Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


ОРАЙЛЫҚ АЗИЯДА ПАЙДА БОЛҒАН СУФИЗМ МЕКТЕПЛЕРИ



Pdf көрінісі
бет43/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   164
1-секция

ОРАЙЛЫҚ АЗИЯДА ПАЙДА БОЛҒАН СУФИЗМ МЕКТЕПЛЕРИ 
 
М.Атамуратова
НМПИ Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқуқ тәлими 
кафедрасы
 
Миллий ҳәм диний қәдириятларымыз әсирлер даўамында ӛзара 
байланыслы 
болғанлықтан 
Орайлық 
Азияның 
жәмийетлик-сиясий, 
экономикалық, руўхый турмысын үйрениўде ислам дини тарийхын илимий 
тийкарда изертлеў әҳмийетли орын тутады. Ислам дининиң ажыралмас 
бӛлеги болған суфизм тәлийматы орта әсирлерден баслап Орайлық Азияның 
жәмийетлик-сиясий турмысында әҳмийетли роль ойнаған. 
Ислам дининиң кең аймақларға кирип барыўы ҳәм тарқалыўы 
жергиликли халықтың турмысын түптен ӛзгертип ӛзине тән мәденияттың 
қәлиплесиўине түртки болды.
Ислам мәдениятына суфизм ўәкиллерин жеткерип берген Орайлық Азия 
мектеплериниң хызмети XII әсирден - XX әсир басларына шекем үлкениң 
социаллық турмысында ӛз әҳмийетин сақлап қала алды. Бул мектеплер ӛз 
раўажланыўы барысында жергиликли үрп-әдетлер ҳәм мәдениятқа ислам 
мийрасларын масластырып, сиясий турмыста жетекшилик қылыўдай 
басқышларын басып ӛтти. 
Кейин ала Орайлық Азияда пүткил ислам әлеминде белгили болған 
Яссаўий, Хожаган-Нақшбандий ҳәм Кубравий сыяқлы ири суфизм 
тарийхатлары жүзеге келди. 
Хожа Ахмет Яссаўий (1105-1166) суфизмде Яссаўий тарийхатының 
тийкарын салған түркий халықлардың уллы шайхы, алымы, шайыры болған. 
Ол дәслепки сабақларын устазы Шайх Арысланбаптан, соң Бухараға 
келгеннен кейин Юсуп Хамаданийден алады.
Ахмет Яссаўий Юсуп Хамаданий қайтыс болғаннан соң Бухара 
медресесинде устазлық қылады ҳәм жетик алым, яғный шайхул ислам 
дәрежесине жеткеннен соң ана ўатаны Туркистанға қайтады. Отрар 
жанындағы Яссиға келип сол жерде ислам мәдениятын үгит-нәсият қыла 
баслайды. Ол суфизм тәлийматларын халыққа тарқатыўда әдебияттың ҳикмет 
жанрынан пайдаланған.
Яссаўий ҳикметлеринде инсандағы унамсыз иллетлерди жүзеге 
келтириўши себеплердиң бири-бул нәпси дейди. Нәпси себепли инсан
ашкӛзликке, урлыққа бериледи. Нәпсине қул болған инсан ҳеш қандай 


85 
жаманлықлардан қайтпайды. Алымның пикиринше бундай жаман иллетке 
соққы бериўши күш- бул сабырлылык, қәнәәт етип жасаў, мийнет ислеп ҳадал 
ишип жеў. Ахмет Яссаўий адамларды билимли болыўға, әлемниң сырларын 
билиўге шақырады. Надан, тәкаббыр, саўатсыз, опасыз ата-анасын ҳүрмет 
қылмайтуғын мәнәўий жарлы адамларды кескин қаралаған. 
Хожа Муҳаммед Баҳаўаддин Нақшбандий (1318-1389) Бухарада Қасри 
Хиндуван аўылында туўылған. Ол Юсуп Хамадоний ҳәм Абдухалиқ 
Ғиждуўаный тийкарын салған ―Хожаган‖ тәлийматының сегиз қағыйдасына 
үш қағыйда қосып, оны және де раўажландырып, он бир қағыйдадан ибарат 
Нақшбандий тарийхатын жаратады.
Нақшбандий тарийхатының Яссаўий тарийхатынан ең әўеле тәрки 
дүньяшылықтан ўаз кешип, адамларды ҳадал мийнет ислеўге шақырғаны 
менен парық қылады. Ол биреўлер есабынан жасаўды қаралайды, тек ӛзиңниң 
маңлай тери менен табылған нанды ҳадал деп есаплайды. 
Баҳаўўаддин Нақшбандийдиң илгери сүрген ―Кеўлиң Аллада, қолың 
мийнетте болсын‖ (Дил ба ѐру, даст ба кор) принципиниң мәниси: Алланың 
жамалына ерисиў ушын тәркидүньяшылық қылыў шәрт емес, бәлким 
Алланы ҳәр дайым кеўилде яд етип, қол болса мийнет пенен бәнт болған 
ҳалда жетиў мүмкинлигин аңлатады.
Суфизм тәлийматында Кубравий тарийхатының тийкарын салған 
хорезмли белгили ойшыл Ахмет ибн Умар Муҳаммад ал-Хевақий ал-
Хорезмий болған (1145-1221жыллар). Нажмиддин Кубро оның лақабы болып, 
ол жаслығынан илимге қызығып ислам тийкарларын, шарият илимлерин 
жүдә тез ӛзлестирип алады.
Кубравий тарийхатында халыққа ҳәм Ўатанға болған муҳаббат жудә 
күшли болып, ол ҳәр қандай жағдайда да халық пенен бирге болыў, Ўатанды 
қорғаў ҳәм оның ғәрезсизлиги ушын гуресиўге шақырады, сондай-ақ 
инсанның кәмиликке ерисиў зәрүрлиги, пәк ҳәм гӛззал сезимлерге ийе болыў, 
руўхый пәсликтен, нәпси бәлесинен аўлақ турыў кереклиги туўралы 
пикирлерин билдирген.
Жуўмақлап 
айтқанда, 
суфизм 
тәлийматы 
пүткил 
мусылман 
халықларының социаллық ҳәм руўхый турмысында үлкен әҳмийетке ийе 
болып, бул халықларда илим-пән, мәденият ҳәм әдебияттың раўажланыўына 
жүдә үлкен тәсирин тийгизген. Шығыстың шайыр ҳәм жазыўшылары, ойшыл 
ҳәм уламалары суфизм философиясынан руўхый азық алып оның 
инсанпарўарлық, ҳақгӛйлик, адалатлылық сыяқлы идеяларынан руўхланып
жаратып кеткен уллы мийраслары ҳәзирги кунде де халықтың ӛзлигин 
аңлаўда ҳәм пәк сезимлерин оятыўда үлкен әҳмийетке ийе. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет