Электролит еритпелердеги ионлық реакциялар.
Электролитлер еритпелеринде ионларға ажыратылатуғын болғанлықтан олардың еритпелери өз-ара тәсир етискенде реакция ионлар арасында жүреди. Бундай реакциялар ионлық реакциялар деп аталады.
Ионлық реакциялар ақырына дейин жүриўи ушын реакция нәтийжесинде шөкпе, газ ямаса кем диссоциациялаўшы зат пайда болыўы шәрт.
Ионлық реакциялардың теңлемелерин мына тәртипте дүзеди.
Реакцияның молекулалық теңлемеси жазылады.
Бул теңлеме ионлық түрде жазылады, тек пайда болған лөкпе, газ ямаса аз диссоциацияланыўшы өним ғана молекула түринде жазылады.
Шөкпе, газ ямаса аз диссоциаланыўшы заттың қурамына кирмейтуғын ионлар реакцияға қатнаспайды деп саналады ҳәм теңлемеден шығарып тасланып қысқа ионлық теңлеме жазылады.
Шөкпе түсетуғын ионлық реакциялар. Қорғасын нитраты менен натрий сульфатының еритпелерин араластырғанда әмелде римейтуғын қорғасын сульфатының шөкпеси дүзиледи.
Жақсы ерийтуғын ҳәм ионларға ажыралатуғын затлар ионлар түринде көрсетилип теңлеме қайта жазылады.
Теңлемениң еки жағындағы реакцияғә қатнасы жоқ ионлар (асты сызылмаған) шығарып тасланып теңлеме қысқа түринде жазылады.
Бул реакцияның қысқа ионлық теңлемеси қорғасын нитраты менен натрий сульфатының арасындағы реакция пенен SO4 ионларының арасында жүретуғынын көрсетеди. Қорғасын катионы менен сульфат анионының тәсир етисиўи ушын олардың реакцияға алынатуғын қандай электролитлердиң қурамында болыўы әҳмийетли емес.
Достарыңызбен бөлісу: |