Компьютердиң тийкарғы қурылмалары ҳәм олардың ўазыйпалары
Компьютерлер, әдетте бир неше блоклардан ибарат болады ҳәм олардың қурамына төмендеги үш блок: 1) система блогы; 2) монитор; 3) клавиатура ҳәм тышқан киреди.
Олардан тийкарғысы система блогы (яки системалы блок) болып, оған орнатылған үскенелер биргеликте компьютерди пайда етеди ҳәм оның ишине қайсы версияға тийисли үскенелер орнатылғанына қарап компьютер версиялар (мәселен, Pentium III яки Pentium IV ҳәм ҳ.т.б) ға ажралады. Басқа қурылмалардың ҳәммеси система блогына жалғанады.
Компьютер қәншелик күшли болмасын, онда қәншелик көп мағлыўмат сақланбасын, мағлыўматларды пайдаланыўшы ушын қолайлы көринисте көрсетип берилмесе, бундай компьютер теңиз түбиндеги байлыққа уқсап қалады ҳәм оннан ҳеш қандай пайда жоқ. Мағлыўматларды сүўретлеп бериў ушын монитор хызмет қылады.
Сыртқы көриниси ҳәм ислеў принципине көре, монитор әпиўайы телевизорға уқсап кетеди, оннан парықлы рәўиште телекөрсетиўлерди қабыл қылыўшы радиоканалы болмайды. Телевизорға видеомагнитофон жалғаў мүмкин болғанындай, мониторға компьютер жалғанады.
Монитор экранындағы сүўретлер пиксел (ноқат) лер топламынан ибарат болып, бул ноқатлар тез алмастырылғанда (секундына 50 мәрте ҳәм оннан көбирек) инсан көзи тәрепинен жанлы ҳәрекет көринисинде қабыл қылынады. Монитор экранында сүўрет 640Х480 (640 қатардың ҳәр биринде 480 ноқаттан), 800Х600, 1024Х768, 1280Х1024 киби тығызлықта болыўы мүмкин. Олардан дәслепкиси улыўма ислетилмейди ҳәм базыбир «қәдимги», 5-10 жыл алдын ислеп шығылған дәстүрлерде сақланып қалган.
Инсан көзи сүўреттиң жүдә майда бөлеклерин де көре алмайды ҳәм буннан пайдаланып, монитор экранында реңли сүўрет жаратылады: экранда сүўреттиң ҳәр бир ноқатының өзи үш ноқаттан ибарат болып, олардан бири қизил, екиншиси жасыл, үшиншиси көк парлайды ҳәм биргеликте 16 миллионнан артық реңлер пайда қыла алады. Мәселен, үш рең бир ўақытта парласа, ақ рең; текғана қызыл ҳәм жасыл рең парласа, сары рең пайда болады. Тәбийий, қызыл ҳәм жасыл реңлердиң бир ўақытта түрли дәрежеде парлаўы сары реңдиң түрли түслерин пайда қылады.
Мониторлар олардың экранында сүўрет қандай қылып жаратылыўына қарап, еки түрге ажыратылады: электрон нурлы трубка ҳәм суйық кристаллы дисплей. Электрон нурлы трубка (кинескоп) да экран люминофор дәнешелери менен қапланған болып, олар электронлар дәстеси жәрдеминде өзинен нур таратады. Суйық кристаллы дисплейлерде кристаллар арқалы электр тогы өткенде, олар түрли мүйешке ағады ҳәм сай реңдиң түрли дәрежеде сүўретлениўин тәмийинлейди.
Клавиатура жәрдеминде компьютерге түрли бийликлер бериледи ҳәм оған текст киритиледи. Клавиатуралар ушын жалғыз стандарт жаратылған болып, ҳәмме ислеп шығарыўшылар оған бойсынады ҳәм клавиатуралар бир-биринен текғана қосымша түймелердиң барлығы ҳәм олардың жайласыўы менен парық қылады. Клавиатура ҳәм монитор тийкарғы киритиў ҳәм шығарыў қурылмалары есапланады ҳәм биргеликте консол деп аталады.
Қолда көтерип жүрилетуғын компьютерлерде жоқарыдағы үш бөлимниң айрықша-айрықша болыўы қолайсызлықлар туўдырады ҳәм олар бир блоктан ибарат болады. Бундай компьютерлер Notebook (ноутбук деп оқылады ҳәм «жазыў дәптери» деген мәнисти билдиреди) деп аталады.
Заманагөй компьютер ҳәм дәстүрлерден пайдаланыўды «тышқан» деп аталатуғын дәстүрсиз әмелге асырыў дерлик мүмкин емес. Дәслеп графиклерди сызыў ушын жаратылған усы тышқан менен экрандағы түймелерди таңлаў, оларды ҳәм басқа объектлерди "жылжытыў" жүдә қолайлы. Тышқанды стол үстинде жүргизгенде оның экрандағы көрсеткиши (курсор) де ҳәрекетке келеди ҳәм экрандағы түйме алдына көрсеткишти алып келип, тышқан түймеси басылса, экранда түйме де басылады ҳәм керекли әмел орынланады.
Компьютердиң имканиятларын кеңейтиў ушын оған сүўретлерди ҳәм басқа ҳүжжетлерди киритиў ҳәм қағазға шығарыўшы қурылмалар зәрүр болады. Қағазға шығарыў қурылмалары принтерлер деп аталады. Олардың бир неше түрлери болып, олардан матрицалы, сыялы, лазерли түрлерин санап өтиў мүмкин.
Матрицалы принтерлер әсте шығарады, шығарылған тексттиң сыпаты жүдә төмен, текғана бир реңде шығарады ҳәм ҳәзирги күнде бар дәстүрий қурылмаларды алмастырыў қыйын болған шөлкемлерде, мәселен, базыбир банклерде сақланып қалған.
Сыялы принтерлер сыя бүркеў жолы менен қағазға сүўрет түсиреди. Олар реңли сүўрет ҳәм текстлерди шығарады, әдетте бираз арзан болыўына қарамай, әсте шығарады, шығарылған беттиң нарқы бираз жоқары, арнаўлы қағаз ислетилмегенде сүўреттиң сыпаты кетеди.
Лазерли принтерлерде магнитлене алатуғын арнаўлы күкинди қағазға себиў ҳәм оны күйдириў арқалы текст ҳәм сүўрет шығарылады. Нарқы жоқары болыўына қарамай, шығарыў тезлиги жоқары, ҳәр бир шығарылған бет арзанлығы, бир катридж жәрдеминде мыңлап бет мағлыўматларды шығарыў имканы барлығы себепли кең тарқалған. Реңли лазерли принтерлердиң баҳалары да кескин төменлеп бармақта ҳәм тез күнлерде сыялы принтерлер орнын ийелеўи күтилмекте.
Сканерлер сүўретлерди компьютерге киритиў ушын ислетиледи. Оның жәрдеминде текстлерди де киритиў мүмкин. Буның ушын әўели текст сүўрет көринисинде компьютерге киритиледи ҳәм тымсалларды тиклеўши арнаўлы дәстүрлер жәрдеминде текст көринисине өткизиледи.
Системалы блок ишинде компьютердиң электр тәмийнаты блогы, тийкарғы плата, оған орнатылатуғын орайлық процессор, мағлыўмат ҳәм дәстүрлерди ўақтынша ҳәм узақ мүддетке сақлаў ушын оператив яд ҳәм «винчестер» версиясында дискли яд, тийкарғы плата яки кеңейтиў уяларына орнатылатуғын мониторды жалғаў ушын хызмет қылатуғын видеокарта, ҳаўаз күшейттиргишти яки телефонлы қулақшын (наушник)ды жалғаў ушын ҳаўаз картасы, телефон тармағы арқалы интернетке жалғаныў ушын модем, жергиликли компьютер тармағы (LAN)га жалғаныў картасы ҳәмде дискета ҳәм компакт дисклерден мағлыўматларды оқыў ушын диск жүритгишлери жайласқан болады.
Компьютердиң версиясын оған орнатылған орайлық процессор белгилеп береди. IBM PC версиясындағы жеке компьютерлерде тийкарынан еки компания: Intel ҳәм AMD фирмаларының орайлық процессорлары орнатылады. Intel фирмасының процессорлары жүдә кең тарқалған болып, буның себеплеринен бири, дәслепки жеке компьютерлер IBM PC AT ҳәм IBM PC XT лерде Intel фирмасының 8086 ҳәм 8088 процессорлары орнатылған еди ҳәм ҳәмме жаңа процессорлар сол фирма тәрепинен жаратылып келинген. Соңғы пайытта аўҳал кескин өзгерди, биринши 64 разрядлы (ханалы) процессор AMD фирмасы тәрепинен ислеп шығылды ҳәм бул фирманың процессорлары Intel фирмасының процессорларынан бир қанша (50% ке шекем) арзан болыўына қарамай, есаплаў тезлигинде олардан үстин турады. Лекин бул процессорларда көбирек ыссылық ажыралып шығыўы себепли, оларды суўытыў ушын көбирек қәрежет қылыўға туўры келеди. Буннан тысқары, AMD фирмасының процессорлары кең тарқалмағанлығы себепли, олардың тийкарғы платалары Intel фирмасының процессорларына мөлшерленген тийкарғы платалардан көре қымбатырақ. Соған қарамай, арзан компьютерлер базарында AMD фирмасының үлеси тоқтаўсыз өсип бармақта.
Intel фирмасының ең абырайлы процессорларынан бири Pentium процессорлары болып, олар соншалық абырайлы болып кетди, фирма өзиниң кейинги бир неше процессорларын да Pentium деп атады: Pentium, Pentium II, Pentium III, Pentium IV. AMD фирмасы менен болған конкурент нәтийжесинде Pentium процессорларының абройы түсип кетти ҳәм Intel фирмасы Pentium V саўда белгиси менен процессорлар сатыўға шықпаслығын жәриялады. Pentium процессорларының орнын Intel фирмасының көпядролы Itanium, Xeon, Core Duo ҳәм Core II Duo процессорларының жеңиллестирилген (арзанластырылған) вариантлары ийелеўи күтилмекте.
Процессорлардың тийкарғы параметрлери төмендегилер: олардың тезликлери (4000 МегаГерц=4 ГигаГерцке шекем), хана (разряд) ларының саны 32 яки 64, процессор ишине жайластырылған жүдә оператив кеш ядтың көлеми 128–4096 килобайт. Булардан тысқары, процессорлар олар орнатылатуғын уяның номери менен де парықланады ҳәм процессордың уясының номери сай келетуғын тийкарғы платаға ғана орнатыў мүмкин.
Компьютерде қәлеген бир дәстүр иске түсирилиўинен алдын ол сыртқы яд қурылмаларынан оператив яд деп аталыўшы ядқа жүклеп алынады ҳәм сол себепли компьютердиң процессоры ҳәр дайым оператив ядқа мүрәжәт қылып ислейди. Оператив яд пүткиллей электрон элементлер тийкарында қурылған болып, оператив ядтың тезлиги сыртқы ядтың тезлигинен бир неше он есе артық ҳәм компьютердиң мағлыўматларды тез қайта ислеўине имкан жаратады.
Оператив яд көлеми Мегабайтларда (Мб) өлшенеди. 1 Мб=1024 кб (килобайт), 1 кб=1024 б (байт) болып, 1 байт ықтыярий тымсалды яки 0 ден 255 ке шекем болған пүткил санды сақлаў ушын жетерли яд. Ядтың ең киши бөлеги бит деп аталады, 1 бит ядта «аўа» яки «яқ» деп жуўап бериў мүмкин болған сораў жуўабын сақлаў мүмкин. 1 байт болса 8 биттен ибарат. Оператив ядтың муғдары жетерли болмаса, компьютер тез-тез компьютердиң сыртқы ядына мүрәжәт қылыўы керек болады ҳәм бул жумыс көринисин кескин пәсейтип жибереди. Windows XP көлеми 128 Мб болған оператив яд пенен де ислейди. Лекин компьютерге кеминде 256 Мб, жақсысы 512 Мб яд орнатыў усыныс қылынады.
Компьютер өширилгенде, оның оператив ядындағы ҳәмме мағлыўматлар да өшип кетеди. Сол себепли кейин де керек болатуғын мағлыўматларды сыртқы ядлардың биринде, әдетте винчестор версиясындағы қатты дискте сақлап қойыў керек. Винчестерлердиң көлеми оператив ядтың көлеминен бир неше жүз мәрте үлкен болып, ҳәзирги күнде көлеми 500 Гигабайт (500 000 Мб)қа шекемги болған винчестерлер сатыўға шығарылған.
Винчестерлер компьютердиң ишинде жайласқан болып, компьютерлер өз-ара мағлыўмат алмасыўлары ушын жергиликли яки интернет тармақлары арқалы бирлестириледи. Тармаққа жалғанбаған компьютерлерден мағлыўмат алыў яки жазыў ушын дискета, компакт диск (CD) ҳәм DVD жүритгишлери менен тәмийинленеди.
Достарыңызбен бөлісу: |