Кирисиў. Қарақалпақлардың руўхый ҳәм материаллық мәденияты



Дата02.05.2024
өлшемі19.58 Kb.
#500319
1-тема Кирисиў. Қарақалпақлардың руўхый ҳәм материаллық мәдения-hozir.org


1-тема: Кирисиў. Қарақалпақлардың руўхый ҳәм материаллық мәденияты

1-тема: Кирисиў.


Қарақалпақлардың руўхый ҳәм материаллық мәденияты


Жобасы:


  1. Қарақалпақлардың материаллық ҳәм руўҳый мәденияты пәниниң предмети ҳәм үйрениў обьекти.


  2. Дереклер ҳәм оны үйрениўдиң әҳмийети


  3. Ғәрезсизлик жылларында миллий мийрасларымыздың қайта тиклениўи

Қарақалпақстан аймағы тарийхий, археологиялық ҳәм мәдений естеликлерге жүдә бай. Буны әййемги дәўирден бизиң күнлеримизге шекем жетип келген жазба мағлыўматлар, илимий изертлеўлер жуўмағы көрсетпекте. Сонлықтан да Хорезм археологиялық, этнографиялық экспедициясының көп жыллық табыслы жумысы нәтийжесинде Хорезм аймағы «Орта Азияның Египети» деп тән алынған. ҳақыйқатындада Нил дәрьясы Египет халқының тарийхында қандай әҳмийетке ийе болған болса, әййемги Окс, яғный әмиўдәрья Қубла Арал бойы халықларының тарийхында сондай әҳмийетке ийе.



Қарақалпақстан халықлары ең әййемги халықлардан болып, олар жер жүзилик мәдениятта өзине тән ҳәм қайталап болмайтуғын тарийхына ийе. Халқымыздың тарийхының бетлерин ашып қарасақ, биз оннан адамлар ушын, әсиресе жаслар ушын суў менен ҳаўа қандай керек болса, тап сондай керек болған патриотлық ҳәм интернационаллық, қаҳарманлық ҳәм мийнет сүйиўшилик, адамгершилик ҳәм әдеп-икрамлылық, дослық ҳәм аўызбиршилик, ҳақыйқатлық ҳәм мийрим-шәпәәтлик, мәдениятлылық ҳәм кишипейиллилик идеяларын көремиз. Қулласы, халқымыздың бай тарийхый тәжирийбеси ҳәзирги ҳәм келешектеги социал-экономикалық, сиясий ҳәм мәдений раўажланыў ўазыйпаларын дурыс белгилеў ҳәм анықлаўда үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын да ата-бабаларымыз «Өтмишинди бил, ҳеш болмаса жети атаңды бил» деп нәсият еткен. Бул жаслар ушын қарыз ҳәм парыз болған.
Халқымыздың миллий өзлигин аңлаўы барысында ҳақыйқый тарийхын, муқаддес қәдриятларын, ата-бабаларымыздың мийрасларын билиўге қызығыўшылығы күшейди.
Өзликти ақлаў, ең алды менен өтмишти үйрениўден, тарийхқа зәрүрлик сезиўден басланады. ҳақыйқатында да, өзин аңлап атырған, өзин түсинип атырған ҳәр бир адам қандай шаңарақта дүньяға келгени, өз әўладларының кимлер болғанын, ата-бабалары нелер менен шуғылланғанын ҳәм қандай өмир сүргенин ойлап билип алыўға ҳәрекет етеди. Олардың пазыйлетлери ҳәм мийраслары менен мақтанып жасайды.
Биз өтмишти тиклеў, тарийхый ҳақыйқатлықты өз орнына қойыў арқалы пикирлеўимизди байытамыз, усы арқалы жәмийетти жаңалаймыз.
Биз ўатанымыз тарийхы ҳәм халықтың өтмишин үйрениў арқалы бүгинги күни жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестиремиз. Раўажланыўдың жаңа дәўири босағасында турғанымызды ҳәм халқымыздың уллы келешегине тийкар салыўға жуўапкер екенлигимизди, қатнасығымыздың бар екенлигин түсине баслаймыз.
ҳақыйқый тарийхты билиў жәмийетимиздиң ҳәрбир пухарасының, әсиресе жас әўладтың өмирде өз жолын таңлап алыўына, бүгинги турмысымыздың қәдирине жетиўине ҳәм келешегин анықлап алыўына жәрдем береди.
Соның менен қатар, халқымыз тарийхын үйрениўдеги әҳмийетли ўазыйпаларымыздың бири суверенли республикамызда парахатшылықты, адам ҳуқықларын ҳәм халықлар еркинлигин, олардың социал-экономикалық ҳәм мәдений турмыс абаданлығын тәмийинлейтуғын демократиялық жәмийет дүзиў және де усы жәмийетти қорғайтуғын ҳәм дүзетуғын күшли демократиялық ҳуқықый мәмлекет керек екенлигин үйрениўимиз керек ҳәм оған өз үлеслеримизди қосыўымыз тийис болады.
Соның ушында Өзбекстан Республикасы Биринши Президент Ислам Каримов «Өз тарийхын билген, оннан руўхый қуўат алатуғын халықты жеңип болмайды. Биз ҳақыйқый тарийхымызды тиклеўимиз, халқымызды, миллетимизди мине усы тарийх пенен қуралланыдырыўымыз зәрүр.Тарийх пенен қуралландырыў, және бир рет қуралландырыўымыз зәрүр» деген еди. Усы мийнетинде журт басшымыз тарийхшы алымларға халықтың келип шығыўы ҳәм мәмлекетшиликтиң қәлиплесиўи, оның раўажланыў басқышлары ҳаққында илимий жақтан дәлийилленген тарийхты жаратыўды баслы ўазыйпа етип қойды. Сонлықтанда Қарақалпақстан тарийхын үйрениўде төмендеги гейпара мәселелерге әҳмийет бериў зәрүрли.
Бунда халқымыз тарийхының әййемги ҳәм орта әсирлик дәўирин үйрениўде бул халықтың әййемги халық екенлигин, жер жүзилик мәденияттағы орны, ҳәзирги Орта Азия ҳәм Қазақстан халықлары менен әййемги заманнан киятырған туўысқанлық бирлиги, түби бир туўысқан түркий халықлар екенлиги санамызға енип кетиўи тийис.
Тарийхымызды үйрениўде әййемги жазба дереклер үлкен әҳмийетке ийе. Жазба дереклер арасында ең әййемги жазба дереклердиң бирини Авесто болып есапланады. Илимий орталықта б. э. ш. VI-V әсирлердеги Ахеменийлер империясының мәмлекетлик дини болған зороастризм дәслеп Бактрияда, ямаса Хорезмде пайда болған деген пикирлер бар. Көпшилик илимпазлар Авестоның ўатаны Қубла Арал бойы, яғный Хорезм деп есаплайды. Соңғы ўақытлары табылған оның ақырғы бөлими «Видевдаттағы» Урваны-Ургениш, Вурукшаны-Арал, Арвидиди-әмиўдәрья деген болжаўларда ушрасады.
Авестаның гимни «Митре»де Орта Азия территориясына тийисли жерлер еске алынған еди. «Еллерде жеңипаз саркардалар бирнеше атланысларға шықты, ол жақта бийик таўлар етегинде жайлаўлар көп, шарўашылыққа жайлы, бул жақта терең көлге шекем кеңислик бар. Сондай-ақ Герат, Мерв, Согд, Гава ҳәм Хорезм» деп көрсетиледи. «Авесто»да илим-пән, турмыстың ҳәмме тараўлары бойынша жетерли мағлыўматлар бар.
Қубла Арал бойлары ҳаққында Дарий I диң белгили Беҳустун жазыўларында, ахеменийлерге ғәрезли сатраплықлар арасында Хорезм аты да ушрасады. әййемги грек ҳәм Рим тарийхшылары Геродот, Ктесий, Арриан, Квинт Курцин Руф, Страбон ҳәм тағы басқалардың шығармаларында Қубла Арал бойлары ҳаққында баҳалы мағлыўматлар ушрасады.
Қубла Арал бойларының әййемги дәўирин үйрениўде Абу Райхан Берунийдиң шығармалары баҳалы дерек болып есапланады. Оның баҳалы шығармаларының бири «әййемги халықлардан қалған естеликлер». Берунийдиң айтыўынша Хорезм мәденияты әййемги мәдениятлардан болып, оның тийкары эрамыздан алдыңғы XIII-әсирге барып тақалады. Беруний Хорезмийлер, Соғдийлер ҳәм басқа халықлардың байрамлары, Хорезм календары, ҳ.т.б. ҳаққында мағлыўматлар қалдырған.
Қубла Арал бойында 1937-жылы С.П.Толстов басшылығында Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедиция қырық жылға шамалас илимий изертлеў жумысларын алып барыўлары нәтийжесинде халқымыздың әййемги дәўирине тийисли тарийхының жаңа бетлерин ашты ҳәм оны жәҳәнге танытты. Мәселен, Үстирттеги Шахпахлы, Есен ҳәм т. б. естеликлердиң археолог Е.Бижанов тәрепинен ашылыўы үлкемизде адамзат баласының әййемги тас дәўиринен баслап жасап киятырғанлығын дәлилледи. Ал, В.Н.Ягодинниң басламасы менен ашылған Үстирттеги «Сырлы аранлар» жәҳән археологиясында жаңа ашылыўлар қатарынан орын алды. Үлкен Айбүйир қаласын изертлеў ўақтында М.Мамбетуллаев тәрепинен табылған жазыўлар Орта Азиядағы ең әййемги жазыўлар қатарына жатады. Усы ҳәм басқада жергиликли илимпазлардың изертлеўи нәтийжесинде Қарақалпақстан тарийхы жәнеде бир жүз елиў мың жылдан асламырақ дәўирге тереңлестирилди.
Өзбекстан өз ғəрезсизлигине ерискеннен баслап, халқымыздың өтмиш тарийхын, аждодларымыздан қалғанмəдений мийрасларды илимий жақтан изертлеў күн тəртибине қойылды. Өзбекстан Республикасы президенти И.А.Каримовтың 1998-жылы Республиканың бир топар жетекши тарийхшы, археологлары менен ушырасыўы ҳəм сол ушырасыў нəтийжесинде, Республика Уəзирлер Махкамасының Өз ФА тарийх институты хызметин жетилистириў ҳаққында» қарары тийкарында тарийхшы-археологлар тəрепинен өткерилген объектлерде археологиялық қазып изертлеўлер жумыслары жəнеде артты.Усы қарар тийкарында археология илимин раўажландырыўдың жаңа концепциясы ислеп шығылды .
«Концепцияда» Өзбекстанның жахан цивилизациясы дизиминдеги орны дүнья мəдениятына қосқан үлеси археологиялық қазып изертлеў нəтийжелери тийкарында сыпатланған; Концепцияда археология илиминиң тийкарғы уазыйпалары белгиленген.
Бунда əййемги дəўирлерден Темурийлер дəўирине шекемги Өзбек мəмлекетшилиги ҳəм цивилизациясының пайда болыўы ҳəм раўажланыу жолының тийкарғы басқышлары дəўирдиң шегаралары дағдарысқа ушыраған жыллары оларды үйрениўдиң тийкарғы машқалалары белгиленген.
«Концепция» ислеп шығылған күннен баслап, Өзбек ҳəм қарақалпақ археологиясының ҳəзирги уақытта бас мақсети халқымыздың өтмиш ҳақыйқый тарийхын жазыў, оның ең əййемги дəўирлерден темурийлер дəўирине шекем болған бай тарийхыйн жаҳан тарийхынан бөлип қарамай оған қарама қарсы қоймай изертлеў, Шығыс пенен Батыс арасындағы мəдений байланысларға хызмет қылған Өзбек халқының жаҳан мəденияты ғəзийнесине қосқан үлесин көрсетип ҳəм Орайлық Азия халықлары мəденияты ҳəм мəмлекетшиликтиң қəлиплесиўинде аждодларымыздың қосқан хызметлерин анықлап баҳалаў болады.
Ғəрезсизлик жыллары кең көлемде қазып изертлеўлер нəтийжесинде, Өзбекстан археологиясы дүнья илимлери дəрежесине көтерилди. Нəтийжеде Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан археологлары дүньяның белгили археологиялық орайлары менен ғамхорлықта, олар менен тең тийкарда шəртнамалар дүзип археологиялық қазып изертлеў жумысларын алып бармақта. Ҳəзирги уақытта Өзбекстан территориясында Австралия, АҚШ, Германия, Италия, Испания, Франция, Польша, Россия ҳəм Япония мəмлекетлериниң археолог илимпазлары менен биргеликте халық аралық изертлеў жумысларын алып бармақта.
Өзбекстан археологлары ҳəзирги уақытта миллеттиң мəпи, халқымыздың мəдений руўхый турмысы, ғəрезсизлик идеяларынан келип шығып илимге хызмет етпекте.
Уатанымыздың дүньяға белгили болған ата-бабалары: Ал-Хорезми, Ал-Беруний, Ахмад ал-Фарғаний, Имам ал Бухарий, Бурхониддин Марғиноний, Бахырғаний, Сахибқыран Əмир Темур, Мырза Улығбектиң илимий мийраслары, олар жасап өткен дəўирлер мəдениятын үйрениўде Самарқанд, Бухара, Қаршы, Шахрисабз, Хийўа, Термиз, Ташкент усаған əййемги қалалардың тарийхый сəнелерин анықлаўда археологлардың хызмети оғада уллы болды. Бул юбилейлерди Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң арнаўлы бөлими ЮНЕСКО тəрепинен қуўатланып өткерилиўи, соңғы 22 жыл ишинде Республикамыз көлеминде алып барылған археологиялық илим изертлениўлер нəтийжелериниң табыслы болғанынан дерек береди.
Бундай табысларға ерисиўимизге мəмлекетимиз тəрепинен көрсетилген үлкен ғамхорлықлар себеп болмақта.
«Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳəм олардан пайдаланыў ҳаққында», Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан Республиқаларының нызамы 2010 жылы май айында қабыл етилди.
Нызам бойынша, археологиялық естеликлер, халқымыздың материаллық мəдений мийрас объектлери болып, олар мəмлекет тəрепинен қорғалады. Сонлықтанда, археологиялық мийрас объектлерди қорғаў, олардан пайдаланыў, Республика пухараларының тийкарғы уазыйпасы болып есапланады. Өтмиш дəўирлердиң мəдений мийрасларын үйрениў ҳəм оларды қəдирлеп сақлаў мəдениятлы мəмлекеттиң тийкарғы белгилериниң бири болып есапланады.
http://hozir.org

Достарыңызбен бөлісу:




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет