығыў,
топарлардың ҳәм жетекшиниң репетициясы, орынның безелиўи, техникалық
қуралларды таярлаў, кешени ӛткизиў ҳәм оны талқылап жуўмақлаў.
Илимий
конференцияларды
шӛлкемлестириўде
оқыўшылардың
мәлимлемелери менен баянламалары тыңланады.
Оларды демонстрациялық
материаллар менен қоса алып барыў мүмкин. Гейде тек бир тема дӛгерегинде
баянатлар және оппонентлердиң пикирлерин тыңлаў да пайдалы. Муғаллим
оқыўшыларға баянаттың темасын, оған материалды таңлап бериўи керек.
Оқыўшылардың илимий конференциялары
мәлим бир проблема бойынша
ӛткизилиўи мүмкин.
Достарыңызбен бөлісу: