Диффузия ҳәм осмос.
Бийиклеў цилиндрдиң түбине дуздың яки қанттың концентрленген қойыў еритпесин салып, оның үстине таза суў қуйсақ, астыңғы қатламдағы дуз яки қант бөлекшелери тәртипсиз ҳарекет пенен суў қатламына, ал суў молекулалары дуз яки қант еритпесине өте баслайды. Бул процесс берилген көлемде концентрацияның толық теңлескенше даўам етеди. Бир заттың бөлеклериниң екинши заттың орталығында өзлигинен бөлистириў қубылысы диффузия деп аталады.
Егер концентрленген еритпе менен концентрациясы кем еритпе яки таза ериткиш арасы ериткиш молекулаларын еркин өткизиўши мембрана (перде) арқалы ажыратылған болса, диффузия тек бир тәреплеме болады.
Яғный ярым өткизгишли мембрана арқалы концентрациясы көп еритпе тәрепке ериткиш (суў) молекулалары ғана өтеди ҳәм бул процессте мембрананың еки тәрепиндеги еритпелердиң концентрацияларының теңлескенинше даўам етеди.
Қандайда бир заттың еритпесине ярым өткизгиш мембрана арқалы ериткиштиң бир тәреплеме диффузиясы осмос деп аталады. Осмос процессин жабық системада жүзеге келгенде осмослық басым салдарынан әсбап сынып қалыўы мүмкин.
Осмослық басымды өлшеў ушын қолланылатуғын прибор осмометр деп аталады. Әпиўайы осмомотрдиң дүзилиси төмендеги сүўретте келтирилген:
Достарыңызбен бөлісу: |