Әдебиятлар:
1.Турсунов Ш. Кичик бизнес ривожини давлат томонидан қўллаб
қувватлаш. Тошкент. ТДИУ, 2005
2. Ходиев Б.Ю. Қосимова М.С., Самадов А.Н. Кичик бизнес ва ҳусусий тадбиркорлик.-Т ТДИУ 2010
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА САЛЫҚЛАРДЫҢ РОЛИ
Назарбаев О., Уразбаева Г., Тажимова Н., Қазақбаев О.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Елимизде алып баралып атырған экономикалық реформалардың тийкарғы мақсети толық базар экономикасын қәлиплестириўден ибарат. 2011-жыл «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылында республикамызда ислеп шығарылатуғын жалпы ишки өнимниң 54%ти киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери үлесине туўыры келиўи болжаў етилмекте.
Экономиканы модернизациялаў шараятында мәмлекеттиң исбилерменлик субъектлери менен болатуғын экономикалық қатнасықлары салықлар арқалы әмелге асырылады. Бунда мәмлекет бюджетине пул қаржыларын топлаў салықлар арқалы хожалық жүритиўши субъектлердиң дәрматларының бир бөлегин бюджетке өткериў жолы менен әмелге асырылады. Бул мақсетке ерисиўде бир тәрептен мәмлекет мәплери ҳәм екинши тәрептен исбилерменлик субъектлериниң мәплерин қорғайтуғын, сондай-ақ экономиканың раўажланыўы ушын хызмет ететуғын салық системасының қәлиплесиўи ҳәмде жетилисиўи үлкен әҳмийетке ийе.
Елимиз экономикасын турақлы раўажландырыўда мәмлекетимиз тәрепинен салықлардың хошаметлеўши ролин күшейтиўге қаратылған айрықша итибары өзиниң нәтийжесин бермекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти И.Каримовтың 2010–жыл 24-декабрде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының 2011–жылғы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлериниң прогнозы ҳәм мәмлекетлик бюджет параметрлери ҳаққында»ғы ПҚ-1449-санлы қарары мәмлекетлик салық системасының нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Салыққа тартыў системасында алып барылып атырған реформалардың әҳмийетли бағдарларының бири болып, киши бизнес субъектлерин салыққа тартыў механизмин жетилистириў есапланады.
Быйылғы «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылында киши бизнес субъектлериниң ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғанлығы, сондай-ақ оларға салық жеңилликлериниң берилип атырғанлығы айрықша әҳмийетке ийе. Себеби киши бизнес субъектлери тәрепинен жаңадан жумыс орынлары жаратылып, бизиң шараятымызда усы салада жумыс пенен бәнт болған халықтың дәраматының 70%тен асламын қурайды.
Усыған байланыслы дүнья жүзлик финанслық – экономикалық киризисиниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша 2009-2012 жылларға дүзилген кризиске қарсы илажлар программасында киши бизнести раўжландырыўды хошаметлеўге өз алдына итибар берилген. Бул илажлар салық ҳәм кредит жеңилликлери менен бир қатарда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын қолай бизнес орталығын жаратыў мақсетинде институционал реформаларды жәнеде тереңлестириўди өз ишине алады.
Сол есаптан, жаңадан шөлкемлестирилген киши бизнес ҳәм жеке кәрханаларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жеңилликли кредит жамғармасының ресурс базасын еки есеге көбейтиў көзде тутылған. Соның менен бирге, берилген жеңилликлердиң ҳәрекет етиў мүддети созылған, айланыс қаржыларын толтырыў ушын берилетуғын кредитлердиң ең узақ мүддети 12 айдан 18 айға узайтылды, жеке исбилерменлик субъектлерин қысқа ўақытта мәмлекетлик дизимнен өткизиў системасы ҳәмде әпиўайыластырылған салыққа тартыў системасы енгизилди.
Бирден-бир салық төлеминиң ставкалары 2011-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010-жыл 24-декабрдеги ПҚ-1449-санлы қарары менен тастыйықланған болып, микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеминиң ставкасы 2011-жылдың 1-январынан 7 проценттен 6 процентке кемейтилди. Ставканы кемейтиў нәтийжесинде, микрофирма ҳәм киши кәрханалар ыхтыярында 25 млрд сўм әтирапында қаржы қалады.
Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалардың алатуғын дивидентлериниң инвестицияларға ҳәм алдын алынған кредитлер ушын сарыпланған бөлеги 5 жыл мүддетке салықтан азат етилди. Содай-ақ кризиске қарсы илажлар бағдарламасында хожалық жүритиўши субъектлерди тексериў санын кеминде 30 % ке кемейтиў нәзерде тутылған.
Республикамызда хызмет көрсетип атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң жедел пәт пенен раўажланыўы ушын ҳәмде салық системасын жетилистириў ушын төмендегилерди әмелге асырыў зәрүр:
- салықлар механизми жәрдеминде жеке исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшы киши кәрханалардың финанслық – хожалық искерлигин хошаметлеў;
- салықлардың киши кәрханалардың экономикалық-финанслық хызметин қәлиплестириў ҳәмде жетилистириўдеги ролин арттырыў;
-исбилерменлик субъектлерин салыққа тартыў механизмин жетилистириў;
- белгили бир дәўир аралығында қосымша салық жеңилликлерин бериў арқалы олардың искерлигин жәнеде хошаметлеў ҳәмде салық жүгин кемейтиў зәрүр.
Әдебиятлар:
1.И.А.Каримов. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари Т«Ўзбекистон» - 2009 й
2. И.А.Каримов Асосий вазифамиз ватанимиз тараққиети ва халқимиз фаровонлигини янада юксалтиришдир. Тошкент, Ўзбекистон – 2010 й
JUMISSIZLIQ MASHQALASI HA’M ONIN’ ALDIN ALIW JOLLARI
Erejepova B., Skenderova G.
Qaraqalpaq ma’mleketlik universiteti
Miynet bazarinda da talap ham usinis oyini bar bolip, olar te4leskende ten’salmaqliliq payda boladi. Bul tensalmaqliliq belgili is haqi mugdari darejesinde payda boladi. Miynet bazarindagi talap ham usinis hardayim tensalmaqliliqta bolmawi mumkin. Jumis kushi usinisi ogan talaptan asip ketkende jumissizliq payda boladi, kerisinshe , talap usinistan asip ketkende jumis kushi jetispey, onin qitshiligi (defitsiti) kelip shigadi. Jumisliq degen hadiyse xaliqtin miynetke qabiletli bolegine tiyisli boladi. Xaliqtin miynetke qabiletsiz bolegi (jas balalar, jasi ulkenler yagniy, qartayganlar ham mayiplar) jumis islemewi tabiyiy. Sonin menen birge, miynetke qabiletli bolip turip pul tabiwga zarurlik bolmaganinan jumis islemey juriw de jumissizliq emes, albette. Bunday bolatugin bolsa, jumissizliq degenimiz ne?-degen soraw payda boliwi tabiyiy.
Jumissizliq jumis islewge bolgan talaptin qandirilmay qaliwi yamasa miynetke qabiletli adamlardin jumis islep pul tabiwina zarurlik bolgan jagdayda biykar qaliwi bolip esaplanadi.
Ekonomikanin turaqliligi ham salamatligin korsetiwshi korsetkishlerden biri jumisliq darejesi bolip esaplanadi. Biraq har qanday mamlekette uzliksiz rawishte belgili darejede jumissizliq bar boladi. Uliwma alganda, miynetke qabileti bolip, jumis islewdi qalegen, biraq jumis penen tamiynlenbegenler, jane de mamlekettegi jumissizlar diziminen otpegenler jumissizlar dep ataladi yagniy, miynet jasindagi adamlardan belgili boleginin jumis islewge bolgan talabi qandirilmaydi,natiyjede olar jumis ornina ornalasa almaydi. Juzege keliw sebepleri ham qasiyetlerine qaray, jumissizliq friksion, quramliq, tsiklliq, institutsional, texnologiyaliq, regional, jasirin ham turgun jumissizliq turlerine iye. Friksion ham quramliq jumissizliq, ekonomikadagi rawajlaniw har qanday jagdayinan qattiy nazer, belgili darejede barliq mamleketlerde bar boladi. Usigan baylanisli, friksion ham quramliq jumissizliq birgelikte jumissizliqtin tabiyiy darejesin payda etedi.
Jumissizliqtin jane bir sebebi miynetke bolgan bazar talabinin onin usinisinan az boliwi bolip esaplanadi. Texnikanin rawajlaniwinan mashinalardi kop isletiw jumis kushine bolgan talapti qisqartadi. Firmalar miynet onimdarligin asirip, azshiliq miyneti menen kobirek onim islep shigariw quralinda payda aliwdi tamiynleydi. Misali, firmada 50 stanok bolip, 2 smenada 100 adam jumis isleytugin edi, olar kunine 10 mln sumliq onim jaratadi, usi onimdi satiw firmaga 1 mln sumliq payda keltiredi. Endi qaran, eger firma 40 taza , onimi joqari stanok satip aladi ham 80 adamdi isletip 12 mln sumliq onim ham 1.2 mln sumliq payda aladi. Natiyjede 20 adam jumistan bos qaldi, bul jumissizlardin sani jane 20 ga kobeydi degen soz.
Joqarida atap aytqanimday, har qanday mamlekette uzliksiz rawishte belgili darejede jumissizliq bar boladi ham bunday jumissizliq korsetkishi har qiyli sebeplerge baylanisli juzege keledi. Bul jumissizliq oz n1wbetinde bizin mamleketimizgede oz tasirin korsetpey qoymaydi. Ozbekstan Respublikasinda jumissizliqti saplastiriwda tinimsiz jumislar alip barilip atir ham har qiyli is-ilajlar korilmekte. Bugan misal etip, bir gana Qaraqalpaqstan Respublikasinda islenip atirgan jumislar haqqinda soz etsem boladi. Respublikada 2011-jil 1-yanvar jagdayina respublika xalqi sani 1639.7 min adamdi payda etken bolsa, sodan 936.0 mini (57.1%) miynet resurslari esaplanadi. Miynet resurslarinin 613.8 mini (65.7%) xaliqtin ekonomikaliq aktiv bolegin,320.8 mini bolsa (34.3%) – aktiv emes bolegin payda etedi. Ekonomikaliq aktiv xaliq quraminin 93.3% (581.1 min) jumis penen bantler quraydi. Olardan: 381.8 mini rasmiy sektorda, 169.2 mini rasmiy bolmagan sektorda bant, 42939 xalqi jumis islewge mutaj, dep tabilgan bolip, Respublikada jumissizliq darejesi 6.5 protsentti payda etpekte.
Ekonomikaliq aktiv emes 320.8 min xaliqtin 109.9 minin (34.2%) oqiwshilar, 82.4 minin (25.7%) 2 jasqa shekem bolgan balalarin tarbiyalap atirgan analar ham 128.5 minin (40.0%) jumis islew imkaniyati joq yamasa jumis islewdi qalemeytugin puqaralar quraydi.
Korsetkishler
|
01.01.
2011j.
|
01.01.
2010j.
|
Parqi
+,-
|
Xaliq sani
|
1639,7
|
1620,7
|
19,0
|
Olardan:
|
I.
|
Miynet resursi
|
936,0
|
920,1
|
15,9
|
1.
|
Miynetke qabiletli jastagi
|
932,7
|
917,0
|
15,7
|
2.
|
Jumis islewshi pensioner ham osmir jaslar
|
3,3
|
3,1
|
0,2
|
II.
|
Ekonomikaliq aktiv xaliq sani
|
613,8
|
613,1
|
0,7
|
1.
|
Bantler
|
581,1
|
569,2
|
11,9
|
1.1.
|
Rasmiy sektorda bantler
|
381,8
|
388,6
|
-6,8
|
1.2.
|
Rasmiy emes sektorda
|
169,2
|
142,6
|
26,6
|
1.3.
|
Basqa mamleketke shigip jumis islep atirganlar
|
30,1
|
37,9
|
-16
|
2.
|
Jumis islewge mutajler
|
42,9
|
43,8
|
-0,9
|
|
Jumissizliq darejesi
|
6,5
|
7,2
|
-0,7
|
III.
|
Ekonomikaliq aktiv emes xaliq sani
|
320,8
|
307,0
|
13,8
|
1.
|
Is/shig. ajiralgan jagdayda oqip atirganlar
|
109,9
|
106,5
|
3,4
|
2.
|
2 jasqa shekem bolgan balalarin tarbiyalap atirgan analar
|
82,4
|
94,4
|
-12
|
3.
|
Jumis islewdi qalemeytuginlar
|
128,5
|
106,1
|
22,4
|
Bantlik dasturinin orinlaniw korsetkishleri. Bantlik dasturine muwapiq 2010-jildin 12 ayi dawaminda Bantlikke komeklesiw oraylarina 48027 aktiv jumis izlewshi puqaranin murajat etiwi boljaw qilingan edi. 2010-jil 12-ayinda 48256 puqara murajat etken, sodan 19429 hayal-qizlar, 62.8 % (30341) awil orinlarindagilar quradi.
2011-jildin 1-yanvar jagdayina Bantlikke komeklesiw oraylarinda 82 puqara aktiv jumis izlewshi “Jumissiz” sipatinda dizimde turipti, sodan 77 jumissiz atagina iye. Bul 82 puqara (napaqa muddeti tamamlangan yaki tayinlanbagan) jumissiz sipatinda BKO diziminde turipti.
BKO tarepinen 3406 jumissizlar haq tolenetugin jamaat jumislarina tartilgan. Olardan 1250 abadanlastiriw jumislarina, 574 islep shigariw ham sotsialliq obiektlerdin qurilislarina, 1582 basqada bagdarlarga tartilgan. Haq tolenetugin jamiyet jumislari ushin 67116.4 min sum “Bantlik” fondi esabinan ham 160008.6 min sum karxanalar esabinan sariplandi. Belgilengen dastur korsetkishleri barliq rayon ham qalalarda toliq orinlaniwina erisilgen.
Әдебиятлар
1. И.А.Каримов. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари Т «Узбекистон» - 2009 й
2. И.А.Каримов Асосий вазифамиз ватанимиз тараққиети ва халқимиз фаровонлигини янада юксалтиришдир. Тошкент, Ўзбекистон – 2010 й
КИШИ БИЗНЕСТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ - ЭКОНОМИКАЛЫҚ РАЎАЖЛАНЫЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТЛИ ФАКТОРЫ
Даўлетмуратов А., Сейтимбетова Ж.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Өзбекстан Республикасы Президенти Ислам Каримовтың Олий Мажилис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа Мәжилисиндеги “Mәмлекетимизде демократиялық реформаларды жәнеде тереңлестириў ҳәм пухаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы” атамасындағы баянатында “Киши бизнес ҳәм исбилерменликти кеңейттириў ушын бизнестиң жаңа шөлкемлестириўшилик-ҳуқуқый көриниси сыпатында шаңарақ бизнесин нызамлы белгилеп қойыў ўақты келди”, деп айтқан еди. Мәмлекетимиз экономикасында киши бизнес, биринши нәўбетте, жеке исбилерменликтиң роли ҳәм үлесин жәнеде кеңейтиўди тәмийинлейтуғын нызамларды қабыл етиў мәселеси әҳмийетли болып қалмақта. Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 18 жыллығына бағышланған жыйналыста 2011-жылды “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәриялар екен, “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик – жәмийетимиздиң, бүгинги ҳәм ертеңги раўажланыўымыз, тыныш турмысымыздың беккем таянышы болыўы шәрт”, деп айрықша айтып өтти. Президентимиз айтқанындай, 2010-жылдың жуўмақларына баҳа берер екенбиз, бәринен бурын, елимиз экономикасының жоқары турақлы өсиў пәтлери ҳәм макроэкономикалық сәйкеслиги сақланып қалынып атырғанын атап көрсетиўимиз зәрүр.
Қарақалпақстан Республикасында 2010–жыл жыл даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманлары ҳәм ҳүкимети қарарлары тийкарында халық хожалығының барлық тараўларында экономикалық реформалар избе-излик пенен әмелге асырылып, мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўына, жеке меншик секторының раўажланыўына, халықты социаллық жақтан қорғаўға, қала ҳәм елатлы пунктлерди абаданластырыўға үлкен итибар қаратылды.
2010–жылдың 1–ярым жыллығында дизимге алынған киши бизнес субъектлериниң саны (дийхан ҳәм фермер хожалықларысыз) 9009 бирлик, соннан ҳәрекет көрсетип турғаны 7597 бирликти қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1261 бирликке асқан.
Киши бизнестиң жалпы аймақлық өнимлер ислеп шығарыўдағы үлеси 42,2 пайызды қурап, өткен жылға салыстырғанда 0,2 пайызға асқан. Республиканың сыртқы саўда айланысында киши бизнестиң үлеси 31,8 пайызды яғный 12182,1 мың АҚШ долларын қурады. Соннан:
– экспорт көлеми 677,8 мың АҚШ долларынан ибарат болып ( жәми экспорт көлеминиң 17,1 пайызын), өткен жылға салыстырғанда 2,7 есе өсти;
– импорт көлеми 7504,3 мың АҚШ долларынан ибарат болып ( жәми импорт көлеминиң 62,6 пайызын ), өткен жылға салыстырғанда 55,1 пайызды қурады.
Қарақалпақстан Республикасы коммерциялық банклери тәрепинен киши бизнести раўажландырыў мақсетинде 2010–жылдың 1–ярым жыллығында 56394,0 млн.сўм муғдарында кредитлер ажыратылды, 2009–жылдың усы дәўирине салыстырғанда 161,4 пайызды қурады. Соннан 56019,9 млн.сўм банклердиң өз қәрежетлери есабынан, 374,1 млн.сўм бюджеттен тысқары фондлар есабынан ажыратылған. Сондай-ақ, қысқа мүддетли кредитлер 27872,0 млн.сўмды ҳәм узақ мүддетли кредитлер 28522,0 млн. сўмды қурады. Соннан, ислеп шығарыў ҳәм қайта үскенелеўге 5396,0 млн.сўм, хызмет тараўына 11231,0 млн.сўм, қурылыс тараўына 4025,0 млн.сўм, аўыл-хожалық тараўына 12825,0 млн.сўм, айланба қәрежетлер толтырыў есабынан ҳәм ТМБ сатып алыўға 21691,0 млн.сўм ҳәм басқаларға 1226,0 млн.сўм муғдарында кредитлер берилди.
Республика экономикасындағы жәми жумыс пенен бәнт болғанлар ишинде киши бизнестиң үлеси 70,8 пайызды қурады.
Қарақалпақстанда жалпы ишки өним ислеп шығарыў көлеми 586,0 млрд.сўмды қурап, 2009–жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,7 пайызға өсти. Экономикалық өсим пәтине ерисиўдиң тийкарғы факторы – бул санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң 2,3 пайызға, аўыл хожалығы өнимлери көлеминиң 13,5 пайызға, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў көлеминиң 12,3 пайызға өсиўи есабынан тәмийинленди.
Қарақалпақстан Республикасында жалпы өним ислеп шығарыў көлеми
|
586,0 млрд.сўм
|
Санаатда өним ислеп шығарыў
|
185728,6 млрд.сўм
|
Жалпы аўыл хожалық өнимлери жетистириў (ҳәрекеттеги баҳаларда)
|
138427,0 млрд.сўм
|
Капитал қаржылар көлеми
|
190467,3 млрд.сўм
|
Усақлап сатыў товар айланысы
|
312254,8 млрд.сўм
|
Төлемли хызметлер
|
89469,2 млрд.сўм
|
Сыртқы саўда айланысы
|
39486,5 млрд.сўм
|
|
|
|
|
Президентимиз басшылығында ҳаял-қызларды киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке тартыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойыншада әмелге асырып атырған жумыслар нәтийжесинде исбилермен ҳаялларымыз саны кеңейып бармақта. Бунда коммерциялық банклер тәрепинен көрсетилип атырған финанслық жәрдем, нәтийжели бизнес-режелерге ажыратылып атырған жеңилликли кредитлер әҳмийетли фактор болып атыр. Өткен жыл даўамында киши бизнес субъектлерине ажыратылған кредитлердиң көлеми 1.4 есеге көбейди ҳәм 2 триллион 700 миллиард сўмды қурады. Соның ишинде, микрокредитлердиң көлеми 485 миллиард сўмнан асып, бул көрсеткиш 2009-жылға салыстырғанда 1.5 есе көбейди. “Микрокредитбанк” акционерлик коммерциялық банки бунда нәтийжели хызмет көрсетип, исбилерменлер исенимин ақлап атырған финанслық бирлеспелерден бири есапланады. Өткен жылы бул банк тәрепинен қарақалпақстанлы исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 миллиард 58 миллион сўм қаржы ажыратылған еди. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылында усы көрсеткишти жәнеде жоқарылатыў нәзерде тутылмақта. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң избе-из раўажланып барыўын тәмийинлеў арқалы биз мәмлекетимизде жәмийетимиздиң социаллық-сиясий тиреги ҳәм тырнағы болған орта класстың қәлиплесиўине ҳәм оның барған сайын беккемленип барыўына ерисип атырмыз. Президентимиз айтқанындай «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик – жәмийетимиздиң, бүгинги ҳәм келешектеги раўажланыўымыз, пәраўан турмысымыздың беккем таянышы болыўы шәрт».
Әдебиятлар
1.Каримов И.А. Елимизди модернизациялаў жолын избе-из даўам еттириў – раўажланыўымыздың әҳмийетли факторы. Еркин Қарақалпақстан. 2010-жыл 9-декабрь
2.Болтабоев М.Р., Қосимова М.С, Эргашходжаева Ш.Ж, Ғойибназаров Б.К., Самадов А.Н, Ходжаев Р. Кичик бизнес ва тодбиркорлик. Тошкент – 2010
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИК СУБЪЕКТЛЕРИН КРЕДИТЛЕСТИРИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Даўлетмуратов А., Рзаев С.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин кредитлестириў ҳәм финанслық жақтан қоллап-қуўатлыў бойынша мәмлекетимиздеги коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар сондай-ақ усы тараў субъектлерин кредитлестириў көлеминиң өсиўи - ишки базарды тутыныў товарлары менен толтырыўға ҳәм мийнетке жарамлы халықтың бәнтлилик дәрежесин арттырыўға сезилерли үлес қоспақта. Сондай-ақ, 2010-жыл даўамында мәмлекетимизде ис жүргизип атырған коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине барлық кредитлестириў ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў дереклери есабынан ажыратылған кредитлер 2009-жылға салыстырғанда 1,4 есеге өсип, 2 триллион 700 млярд. сўмды қурады. Соннан 485,2 млярд. сўмы киши бизнес субъектлерине ажыратылған микрокредитлер болып, бул көрсетикиш 2009-жылға салыстырғанда 1,5 есеге өсти. Усындай жоқары дәрежедеги көрсеткишлери ҳәм мәмлекетимиздиң киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўына қаратылған итибары, мәмлекетимиздеги миллий экономиканың әдеўир дәрежеде турақласып ҳәм раўажланып барыўынан дерек береди. Мәмлекетимиздиң раўажланыўында ҳәм миллий экономиканың турақласыўында сол мәмлекеттеги түрли секторлар, тараўлар айрықша орынды ийелейди. Усындай тараўлардың ишинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке айрықша тоқтап өтилди. Бул тараўдың экономиканы беккемлеўдеги ҳәм турақластырыўдағы ең әҳмийетли дәлили сыпатында мәмлекетимиздеги импорт ҳәм экспорттағы көрсеткишлери ҳәмде жалпы ишки онимдеги (ЖИӨ) үлеси болып табылады. 2010-жылғы статистикалық мағлыўматларға қарағанда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жалпы ишки өнимдеги үлеси 52,5% ке жетти. Бул көрсеткиштен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы мәмлекеттиң экономикасын турақластырыў-дағы бирден бир таянышы деген жуўмаққа келиўге болады. Бул тараўдың субъектлери өз жумысын алып барыўда мәмлекеттеги банк системасының роли айырықша.
Республикамызда банк системасының финанслық турақлылығын жәнеде арттырыў, коммерциялық банклердиң капиталласыў дәрежесин көтериў, олардың инвестициялық ҳәрекетин күшейттириў, ҳәмде ишки дереклер есабынан экономиканы турақластырыў ҳәм өзгертиў, өндиристи модеринизациялаў ҳәмде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин кредитлестириў ҳәм олар ушын колайлы, бәсекиге шыдамлы орталық жаратыў ушын бағдарланған кредитлер көлемин арттырыў, сондай-ақ халық ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлердиң бос турған пул қаржыларын узақ мүддетли депозитлерге тартыў, ҳәмде усы депозитлер яғный пул қаржылары арқалы киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин басланғыш капитал ҳәмде мийнетке жарамлы халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта.
Достарыңызбен бөлісу: |