Әдебиятлар:
1. «Мәмлекетимизде демократиялиқ реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы» Өзбекстан Республикасы Президенти И.Кәримовтың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги баянаты. Еркин Қарақалпақстан 16-ноябрь 2010 –жыл № 137 (18975).-4б.
2. «Киши бизнес субъектлери тәрепинен әпиўайыластырылған тәртипте есап жүргизиў ҳәм есабатлар дүзиў ҳаққында»ғы 20-санлы Өзбекстан Республикасы бухгалтерия есабының миллий стандарты.
ФИНАНСЛЫҚ–ЭКОНОМИКАЛЫҚ КРИЗИС ШӘРИЯТЫНДА ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫН КРЕДИТЛЕСТИРИЎДЕГИ МАШҚАЛАЛАР
Қабулова Б., Ходжаева Л.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Дүнья жүзлик финанслық –экономикалық кризис шәриятында, әсиресе, дүнья базарында талаптың төменлеп барыўы нәтийжесинде Өзбекстан экспорт қылатуғын пахта нефть өнимлериң бахасы төменлеп бармақта. Соның нәтийжесинде фермер хожалықларының да экспортдан алатуғын түсимлериниң пәсейиўине алып келмекде, олардың пайда көриўи ҳәм ислеп шығарыўдың рентабеллигине, экономикалық көрсеткишлериниң өсиўине унамсыз тәсир етпекде.
Усы корсеткишлерди жақсылаў мақсетинде финанслық кризистиң тәсирин кемейтириў ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўды тезлетиў нәтийжесинде ҳүкиметимиз тәрепинен оның бүгинги ҳәм келешекте күтилетугын тәсирин есапқа алған ҳалда ҳәр тәреплеме ойланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай жағдайда бүгинги күнде фермер хожалықларын финанслық қоллап қуўатлаўда мәмлекетлик роли зәрүр болып табылады. Аўыл хожалығында өним жетистириўдиң экономикалық нәтийжелигин арттырыўдың зәрүрли бағдарларының бири – булл дийханларға еркин хызмет жүргизиў ушын кең шәриятлар мүмкиншиликлер жаратып бериў менен бирге оларды мәмлекет тәрепиненде қоллап қуўатлаў жеңилликлер бериўден ибарат болады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009 жыл 26-январдағы ПҚ-1049 санлы «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў жылы Мәмлекетлик дәстүри ҳаққындағы» қарарының Қарақалпақстан Республикасындағы орынланыўын шөлкемлестириў бойынша дәстүр ислеп шығылған ҳәм де ишки базарды бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыў жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм усы тийкарда халықтың дараматларын көбейтиў және абаданлыгын арттырыўдың әҳмийетли факторы, елимиздиң раўажланыўында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ушын қолай шәрт шараятларды жаратыў бойынша анық мақсетке бағдарланған кең илажлар комплексин әмелге асырыў мақсетинде 2011 жылды Өзбекстан Республикасында «Киши бизнес ҳәм исбилерменлик» жылы деп белгиленди.
Пикиримизди Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалыгында экономикалық реформаларды және де тереңлестириў фермер хожалықларының жер майданларын оптималластырыў ҳәм жеке сектордың үлесин артырыўға қаратылған жумысларды көрсетип өтемиз. 2011 жылдың 1–январь жағдайында республикамызда 4119 фермер хожалықлары болып, оннан дийханшылыққа 3532, шарўашылықта 435 ҳәм басқа тараўларда 152 си хызмет көрсетпекте. Оларға 585,6 мың га егис майданы болып, фермер хожалықларында жумыс пенен 68,9 мың адам бәнт болған.
Республикамыздағы фермер хожалықлары жалпы ишки өнимниң 40,1% ин ҳәм 58,2% и дийхан хожалықларының үлесине туўра келген.
2010 жылда «Ўзқишлоқхўжаликмашлизинг» компаниясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен лизинг арқалы 314 дана аўыл хожалық техникалары, соннан 167 трактор, 36 культиватор, 22 ялка, 57 плуг ҳәм 32 басқа техникалар берилген. Қарақалпақстан Республикасы коммерциялық банклери тәрепинен киши бизнести раўажландырыў мақсетинде 2010 жылда 105964,7 мың сўм муғдарында кредитлер ажыратылды, яғный 2009 жылға салыстырғанда 139,8 % ин қураған, соннан аўыл хожалығына 2 3916,2 млн сўм кредитлер берилген. Усы қаржылар биринши гезекте фермер хожалықлары тәрепинен ең актуал агратехникалық илажларды әмелге асырыў ушын кеткен қәрежетлерге (мийнет ҳақы, тухым, минерал төгин, жанар –май ҳәм майлаў материаллары, техника хызметлери, лизинг, суўғарыў шығынларға) бағдарланған.
Жоқарыдағы жеңилликлер менен шекленип қалмастан, фермер хожалықларда үнемлеў дизимин енгизиў, ислеп шығарыў қәрежетлери ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын кемейтириў бойынша бир қанша илажлар ислеп шығылған. Әсиресе, экономиканың жетекши тараўларында өнимниң өзине түсер баҳасын кеминде 20% түсириўге қаратылған шара –илажлар 2009 жылда фермер хожалықларында жеткизип берилетуғын материаллық техникалық ресурслар ҳәм хызметлердиң арзанластырыўға себеп болған.
Усы орында соны айтып өтиўмиз керек фермерлердиң жер майданларын оптималластырыў бойынша кең көлеми жумыслар әмелге асырылды. Бунда фермер хожалықларының қайсы тараўға қәнигелесиўи, аймақда халықтың тығызлығы, жерден пайдаланыў дәрежеси, кредиторлық қарыздарлықларды айрықша итибарға алынған. Усы менен бирге республикамызда жоқары экономикалық өсиў дәрежелерин сақлаўдың зәрүрли факторларынан бири болған ишки базарда талапты қызықтырыў хәм жергиликли ислеп шығарыўды қоллап қуўатлаў мақсетинде 2007-жыл 17 апрельдеги нызамына муўапық фермер ҳожалықларының материаллық техникалық базасын беккемлеў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 2009-жыл өними ушын пахта жетистириўге 43231.3 млн сўм, ғәлле өнимин жетистириўге 2876.2 млн cўм, 2010-жыл ғәлле өнимин жетистириў ушын 3386.0 млн сўм муғдарында жеңилликли кредит қаржылары ажратылған. Буннан тысқары 2009-жылда фермер хожалықларына аўыл-хожалығы техникаларын сатып алыў ушын 5490.0 млн сўм муғдарында кредит қаржылары ажратылды.
Өзбекистан Республикасы сыртқы экономикалық хызмет Миллий банкисинен республика қала ҳәм районларында заманагөй ыссыханалар қурыў бойынша тапсырмалар берилип усыған сәйкес бүгинги күнде банк бөлими тәрепинен 18 клиентке жәми 687,8 млн сўм муғдарында кредит ажратылған.
Өткен «Аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм абаданластырыў» Мәмлекетлик дәстүринен келип шығып коммерциалық банклер тәрепинен шетден нәсилли қара маллар сатып алыў ушын 5547,4 млн сўм қусшылық ҳожалыкларын ашыў ушын фермер ҳәм дийқан ҳожалықларына 2418,7 млн сум кредитлер ажыратылған.
Ең тийкарынан, Президентимиз басшылығында ислеп шығылған кризиске қарсы шаралар дәстүринде көзде тутылған илажларды избе из бенен әмелге асырыў, кризистен соң экономикамыздың жәнеде күшли, турақлы түрде раўажланған ҳалда майданға шығыўы жәҳән базарларында өзимиздиң беккем орнымызды ийелеў, усылар тийкарында экономикалық өсиўди тәмийинлеў, халқымыздың абаданлығын жәнеде арттырыў бойынша алдымызда турған ўазыйпаларды нәтийжели шешиў ушын исенимли имканият жаратады.
Фермер хожалықларын буннан былайда раўажландырыў ушын олардың туўры хызмет көрсетиўин ҳәм жоқары ислеп шығарыў нәтийжелигине ерисиў ушын банк мекемелери тәрепинен жеңилликли кредит бериў мәселелерин республикамызда еле де туўры жолға қойыўын талап етеди.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009 жыл 26-январдағы ПҚ -1046 санлы Аўыл хожалығы раўажландырыў ҳәм абаданшылығы Мәмлекетлик дәстүри ҳаққындағы қарары.
2. «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары.
3. Қарақалпақстан Республикасының социал–экономикалық раўажланыўының 2010 жыл жуўмақлары.
4. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық банк есабаты.
5. А. Ваҳобов ва бошқалар «Молиявий ва бошқарув таҳлил» Т. «Шарқ» 2005й.
6. «Базар пул ва кредит» журнали.
НАЛОГОВАЯ ПОЛИТИКА РЕСПУБЛИКИ УЗБЕКИСТАН В РАЗВИТИИ МАЛОГО БИЗНЕСА И ЧАСТНОГО ПРЕДПРИНИМАТЕЛЬСТВА
Ходжаева Л., Кабулова Б.
Каракалпакский государственный университет
В Узбекистане уделяется серьезное внимание развитию малого бизнеса и частного предпринимательства. Развитие малого бизнеса и частного предпринимательства, формирование класса собственников руководство республики считает стратегической целью проводимых реформ, непосредственно связывая с ним успехи экономических и политических преобразований, укрепление стабильности в обществе.
Реализация инициированных Президентом Республики Узбекистан мер по стимулированию развития малого и частного предпринимательства в 2010 году привела к позитивным сдвигам в этой сфере.
Темпы прироста ВВП в 2008 году составили 9,0, в 2009 году – 8,1, а в истекшем 2010 году – 8,5 процента, что по оценке мировых финансовых институтов является одним из высоких показателей в мире.
Большим нашим достижением стало повышение доли малого бизнеса и частного предпринимательства в ВВП и его роли в развитии экономики страны. Если в 2000 году на долю этого активно развивающегося сектора экономики приходилось около 31 процента ВВП, то в 2010 году – 52,5 процента.
В 2011 году темпы роста ВВП предусматриваются в размере 108,3 процента, промышленности – 109,3, сельского хозяйства – 105,8 процента. Уровень инфляции предусмотрен в пределах 7-9 процентов. В утвержденном Государственном бюджете намечено снижение совокупной налоговой нагрузки на 1,2 процента, а ставка единого налогового платежа для субъектов малого бизнеса и микрофирм снижается с 7 процентов в 2010 году до 6 процентов в 2011 году.
Современная рыночная экономика Республики Узбекистан – это смешанная экономическая система, в которой рыночный механизм взаимодействует с государственным регулированием хозяйственных процессов.
В условиях рыночной экономики важная роль отвозится налоговой политике.
Принятый в республике Налоговый кодекс является по существу первым законодательным актом, утвердившим единую налоговую систему и предусматривающим равенство всех плательщиков независимо от форм собственности.
Как отметил Президент Узбекистана И. А. Каримов «Налоговая система, которая только еще формируется в республике, требует очень большого к себе внимание и совершенствование. Всем нам ясно, что налоги – основной источник пополнение государственного и местных бюджетов. Наряду с тем, что налоги должны охватывать все сферы хозяйственной деятельности, они должны обеспечить особый подход к каждой отрасли, предприятию Я думаю, что нам надо сполна осознать и то, что непомерное повышение налогов не приносит пользы государству и обществу. Кроме того, что налоги охватывают часть доходов, они должны во всех отношениях стимулировать организации и граждан, стремящихся производить больше и лучше нужной для народного хозяйства и населения продукции и товаров.
С обретением независимости в Узбекистане достигнуты определенные успехи в развитии малого бизнеса и частного предпринимательства. В рыночной экономике оно играет весьма заметную роль и в социальном, и в экономическом аспектах. Руководители малого бизнеса и предпринимательства – это собственники, образующие достаточно многочисленную общественную прослойку, владеющую средствами производства, это промежуточное звено между наемными рабочими и капиталом, во многом сглаживающее исторически сложившиеся противоречия между ними.
С экономической точки зрения малый бизнес и предпринимательство является наиболее подвижным, ориентированным на удовлетворение текущих потребностей видом деятельности, стимулирующим развитие конкурентных начал, следовательно, повышение эффективности производства. Малые структурные единицы, дифференцируя производственный процесс, на каждой стадии выдают готовую продукцию, что ведет к увеличению общей налогооблагаемой базы и следовательно, повышению доходов государства.
Малый бизнес и частное предпринимательство характеризуется устойчивостью в кризисные периоды, что связано с тем, что такие структуры производят потребительские товары, спрос на которые в меньшей степени зависит от экономической нестабильности, чем потребность в продукции, произведенной на крупных предприятиях. Их устойчивость обеспечивается гибкостью и приспособленностью к требованиям рынка, возможностью в короткие сроки обновить выпускаемую продукцию и внедрить новейшие технические средства. Малый бизнес и предпринимательство также является существенным каналом поглощения избыточной рабочей силы. Его жизнеспособность обусловлена близостью к местным рынкам. Анализ статистических данных показывает, что численность занятых в малом бизнесе и частном предпринимательстве в Республике Каракалпакстан стабильно возрастает.
Так, если в 2000 г. доля занятых в малом бизнесе и частном предпринимательстве составляла 40,7% то в 2010 г. она возросла до 71,2%.
2010 зарегистрировано 8967 субъектов малого бизнеса и предпринимательства, из них функционировали 7463, что на 328 больше чем в прошлом году.
Количество действующих в районах субъектов малого бизнеса и предпринимательства остается недостаточным. В целях изучения причин низкой активности зарегистрированных малых предприятий при разработке предложений по подъему их эффективности были выявлены следующие факторы, сдерживающие и негативно влияющие на развитие малого бизнеса и предпринимательства:
Отсутствие финансовых ресурсов в свою очередь недостаточное материально – техническое обеспечение, отсутствие машин, оборудования и технологий, предназначенных для малого бизнеса и предпринимательства с учетом их специфики;
Трудности, связанные с реализацией продукции;
Нехватка подготовленных, высококвалифицированных организаторов и руководителей в данной сфере, а также слабое знание предпринимателями правовой основы, определяющей взаимоотношения между субъектами бизнеса;
Несовершенная система проверок выражающаяся в слабой защищенности малых предприятий перед контролирующими органами, а также в сокрытии предпринимателями части доходов.
Для устранения негативных явлений, активизации предпринимательской деятельности уже реализуется ряд мер, в том числе:
«Генеральной прокуратуре поручается рассматривать любое незаконное вмешательство в финансово-хозяйственную деятельность субъектов малого бизнеса и частного предпринимательства как противодействие государственной политике по углублению экономических реформ и применять к нарушителям нормы ответственности в соответствии с законодательством.
Во-вторых, Кабинету Министров поручается провести критический анализ законодательства, регулирующего деятельность субъектов малого бизнеса и частного предпринимательства.
Необходима ликвидация устаревших, надуманных, а зачастую ненужных ограничений и запретов, дальнейшее масштабное сокращение вмешательства государственных и контролирующих органов в финансово-хозяйственную деятельность субъектов малого бизнеса и частного предпринимательства.
В-третьих, необходимо расширить доступ малого бизнеса и частного предпринимательства к кредитным, сырьевым ресурсам, а также системе государственных закупок.
В 2011 году Министерству финансов и Министерству экономики поручается разработать и внедрить отдельный механизм расширения доступа малого бизнеса к системе государственных закупок за счет выделения специальных квот, поэтапного введения прозрачной электронной системы размещения государственных»10
В условиях рыночной экономики важная роль отводится налоговой политике. Принятый в республике налоговый кодекс является по существу первым законодательным актом, если не считать ранее принятого Закона «О налогах с предприятий, объединений и организаций», утвердившим единую налоговую систему и предусматривающим равенство всех плательщиков независимо от форм собственности. В нем четко определен объект налогообложения – прибыль или доход; установлены принципы их формирования, ставки, а также системы единых налоговых льгот для физических и юридических лиц.
Достаточно заметна стимулирующая роль налогов при создании совместных, малых и частных предприятий. В первые два года работы они освобождаются полностью или ставки уменьшаются. Позитивно влияют налоги и на проведение научно – исследовательских, опытно – конструкторских работ, освоение новых прогрессивных технологий и видов продукции, осуществляемое за счет прибыли, остающейся в распоряжении предприятий.
В целях упорядочения нормативных актов и инструкции по налоговому законодательству, создания целостной правовой основы налоговой системы Министерство финансов совместно с Государственным налоговым комитетом, заинтересованными министерствами и ведомствами создали Налоговой кодекс Республики Узбекистан и утвержден за № ЗРУ-136 от 25декабря 2007 года. Он введен в действие с 1января 2008 г.
Налоговый кодекс регламентирует налоговый режим, условия реализации принципов налогообложения и сборов, определяет права и обязанности налогоплательщиков, государственный правопорядок и законность в сфере налогового производства. Плановые налоговые проверки финансово-хозяйственной деятельности (ревизии) налогоплательщиков осуществляются не чаще одного раза в год, а налогоплательщиков, своевременно и в полном объеме соблюдающих установленные нормы и правила, осуществляются не чаще одного раза в два года, за исключением случаев, предусмотренных частями второй и третьей настоящей статьи.
Плановые налоговые проверки финансово-хозяйственной деятельности (ревизии) микрофирм, малых предприятий и фермерских хозяйств осуществляются не чаще одного раза в четыре года, других субъектов предпринимательства – не чаще одного раза в три года.11
Отдельные категории предприятии имеют следующие особенности налогообложения:
для малых предприятий установлено свободное право выбора системы налогообложения. Они могут применять упрощенную систему налогообложения, предусматривающую уплату единого налога, но упрощенная система налогообложения не действует для предприятий, выпускающих подакцизные товары. Порядок уплаты и ставки единого налога определяются Кабинетом Министров Республики Узбекистан.
Нижеследующие принципы могут лечь в основу разработки направлений и мероприятий по дальнейшему совершенствованию налоговой политики:
Оптимизация совокупной фискальной нагрузки на предприятие. Реализация схемы «Снижение налогового бремени краткосрочное сокращение доходов бюджета улучшение финансового состояния экономики долгосрочное увеличение доходов бюджета»;
Избежание двойного налогообложения по всем видам налогов;
Усиление стимулирующего воздействия налогов на экономическую деятельность;
Снижение налогового бремени и перераспределение его от производства на конечное потребление;
Максимальное упрощение и унификация механизма налогообложения.
Международный опыт показывает, что следование вышеуказанным принципам обеспечивает стабильное финансовое состояние предприятий и населения, а значит, и увеличение доходов государственного бюджета .
Аннотация
Данная статья посвящена вопросам налоговой политики РУз в отношении малого бизнеса и частного предпринимательства.
Использованная литература:
-
Налоговый Кодекс Республики Узбекистан.
-
«Все наши устремления и программы – во имя дальнейшего развития Родины и повышения благосостояния народа»-Доклад Президента Республики Узбекистан И.Каримова на заседании правительства по итогам социально-экономического развития страны в 2010 году и важнейшим приоритетам на 2011 год.
КИШИ БИЗНЕС КӘРХАНАЛАРЫНДА МАТЕРИАЛЛЫҚ РЕСУРСЛАРДАН ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ
Бекбосынов.Қ.Қ
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Мүлк ийелериниң орта классын қәлиплестириў, ишки базарды бәсекиликке шыдамлы хәм сапалы өнимлер менен толтырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў хәм усы тийкарда халықтың дараматларын көбейтиў және абаданлығын арттырыўдың әҳмийетли факторы, елимиздиң рауажланыўы жолындағы белсенди харекетлендириўши күш сыпатында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былайда раўажландырыў ушын қолай шараятларды жаратыў бойынша анық мақсетке бағдарланған кең илажлар комплексин әмелге асырыў мақсетинде 2011-жыл Республикамызда «Киши бизнес хәм жеке исбилерменлик» жылы деп жариялап бул бойынша мәмлекетлик бағдарлама қабыл етилди.
Бунда тийкарынан төмендеги бағдарлар бойынша әмелге асырыў нәзерде тутылмақта:
-
Елимиз ҳәм оның аймақларында жәнеде қолай бизнес орталығын жаратыў, жеке мүлкшиликтиң үстинлигин беккемлеўге қаратылған нызам ҳужжетлерин жетилистириў;
-
Мәмлекет ҳәм қадағалаў уйымларының исбилерменлик субьектлериниң финанс-хожалық жумысына араласыўын кескин қысқартыў;
-
Киши кәрханалар дүзиў және киши кәрханалар ҳәм исбилерменлерди дизимнен өткериў тәртип қағыйдаларын жәнеде әпиўайыластырыў;
-
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик саласы ушын салық және басқада төлемлер бойынша жәнеде қолай шараятлар жаратыў;
-
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлерине кредитлер бериў механизмин буннан былайда жетилистириў;
-
Киши бизнести раўажландырыўға сырт ел инвестицияларын, бәринен бурын халықаралық финанс институтларының кредитлерин ҳәм тиккелей инвестицияларын тартыў және бағдарлаў;
-
Санаат тармақларында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў және жоқары технологияға тийкарланған замангөй өндирислерди шөлкемлестириў ушын кең имканиятлар жаратыў;
-
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлериниң сыртқы экономикалық жумыстағы қатнасын кеңейтиў мәселелерин түп-тийкарынан шешиў;
-
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлериниң сыртқы экономикалық жумыстағы қатнасын кеңейтиў мәселелерин түп-тийкарынан шешиў;
-
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлерин мәлимлеме менен тәмийнлеў, кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелеринде оларға мәсләҳәт бериў системасын буннан былайда раўажландырыў.
Қарақалпақстан Республикасында 2010-жылда дизимге алынған киши бизнес субьектлериниң саны 8967 болып соннан хызмет көрсетип атырғаны 7463 қурап өткен жылға салыстырғанда 328 ге асқан.
Киши бизнестиң жалпы ишки өним өндириўдеги үлеси 63,6% қураған өткен жылға салыстырғанда 2,9 % асқан.
Республикамыздын сыртқы саўда айланысында киши бизнестиң үлеси 25,7 % яки 29613,6 мың АҚШ долларын қурап соның ишинде:
-
Экспорт көлемин 11354,5 мың АҚШ долларынан ибарат болып жәми экспорт көлеминиң 12,5% ин қурап өткен жылға салыстырғанда 150,5% ке өсти;
-
Импорт көлеми 18259,1 мың АҚШ долларынын ибарат болып, жами импорт көлеминин 74,3% ин өткен жылға салыстырғанда 60,2 % ин қураған.
2011-жыл ушын тастыйқланған мәмлекетлик бюджетте жалпы салық жүгин 1,2 процентке, киши бизнес субьектлери ҳәм микрофирмалар ушын бирден-бир салық төлемин 2010-жылда 0,7% тен 2011-жылда 0,6% ке пәейтиў режелестирилен.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти кредитлер шийки зат ҳәм материаллар, сондай-ақ мәмлекетлик сатып алыў системалынан пайдаланыў имканыятларын кеңейтиў мақсетинде 2011-жылда қаржы министрлиги ҳәм экономика министрлигине арнаўлы квоталар ажыратыў арқалы киши бизнестиң мәмлекетлик сатып алыў системасынан пайдаланыўын кеңейтиў бағдарында айрықша механизмди ислеп шығыў ҳәм әмелде қолланыў, киши бизнес кәрханалары тәрепинен өндирилген өнимлерди сатып алыў, көрсетилип атырған жумыс ҳәм хызметлерге тийисли мәмлекетлик буйыртпаларды жайластырыў бойынша ашық электрон системаны басқышпа-басқыш енгизиў ўазыйпасы жуклетиледи. Қарақалпакстан Республикасы коммерциялық банклери тәрепинен киши бизнести раўажландырыў мақсетинде 2010-жылда 105964,7 млн сум муғдарында кредитлер ажыратылған, яғный 2009 жылға салыстырғанда 139,8% ти қурайды. Соның ишинде 105057,4 млн сум банклердиң өз қаржылары есабынан ҳәм киши бизнес 907,3 млн сум бюджеттен тысқары жамғармалар есабынан ажыратылды. Сондай-ақ қыска муддетли кредитлер 52437,6 млн сумды ҳәм узақ муддетли кредитлер 53527,1 млн сумды қурайды. Усыллардың ишинен 29621,7 млн сум материаллық байлықларды сатып алыў ушын сарыпланған.
2011-жылда Өзбекистан Республикасында мақуланған бағдарламаға тийкарланып 950 мыңнан артық жумыс орнынан 600 мыңнан зыятын киши бизнес ҳәм киши бизнес жеке исбилерменлик саласында ашыў мөлжелленбекте.
Киши бизнес кәрханаларында материаллық ресурслардан пайдаланыўдың нәтийжелилигин жоқарылатыў ушын төмендегилерди әмелге асырыўымыз зәрур:
-
өндирис процессинде пайдаланыў ушын жергиликли ресурслардан пайдаланыў;
-
материаллардың ҳәрекети менен байланыслы болған өзгерислерди өз ўақтында тийисли ҳужжетлерде рәсмийлестириў;
-
материалларды жайластырыўда олардың туўры сақланыўы устинен қадағалаў;
-
материаллық–техникалық тәминлеў режесиниң орынланыўы үстинен қадағалаў;
-
өнимлердиң өзине түсер баҳасын есаплаўда жумсалатуғын материалларды калкульяция обьектлери ортасында дурыс бөлистириў;
-
ишки ресурсларды пайдаланыў мақсетинде артықша ҳәм пайдаланылмай атырған материалларды анықлаў ҳәм оларды сатыў;
Достарыңызбен бөлісу: |