Тема: Еритпелер ҳаққында теория
Жобасы:
Кирисиў
Ернитпелерге улыўма характеристика. Еритиўши ҳәм ериген зат.
Тийкарғы бөлим.
а) Еритпелер ҳаққында теориялар
б) Криоскопия ҳәм эбулоскопия.
с) Раул нызамлары
д) Реал еритпелер
г) Еритпелердиң қәсийетлери
Жуўмақлаўшы бөлим
Еритпелердиң тәбиятта тутқан орны ҳәм әҳмийети
Еритпелер ҳаққында улыўма түсиниклер
Тәбият пенен турмыстағы болатуғын қубылыслар, жүргизилетуғын процесслер ҳәм өндирилетуғын өнимлер еритпелер ҳалында иске асады. Жер шарының көбин алып жатырған суўларда ҳәр түрли затлар ериген ҳалында болады, сонлықтан океан, теңиз, көл, дәрья суўлары еритпелерге жатады.
Өндиристеги көплеген технологиялық процесслер, мысалы, минерал кислоталарды алыў, төгинлер өндириў, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, дәри-дәрмақ алыў, каучук ҳәм пласмассалар өндириў ҳ.т.б. процесслер еритпелерде жүреди.
Еритпе дегенимиз еки ямаса оданда көп қурамлық бөлеклерден (компонентлерден) туратуғын гомоген (биртекли) система.
Демек, еритпе ең кеми еки заттан турады. Олардың бири ериткиш, ал екиншиси ериген зат делинеди. Ериткиш деп, әдетте жеке ҳалында ҳәм еритпеде бир қыйлы агрегат ҳалында болтуғын ериген затқа қарағанда массасы яки көлеми жағынан көп болған қурамлық бөлекке айтылады. Мысалы, қанттың суўдағы еритпесинде суў-ериткиш, ал қант ериген зат.
Ериткиштиң агрегат ҳалына қарай еритпелер газ тәризли, суйық ҳәм қатты ҳалда болады. Газ тәризли еритпеге мысал ҳаўаны көрсетиў мүмкин. Ҳаўа кислородтың, углерод (IV) оксидиниң, инерт газлардың азоттағы еритпеси. Қатты еритпелерге металлардың қуылмалары мысал болады. Мәселен, алтын менен гүмистиң қуйылмасы.
Жүдә әхмийетли еритпелерге суйық еритпелер жатады. Еритпениң барлық көлеми бир текли болады. Бул жағынан еритпе химиялық бирикпеге уқсайды. Лекин, ҳәттеки бир заттың еритпесиниң қурамы ҳәр түрли болады. Мысалы, ас жузының ямаса күкирт кислотасының ҳәр түрли концентрациялы еритпесин таярлаў мүмкин. Сонлықтан еритпелерге заттың массасының сақланыў нызамын ҳәм қуамның турақлылық нызамын қолланыў мүмкин емес. Бул жағынан еритпелер қурамы өзгермели бирикпелерге, ҳәттеки араласпаларға уқсап кетеди.
Көп жыллар бойы еритпелердиң тәбиятына еки түрли көз-қарас ҳүким сүрип келди. Вант-Гофф пенен Аррениус ериў процессин таза физикалық қубылыс деп қарады. Менделеев ҳәм Каблуковлар ериў процессиниң ериген зат пенен ериткиштиң химиялық тәсир етисиўиниң нәтийжеси деп түсиндирди. Буған дәлил етип күкирт кислотасының мынадай гидратларының дүзилетуғынын көрсетти.
Ҳәзирги көзқарас бойынша ериў физика-химиялық процесс. Ериў ўақтында ерийтуғын зат пенен ериткиштиң молекулалары бир-бирине диффузияланып қалмай, өзара ҳәрекетлесип молекулалық бирикпелер дүзеди. Суўдағы еритпелерде бул бирикпелерди гидратлар, ал ериткиш суўдан басқа қалеген зат болғанда сольватлар дейди. Көпшилик әриятта гидратлар менен сольватлар турақсыз болып, затты еритпеден ажыратқанда тарқалып кетеди.
Деген менен бираз гидратлар әдеўир турақлы болады ҳәм еритпени суўалтқанда ямаса суўсызлардырғанда бирикпе түринде ажыралып шығады. Қурамында ҳәртүрли муғдарда суў молекулаларын тутқан бундай қатты затларды кристалгидратлар деп атайды, ал олардағы суў молекулаларын кристаллық суў дейди. Оған мына затлар жатады.
т.б.
Ериў жыллылығы
Затлар суўда еригенде жыллылық қубылыслары байқалады. Ериў ўақтында жыллылық я сиңирледи, я ажыралып шығады. Бир моль зат еригенде ажыралатуғын ямаса сиңирилетуғын жыллылық сол заттың молекулалық ериў жыллылығы деп аталады.
Ериў ўақтында байқалатуғын улыўма жыллылық эффекти ( қатты зат еригенде болатуғын ҳәртүрли процесслердиң жыллылық эффектлериниң алгебралық суммасына тең. Бул эффектлерге сыналар киреди.
Гидратланыў энергиясы. Бул қатты зат бөлекшелериниң суў менен ҳәрекетлесип гидратланыўы нәтийжесинде ажыралған жыллылық .
Кристаллық тордың энергиясы-бул ериў ўақтында кристал бөлекшелериниң ыдыраўында сиңирилген жыллылық .
Демек, ериў ўақтында байқалатуғын жыллылықтың улыўма муғдары гидратланыў жыллылығы менен кристаллық тордың ыдыраў жыллылығының қосындасына тең болады.
Мысалы, натрий гидроксидин суўда ериткенде кристалды бузыўға жумсалған жыллылықтан гидратланыў жыллылығы көп болғанлықтан еритпе ысыйды.
Аммоний нитратының ериўинде гидратланыў жыллылығы кристаллық тордың ыдыраўына жумсалған жыллылықты қапламайтуғын болғанлықтан еритпе суўыйды.
Достарыңызбен бөлісу: |