Тема: Еритпелер ҳаққында теория


Еритпелердиң электрөткизгишлиги



бет13/16
Дата03.01.2022
өлшемі279.5 Kb.
#451762
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Электролит еритп. музл темп doc.x

Еритпелердиң электрөткизгишлиги

Лабораториялық жумыс №4

Күшли ҳәм күшсиз электролитлердиң электрөткизгишлиги
Реактив ҳәм үскенелер 0,1 н дуз кислотасы, 0,1 н NaOH, 0,1 нNaCl, 1 н сирке кислотасы, 1 н аммиак, 0,1 н натрий нитраты, 1 н цинк сульфаты, 1 н аммоний ацетаты, 20 ҳәм 100 мл-лик пипеткалар, еритпелердиң электрөткизгишлигин анықлайтуғын прибор. Электрөткизгишликти анықлайтуғын прибордың 1 стаканына дуз кислотасының 0,1 н еритпесинен 20 мл. қуйып (ямаса усындай концентрациядағы NaCl, NaNOe, NaOH еритпелерин қуйыса болады), 2-ши стаканға шама менен 100 мл. дистилленген суў қуйылады. Соңынан еки стаканға электрод түсирилип электр тоғы қосылады. Еритпелердиң электрөткизгишлиги электр лампасы жәрдеминде бақлап барылады. Соңынан биринши стаканға дистилленген суў қуйылып еритпе суйытырылады ҳәм электрөткизгишлигин анықлағанда оның өзгермегенин электр лампасының жарықлық дәрежеси менен бақлаймыз.

Екинши тәжирийбеде стаканлардың биреўине 1 н сирке кислотасынан ямаса аммиактың 20 мл. еритпесинен қуйып, екинши стаканға 100 мл.дистилленген суў қуямыз. Соңынан жоқарыда көрсетилгендей етип электр өткизгишлигин анықлаймыз ҳәм электр лампочкасының жақтылығы бойынша бақлап барамыз. Егерде еритпелерди суў менен араластырып суйылтырғанымызда электр лампасының жақтылығынан әдеўир жоқарылағанының гүўасы боламыз.

Үшинши тәжирийбеде стаканлардың биреўине 1 н цинк сульфатынан 20 мл. еритпе, ал екинши стаканға 100мл. дистилленген суў қуямыз ҳәм электр өткизгишликти анықлаймыз. Соңынан цинк сульфатына екинши стакандағы суўды араластырып соңынан электр өткизгишликти анықлағанда электр лампасының жақтылығының жоқарылағанын байқаймыз. Себеби цинк сульфатының суйылтырылған еритпеси, суйылтырылмағанынан қарағанда электр тоғын жақсы өткереди.

Төртинши тәжирийбеде өткизгиш стаканлардың биреўине 0,02 н натрий гидроксиди еритпесинен 50 мл, екинши стаканға дуз кислотасының 0,02 н еритпесинен 50 мл. қуйып бул еритпелердиң электр өткизгишлигин анықлаймыз. Соңынан бул еки еритпени бир-бирине араластырып араласпаның электр өткизгишлигин және анықлаймыз. Соңғы араласпаның электр өткизгишлигин дәслепки дуз кислотасы, натрий гидроксиди еритпелериниң электр өткизгишликлери менен салыстырғанда төмен екенлигиниң электр лампасының жақтылығының төменлеўинен блип аламыз. Не ушын дуз икслотасы менен натрий гидроксидиниң араласпасы кем электр өткизгишликке ийе.




Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет