Қарақалпақстан республикасының нызамы қарақалпақстан республикасы жоқАРҒы кеңеси депутатының статусы ҳАҚҚында



Дата19.06.2016
өлшемі107.93 Kb.
#148525


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ НЫЗАМЫ

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИ

ДЕПУТАТЫНЫҢ СТАТУСЫ ҲАҚҚЫНДА

(жаңа редакция)

Бул редакция 14.05.2005-ж. 33/III-санлы ҚР Нызамы менен тастыйықланған


Усы Нызам Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатының (буннан былай текстте депутат деп жүргизиледи) ҳуқықларын, миннетлемелерин ҳәм депутатлық жумысының тийкарғы кепилликлерин белгилейди.
I-БАП УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР
1-статья. Депутат

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине (буннан былай тексте Жоқарғы Кеңес деп аталады) сайланған ҳәм ҒҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў ҳаққындаҒғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқарасы депутат болып есапланады.



2-статья. Депутат жумысының ҳуқықый тийкарлары.

Депутат өз жумысын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының Конституциялары, ҒҚарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққындаҒғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламентине ҳәм басқа да нызамларға муўапық әмелге асырады.


3-статья. Депутаттың ўәкиллик мүддети

Депутат Жоқарғы Кеңестиң ўәкиллик мүддетине сайланады.

Депутаттың ўәкилликлери төмендеги жағдайда мүддетинен бурын тоқтатыладыҮ

ол өз ўәкилликлерин тоқтатыў ҳаққында жазба арза берген жағдайдаҢ

ол нызамға муўапық депутаттың ўәкилликлерин әмелге асырыўға сәйкес келмейтуғын лаўазымға сайланған ямаса тайынланған жағдайдаҢ

оның қарсысына судтың айыпланыў ҳүкими нызамлы күшине кирген жағдайдаҮ

ол шақыртып алынған жағдайдаҢ

ол суд тәрепинен қатнасықларға уқыпсыз деп табылған жағдайдаҢ

ол судтың нызамлы күшине кирген қарары тийкарында дерексиз жоғалған деп табылған ямаса қайтыс болған деп жәрияланған жағдайдаҢ

ол Өзбекстан Республикасы пуқаралығын жойтқан жағдайдаҢ

ол қайтыс болған жағдайда.

Айырым жағдайларда депутаттың ўәкилликлери Жоқарғы Кеңестиң қарарына муўапық мүддетинен бурын тоқтатылыўы мүмкин.

Депутат деген жоқары атқа дақ түсириўши жүрис-турысы бундай мәселени көрип шығыў ушын тийкар болыўы мүмкин.
4-статья. Депутаттың гүўалығы ҳәм өңирге тағатуғын белгиси.

Депутатта гүўалық ҳәм өңирге тағатуғын белги болады, бул гүўалық пенен белги оған депутат сыпатында дизимге алынғаннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи. Депутат гүўалық ҳәм өңирге тағатуғын белгиден өз ўәкилликлери мүддети даўамында пайдаланады.

Депутаттың гүўалығы ҳәм өңирге тағатуғын белгиси ҳаққындағы үлги реже, сондай-ақ бундай гүўалық ҳәм белгиниң үлгилери және тәриплемеси Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.
II. ДЕПУТАТТЫҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ
5-статья. Депутаттың ҳуқықлары.

Депутат Жоқарғы Кеңестиң сессиясында қаралып атырған барлық мәселелер бойынша шешиўши даўыс ҳуқықынан пайдаланады.

ДепутатҮ

Жоқарғы Кеңестиң комитетлери ҳәм комиссияларына сайлаў ҳәм сайланыўғаҢ

Жоқарғы Кеңестиң сессияларында қарап шығыў ушын мәселелер усыныўғаҢ

Жоқарғы Кеңес сессиясының күн тәртиби, додаланып атырған мәселелерди, қарап шығыў тәртиби ҳәм бул мәселелердиң әҳмийети бойынша усыныслар киргизиў ҳәм пикир билдириўгеҢ

қарар жойбарлары ҳәм оларға дүзетиўлер киргизиўгеҢ

Жоқарғы Кеңес тәрепинен дүзилетуғын комитетлердиң ҳәм комиссиялардың жеке қурамы ҳәм сайланатуғын, тайынланатуғын ямаса тастыйықланатуғын лаўазымлы шахслардың кандидатуралары бойынша пикир билдириўгеҢ

додалаўда қатнасыўға, баянатшы ҳәм басқарыўшыға сораўлар бериўгеҢ

депутат сораўы менен мүрәжат етиўгеҢ

өз усынысларын тийкарлап бериў ушын сөзге шығыўға ҳәм даўыс бериў себеплери бойынша түсиник бериўгеҢ

Жоқарғы Кеңес сессиясын басқарыўшыға додаланып атырған мәселе бойынша өз сөзи, усынысы ямаса пикириниң текстин тапсырыўғаҢ

өзи ағза болған Жоқарғы Кеңес комитетлериниң ҳәм комиссияларының қарарына қосылмаған жағдайда өз көз қарасын сессия мәжилисинде баян етиўге ямаса бул ҳаққында Жоқарғы Кеңес Баслығына жазба рәўиште билдириўгеҢ

Жоқарғы Кеңеске есап бериўши ямаса оның қадағалаўы астындағы ҳәр қандай уйым ямаса лаўазымлы шахстың есабаты яки мәлимлемесин сессия мәжилислеринде тыңлаў ҳаққында усыныс киргизиўгеҢ

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нызамларының орынланыўы, сондай-ақ Жоқарғы Кеңес қарарларының орынланыўын тексериў ҳаққында қарап шығыў ушын мәселелер киргизиўгеҢ

сессия мәжилислериниң стенограммалары менен танысыўғаҢ

пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузыў жағдайлары ямаса нызам ҳүжжетлерин бузыўдың басқа жағдайлары анықланған жағдайда оларға шек қойыўшараларын көриў талабы менен тийисли уйымларға ҳәм лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиўге ҳақылы.

Депутат усы статьяның биринши ҳәм екинши бөлимлеринде нәзерде тутылған ҳуқықлардан тысқары, нызамшылық басламасы, ҳуқықына ийе ҳәмде Жоқарғы Кеңестеги депутатлар бирлеспеси жумысына қатнасыў ҳуқықына ийе.

Депутат нызамларға муўапық басқа ҳуқықларға ийе болыўы мүмкин.
6-статья. Депутаттың миннетлери.

Депутат Жоқарғы Кеңестиң сессияларында, сондай-ақ Жоқарғы Кеңестиң қайсы комитети, комиссиясы қурамына сайланған болса, усы комитет, комиссияның мәжилислеринде белгиленген тәртипте жеке өзи қатнасыўы шәрт.

Жоқарғы Кеңес сессиясында, комитет ҳәм комиссия мәжилислеринде қатнасыў имканияты болмаған жағдайда депутат бул ҳаққында Жоқарғы Кеңеске, комитет, комиссия баслығына алдын ала хабар етиўи шәрт.

Депутаттың жуўапкершилигинде нызамларға муўапық басқа да ўазыйпалар болыўы мүмкин.


7-статья. Депутаттың сайлаўшылар менен, сиясий партия менен алып баратуғын жумыслары.

Депутат өз округи сайлаўшылары менен, оны депутатлыққа талабан етип усынған сиясий партия менен байланыста болады, Жоқарғы Кеңесте олардың мәплерин билдиреди.

Депутат өзине сайлаўшылардан келип түскен мүрәжатларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қарап шығады, оларды шешиў илажларын көреди, пуқараларды қабыллайды. Депутат ўақты ўақты менен, лекин жылына кеминде бир мәрте сайлаўшыларға өз жумысы ҳаққында мағлыўмат береди.

Депутатқа сайлаўшылар менен алып барылатуғын жумыслар ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламентинде белгиленетуғын тәртипте анық бир күнлер ажыратылады.

Сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў ушын депутатқа зәрүр шараятлар тәмийинленеди. Атқарыўшы ҳәкимият уйымлары оның өтиниши бойынша жай ажыратылыўын шөлкемлестиреди, депутаттың сайлаўшылар менен ушырасыўлары өткерилетуғын, депутат тәрепинен пуқаралар қабыл етилетуғын ўақыт ҳәм орын ҳаққында пуқараларға хабар береди, қабыллаў ҳәм ушырасыўларда қатнасыў ушын депутаттың усынысына муўапық өзлериниң жуўапкер ўәкиллерин жибереди, сондай-ақ депутаттың орынлардағы жумысына көмеклесиў бойынша басқа да илажларды көреди.

Сайлаўшылардың исенимин ақлай алмаған депутат нызамда белгиленген тәртипте шақыртып алыныўы мүмкин.


8-статья. Депутаттың депутатлық талапнамасы.

Депутат мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларына олардың ўәкилликлерине киретуғын мәселелер бойынша тийкарланған түсиник бериў ямаса өз көз қарасын баянлаў талабы менен депутатлық талапнама жибериўге ҳақылы.

Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының лаўазымлы шахслары депутат сораўына жуўапты белгилеген мүддетлерде Жоқарғы Кеңес сессиясына береди.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының баслығына, Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислер бойынша Жоқарғы судының баслығына, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық судының баслығына, Қарақалпақстан Республикасы Прокурорына, сорастырыў ҳәм тергеў уйымларының басшыларына жолланған депутатлық талапнама олардың ис жүргизиўиндеги белгили жумыслар ҳәм материалларға тийисли болыўы мүмкин емес.

Депутатлық талапнамалар бойынша мағлыўмат тийислисинше Жоқарғы Кеңестиң сессиясында додаланыўы мүмкин.
9-статья. Депутатлық әдеплилик.

Депутат әдеплилик қәделерине қатаң бойсыныўы шәрт. Депутаттың өз статусынан пуқаралардың, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң нызамлы мәплерине зыян келтиретуғын тәризде пайдаланыўға пайдаланыўына жол қойылмайды.

Депутатлық әдеплилик бузылған жағдайда депутаттың жүрис-турысы ҳаққындағы мәселе Жоқарғы Кеңес тәрепинен ямаса оның тапсырмасына муўапық Жоқарғы Кеңестиң тийисли комиссиясы тәрепинен қарап шығылыўы мүмкин.

III. ДЕПУТАТ ЖУМЫСЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ КЕПИЛЛИКЛЕРИ
Q0-статья. Депутаттың ҳуқықларын, абырайын ҳәм ар-намысын қорғаў.

Ҳәр бир депутатқа өз ўәкилликлерин тосқынлықсыз ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын жағдайлар кепилленеди, оның ҳуқықлары, абырайы ҳәм ар-намасы қорғалады.

Депутаттың абырайы ҳәм ар-намысына тийген шахслар нызамға муўапық ҳәкимшилик, жынайы ямаса басқа да жуўапкершиликке тартылады. Депутаттың намысына тийиў, сондай-ақ оған жала жабыў нызамда белгиленген жуўапкершиликке алып келеди.

Депутатлық ўәкилликлерди әмелге асырыўға тосқынлық етиў мақсетинде депутатқа қандай тәризде болмасын тәсир жасаўға жол қойылмайды.

Депутат алдындағы өз ўазыйпаларын орынламайтуғын, оның жумысына тосқынлық жасайтуғын, биле тура оған жалған мағлыўмат беретуғын, депутат жумысының кепилликлерин бузатуғын лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкер болады.

11-статья. Депутаттың қол қатылмаслық ҳуқықы.

Депутат өз ўәкилликлери мүддет лаўазымына қол қатылмаслық ҳуқықына ийе болады.

Жоқарғы Кеңестиң келисимисиз депутат жынаятлы жуўапкершиликке тартылыўы, иркиўге алыныўы, қамаққа алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаға тартылыўы мүмкин емес.

Депутаттың мәжбүрлеп алып келиўге, сондай-ақ оның турақ жайы, хызмет ханасы, жүгин, жеке ҳәм хызмет транспорт қуралларын, жазылмаларын, ол пайдаланып атырған байланыс қуралларын, сондай-ақ оған тийисли ҳүжжетлерди көзден өткериўге жол қойылмайды.

Депутат Жоқарғы Кеңесте даўыс бериў пайтында пикир билдирилгенлиги ямаса көз қарасын баян еткенлиги ушын ҳәм өз ўәкилликлерин әмелге асырыўы менен байланыслы басқа ҳәрекетлери ушын жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес, сондай-ақ ўәкиллик мүддети тамамланғаннан соңда жуўапкершиликке тартылыўы мүмкин емес. Егер усындай ҳәрекетлерине байланыслы депутат намысына тийиўге, жала жабыўға ямаса нызам ҳүжжетлеринде жуўапкерлик нәзерде тутылған басқа да нызам бузыўшылықларға жол қойған болса, ол қол қатылмаслық ҳуқықынан айрылған жағдайда жуўапкершиликке тартылады.
12-статья. Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў тәртиби.

Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселе Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының усынысына муўапық Жоқарғы Кеңес тәрепинен он күн ишинде шешиледи. Сенатор етип сайланған депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў мәселеси ҒӨзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының статусы ҳаққындаҒғы Өзбекстан Республикасы нызамына белгиленген тәртипте шешиледи.

Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының депутатты жынайы жуўапкершиликке тартыў, иркиўге алыў, қамаққа алыў ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаны қолланыўға келисим алыў ҳаққындағы усынысы Жоқарғы Кеңес тәрепинен қарап шығылады, Жоқарғы Кеңес сессиялары аралығындағы дәўирде оның Президиумы тәрепинен қарап шығылып, Президиумның усы мәселеге тийисли қарары кейин ала Жоқарғы Кеңес сессиясында тастыйықланады.

Жоқарғы Кеңестиң ямаса оның Президиумының депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим бериў мәселесине байланыслы қарары дәрҳал Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорына ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокурорына жибериледи.

Депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим алған Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры ямаса Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ис жүргизиў тамамланған күннен баслап үш күн мүддет ишинде Жоқарғы Кеңеске исти тергеў, судта қарап шығыў нәтийжелери ҳаққында хабар етиўи шәрт.

Жоқарғы Кеңестиң депутатты қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыўға келисим бериўден бас тартыўы оған байланыслы жынайы исти жүргизиўди ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаны нәзерде тутатуғын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққында исти жүргизиўге жол қойылмайтуғын ҳәм бундай ислерди тоқтатыўға себеп болатуғын жағдай есапланады. Тийисли исти тоқтатыў ҳаққындағы қарар тек ғана жаңадан анықланған жағдайлар бар болса ғана бийкар етилиўи мүмкин.


Q3-статья. Депутаттың лаўазымлы шахслар тәрепинен дәрҳал қабыл етиў ҳуқықы.

Депутат өз ўәкилликлерин әмелге асырып атырғанда гүўалығын көрсетип, Өзбекстан Республикасы аймағындағы карханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлерге тосқынлықсыз кириў ҳуқықынан, сондай-ақ олардың басшылары ҳәм басқа да лаўазымлы шахслары тәрепинен дәрҳал қабыл етилиў ҳуқықынан пайдаланады.

Жумысы мәмлекетлик сыр ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да сыр менен байланыслы кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлерге депутаттың кириў тәртиби нызамда белгиленеди.
14-статья. Депутатлық жумысын өндирислик ямаса хызмет ўазыйпасын атқарыў менен үйлесимли тәризде алып барыў.

Депутат өз ўәкилликлерин өндирислик ямаса хызмет ўазыйпаларынан қол үзбеген ҳалда әмелге асырады.

Кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң басшылары депутаты ол өз депутатлық ўазыйпаларын атқаратуғын ўақытта оның жумыс орнын (лаўазымын) сақлаған ҳалда, жумыстан азат етиўи шәрт.

Депутатлық ўазыйпаларын атқарып атқарып атырған ўақытта депутаттың орташа ис ҳақысы сақланып қалады.


15-статья. Депутаты әскерий жыйынлардан азат етиў.

Депутат өз ўәкилликлери ҳәрекет етип турған мүддет лаўазымында әскерий жыйынлардан азат етиледи.


16-статья. Депутат ҳәм сенатор жумысының мәлимлеме ҳәм материаллық техникалық тәмийинлениўи.

Жоқарғы Кеңес депутаты ҳүжжетлер, зәрүр мәлимлеме ҳәм мағлыўмат материаллары менен тәмийинлейди, сондай-ақ депутатлық жумысы менен байланыслы мәселелер бойынша қәнигелердиң мәсләҳәтлерин шөлкемлестиреди.

Депутатқа техникалық қураллар, байланыс қураллары ҳәм мағлыўматлар базарынан пайдаланыў ушын жағдай жаратылады.

Депутатқа депутатлық жумысы менен байланыслы шығынлар ушын ҳәр айда ең кем ис ҳақының бес есеси муғдарында физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы салынбайтуғын қаржы төленеди.


17-статья. Депутаттың транспортта тегин қатнаў ҳуқықы.

Депутат Қарақалпақстан Республикасы аймағында ҳаўа, темир жол, автомобиль жолаўшылар транспортында (такси ҳәм қала жөнелисли транспорты буған кирмейди) тегин жүриў ҳуқықынан пайдаланады.

Депутат аэропортлар ҳәм аэровокзаллар, темир жол вокзаллары ҳәм станцияларының рәсмий шахслар ҳәм делегациялар ушын арналған залларынан тегин пайдаланыў ҳуқықына ийе.

Депутат өз гүўалығын көрсеткеннен кейин темир жол вокзаллары ҳәм станцияларының билет сататуғын кассалары, пуқаралық авиация агентлиги ямаса аэропортлар оған поезддың жатақлы ямаса жумсақ орынлықлы вагонынан самол§т салонынан гезексиз орын бериўи шәрт.

Билетинде орынлықтың тәртип саны да көрсетилетуғын қалалар аралық, сондай-ақ қала әтирапында қатнайтуғын автобусларда депутат автовокзаллар ҳәм автостанцияларды кассаларынан гезексиз алынатуғын тегин билет пенен жүреди. Қалған барлық жағдайларда депутаттың жолаўшылар транспортында жүриўи (такси ҳәм қалалық жөнелисли транспорты буған кирмейди) депутаттың гүўалығы бойынша әмелге асырылады.

Депутат ҳәр бир транспорт түринде ҳәрекеттеги нормаларға сәйкес қол жүгин тегин алып жүриў ҳуқықына ийе.



Транспорт шөлкемлери менен сапласыў тәртиби нызам ҳүжжетлеринде белгиленеди.



Достарыңызбен бөлісу:




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет