Тема: Еритпелер ҳаққында теория


Электролит ҳәм электролит емес



бет15/16
Дата03.01.2022
өлшемі279.5 Kb.
#451762
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16
Электролит еритп. музл темп doc.x

Электролит ҳәм электролит емес.
Электролит еритпелер өзинен электр ағымын жақсы өткизеди. Бундай еритпелерге кислота, тийкар ҳәм дузлардың суйық еритпеси киреди.

Электролит емес еритпелерине көбирек органикалық затлар еритпеси киреди. Шын еритпе еки ямаса бир қанша затлардың бир жыныслы араласпасы. Шын еритпе ҳәр түрли агрегат жағдайда болыў мүмкин. Төменде тийкарынан суйық еритпелер үстинде толық тоқтап өтемиз.

Суйық еритпелер еритиўши ҳәм ериген яки ериўши заттан турады. Шын еритпеде дисперс орталық еритиўши, дисперс фаза ериўши деп аталады.

Ериў процессинде өз агрегат жағдайын сақлап қалған зат еритиўши есапланады. Егер алынған затлар өз агрегат жағдайын сақлап қалса (мысалы суў спирт еритпеси) муғдары көп зат критиўши болады. Әпиўайы жағдайда қатты жағдайда болып (мыс: дуз, металл, металл оксидлери) олардың араласпасы қыздырылып суйықлыққа айландырылғанда пайда болған суйық араласпада суўытылғанда биринши гезекте кристалланған, ямаса шөкпеге түскен зат ериўши есапланады.



Шын еритпеде ериген зат еритиўши молекулалары ишнде айрым молекула яки ионлар жағдайында бир тегис тарқалған болады. Молеула (ион) көзге яки микроскопта көрилетуғын шегара сыртына ийе болмағанлығынан, еритпениң қәсийетлери ҳәмме жерде бирдей болады. Сол себепли шын еритпе бир фазалы, гомоген система есапланады.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   16




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет