114
1768-1775
жылларғы академик И.А.Гильденштедттиң Астрахань
үлкесидеги экспедициясына пайдаланған Арал картасы туўралы сӛз етемиз.
1769-жылдың майдың 23-күни қуяштың алдынан Шолпан (Венера)
планетасының ӛтиўин бақлаў бойынша ҳәр қыйлы экспедициялар
астрономиялық бақлаўлар, изертлеўлер болған еди. 1768-1775 жыллары
тӛртинши «Физикалық» экспедиция баслығы академик И.А. Гильденштедт
болды. Ол Воронежден баслап Астраханға шекем аралықты изертледи, соң
Кавказ аймағында И.А. Гильденштедттиң экспедициясында жаңа дүзилген
карталар болды.[1:214]
Ол «Карта морская плоская Каспийская моря») ҳәм белгисиз автор
географ дүзген «Каспий ҳәм Арал теңизиниң картасына» ийе болды. Сол
картада тӛмендеги мағлыўматлар бар. «Арал теңизиниң қубла жағалаўында
Арал ўәлияты оның Шахтемир қаласы бул Ақша
дәрья бойының ортасында
жайласқан ҳәм ол Шахтемирдиң қубла тӛменинде Арал қорғаны бар. Соннан
тӛменде және қорған бар. Бул үш қорған Уллыдәрьяның бойынан оң тәрепине
жайласқан». XVIII әсирде Россия Илимлер Академиясы Арал бойларына
бирнеше экспедициялар, илимий бақлаўлар жиберди. Олардың жыйнаған
мийнетлерине, мағлыўматларына дыққат бӛлемиз. Белгили мәмлекетлик
искер ҳәм геогра-картограф, экономист Иван Кириловтың «Цветущее
состояние Всероссийского государсства…» деген статистикалық ҳәм
географиялық тәриплеў мийнетинде араллылар ҳәм қарақалпақлар ҳаққында
мағлыўматлар берилген. [2:131] XVIII әсирдиң 30-жылларында Россияның
Орта Азия ҳәм Қазақстан халықлары ҳаққында, Арал жағаларын үйрениў, ол
жерде ҳәр қыйлы байланысларды беккемлеў ушын елшилик қатнасықлары
шӛлкемлестирилди.
XVIII әсирде Россия Илимлер Академиясы
Арал бойларына бирнеше
экспедициялар,
илимий
бақлаўлар
жиберди.
Олардың
жыйнаган
мийнетлерине, мағлыўматларына дыққат бӛлемиз. Белгили мәмлекетлик
искер ҳәм географ-картограф, экономист Иван Кирилловтың «Цветущее
состояние Всероссийского государсства…» деген статистикалық ҳәм
географиялық тәриплеў мийнетинде араллылар ҳәм қарақалпақлар ҳаққында
мағлыўматлар берилген. Бунда «О Яицких казаках» (23-бет) тараўында
«қарақалпақлар ҳәм қырғыз-қайсақлар саҳрайы халық екени, олар Бухара ҳәм
Хийўа тәрептеги далаларда кӛшпели ӛмирде жасайтуғынлар, олар ҳәр дайым
Жайхун қазақлары менен урысып, бир-бирине топылып ӛзлерине тутқынлар
алып, ат ҳәм малларын айдап кетип туратуғынын жазған. Мийнеттиң «О
караванах кон кочевали в Хиву» (23-бет) тараўында Эмба дәрьясының
тӛменги бойларында қалмақларды Назар Доржи басқаратуғыны, ал сол
дәрьяның ӛр бетинде ўақытша қарақалпақлар кӛшип жүргени мағлыўмат
сыпатында кӛрсетилген. [3:36]
XVIII әсирдеги рус дереклери XVIII әсир басында уллы Петр I шығысқа
қатнас жасаўға жаңа жоллар изледи, соның тийкарында Индия ҳәм
Қытайға
саўда, елшилик Хорезм арқалы Ҳиндистанға барыўға мақсет етти. Россия
императоры Петр I тәрепинен 1714-жылы 24-апрельде экспедиция
115
шӛлкемлестириў ҳаққында пәрманға қол қойылды. Бунда гвардия капитаны
князь Бекович Черкасский Хийўа ханлығына жибериўди, хан сӛйлесиў ҳәм
Әмиўдәрья бойында «алтын қум»ларды изертлеў ушын 1000 адамлық әскерий
бекинис қурыўды буйырды. Петр I Әмиўдәрья арқалы Аўғанстан, Пакистан,
Ҳиндстанға баратуғын саўда жолларын ашыўды тапсырма етип берди. Бул
экспедиция бир тәрепинен елшилик, екинши тәрепинен душпанлық қатнаста
болғанлығы себепли әўәў-жылы Хийўа ханы Шерғазы хан тәрепинен
қыйратылады.
XVIII әсирдиң 20-жыллары Петр I Шығыс еллерине ӛзиниң елшилерин,
саўдагерлерин ҳәм жансыз агентлерин жиберип,
сол жерлердиң сиясий,
социал-экономикалық турмысынан мағлыўматлар жыйнаўды буйырған еди.
Солардың бири Флорио Беневени Санк-Петербургта «Посольский приказ»
мекемесинде хаткер болып ислеген. Соң Бухараға агент етип жиберилди.
Ф.Беневени 1718-1725-жыллары Москва, Астрахань, Шемаха, Хорезм ҳәм
Бухара жерлеринде болды. Ол Бухара ҳәм Хийўа ханлары арасындағы
урысларды, Араллылар ҳәм қарақалпақлардың биргеликтеги Хийўа ханына
қарсы гүреси, Шахтемир султанды олардың хан етип кӛтериўге ҳәрекетлерин
жазып қалдырды. Флорио Беневениге Әмиўдәрьяда алтын қум бар екенлигин,
оны алыўдың усылларын анықлаўды тапсырма етип қойды. Беневени Хийўа
ханлығының Шейхжалил таўларында гүмис руда кәни бар деген
мағлыўмаларды жазып қалдырды.
Россия ҳәм Арал бойы халықлары байланыслары ҳаққында илимий
мийнетлер
жазған
рус
алымларының
бири
И.Кириллов
болды.
И.Кирилловтың қарақалпақ кӛшпелилери Урал ҳәм Эмба дәрьялары
бойларында болғаны туўралы жазып қалдырады. Себеби, 1722-1723-жыллары
саяхатшы алым Ф.И.Страленбуг Сибирь жерлерине
баратырып қарақалпақлар
үстинен ӛткен, оның картасында қарақалпақлардың бир топары Эмба
бойында белгиленип кӛрсетилген еди. Ал, тийкарғы қарақалпақ ордасы
Сырдәрьяның тӛменги еки бойында жасағанлығы сол дәўирдиң картасында
анық кӛрсетилген.
И.Кириллов 1733-жылы «Россияның генераллық карта»сын дүзиўге
басшылық етти. Бул картада қарақалпақлар Сырдәрьяның тӛменги ағысында,
еки дәрья Қуўан дәрья ҳәм Сырдәрья бойларында жасайтуғынлығы белгили
болды.
XVIII әсирдиң 30-жылларында Россияның Орта Азия ҳәм Қазақстан
халықлары ҳаққында, Арал жағаларын үйрениў, ол жерде ҳәр қыйлы
байланысларды беккемлеў ушын елшилик қатнасықлары шӛлкемлестирилди.
П.И.Рычковтың мийнетлеринде қарақалпақлар Россия пуқарасы болыўы
ушын еки мәртебе ант бергенин кӛремиз. Қарақалпақ ханы «ӛзи ушын ҳәм
халқы ушын» Россиядан қәўендерлик изледи деп жазды.
Патша буйрығы
менен И.Кириллов Арал бойына экспедицияға барыў кереклиги, сол жердеги
Арал ханы менен ушырасыўы, оның Хийўа ханы менен урысларына жәрдем
бериўи туўралы қупыя кӛрсетпелер берген екен. [4:89]
116
Солай етип, XVIII әсирдеги Россия шӛлкемлестирген ҳәр қыйлы
экспедицияда қарақалпақлар араллы халықлар туўралы мағлыўматлар
жыйналғаны анық. XIX әсирдеги орыс тарийхый әдебиятларда да Россия ҳәм
Арал ўәлияты арасындағы байланыслар ӛз сәўлесин тапқаны анық ҳәм бул ӛз
алдына арнаўлы изертлениўи керек.
Достарыңызбен бөлісу: