Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет46/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   164
1-секция

Ҥшинши бағдар аўыл хожалығын диверсификациялаўБул мәселениде 
итибардан шетте қалдырмаў керек. Сондай-ақ кадастр дизимин жақсылаў 
бойынша кӛплеген жумыслар исленбекте. Себеби Ӛзбекстанға келешекте бул 
тараўдың раўажланыўы ушын имкәниятлар беретуғын инрфаструктуралар 
зәрүр болып табылады. 
ПУҚАРАЛЫҚ ЖУРНАЛИСТИКА ЖУРНАЛИСТЛИК ИСКЕРЛИКТИҢ 
АЛЬТЕРНАТИВ МАЙДАНЫ СЫПАТЫНДА 
 
С.А.Есемуратова 
НМПИ таяныш докторанты 
 
Пуқаралық журналистиканың жүзеге келгенлигине жүдә кӛп ўақыт 
болмаған болса да, ол әллеқашан белгили дәрежеде ӛзиниң аудиториясына 
ийе болып үлгерди. Тарийхтың берген гүўалығына қарағанда, радионың 
массалық аудиторияны жаўлап алыўы ушын 40 жыл, телевидение ушын 14 
жыл керек болды, интернеттиң жер жүзилик аудиторияны ӛзине тартыўы 
ушын 4 жыл ғана жеткиликли болған [1; 82]. Соның менен бирге, интернет 
тек баспасӛз ғана емес, ал радио ҳәм телевидение имканиятларын да ӛзинде 
жәмледи. Жақын жылларға шекем алымлар журналистиканы тӛрт түрге 
бӛлген: баспасӛз, радио, телевидение ҳәм Интернет. Дәстүрий ҒХҚ 
ҳаққындағы анықламаларды ҳәм олардың функциялары кӛпшиликке таныс. 
Ал, Интернет деп – бир тилде ӛз ара пикирлесиўши компьютерлердиң пүткил 
дүнья бойлап тарқалған тармағына айтылады. Ол, халық аралық телефон 
тармағына усып ҳеш кимге бағынышлы емес ҳәм оны толығы менен ҳеш ким 
басқара алмайды [2;127]. Усы Интернеттиң жүзеге келиўи ҳәм кең 
аудиторияға ийе болыўы журналистиканың нәўбеттеги түри – пуқаралық 
журналистиканың жүзеге келиўине тийкар болды. Пуқаралық журналистика – 
блогерликтиң кең тарқалған түри болып, оның адамларда үлкен 
қызығыўшылық оятыўы бийкарға емес. Себеби, адамлар қурамалылықты 
емес, керисинше әпиўайы, халықшыл сүўретлеўди, әпиўайылықты жақсы 
кӛреди [3]. Пуқаралық журналистиканың заманагӛй кӛриниси ең дәслеп 1988-
жылы америка баспасӛзинде мәмлекетти кризистен алып шығыў ҳаққындағы 
материалларда кӛринген. «Пуқаралық журналистика» термини 2007-жылдан 
интернетте қолланыла басланыўына қарамастан, [4;46], дәслепки веб-блог 
1992-жылы жаратылған [5]. Демек, пуқаралық журналистика бойынша 
түсиниклер 1988-жылы жүзеге келе баслаған болса, пуқаралық журналистлер 
ӛзлери еркин түрде блог жаратып, пикирлерин билдириўи ушын онша кӛп 
ўақыт талап етпеди. 
Айырым илимий дәреклерде пуқаралық журналистика 
әпиўайы пуқаралардың информацияны жыйнаў, анализлеў ҳәм тарқатыў 
процесинде белсенди қатнасыўына тийкарланады, деп келтириледи [6]. 
Профессионал журналистлер менен биргеликте бәсекиликке түсе баслады 
десек те болады.


89 
Бүгинги күндеги күшли информация ағымы, темалардың кӛп түрлилиги, 
ўақыялардың кӛплиги, журналистиканың буннан былай информация 
жеткериў сыяқлы ўазыйпаларының қатарына жәмийетлик пикирди 
қәлиплестириў, халық пенен пикирлесиў, олардың машқалаларын 
сапластырыўға жәрдем бериў сыяқлы функцияларының қосылыўы 
журналистлердиң барлық информацияларды қамтып алыўында қыйыншылық 
туўдырады. Илимпазлар арасындағы усы сыяқлы пикирлер ҳәм кең 
жәмийетшиликтиң информацияға деген талабының және де күшейиўи 
журналистика функцияларының артыўына тийкар болып, дәўирдиң талабы 
менен пуқаралық журналистика жүзеге келди.
Профессионал ҳәм пуқаралық журналистика туўралы түрли пикирлер 
билдирилиўине 
қарамастан, 
пуқаралық 
журналистлер 
ӛзлериниң 
аудиториясына ийе болып үлгерди. Профессионал журналистлер сыяқлы 
пуқаралық журналистлер де белгили бир тараўлар яки болмаса әтирап-
дӛгеректе жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер туўралы хабар берип барады. 
Олар жазған материалларында ӛзлериниң пикир ҳәм усынысларын келтирип 
ӛтеди. Мәселен, «Ӛзбекстан журналистлерине ашық хат», «
Сӛз еркинлиги 
ҳаққында…
»
[8].
Ӛзбекстан Мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халық аралық 
журналистика факультети, аудиовизуал журналистика ҳәм ғалаба 
коммуникация кафедрасының доценти Хуршид Дўстмуҳаммедов та ӛзиниң 
пикирлерин келтирип ӛтип: «Бүгин ҳәр тәрептен пуқаралық журналистика 
туўралы, журналист болыў ушын арнаўлы билим алыў зәрүр емеслиги 
ҳаққында кӛп айтылып атыр. Буның ақыбетинде, информация майданы 
сапасыз информацияға толмақта. Пуқаралық журналистика информация 
майданын ийелесе, профессионал журналистика ӛледи. Биз ҳәзир усындай 
қәўипли заманда жасап атырмыз, - деп айтып ӛтеди [9; 4].
Информацияның, фактлердиң исенимсизлиги, жеке адамға тийисли 
информациялардың 
кӛплиги, 
материалларда 
стилистикалық 
ҳәм 
орфографиялық қәтелериниң кӛплиги, материалдың белгили бир жанрға тән 
емеслиги пуқаралық журналистиканың профессионал журналистиканың 
талапларына қайшы келетуғын кемшиликлеринен есапланады. Бул 
кемшиликлер пуқаралық журналистиканың искерлигин тоқтата алмайды. 
Ҳакыйқый, фактлерге тийкарланған информацияларды жалған, надурыс 
информациялардан ажыратып алыў ушын информациялық мәдениятты 
қәлиплестириў, информацияның әҳмийетлилигин сезинген ҳалда пуқаралық 
журналистиканы профессионал журналистиканың жәрдемшиси сыпатында 
алып қараўды мақул деп билемиз.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   42   43   44   45   46   47   48   49   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет