90
4.
Хлебникова Н.В
. Гражданская журналистика: к истории становления
термина// - М.: 2011.
Выпуск №3.
5. http://7bloggers.ru/kogda-zhe-poyavilsya-pervyj-blog/
6. Bowman S., Willis C. We Media: How Audiences are
Shaping the Future
of News and Information/2003/The Media Center at the American Press Institute.
7. Сайфиддинова
М.
Фуқаролик
журналистикасида
ижтимоий
тармоқларнинг ўрни//Онлайн журналистиканинг долзарб масалалалари // - Т.:
2018. – Б.107.
8.
https://kkreporter.wordpress.com
9. «Замонавий журналистикада беш пародаксал ҳолат» баянатынан
1980-ЖЫЛЛАРЫ ҚАРАҚАЛПАҚСТАННЫҢ СОЦИАЛЛЫҚ
ТАРАЎЫ ТАРИЙХЫНАН
Б.Сағындыков
Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты
1980-жыллар Қарақалпақстан тарийхында ҳәр тәреплеме, әсиресе
социаллық жақтан кризисли дәўирлерден есапланады [1]. Ашынарлысы, усы
социаллық тараўда, оның ишинде билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў
тармағындағы жағдай бизиң республикамыздың раўажланыўы
ушын кери
тәсир етти. Статистикалық мағлыўматларға сүйенсек, 1980-жыллардың
басында республикамызда улыўма 844 мектеп, 345 мектепке шекемги
мекемелер, 1 жоқары ҳәм 24 орта арнаўлы оқыў орынлары болған. Ал
денсаўлықты сақлаў тараўында 86 мекеме жумыс ислеп турған [2].
1984-жылы Кеңес Аўқамы улыўма билим бериўши ҳәм кәсиплик
мектепти раўажландырыў ушын нызам қабыл етти [3]. Бунда баслы мақсет:
жасларға орта улыўма мағылыўмат бериўди жетилистириў, улыўма билим
бериўши мектеплердиң жумысын жақсылаў, оқыўшыларды мийнетке
үйретиў, оларды жетик кадр етип тәрбиялаў нәзерде тутылған еди.
Қарақалпақстанда улыўма бериўши мектеплердиң ҳәм кәсиплик
мектеплердиң
материаллық-техникалық
базасын
жетилистириў
ҳәм
реформалаўды иске асырыў ушын комплексли ис
жобасы ислеп шығылды
ҳәм тастыйықланды. Бул реформаларды иске асырыўда, биринши нәўбетте,
мектеплерде педагогикалық қәбилети жоқары маман кадрлар менен
тәмийинлеўге дыққат итибар қаратылды. Усы нызам күшке киргеннен соң,
үш жыл (1984-1987 жж.) ишинде мектеплерге 4806 жас қәнигелер жиберилди.
1990-жылы республикада 20,5 мың муғаллим жумыс ислеп, олардың 82%-ти
жоқары мағлыўматқа ийе еди [4].
Белгиленген режелер бойынша, республикамызда
жаңа типтеги
мектеплер қурыў менен биргеликте қалалық ҳәм аўыллық жерлердеги
мектеплердиң инфраструктурасын, материаллық-техникалық базасы менен
бир қатарда мектеп имаратларын ремонтлаў лазым еди. 1981-1990 жыллары
225
мектеп қурылып, пайдаланыўға берилсе, олардың 160 мектеби 1984-
жылдан кейин қурылды. 1985-1986-оқыў жылында республикада 857 мектеп
91
болған, ал 1990-1991-оқыў жылында олардың саны 703 ке жеткизилип, ол
жерде 322,7 мың оқыўшы болды [5].
Бирақ, тийкарынан нызамда белгиленген режелер толығы менен иске
аспады. Себеби, олар пухта таярлықсыз, қаржы механизими де толық
жаратылмаған, педагогикалық қәлиплескен база ислеп шығылмаған еди.
Ҳәттеки, мектеп жәмәәти ғалаба сиясий оқыўларға тартылыўы, олардың аўыл
хожалық жумысларында узақ ўақыт даўамында бәнт болыўы да
оқыўшылардың билиминиң сапасына унамсыз тәсирин тийгизди.
Мектеп
оқыў жылы жуўмақланбастан пахта далаларына ҳәм басқа аўыл хожалық
жумысларына шығарылыўының нәтийжесинде оқыў процесин үзлиске
түсирип, айырым ўақытлары үш мезгил оқытылыўы оқыўшылардың
саўатлығына кери тәсирин тийгизди.
Усындай жағдайлар ақыбетинде мектеплерде оқытыўшылық кәсиптин
абырайының тӛменлеўине алып келди. 1987-жылы май айында болған
Ӛзбекстан оқытыўшыларының VII съездинде кейинги еки жыл даўамында 23
мың жақын оқтыўшы-педагог кәсибин таслап кетгенлиги айтып ӛтилди [6]
1980-жыллары халықтың ден саўлығын ҳәм оны беккемлеў ушын
ҳүкимет тәрепинен жетерли дәрежеде итибар қаратылмады. Әсиресе, Арал
теңизиниң қурып кетиўи ақыбетинде оның ултанынан кӛтерилген дузлы
қумлар сол жерде жасаўшы жергиликли халық денсаўлғына кери тәсир етти.
Халықтың арасында жуқпалы кеселликлердиң кӛбейине
алып келди, оның
социаллық турмыс дәрежесин тӛменлетип жиберди. Сол жыллары
Қарақалпақстанда кеселлениў ҳәм ӛлимшилик бирден кӛбейип кетти.
Мәселен, паратиф кесели менен аўырғанлардың саны Ӛзбекстан бойынша
кӛрсеткишлерден 2 есе, бурынғы аўқам менен салыстырғанда 2,3 есе кӛп
болды. Сары аўырыў менен аўырғанлардың саны 3 есе, сүзек пенен
аўырғанлардың саны 4,5 есе кӛбейди, ал рак кесели менен аўырғанлырдың
саны орта есап пенен 7 есе кӛп болды. Буннан басқа анемия,
туберкулез
кеселликлери кӛбейди [7]. Соның менен бирге, республикада шыпакерлер
жетиспеди [8].
Жуўмақлап айтқанда, 1980-жыллары. билимлендириў ҳәм денсаўлықты
сақлаў тараўлары аўыр жағдайда болған еди. Бул, ӛз гезегинде, үлкен
демографиялық, экономикалық ҳәм руўҳый-мәнаўий
машқалалардың келип
шығыўына себеп болды.
Достарыңызбен бөлісу: