Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


БИЛИМЛЕНДИРИЎ ПРОЦЕССИНДЕ ҲӘЗИРГИ ЗАМАН



Pdf көрінісі
бет60/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   164
1-секция

 
БИЛИМЛЕНДИРИЎ ПРОЦЕССИНДЕ ҲӘЗИРГИ ЗАМАН 
ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ 
 
Т.В.Уразимова - к-ӛ.и.к., А.Б.Алеуатдинов 3-курс студент
 НМПИ сҥўретлеў ӛнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы
 
Билимлендириў 
процесинде 
информациялық 
технологиялардан 
пайдаланыўдың әҳмийетлилиги билимлендириўдиң сапасын арттырыўға 
болған талап, ҳәм сондай-ақ, компьютер программаларынан ис жүзинде 
әмелий пайдаланыўдың зәрүрлиги менен байланыслы, себеби бул 
қураллардан пайдаланыў билимлендириў процесиниң нәтийжелилигин 
арттырады 
ҳәм 
талабалардың 
дӛретиўшилик 
мүмкиншиликлериниң 
қәлиплесиўине тәсир етеди. Оқытыў процесин жақсылаў ушын, ӛзлериниң 
тәжирийбелерин ҳәр қыйлы жағдайларда қоллана алатуғын қәнигелерди 
таярлаўға мүмкиншилик беретуғын, талабалардың топар болып ҳәм ӛз 
алдына ислеўин шӛлкемлестириўге кӛбирек итибар қарата отырып, электрон 
оқыў қуралларынан ҳәм программалық тәмийнатлардан пайдаланылатуғын, 


112 
оқытыўдың актив түрлерине ӛтиў зәрүр. Мағлыўматлар менен жеке ӛзи ҳәм 
ӛз ара байланыса отырып жәмәәт, болып ислеўге уқыплылыққа ҳәм 
әдетлениўге үйретиў, процесслерди жойбарластырыўға, белгили бир 
мақсетлерди ҳәм жобаларды есаплап шығыўға ҳәм оны әмелге асырыўға 
үйретиў – қәнигелерди таярлаў ҳәм оқытыў программасындағы баслы 
мақсетлер-мине усылар. Билимлендириў процесинде оқытыў барысына 
қолланбаларды, 
жаңа 
информациялық 
ҳәм 
телекоммуникациялық 
технологияларды енгизиў тӛмендегилерге мүмкиншилик береди: 
1. үйренилетуғын материалларды тек ғана баспа сӛз түринде емес, ал 
графикалы, даўыслы, анимациялы (жанландырылған) түрлерде де усыныўға, 
ал бул болса материалды жоқары дәрежеде ӛзлестириўге, кең кӛлемде 
мағлыўмат алыўға мүмкиншилик жаратады; 
2. информация мәдениятын қәлиплестириўге, яғный талабаларды 
мағлыўматлардың ҳәр қыйлы түрлерин табыў ҳәм қолланыўға үйретиў; 
3. талабалардың билимин қадағалаў системасын автоматластырыўға,
ӛтилген сабақлық материалдың ӛзлестирилиў, беккемлениў ҳәм әмелде 
қолланыў барысын, электрон оқыў қуралларын есапқа ала отырып, тексерип 
барыўға; 
4. оқытыўды жеке тәртипте әмелге асырыў, сондай-ақ сабақтан тыс 
жумысларды шӛлкемлестириў, зәрүр болған жағдайларда аралықтан оқыўға 
мүмкиншилик жаратыўға. 
Билимлендириўге жаңа информациялық технологияларды енгизиўдиң 
зәрүрлиги соннан ибарат, себеби сабақлық ҳәм илимий-техникалық 
мағлыўматлардың кӛлеми үзликсиз ӛсип баратыр ҳәм оқытыўдың ески 
классикалық усыллары мағлыўматлардың бундай кӛлемин талабалардың 
үйренип алыўына ҳәм ӛзлестириўине толық дәрежеде жәрдем бере алмайды. 
Компьютер техникасынан пайдаланыў ҳәм электрон сабақлықларды 
қолланыў, матералды ӛзлестириўиниң ӛнимлилигине жәрдем бере отырып, 
талабалардың активлигин ҳәм искерлигин арттырады. Компьютер 
техникасынан пайдаланыўын билимлендириўде қолланыўға енгизе отырып
тӛмендегилерди есапқа алыў зәрүр: 
1. Оқытыўдың мақсети ҳәм ўазыйпасын анықлаў; 
2. Оқытыўдың белгиленген мақсетлери ҳәм ўазыйпаларына жуўап 
беретуғын программалық ҳәм техникалық қуралларын таңлаўды әмелге 
асырыў; 
3. Оқытыўдың қуралларын, дидактикалық (оқытыўдың мазмуны, усылы 
ҳәм формасын анықлаўшы) усылларын ҳәм методларын таңлаўды әмелге 
асырыў; 
4. 
Оқытыўшының 
искерлигин 
оқытыўдың 
мақсетлери 
ҳәм 
ўазыйпаларына муўапық моделлестириў; 
5. Қадағалаўға ҳәм ӛзлестирилген материалға баҳа бериўге ўақыт 
ажырата отырып, тапсырмалар системасын ислеп шығыў.
Оқытыў барысының нәтийжелилиги оқытыўшыға ҳәм оқытыў-
методикалық материалларға байланыслы болады. Булардың барлығы жоқары 


113 
сапалы ҳәм кең мүмкиншиликлерге ийе қәнигелерди таярлап шығарыўға 
мүмкиншилик жаратады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет