Лекция Тема: Кирисиў. Жер планетасы ҳаққында улыўма мағлыўматлар. Жердиң формасы ҳәм дүзилиси. Жер қабығының жыллылық режими


Тема; Гидрогиология тийкарлары. Грунтлардағы суў түрлери ҳәм классификациясы. Жер асты суўларының ҳәрекети ҳәм режими



бет3/3
Дата04.07.2016
өлшемі312 Kb.
#177318
1   2   3
Тема; Гидрогиология тийкарлары. Грунтлардағы суў түрлери ҳәм классификациясы. Жер асты суўларының ҳәрекети ҳәм режими.

Грунтлардағы суў түрлери.

Тәбияттағы суў грунтлар қурамындағы пуў, суў ҳәм қатты ҳалда ушырайды.

Пуў көринистеги суў ҳаўа менен бирге грунт геўеклери ҳәм жарықларын толтырып турады. Бундай суў жыныс аўырлығының ишинен. 0,01% ини қурайды.

Сутка ҳәм мәўсим даўамында температура және басым өзгериўи менен геўеклер ҳәм жарықларда актив ҳәрекет қылып жүзине жапысады ҳәм конденсацияланады.

Нәтийжеде молекула әтрапында жүдә жуқа ( 0,08 км) перде яғный гидроскопик суў пайда болады. ( 36-суўрет 1,2 )

Егер бир молекуланың әтрапында қалыңрақ суў пайда болған болса, ол әсте –секин қоңсы молекуланың жуқарақ суў пердеси тәреп ҳәрекет қылады ҳәм бул ҳәрекет еки молекуладағы суўдың қалыңлығы бир қыйлы болғанша даўам етеди. (36-сүўрет . 3 )

Молекулалар арасынан 0,25-0,50млм узақлық болғанда, бул күш кемейеди, ҳәтте канденсацияланатуғын суў молекулалары услап қала алмайды. Бундай ҳалда конденсация болатуғын суў молекулаларын гравитацион (тамшы) суўлар пайда болады ҳәм ол өз аўырлық күши тәсиринен де геўеклер және жарықлар арасындағы ҳарекет қылады, (36-сүўрет. 4 ).

Таў жынысының толық тойыныўы ушын сарп болатуғын суў пуўлары муғдары жынысының максимал гигроскоплиги делинеди.Гигроскопик ҳәм пердели суўлардың жыныс қурамы жүдә үлкен муғдарда болыўы усы жыныстың максимал молекуляр ығал түсиўи (Wm) деп аталады.

Таў жынысларының максимал молекуляр ығал түсиў бөлими 19-таблицада берилген. 36- сүўрет 1- грунт зароалары әтирапы суў молекулаларының топланыўы; 2- толық топланыў; 3- перде суў ; 4- гравитацион суў.

Қатты суўлар жыныс қурамына минерал молекулалар аралығында кесим линза яки қатламша көринисинде муз қатқан ҳалда болады. Оның температурасы бәрҳә болып, шамшыраўшы ҳәм гил жыныслардың беккемлигин асырады. Муз еригенде жыныстың ығаллығы асып, беккемлиги кемейеди.



Капиляр суўлар. ( Таў жыныслары түрли-түрли капиляр бослықлардың геўеклик найшалардан ибарат). Капиляр суўлар жер асты суўлары жоқарыда жайласқан болып капиляр зонаны пайда етеди ҳәм грунт бетиндеги суўды тойындырып турады ( 37-сүўрет). Бул зонада суўлар капиляр басым пайда етеди, басым Ржап=hk формула жәрдеминде анықланады бул жерде – суўдың массасы hk– капиляр басым , Мпа.

37-сүўрет . Қумоқ топырақтағы капиляр суў; -капиляр зона; а-капиляр жоқары шегарасы; ГСС – грунт суўларының сат зк.


Жер асты суўларының классификациясы.

Жер асты суўлары суўлы горизонттың жайласыўына , басымның бар-жоқлығына, жатыў ҳалына, гидравлик белгисине ҳәм химиялық қурамына қарап. Грунт ҳәм қатламлар аралық суўларға бөлинеди. Буның басқа жарық , карст мәңги музлы ҳәм шыпабахш қәсийетлерге ийе болған минерал суўларыда болады. Бул суўлар көп жағдайларда санаат карханаларында ислетиледи. Олар басымлы яки басымсыз болып, базы өзине сай қәсийетлери менен басқа түрдеги суўлардан ажыратып турады.


Жер асты суўларының режими.

Жер асты суўлары запасыны ериген қар ҳәм жамғыр суўлары жоқарыдан сиңип толтырып турады. Бәҳәрде суў сатқи тез көтериледи, жазда ҳәм қыста жер бетинен сиңип атырған суўлардың муғдары кемейиўине себепли суў пәсейеди. Суў запасы жер асты ағымына ҳәм пуўланыўға сарп болады. Жер асты суўларының өсими жыл даўамына 2м ден 4м ге шекем өзгериўи мүмкин.

Жер асты суўлары қурамында ҳәр қыйлы газлар ҳәм минерал дузлар болады. Жыл даўамында жер асты суўлары өсиминиң ҳәм ериген дузлар муғдарының нызамлы рәўиште өзгериўи оның режими деп аталады.

Имарат ҳәм иншаатларды жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыў дәўиринде жер асты суўларының режимине билиў ҳәм алдыннан прогноз қылыў үлкен әмелий әҳмийетке ийе. Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Сырдәрья тәреплерде алып барылған көп жыллық гүзетиўлер нәтийжесинде жер асты суўлары режимин өзгертиўин төмендегише анықланды.

а) сутка даўамында өзгериўи –аэрация зонасындағы ығаллық муғдарына байланыслы болып, жер асты суўларының өсими 0,7ден 3,2 см ге шекем өзгереди;

б) мәўсим даўамында өзгериўи – суўғарылатуғын зоналарда жерлерди суўғарыў нәтийжесинде грунт суўларының өсими көтерилип турады. Мирзачул ҳәм Қашқадәрья 5-6м шуқырлықтағы грунт суўлары

өсиминиң суўғарыў дәўириде 1-1,25м ге көтерилиўи көрсетилген.

в) жыл даўамында өзгериў – атмосфера жаўынның муғдарына , ығаллық муғдарына ҳәм таў жынысларының температурасына байланыслы болып , жыл даўамында суў өсими 0,8-30м ге өзгереди.

г) көп жыллар даўамында өзгериў – басымлы суўлар режимине атмосфера жаўынның орташа жыллық муғдарының әсте-секин айрым жағдайларда бир нешше жыллардан кейинги тәсири. Бундай шараятларда үлкелерде суў сиңетуғын қатламның тарқалыў майданын тәмийнлеў майданына сай келмейди.

Жер асты суўлары өсиминиң тез көтерилиўине ағыў тезлигиниң кемлиги , суў өткизиўшең ҳәм өткизбейтуғын, қатламлардың өз-ара қат-қат болып жайласыўы нәтийжесинде пайда болып суў тосар экран барлығы себеп болған.

Жер асты суўларының өсимин пәсейттириў ушын завурлар қазылады, бурғ қудықлары арқалы суў жығарып турады.

Грунт суўлары бетиниң өсимин гидроизогипс картасы дүзип анықланады.

Басымлы жер асты суўлары ушын гидроизопыз картасы дүзиледи.


Жер асты суўларының ҳәрекети ҳаққында улыўма түсиник.

Грунт суўлары таў жыныслары арасында еки түрли – ламинар ҳәм турбулент (гирдоб) көринисте ҳәрекет қылыў мүмкин.

1. аўҳалда суў параллел жағдайда үзликсиз ағымлар пайда етип жынысы ҳәрекет етсе,

2. аўҳалда үлкен тезликте, гидроблы араласпалар айрым жайларда үзликли ағымлар пайда болады. Суўдың ламинар ҳәрекети бир қурамлы қум, лесс, қумтас жыныслар ишинде турбулент ҳәрекет жарықлар менен бөлинип кеткен түп, ярым түп ҳәм ийрик молекулалы шағал, харсангтош асирдиң орталарында франсуз гидровиги Х.Дарси суўдың таў жыныслары арасындағы ҳәрекет тезлигин цилиндирге салынған қумнан сиңип атырған суў мысалыны анықлайды. Дарси нызамына көре, ўақыт бирлиги ишинде фильтрация болып атырған суў муғдары ағымының кундаланс кесим жүзи фильтрация коэффиценти ҳәм басым градиентине туўры проп-ль.

Q=Kф

Бунда Q–суўдың ўақыт бирлигинде фильтрленген муғдары, м3 / сут; Кф- қатламның фильтрация коэффиценти,м/сут; F-суў ағымының кесим бети, м² J -басым градиенти арқалы есапланады ҳәм гидравлик билдиреди. L–фильтрация жолының уз м ( 45-сүўрет ).

Егер тезликтиң еки тәрепин суў ағымының кесим бети ( F ) ге бөлсек, фильтрация тезлигин анықлаўымыз мүмкин.

яки

Грунт суўларының геўекликтеги ҳақыйқый тезлиги ( И ) ди анықлаў ушын ағым сарфлаўы ( Q ) ның геўеклер бети ( F ) не қатнасын аламыз:



п-грунттың геўеклиги Q=U екенлигин билген ҳалда ҳақыйқый тезликти F төмендегише табамыз:



фильтрация тезлиги см/с, м/сутка км/ жылда өлшенеди.

Фильтрация коэффицентиниң анық бөлимлерин есаплаў жолы менен ҳәм лабаратория ҳәм дала шараятларында анықланады.

Есаплаў усылы менен фильтрация коэффицентин анықлаўда Хазен, Замарин, Терцаги, Биндеман ҳәм басқалардың формулаларын пайдаланылады.

Тәсир етиўши диаметр ( d10 ) қумның грандуламетрлик қурамын көрсетиўши ийрек сызық жәрдеминде анықланады. (46-сүўрет). Оны дүзиў ушын ординатар ағына барлық францияның муғдарлы жыйындысы, абциссарлар ағына болса молекулалар диаметри қойылады.Егер таў жынысы қурамында диаметри 0,1мм ден киши молекулалар ушраса, онда абциссар ағына молекулалар диаметри логарифлик масштабда қойылады. Мәселен, 46-сүўретде d10 =0,015; онда Кф=1500 0,015=0,34м/сут

Лабаратория усылы. менен фильтрация коэффиценти есаплаўда Тим-Камечский приборынан пайдаланылады. Буның ушын текс-н жыныс цилиндрлик көринисдеги ыдысға жайластырылады ҳәм оннан мәлим бир басымда суў сиңириледи. (47-сүўрет). Цилиндр диаметри F, градиенти I=/l ди билген жағдайда, сиңип өткен суў сарпы Q ди өлшеп фильтрация коэффицентин табыў мүмкин:



; Кф=;

бул жерде h1 ҳәм h2 – П1ҳәм П2 гүзетиў майданшасы суў өсими l-еки найша ортасындағы аралық..

Дала усылы менен фильтрация коэффиценти анықлаў бир қанша беккем болып, тийкарынан қудықлардан грунт суўлары насослар менен сүрип шығарыў ҳәм аэрация зонасында таў жынысларына суў сиңдириў жәрдеминде анықланады. Бул усыл менен структура ҳәм текстурасы бузылмаған, тәбиғый жағдайда қатқан жыныслар ушын фильтрация коэффиценти бөлимин табыў анық нәтийжелер береди.

Бир қудықтан суў шығарылатуғын болса, ол ўақытта фильтрация коэффиценти Дюпюи формуласы болып есапланады. Кф=



III Бөлим 2- лекция.

Тема: Суў шығарыў қудықларына суўдың ағып келиўи.

Жер асты суўларының балансы ҳәм зонасы.

Суў шығарыў қудықларына жер асты суўларын жер бетине шығарып алыў ушын пайдаланатуғын вертикал қурылмалар – бурғ қудығы ҳәм шурфлар; горизонтал қурылмалар –завур ариқша галерия ҳәм тран-ды киргизиў мүмкин.

Суўлы қатламнан пүтинлей өткен ҳәм суў өткизбейтуғын қатламға шекем жетип барған бурғ қудықлары таўсылған суўлы қатламның бир бөлимине шекем қапланғанлары болса таўсылмаған суў шығарыў қудықлары делинеди.

Бурғ қудығы, шурф ҳәм басқа суў шығарыў иншаатларынан жер асты суўлары жер бетине ҳәр қыйлы насослар ҳәм эрифтлер жәрдеминде тартып шығарылады. (52-сүўрет).

Бурғ қудығы ишине труба ҳәм фильтр түсириледи. Фильтрдиң үлкен кишилиги қудық қуйы бөлиминиң диаметрине қарап анықланады. Оның үсти домалақ яки туўры төртмүйешли тесикшелерден ибарат болады. (53-сүўрет) 1-метр узынлықтағы трубада 500-800 тесик болып, оның саны труба диаметрине байланыслы.
56. Депрессион воронка ҳәм тәсир радиусы.

Суўды қудықтан насос яки эрлифт жәрдеминде шығарғанда суў өсими қудық әтрапында воронка көринисинде пәсейеди. Суў өсиминиң бундай пәсейиўи депрессион воронка делинип, планда шеңбер көринисинде болады. Вертикал кесимде депрессион воронка депрессия ийрек сызығы менен шегараланып, оның қыялығы қудыққа жақынласқан сайын асып барады. (54-сүўрет)

Тәсир радиусы И.П. Кусакин формуласы менен анықланады.

R=ф

бул жерде S-суў өсиминиң пәсейиўи Н-грунт суўы үстиниң қалыңлығы, М; Кф-фильтрация коэффиценти м/сут.

Тәсир радиусы В.С. Ильин ( 1935г.) формуласы жәрдеминде басымсыз суўлар ушын

басымсыз суўлар ушын басымлы суўлар ушын R=S0/J

формула жәрдеминде анықланады. Ўақыт бирлиги ишинде қудықтың суў бере алыў имканияты оның суў сарпы делинеди ҳәм л/с м²/саат, м3 /сут да белгиленеди.


Жер асты суўлары өсиминиң зоворлар жәрдеминде пәсейттириў.

Жер асты суўларының өсими 2-3м шуқырлықта болса, имарат ҳәм иншаатлар ушын котлаванлар, водопроводлар ҳәм канализация ушын зовурлар қазыў ҳәмде қурылыс ислерин бежериўде қыйын шығармалар туўдырады. Жер асты суўларының жоқарыға көтерилиўге имарат ҳәм иншаат жер төлелерин суў басыўға олар беккемлигиниң кемейиўине себеп болады.

Жер рельефи текис болған жайларда суў өсими тек қазылған заводлар – дренажлар жәрдеминде пәсейтириўи мүмкин.

Зоворлар түрлери суў жыйыўшы иншаатлар қурыўға ҳәм грунт қатламларына жайласқанына қарап горизонтал, вертикал ҳәм комбинацияланған түрлерге бөлинеди.

Горизонтал зоворлар ашық ҳәм жабық усылда қурылады. Ашық усылда қазылған зоворлар 5-6м шуқырлыкта мәлим бир қыялықта қазылады. (62-сүўрет,а) жабық горизонтал зоворларға труба (фильтр) тесиклерине мойқа басып қалыўынан сақлаў мақсетинде оның ҳәмме тәрепи қум ҳәм шағас пенен толтырылады.(62-сүўрет, б)

62-сүўрет зоворлар схемасы; а-ашық зовор б-жабық зовор.

Вертикал зоворлар Горизонтал зоворлар жайласыўына қарағанда жүдә үлкен майданларды ийелейди ҳәм қурылыс ушын жарамлы жайларды кемейтирип жибереди.

Зоворлардың комбинацияланған түри горизонтал ҳәм вертикал зоворлардың биргеликте қолланыўы дур.



Жер асты суўлары балансы

Мәлим бир мүддетде суўлы қатламға ағып келетуғын ҳәм шығып кететуғын суў муғдары жер асты суўларының балансы деп аталады.

Тәбий режимде қатламларға ағып келиўши грунт суўлары балансы атмосфера жаўынның сыныўынан (А), суў буўынының конденсацияланыўынан (К) ҳәм жер асты суўлары ағымы (П) дан пайда болады. (63-сүўрет).

63-сүўрет Грунт суўлары баланс схемасы

Егер грунт суўлары режими суньий рәўиште бузылған болса, баланс теңлемесинде суў менен тәмийнлеў ушын сарп болатуғын суў сарпы (в) заворларға ағып келетуғын суў сарпы (д) суўғарыў каналларынан ҳәм жерлерден шөмдирилип атырған суў муғдары (ф) ны есапқа алыў лазым. Ағып келетуғын жер асты суўы муғдары шығып кететуғыннан асып кетсе майданды суў басады. Соның ушын үлкен майданлардағы баланысын үйренип, жер асты суўларының режимин тәртипке салыў мүмкин.
Жер асты суўлары запасы.

Жер асты суўларының халық хожалығында пайдаланыўда, кәнлерде ҳәм қурылыс обьектлериниң гидрогеологик шараятын анықлаўда оның запасын бақлаў мүмкин. Суўлы қатламлардағыгравитацион суў көлеми жер асты суўларының запасы деп аталады. Жер асты суўларының запасы үш түрли: тәбий (Q1) эксплуатацион (Qэ) ҳәм сунъий (Qс) көриниўде баҳаланады.

Тәбий ҳәм эксплуатацион запаслар муғдары: 1)суўлы қатламларға гравитацион суў көлемине статик запас Qст ; 2) суўлы горизонттың фильтрация қәсийетине; 3) суўлы қатламның тойыныў шараяты ҳәм жайласыў шегарасына ; 4) суўдың бактериологикалық қәсийетине байланыслы.

Жер асты тәбий запасы – суўлы қатламның геўекликлери ҳәм жарықларыда тыныш жағдайда турыўшы яки тәбий шәраятда характерлениўши суў көлемине тең. Ол статик ҳәм динамик запасларға бөлинеди.

Статик запас суўлы қатламдағы гравитацион суў көлемине тең болып. төмендегише анықланады.

Qст=MV1

бул жерде М- суўлы қатламның суў шығарыўы;

V- суўлы қатламның көлеми;

Жер асты суўларының тәбий запасы төмендегиге тең.

Qт = Qст + Qд

Жер асты суўларының эксплуатацион запасы дегенде суў шығарыўшы иншаатлар арқалы, техник экономикалық нәзерден рационал мапланған усыллар жәрдеминде, суўлы қатламнан алынатуғын суў муғдары түсиниледи. Суў шығарыўшы иншаатлардан пайдаланыўда жер асты суўларының тәбий шәраяты бузылады. Жер асты суўлары өсими пәсейип, деприссион воронка пайда болады. Ол өз нәўбетинде суўлы қатламның яки төменги бөлиминде жайласқан қатламлардағы суўды сарып, қосымша тойыныў манбайине пайда етеди. (64-сүўрет ). Буннан басқа, Ф.М.Бочевердиң пикиринше, қосымша тойыныў манбай жер бетиндеги суў ҳавзарын болатуғын илимий (64-сүўет, б) жер асты суўлары суўғарғышының суўырылыўы нәтийжесинде жан таманынан ағып келиўши суў есабына (64-сүўрет,в) , жер асты суўларыөсиминиң пәсейиўинен инфильтрацион тойыныўдың күшейиўи ҳәм пуўланыўдың кемейиўи (64-сүўрет,г) есабында пайда болады. Деприссион воронка үлкенлигиниң асыўы қосымша ағып келип атырған суў муғдарының ҳәм эксплуатацион запасының көбейиўи алып келеди. 64-сүўрет. Суў шығарыўшы иншоот тәсиринде жер асты суўлары запасының тойыныў ҳәм көбейиўи схемасы;

1,2-грунт суўларының дәслепки ҳәм суўды қорып шығарып атырғандағы өсими 3,4-грунт суўларының суўды сорып шығарыўдан алдыңғы ҳәм кейинги суўғарғыш .

Жер асты суўлары эксплуатацион запасының пайда болыўында сунъий рәўиште топланған суў запаслары үлкен роль ойнайды.Сунъий запаслар (Qс) махсус гидротехник иншаатлар қурыў, суўды қатламларға қудықлар жәрдеминде шөктириў, жер астында завор, гарраж ҳәм қайта ислеў нәтийжесинде пайда қылынады.

Сондай қылып, жер асты суўларының эксплуатацион запаслары төмендегише белгилениўи мүмкин.

Q = К1 Q1+ К2 Qс
III.III - Лекция

Тема: Суў шығарыў, тазалаў ҳәм канализация иншаатларын қурыў жойбарлары ушын орынланатуғын инженер-геологиялық жумыслар.

Инженерлик-геологиялық қыдырыў ислериниң мақсети ҳәм ўазыйпалары.

Инженерлик-геологиялық қыдырыў ислери, тийкарынан, имарат ҳәм иншаатларын қурыў жойбарыны тийкарлаў, қурылыс майданларында жүз беретуғын инженер-геологик өзгерислердиң пайда болыў себеплерин ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болатуғын процесслерин алдыннан айтып бериў ҳәмде оларға қарсы шаралар ислеп шығыў ушын өткизиледи. Бул ислерди бежериўден тийкарғы мақсет қурылыс майданының геологиялық геоморфологик ҳәм гидрогеологикалық шараятларын, таў жынысларының қурамы, қәсийетлери ҳәм жағдайын үйрениў дур.

Исленетуғын инженерлик-геологиялық қыдырыў ислериниң көлеми иншаатларын жойбарластырыў басқышына қарап. 1) таярлық 2) дала ҳәм 3) камерал басқышларына бөлинеди.

Дала ислери жойбарында көрсетилген программа тийкарында алып барылады. Оларға: 1) Инженерлик-геологиялық съемка 2) разведка жумыслары, 3) Тәжирийбе-ислери жумыслары, 4) лаборатория жумыслары 5) райондағы қурылыс жумыслары тәжирийбесин анализ қылыў киреди.

Камерал жумыслар пайтында далада алып барылған тексериў, тәжирийбе (тийкарында) жумыслары ҳәмде лабораторияда бежерилген анализлер нәтийжеси тийкарында инженерлик-геологиялық есабат дүзиледи.

Имарат ҳәм иншаатларды жойбарлаўда бежерилетуғын инженерлик-геологиялық ислери көлеми ҳәм түрлери.

Имарат ҳәм иншаатларды жойбарластырыўда ең кем күш, қәрежет ҳәм қурылыс материаллары сарп қылған ҳалда, шырайлы, заманагөй ҳәм беккем имаратлар қурыўға ҳәрекет қылыў зәрүр. Соған қарап ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде жойбарлаўдың еки техник жойбар ҳәм ис сызылма/ы басқышы қабыл қылынған. Лекин, жаңа өзгерилетуғын районларда ири ҳәм беккем объектлер тийкарлаў ушын техник экономикалық доклад басқышында жойбарлаў ислери исленеди.

Жойбарлаўдың дәслепки техник-экономикалық доклад бас-да қурылыс майданының инженерлик, геологиялық шараятлары архив ҳәм әдебиятлар материаллары тийкарында анықланады.

Иншаатларды жойбарлаўдың техник жойбарлаў басқышында алып барылатуғын инженерлик-геологиялық қыдырыў ислери қурылыс ушын жарамлы майданларды таңлаў ҳәм иншаатлар типин, қурыў шәраятын, жайласыўын анықлаўға қаратылады.

Жойбарлаўдың ақырғысы - жумыс сызылмалары басқышында инженерлик-геологиялық қыдырыў ислери иншаатлар қурылатуғын майданларда алып барылады. Разведка, тәжирийбе ислери, лаборатория ислерине кең орын бериледи.

Қыдырыў разведка ислериниң түри, характери, көлеми, шуқырлығы ҳәм усыллары инженерлик-геологиялық ислериниң улыўма пр-да өз орныны таўған. Разведка ислери қурылыс майданының литологик дүзилиси ҳәм гидрогеологиялық шәраятына үйрениў, гидрогеологиялық ҳәм инженер-геологиялық тәжрийбелер өткизиў, жынс белгилерини алыў ҳәм оларды лабораторияда сынаў ушын исленеди. Бул ис/ди ислеў ушын шурф, канава, шахта ҳәм бурғ қудықлары қапланады.

Шурфлар 4 мүйеш ҳәм шеңбер көринисиндеги вертикал қудық болып, шуқырлығы 25-30м, кесими 0,8-1,0 ҳәм 1,25-2,0 м ге барады. Шеңбер көринисиндеги қудық арнаўлы шурф қазатуғын станоклар жәрдеминде қазылып, диаметри 0,8-1,2 м болады.



Арық трапеция көринисинде болып, түбиниң кеңлиги 0,6 м, шуқырлығы 3м ге шекем узынлығы 100-150м ге шекем барады. Арық жүдә-ям қыя ҳалда жатқан таў жынысларының қалыңлығы дүзилисин ҳәм қатламларын аныклаў ушын қазылады.

Шахта кесими 2х2 яки 23м, шуқырлығы 100 метрге шекем болған вертикал қудық дыр. Шахта жүдә-ям мүҳим иншаатлар қурылатуғын майданшаларда қазылады.

Қурылыс майданында бурғ қудықлары ҳәм шурфлар шахмат тәр-де жайластырылады(68-сүўрет). Жур жолда қайта исленип, оған қатламның тийкарғы терис тийкарлары ҳәм жатыў шуқырлықлары көрсетиледи. Жур-ы мағлыўматларға қарап, қурылыс майданының вертикал кеспеси, яғный инженер-геологиялық колонкасы дүзилиси (69-сүўрет). Таў жынысларының қатламланыўы ҳәм фазалық жайласыўы бир қанша геологиялық колонкалар тийкарында дүзилген инженер-геологиялық кеспелерде көрсетиледи(70-сүўрет).



Тәжирийбе ислери:

Дала шараятында бурғ қудық-н жер асты суўлары жер бетине шығарыў, суў сарпы, суўлы горизонттид фильтрация коэфициенти анықланады. Аэрация зонасындағы грунтлардың суў өткизгишлик қәбилиети тәжирийбе жәрдеминде анықланады. Грунтлық деформацияланған мазмуни төмендеги формула жәрдеминде анықланады:



Ер=(1-V)2; МПа,
Тема: Водопровод, канализация ҳәм трубопровод объект/ни, қурыўда бежерилетуғын инженерлик-геологиялық жумыслары.

Жер асты иншаатларына водопровод ҳәм канализация трубалары, жер асты резервуарлары (суйықлықлар ҳәм газлер сақланатуғын ыдыслар), трубопроводлар (жер астында суйықлық, пуў ҳәм газларды узақ аралыққа труба арқалы өткизетуғын иншаат) ҳәмде түрли арнаўлы ислер ушын белгиленген объектлер киреди.

Водопровод канализация ҳәм трубопроводлар трассаны жер бетиниң түрли жерлерин (таў, дәрья, канал, батпақ ҳәм) кесип өтеди. Трубопроводлар трассасы бойлап болса насос станциялары, суў басымы пайда қылатуғын минараларының резервуарлары ҳәм турақ жай имаратлары қурылады. Бул иншаатлар қурылыс ушын ислене-н инженер-геологиялық қыдырыў ислери граждан ҳәм санаат қурылысында әмел қылынған инструкция ҳәм көрсетпелерге әмел қылған ҳалда алып барылады.

Разведка жумыслары трассаның ҳәр бир километрине орта есапта 2 бурғ қудығы қазыў менен белгиленеди. Олардың шуқырлығы водопровод, канализация ҳәм трубопроводларды жатқызыў ҳәм грунтлардың музлаў шуқырлығы арқалы анықланады. Бурғ шуқырлығы арқалы анықланады. Бурғ қудығы шуқырлығы 3-5 м, батпақ яки каналлар өткен жайларда 10-15 метрге жетеди. Лабораторияда тексериў ушын қудықларын грунт ҳәм жер асты суўларын белги алынады.



Егер трубопровод трассасы таслақ, гил яки торф жыныслар тарқалған майданларды яки дәрья, канал, раўажланатуғын жарларды кесип өтетуғын болса, қосымша бурғ қудықлары яки шурфлар қазылады.







Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет