Тема: Еритпелер ҳаққында теория


Криоскопия ҳәм эбулиоскопия



бет7/16
Дата03.01.2022
өлшемі279.5 Kb.
#451762
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   16
Электролит еритп. музл темп doc.x

Криоскопия ҳәм эбулиоскопия.
Криоскопия. Суйықлықтың қатты кристалларының бетиндеги пуў басымына ийе температурада суйықлық тоңлап баслайды. Еритпелер таза ериткишке қарағанда төмен температурада тоңлайды. Таза ериткиштиң тоңлаў точкасы менен салыстырғанда еритпениң тоңлаў точкасының төменлеў дәрежеси менен белгиленеди. Қант, глюкоза, глицерин сыяқлы ҳәр қыйлы бийэлектролитлерден 1 моль ҳәм 1000 г суў алынса бул еритпелердиң барлығы ушын шамасы бирдей болады. Буның себеби 1000 г суўда ериген затлардың бирдей молекулалар саны болыўы менен түсиндириледи.

Таза ериткишке қарағанда 1000 г ериткиштен ҳәм 1 моль ериген заттан турған еритпениң неше градус төмен температурада тоңлайтуғынын көрсетиўши шама криоскопиялық константа деп аталады ҳәм мынадай формула менен көрсетиледи:



буннан

бунда М-ериген заттың молекуласының массасы

L-ериткиштиң массасы, г.

М-ериген заттың массасы, г

Мк-ериген заттың молял концентрациясы, моль/кг

Ериген заттың 1 молинен ҳәм 1000 г ериткиштен турған еритпе молял еритпе делинеди. Демек. Бйэлектролитлердиң барлық молял еритпелериниң тоңлаў температураларының төменлеўи турақлы шама болады.

Солай етип мәлим бир ериткиш ушын тоңлаў температурасының молял төменлеўи турақлы шама болады ҳәм ериген бийэлектролиттиң тәбятынан ғәрезли болмайды.

Эбулиоскопия. Суйықлық қайнаўы ушын оның пуў басымы сыртқы басымға теңлесиўи керек. Еритпениң қайнаў температурасы таза ериткиштиң қайнаў температурасынан жоқары болады.

Таза ериткишке қарағанда 1000 г ериткиш ҳәм 1 моль ериген заттан турған еритпениң неше градус жоқары температурада қайнайтуғынын көрсетиўши шама эбулиоскопиялық константа делинеди ҳәм төмендеги формула менен көрсетиледи:

буннан

Суў ушын табылған эбулиоскопиялық константа С. Демек, бийэлектролитлердиң суўлы молял еритпелери таза суўға қарағанда С ға жоқары температурада қайнайды, яғный бул еритпелердиң қайнаў точкалары 100+0,516=100,5160 С болады.

Эбулиоскопиялық константа ҳәр бир ериткиш ушын турақлы шама болып, ериген заттың тәбиятынан ғәрезли болмайды.

Эбулиоскопиялық ҳәм криоскопиялық константаларды табыў формулаларынан көргенимиздей тоңлаў ҳәм қайнаў температураларының төменлеўи ямаса жоқарылаўы бойынша ериген затлардың молекулалық массаларын анықлаў мүмкин. Криоскопиялық өлшеўлерди жүргизиў ушын арнаўлы Бекман термометри менен тәмийинленген прибор қолланылады.

Криоскопиялық ямаса эбулископиялық метод әсиресе жоқары молекулалы бирикпелердң молекулалық массаларын тәжирийбе жолы менен табыў ушын көбирек қолланылады.



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   16




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет