Тема: Грунт таныў. Грунтлардың инженер-геологиялық классификациясы. Грунтлардың грануламетрик қәсийетлери.
Қурылыс материалы ямаса имарат ҳәм иншаатлар тийкары сыпатында ислетилетуғын таў жыныслары грунтлар деп аталады. Грунтларды үйренетуғын пән грунт таныў делинип, ол грунтлардың қурамы, жағдайы, физика ҳәм механикалық қасийетлери, пайда болыў шараятлары, қурылыс ислери тәсиринен оларда болатуғын өзгерислер үйрениледи.
Грунт таныў пәнинде қумлы ҳәм гилли жынысларды үйрениўге көбирек әҳмийет бериледи. Қум ҳәм гил жыныслары жер жүзиниң дерлик 50% майданын ийелеп, олар тийкарынан қурылыс материалы, имарат ҳәм иншаатлар фундаментиниң тийкары сыпатында ислетиледи.
Имарат ҳәм иншаатларды жойбарлаў , қурыў ҳәм пайдаланыў дәўиринде олардың беккемлигин тәмийнлеў ушын грунтлардың қурамын, қәсийетлерин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе.
Грунтлардың инженер-геологиялық классификациясы.
Имарат ҳәм иншаатлардың беккемлиги, шыдамлылығы грунтлардың түрлерине, қасийетлерине ҳәм тийкарынан олардың сыртқы басымға қарсылық көрсете алыў қәбилийетине байланыслы.
Грунтлардың сыртқы басымға шыдамлылығы оларды қурыўшы бөлекшелер арасындағы байланысқа, өз-ара цементленгенлик дәрежесине қарап анықланады.
Грунтлар төмендегише классификацияланады:
Түб (скал) грунтлар. Буларға бөлекшелери өз-ара қатты, беккем байланған, цементленген, ығалланғанда өз қәсийетлерин жоғалтпайтуғын магматикалық (гранит, диорит ҳ.т.б), метоморфик (гнейс,кварцит,мрамор тасы ҳ.т.б) ҳәм шөгинди таў жыныслары (оҳактош, қумтас, шағолтош ҳ.т.б) киреди.
Ярым түб (полускал) грунтлар. Буларға уныраў процесине ушыраған, тәризликлер менен бөлеклерге бөлинген таслақ жыныслар ҳәм ығалланғанда дәнешелери арасындағы байланысы тез ҳәлсизлейтуғын таў жыныслары киреди. Мысалы: гипс, мергель, ҳак тасы, шығанақ тас ҳ.т.б).
Ири (дағал) дәнели бос грунтлар. Булар ҳәр түрли (>2мм) жыныс бөлеклеринен ибарат. Оларға шағал, шебень, гравит ҳәм басқалар мысал бола алады.
Қумлы грунтлар. Буларға дәнелери бир – бири менен бирикпеген, тәбий ығаллықта пластиклик қәсийети жоқ шашылыўшы жыныслар киреди. Үлкен – кишилиги 2мм ден үлкен болған дәнешелер жыныс аўырлығының 50% ине шекемги бөлегин ийелейди
Гил грунтларға тәбий ығаллықта дәнелери (<0,01мм) бир бири менен беккем цементленген, пластиклилик қасийетке (пластиклик саны >1)ийе жыныслар (қумлық, қумлық ҳәм гил топырақлар киреди.
Жоқарыда айтылған грунтлардан басқа және гәрезсиз группа сыпатында топырақ грунтлар ажыратылады.
Грунтлардың беккемлиги бекемлик шегарасы менен белгиленеди. Үлги грунт таў жынысын сындырып жиберген күш жыйындысы грунттың беккемлик шегарасы делинеди ҳәм төмендеги формула бойынша анықланады.
R=
Бунда: Rн-грунт ығалланған ҳалда бир көшер бойлап қысылғандағы беккемлик шегарасы, Мпа
К- грунттың бир қурамлы коэффиценти = 0,17
Егер үлги еки (үсти ҳәм асты) тәреплеринен қысылса ҳәм қалған тәреплери ашық болса, бул бир көшер бойлап қысылыў деп аталады.
Егер үлги бирден ҳәмме тәрепинен қысылса, үш көшер бойлап қысылыў деп аталады.
Қум грунтлар яғный қурғақ қум үйиндисиниң горизонтал тегислик пенен ҳасыл қылған мүйеш оның тәбиий қыялық мүйеш деп аталады.
Грунтлардың грунтламетриялық қурамы, физика ҳәм механикалық қәсийетлери.
Шағал, гравий, қум ҳәм гил жыныслар ҳәр- түрли минераллардың дәнешелери ҳәм бөлекшелеринен ибарат. Үлкенлиги ҳәм қәсийетлери бирдей ямаса бир-бирине жақын болған дәнешелердиң жыйындысы фракциялар деп аталады ( 10 таблица ) . Фракциялардың салыстырма муғдары грунтлардың грануламетрик қурамы деп аталады.
Чақиқ ҳәм гил жынысларының фракциялары (В.В.Охотин) 10-таблица.
Фракциялар аты
|
Дәнешелер диаметри мм
|
Жумыртас ( сыйпалған ) ҳәм глибалар ( сыйпаланбаған )
|
> 200
|
Шағаллар (сыйпаланбаған ) ямаса шебень(сыйпаланбаған)
|
200-20
|
Гравий; үлкен бөлекли
орта бөлекли
киши бөлекли
|
20 –10
10 - 4
4 –2
|
Қумлы дәнешелер ямаса қумлар;
жүдә ири түйирли
ири түйирли
орташа түйирли
кишкене түйирли
жүдә кишкене түйирли
|
2,0- 1,0
1,0- 0,5
0,5- 0,25
0,25- 0,10
0,10- 0,05
|
Шаң дәнешелери; үлкен дәнешелер
Киши дәнешелер
|
0,05- 0,01
0,01- 0,002
|
Гил дәнешелери; дағал дәнешелер
майин дәнешелер
|
0,002- 0,001
> 0,001
|
Грунтлардың гранулометрик қурамын үйренип олардың метологик қурамы, физика ҳәм механикалық қәсийетлерин баҳалаў мүмкин. Шашылыўшы грунтлардың ( гравий, қум ҳ.т.б ) гранулометрлик қурамы тийкарынан ҳәр түрли диаметрли тесиклерден ибарат болған елеклер жәрдеминде ( сита ) анықланады.
Грунтлардың гранулометрлик қурамын анықлап оның нетрографик типи ямаса атамасын билиўимиз мүмкин. Буның ушын В.В Охотин тәрепинен дүзилген грунтлардың гранулометрик классификациясын пайдаланамыз ( 12- таблича ). Классификацияға муўапық грунттың атамасын анықлаў оның қурамындағы гил факциясының муғдарына тийкарланған.
Грунтлардың гранулометрик классификациясы
( В.В.Охотин) 12-таблица.
Грунтлардың аты
|
Фракциялардың муғдары %
|
Гил <0,002 мм
|
Шаң 0,05-0,002 мм
|
Қум 2-0,05 мм
|
1
|
2
|
3
|
4
|
Гил топырақ:
Аўыр
Жеңил
Қумсыз топырақ:
Аўыр
Орташа
Жеңил
Қумлы топырақ:
Аўыр
Жеңил
Қум
|
>60
60-30
30-20
20-15
15-10
10-5
5-3
< 3-
|
- - -
Қумға салыстырғанда көп
Қумға салыстырғанда көп
|
Шаңға салыстырғанда көп
|
Енди грунтлардың физика ҳәм механикалық қәсийетлерин көрип шығамыз.
Грунтлардың физикалық қәсийетлери олардың минерал бөлеклериниң тығызлығы, грунттың улыўма тығызлығы, скелети тығызлығы, геўиклиги, пластиклилиги көпшиўи, отырып қалыўы ҳәм жибиўи киреди.
Грунтлардың минерал бөлегиниң тығызлығы 1см3 көлемдеги жыныс массасына тең.
Тәбий ығал жағдайындағы грунтлардың 1см3 көлемдеги жыныс массасы оның тығызлығы деп аталады.
Тәбий жағдайдағы грунтлардың 105-110 0 С температурада кептирилгеннен кейинги массасы скелеттиң тығызлығы деп аталады.
Геўиклик деп алынған көлемдеги грунт арасындағы улыўма бослыққа айтылады.
Грунтлардың қамыр тәризли жумсақ болып, сыртқы күш тәсиринде ҳәр түрли формаға кире алыўы ҳәм күш тәсири, жоғалғаннан кейин, бул форманы сақлап қалыў қәсийети олардың пластиклилиги деп аталады.
Гил грунтларға суў тәсир еткенде көлемииниң көбейиўи көпшиў деп аталады.
Гил грунтлар ығаллығын жоғалтқанда көлемин кемейттириў қәсийетине де ийе. Бундай қәсийет отырып қалыў деп аталады.
Гилл грунтларының механикалық қәсийетлерине қысылыў ҳәм жылысыў ға қарсылығы жатады. Бул еки параметр грунттың ығаллығына, геўиклигине ҳәм дәнелер арасындағы байланысларға байланыслы. Грунттың ығаллы ҳәм геўиклиги көп болса, оның қысылыў қиймати асады ҳәмде жылысыўға қарсылығы кемейеди.
Сыртқы күш тәсиринен грунттың көлеминиң кемейиўи қысылыў деп аталады.
Имарат ҳәм иншаатларды жойбарлаўда фундамент тийкарының тереңлигин анықлаў үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын фундаменттиң астынғы бөлиминдеги грунтқа оның үстинде жатқан грунт қандай басым менен тәсир етиўин анықлаў зәрүр. Бундай басым тәбий басым ( Рпр ) делинеди ҳәм төмендеги формула бойынша анықланады;
Рпр = , Мпа
Бунда: 0,1 – қысылыў коэффициенти Мпа
- грунттың көлемлик массасы Т/м3
Н – үлги алынған тереңлик, М
2- Лекция
Тема; Жердиң сыртқы динамикасы. Суффозия ҳәм Карст ҳәдийселери Мәўсимли ҳәм мәңги музлықлар зоналарында қурылыс жумыслары.
Атмосфера, гидросфера, биосфера ҳәм жер қабығының жоқарғы бөлеги қатламларына түсетуғын қуяш нуры ыссылық , механикалық , химиялық ҳәм биологиялық түрдеги энергияға айланып ҳәр түрли геологиялық процесслериниң раўажланыўына себеп болады. Бул процесслер жер бетинде пайда болатуғын ҳәмме өзгерислердиң себепшиси экзоген сыртқы процесслер деп аталады.
Экзоген процесслердиң тийкарғы агентр ҳаўа, суў ҳәм ор-р болып есапланады. Кислород ҳәм корбанат ангадрит газы тәсиринде бул агентрлер таў жыныслары менен реакцияға кирисип жынысларды майданлаўда ҳәм басқа жерлерге алып барып жатқызады.
Адамлардың инженерлик жетискенликлериниң нәтийжесинде жердиң үстиниң дүзилиси, температурасы, топырақ қатламын өсимлик дүньясын жер асты ҳәм үсти суўлары ҳәрекетиниң өзгериўинеде себеп болады. Буның ҳәммеси биргеликте жер жүзинде пайда болатуғын тәбийғый ҳәдийселериниң жәнеде раўажланыўына инженер- геологик процесслердиң тазадан пайда болыўын тезлестиреди.
Экзоген процесслер жердиң ишинде пайда болатуғын ( эндоген ) ҳәдийселер менен байланыслы. Жер бетиниң көтерилиўи, таў пайда болыўы ҳәм вулканлар атылыўы денудация процесслерди, яғный дәрья ҳәм теңиз суўлары, организмлери ҳаўа температурасының өзгерип турыўы ҳәм самал тәсиринен таў жынысларының жемирилиўге тезлестиреди. Денудация процесслери арқалы тарқалған таў жыныслары аккумулятив процесслер жәрдеминде басқа жерлерге апарылады.
Температураның өзгериўинде таў жынысларына суў, кислород, корбанат ангидриди ҳәм тири организмлер биргеликте тәсир етип, олардың дүзилиўине ҳәм қәсийетлерин өзгерттириўге нурланыў процесси делинеди. Таў жынысларына нураш процесслердиң тәсир еткенлик дәрежесине қарап физика яки механик, химиялық ҳәм органик нураланыўларға бөлинеди.
Физик яки механик нурланыў деп, температураның өзгериўи нәтийжесинде таў жыныслары майдаланып, бөлинип, кемирилиўине айтылады.
Химиялық нураш. Атмосфера жаўынларының суўы ҳаўа составындағы ҳәр қыйлы газларды еритип кислота қәсийетине ийе болыўдан ҳәмде өсимликлердиң шириген ҳалда органик кислоталар таў жынысларының ҳәм минерал массаларының составына химиялық тәсир етиўине айлылады.
Органик нураш. Таў жынысы майдаланып жемирилиўи жердеги микроорганизм ҳәм өсимликлердиң тәсиринен де пайда болатуғын ҳәдийсе биология яки органик нураш деп аталады.
Суффозия ҳәдийсеси.
Жер асты суўларының таў жынысларына химиялық ҳәм механик тәсир етип оларды, ойыўы, жемирилиўи ҳәм жыныс қурамындағы суўда тез ериўиниң, дузлардың өзи менен жер жүзине ағызып алып шығыў процесси суффозия (латынша '' ойыў '' деген ) деп аталады. Суффозия нәтийжеде қум ҳәм лессимон жыныслар тарқалған майданлар босап қалады ҳәм сол себепли жер бетинде пайда болады.
Жер асты суўларының гидродинамик күш тәсиринен қум, лесс ҳәм лесс сыяқлы қатламлар қурамындағы майда бөлекшелерди жуўып жер ағызып шығыўы механик суффозия делинеди.
Жер асты суўлары тәсиринен таў жыныслары составындағы суўда тез ериўиниң дузлар ҳәм бөлеклериниң суўда ерип жер бетине ағып шығыўы химиялық суффозия делинеди. Бул процесс жер асты суўларының гидродинамик күши көбейген ўақытта жүзеге келип қатлам арасында бослықлар пайда қылады. Химиялық суффозиялар лесс ҳәм лесс сыяқлы жыныслар тарқалған майданларда көплеп ушырайды.
Механик ҳәм химиялық суффозия процесслери нәтийжесинде суўғарылатуғын майданларда, дәрья жағалары, таў шетлери ҳәм суў ойбарлары қурғақларыда бослықлар, варонкасимон омырылыўлар жүзеге келеди. Бундай ҳәдийселер имарат ҳәм иншаатлар беккемлигине кери тәсир етеди. Соның ушын қурылыс майданыда жүзеке суўлар ағымына тәртипке салыў, жер бетине гидроизоляция қылыў, грунтлардың ығаллығын қашырыў ҳәм фильтрация тезлигине кемейттириў мақсетинде заводлар зәрүр.
Карст ҳәдийсеси.
Суў ҳәрекети тәсиринде ҳәк тас, доломит, гипс, тас дузы ҳәм соған уқсас таў жынысларының ериўи ҳәм ериген нәрселердиң еритпе ҳалда алып шығып кетилиўи нәтийжесинде олардың ишинде бослықлар пайда болыўы карст ҳәдийсеси деп аталады.
Карст сөзи. Каринтия провинциясы ( австрияның арқасында Адриатика теңизи жақын) дағы Карст таўы атынан алынған, себеби ол жерде түрли үлкенликтеги жер асты бослық/ы ҳәм омырыўлары ушырайды.
Жер асты ҳәм жер бети суўлар суўда тез ерийтуғын шөгинди таў жыныслары үстинде яки астында ҳәрекет қылып в/ды еритеди, жемиреди, таў жыныслары жырақлары бойлап бир нешше он, жүз, мынң метрлеп жердиң ишки таманына кирип барады. Нәтийжеде жырақлар дийўаллары жемирип, үлкенлетеди, базы да алынады бир-бири менен қосып та жибереди. Жер бетинде болса суў киши шуқырлықларда яки дарзликларда топланып, әсте секин жыныс/ды еритип тавир сыяқлы бослықлар пайда қылады. Ўақыт өтиўи менен шуқырша үлкенлеседи ҳәм жер бетинде өзине сай рельеф– коррлар пайда болады. Булардың шуқырлығы бир қанша сантиметрден 2 м ге шекем ҳәм оннан да артық болады. Ызғар ҳаўаны үлкейтиўде коррлар әсте-секин үлкенлесип, карст воронкасын, воронкалар болса бир - бири менен қосылып, қудық сыяқлы шуқырлықларды, соңында б-а карст бослықларын пайда қылады (30-сүўрет).
30-сүўрет Карст ҳәрекетиниң басланыў ҳәм раўажланыў схемасы.
Карст воронкасы диаметри 10-2000м шуқырлығы 2-40 метри жетиўи мүмкин. Австрадиядағы карст таўыда ҳәр 1км ² майданда 150 кримда 40-80 ге шекем корст воронкасы ушырайды. Воронканың постки бөлими, көбинесе, қудық сыяқлы шуқырлықтан ибарат болып, Ай-Петри моссивинде ( Югословия ) оның шуқырлығы 1000, кеңлиги 250 м-ге барады.
Қудық сыяқлы шуқырлықлар түбине жер асты суўлары қатламларының жетиў тегислиги бойынша ҳәрекет қылып оларды бир-бири менен тутастырып ҳәм карст ғорлар пайда қылады. Ғорлар түрли көринисте ҳәм көлемде жер асты бослықларды есапланып көп мәмлекетлерде сондай-ақ Американың Кентукки штатында Кунсвилл қаласына жақын ҳәк тас жыныслары пайда болған ғор дүньядағы ең үлкенлеринен есапланады.
Өзбекистанда Ҳисор, Буйсин, Қаратепа таў дизбеклерде бир ғорлар болып оның Тешиктош ғори өзиниң археологик ядқа түсирерлик/и менен ажыратып турады.
Суўда ерийтуғын жыныслардың қалыңлығы қанша көп болса, пайда болатуғын ғорлар бослықлардың көлеми де сонша көп болады.
Карст бослықлары көлеминиң үлкейиўге олардың үстинде жатқан жыныслардың беккемлиги кемейттиреди, айырым ҳалларда олар жарылып кетеди. Мәселен, А.К Лорионовтың жазыўына қарағанда 1937 жылы Ивановна областының Глубокий қышлағында диаметри 100, шуқырлығы 25 метр келетуғын жарылыў пайда болып, ол суў менен толған. Ақыбетинде, көл пайда болып, ол ҳәзирде солайынша турыпты. Карст бослықларының имарат ҳәм иншаатлар астында пайда болыўы олардың беккемлигине зыян келтирип ҳәў пүтинлей ўай-ран болыўының себепшиси болады. Сонлықтанда имарат ҳәм иншаатлар қурылатуғын майданларда алдын инженер геологик тексериў жумыслары өткериледи. Майданда Карст бослықлары тарқалған майданларды анықланып картаға түсириледи ҳәм қурылыс ислери алып барыў мүмкин болған участкалар ажыратылып, имаратлар ҳәм тислер қолланылады.
Суўда тез ерийтуғын жынысларды жер асты ҳәм үсти суўлары тәсиринен сақлаў ҳәм буның ушын жер бетин тегислеў, жамғыр суўларын өткизип жиберетуғын қурылмалар қурыў, жер бетин тек топырақ пенен ислеў бериў, суўдың сиңгенлигин кемейттириў ушын завурлар қурыў.
Карст пайда болған жынысларға суўдың тәсирин кемейттириў мақсетинде оның жарықлары ҳәм бослықлары суйық шийша ыссы битум цемент яки гилли еритпелер менен толтырылыўы керек .
Теңиз көл, сайлар ҳәм таў жанбаўырларында жайласқан бос жыныслар үстиңги бөлиминиң жер асты ҳәм үсти суўлары ҳәмде өзиниң аўырлық күши тәсиринде пәстке қарап ҳәрекет қылыў ҳәдийсеси сүрилиў деп аталады.
Ҳәр бир сүриўдиң танасы, тили морзасы, супасы, үзилиў жарықлары ҳәм жүзи деп аталатуғын элементлери болады.
Сүрилиў танасы сүрилетуғын массаны пайда қылып, оның үстиңги бөлиминиң рельефи пәс бәлентликден ибарат болады
Сүрилиў танасының ең төменги бөлими сүрилиў тили делинеди.
Сүрилиў ҳәдийсесиниң такрарланыўы нәтийжесинде поғона сыяқлы майданлар-сүрилиў супарасы пайда болады.
Сүрилиўлер үлкен – кишилиги ҳәм пайда болады характерине қарап опливинлер, сүрилиў ҳәм сүрилиў аўдарғышларға бөлинеди.
Опливин көлиниң бири есапланып, оның майданы киши ҳәм шуқырлығы 1,0м ден аспайды. Опливин узақ ўақыт жаўын жаўыўы жер асты суўының жылжыўы яки қарлардың ериўи нәтийжесинде жер бетиниң үстинги бөлиминиң яки суўық ҳалға келип, жан баўырдан төменге қарап сүрилип-ағып түсириўинен пайда болады. ( 32-сүўрет )
Сүрилиўлер үлкен-үлкен майданларды қылып қалыңлығы 5-20м болып жынысларды қыялық бойынша пәстке қарап жылжыўдан жүзеге келеди. ( 33-сүўрет ). Сүрилиў ағдарылмалар болса таўлы районларда раўажланған болып, жанбаўырлықтың үлкен болғанда жүзеге келеди. Таў жыныслары пәске қарап жылжыўы менен қапталлары тиклиги есабына оның мәлим бир бөлими ағдарылмалар деп аталады пайда етеди. ( 34-сүўрет )
Мәўсимли ҳәм мәңги музлықлар,
мәңги музлы зоналардағы қурылыс ислери
Грунтлардың мәўсимли музлаўы жер бетинде тарқалған таў жыныслары температура режимине қарап тийкарынан үш зонаға бөлинеди.
1. Жердиң бетиндеги ҳәм ишкерисиндеги оң температуралы қатламлар;
2.Жердиң бетиндеги оң ҳәм терис температуралы қатламлар болса оң температуралы мәўсимли музлы зона;
3. Жер бетиндеги қатламлар өзгериўиниң температуралы (оң ҳәм терис) ишкерисиндеги қатламлар болса ,терис температуралы - мәңги музлы зона.
Биринши зонаға закавказье ҳәм Крим субтропия районлары киреди.
Жер бетиндеги қатламларының температурасына ҳәм таў жынысларының қалыңлығына байланыслы.
Москва областында П.В. Голубевтиң гүзетиўине көре жердиң мәлим бир шуқырлыққа шекем таў жынысларының температурасы кемейип барады ( 17-таблица)
Шуқырлық , < 0,25 0,5 1,0 1,5 2,0 3,0 3,5м
Температура < 18,5 13,8 11,5 9,1 7,7 4,2 3,2С
Егер гүзетиўди жердиң саўқыррақ (20-25м) бөлимине даўам еттирсек , ол ҳалда температураның жыллық өзгериў амплитудасы нольге тең болады.
Таў жыныслары температурасының өзгериўге оның ығаллығының муғдарына тәсир етип шөгиў шеңлигин асырады. Мәселен, гил, қумлар, топырақлар ығалланғанда көпшийди, қурығанда болса өз көлемин киширейттиреди.
Таў жыныслары музлайтуғын шуқырлық ҳәр қыйлы болып, бир нешше сантиметрден 2-4м шекем (самалда ) барады. Ол тийкарынан жыныслардың қурамы ҳәм жағдайына жер асты суўлары шуқырлығына ҳәм қыстың характерине байланыслы.
Таў жыныслары музлағанда деформацияланады. Бизге мәлим, суў музлағанда өз көлеми 10% асырады. Оның ушын да түп таў жыныслары жарықлары арасындағы суўдың музлаўы оның кеңейиўи көлеминиң асыўына алып келеди.
Таў жыныслары көлеминиң сол тәризде асыўы суўықтан көпшиў делинеди.
Гилли жынысларда суўықтан көпшиў бөлими қумлы жынысларға қатнаслығы үлкенирек. Сонысы характерлиги жердиң қатламлары музлағанда пайда болған муз көлеми суўдыкине қарағанда бир нешше мәртебе көп болады. Буған себеп жер асты суўларының капиляр ғовазлар арқалы жоқарыға көтерилип ығаллығы тойындырып турады. Жер асты суўлары жер бетине жақын жайласса, бул процессс сонша активлеседи. Соның ушын да суўықтан көпшиў бөлеги тек грунтлардың қурамы ҳәм ығаллығына байланыслы болмай, суўлы горизонт жер бетине қанша жақын жайласса көпшиў сонша асады ҳәм керисинше.
Грунтлардың суўықтан көпшиўи қыстың ақырына барып тоқтайд ҳәм күнниң ысыўы менен олерип өзиниң алдыңғы ҳалына қайтады. Демек грунтлардың суўықтан көпшиўге ҳәм ыссыдан ериўи бир-бирине кери болған ҳәдийседүр.
Суўықтан музлайтуғын грунтлардың өткен водопровод ҳәм канализация қувурлары, геодезик реперлер көпшиў нәтийжесинде зәрерленеди. Соның ушын да оларды грунты музлаў шегарасынан шуқыррақ жайластырыў лазым.
Мәңги музлы грунтлар. Жыл бойы температурасы 00Сдан пәс болып ҳәм қурамындағы суўларды музлаған таў жыныслары мәңги музлыққа айланады.
Мәңги музлық вертикал жөнелисте қатламларға бөлинеди; актив қатлам, мәңги музлы қатламы, бир бөлими ериген мәңги музлы (35-сүўрет). Мәңги музлы қатламлының жоқары бөлими сазы жайларда болса улыўма еримейди. Бундай ерийтуғын таў жынысы ҳәрекеттеги қатламның қалыңлығы ҳаўа райы шараятына қарап бир нешше дециметрден бир метрге шекем барады. Егер жер жүзинде суўық қатты болып ҳәрекетиндеги қатлам пүтинлей музлап оның астындағы мәңги музлық пенен қосылып кетсе, оны қысылатуғын мәңги музлық , егер ол тола музламай ҳәм мәңги музлық бенен қосылып кете алмаса қосылмайтуғын мәңги музлық деп аталады. Мәңги музлаған қатлам ишиндеги базы жайлары, бирин кетин, үлкен яки киши линза көринисинде ериген ҳалда болады ҳәм ол бир бөлими ериген мәңги музлық деп аталады.
Мәңги музлық физик жағдайына қарап 3 көринисте ушырайды.
Қатты музлаған-қум , қумақ , қумлақ ҳәм гил топырақ зарра/ы муз жәрдеминде цементленип, могонит ҳалда қатқан.
Пластик музлаған- жоқарыда рухсат етилмеген жыныслар ғоваклари муз ҳәм суў менен тойынған болып, сыртқы күш тәсиринде сығылады. Бул жынысларының температурасы – 0,1 ден – 0,7 0С ға шекем өзгерип турады.
Шашыўшақ музлаған қурғақ музлаған – қум ҳәм шағас жыныслар қурамындағы ығаллық жетиспеўлиги себепли муз жәрдеминде цементлене алмаған нәтийжеде шашылыўшақ көринисте музлаған.
Жыныс бослықлары арасындағы муз аўырлығы –абсолют қурғақ жыныс аўырлығына салыстырғанда мәңги музлаған жыныстың улыўма ығаллығы делинеди. Мәңги музлақ зоналарында жер асты суўлары 3те музлық үсти, музлық ортасы, ҳәм музлық асты гор/ы пайда қылып ҳәрекет қылады.
Музлық үстиндеги суўлар актив қатлам арасындағы жайласқан болып, басымсыз грунт суўлары еслетеди. Қыс мәўсиминдеде пүтинлей яки қисман музлайды.
Музлық ортасындағы суўлар басымлы мапланып мәңги музлық зонасында пайда болып суйық ҳалында сақлайды.
Музлық асты суўлары мәңги музлық түбинде ҳәрекет қылады. Бул суўдың температурасы ноль дәрежеде болып улыўма жер асты суўларының қәсийетине ийе болады.
Мәңги музлық жер асты Мәңги музлықлар менен суўлары өз-ара бир-бири менен байланыслы болып имарат ҳәм иншаатлардың беккемлигине кери тәсир көрсетеди.
Мәңги музлықлар менен байланыслы болған ҳәдийселер. Мәңги музлық зоналарда жыныслардың суўықтан көпшиўинен тысқары муз қатқанлығы, терма карст ҳәм маор сыяқлы ҳәдийселерди ушыратыў мүмкин.
Қыс мәўсиминде актив қатламының музлаўы нәтийжесинде ериген қатламлардың кесими кескин кемейип кетеди. Нәтийжеде суўдың басымы асады. Жердиң астынан суў шығыўының узақ ўақыт даўам етиўи нәтийжесинде жер жүзинде көтерилиў пайда қылады, ҳәм буған муз қатқалақлы грунт деп аталады. Термокорст – омырыўлар, шөгиўлер пайда қылады. Буннанда басқа таў/ң жанбаўырларында ериген суйық масса еримеген жыныслар үстинде пәске қарап аға баслайды.
Бул ҳәдийсе солифлюкция деп аталады.
Актив қатлам үстинги бөлиминиң ериўинен рельефиниң пәс жерлеринде маар деп аталыўшы батпақлықлар пайда болады.
Таў жыныслары музлағанда да жүдә беккем болады, түп грунтларға уқсайды ҳәм ҳәр 1 см ға, 1,0-2,5 Мпа жүк көтере алыў қәбилиетине ийе болады. Турақ жай ҳәм санаат иншаатларына қурылыўы менен пайдевор заминидаги музлаған жыныслар сыртқы күш тәсиринде ысый баслайды ҳәм сол менен мәңги музлықтың тәбий – температурасы режими бузылады.
Мәңги музлық тарқалған зоналарда қурылған имарат ҳәм иншаатлардың беккемлигин тәмийнлеў ушын қурылыс майданының ҳаўасы характеристикасы, ҳаўаның – температуралы дәўири, атмосфера жаўынының муғдары, қардың қалыңлығы, мәңги музлықтың жатыў көриниси, қалыңлығы ҳәм дүзилиси, оның температурасы режими, грунтлардың қәсийетлери, музлаўы ҳәм басқа факторларын үйретеди.
Мәңги музлы грунтлардың тийкарғы характеристикаларының бири оның нисбий сығылыў бөлшеги.
lh=
Бул жерде; hm -музлаған ҳалдағы грунт намунасының бәлентлиги, ht- ериген ҳалдағы грунт , берилген басымдағы бәлентлик.
Басымы 0,1 Мпа тең болғанда музлаған грунтты ериген ҳалда өтиўиндеги сығылыў бөлими арқалы музлаған грунттың шөгиў дәрежеси анықланады. СН 01-60 ға көре суўыў бөлими О, 03 ден көп болған грунтлар шөгиўшең lh >0,1 болғанда жүдә шөгиўшең болады. Соған қарап ерип атырған грунтлар шөгиў теңлигине қарап төменги категорияға бөлинеди. (18-таблица )
Шөгиўшеңлик категориясы
|
Шөгиў бөлшеги, см
|
Шөгиў тезлиги см/жыл
|
I - шөкпейтуғын
II - шөгетуғын
III - жүдә шөгиўши
|
15 ге шекем
17-90
90 нан үлкен
|
4ге шекем
4-15
15 ден үлкен
|
III-Бөлим
III.1- лекция.
Достарыңызбен бөлісу: |