Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет45/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   164
1-секция

екинши зәрҥр тәреп - бул келешекте экономикада кӛбирек бой 
кӛрсететуғын тараўларға инвестиция киргизиўге кӛбирек итибар бериў зәрүр.
Жақын күнлерде Жәҳән банкиниң жеке сектор менен ислесиўши 
ҳалықаралық финанс корпарациясы, жеке секторларда экономиканың қайсы 
тараўы келешекте ӛсиўи мүмкин ҳәм қайсы тараў экономикалық ӛсиўди 
ҳәрекетке келтириўи мүмкинлигин анықлаў мақсетинде анализ жумысларын


87 
ӛткизди. Ӛткизилген анализ нәтийжелерине нәзер салғанымызда 
Ӛзбекистанның бул тараўлар бойынша ҳақыйқый салмақлы тәреплери кӛп 
екенлиги кӛринди. 
Бириншиден бул- бақшылық тараўы. Мысалы Ӛзбекистанда 
жетилистирилген мийўе ҳәм палыз ӛнимлериниң мазасы айрықшалығы менен 
ажыралып турады. 
Екиншиден -логистика тараўы. Ӛзбекстан еки тәреплеме қурғақшылық 
пенен 
қоршалған 
мәмлекет. 
Соның 
ушын 
түрли 
ӛзгерислерди
раўажландырыў зәрүр. Соның ишнде , электр-энергетика тараўын алып қараў 
мүмкин. Гӛнерген ҳәм ӛзгертилиўи керек болған қурылмалар ушын 
инфрасистемалар жаратыў керек , ал бул жумысларды алып барыў ушын 
инвестициялар киргизиў керек болады. Бул экономикалық ӛсиўди 
тәмийинлейтуғын екинши бағдар болып есапланады.
Үшиншиден бул тараў тийкарынан жергиликли халық пенен 
байланыслы болып, Ӛзбекстанда жасаўшы ҳәр бир инсан бул процессте
актив қатнасыўы ҳәм имкәниятларынан туўры пайдалана алыўы керек 
болады. 
Бугинги күнде Ӛзбекстанның барлық регионларында халықтын жасаў 
жағдайларын жақсылаўға үлкен итибар қаратылмақта. Жәҳән банки бул 
бағдарда Ӛзбекистанды қоллап-қуўатлаўды режелестирген. Усы жылдын 
март айында 200 млн. АҚШ доллары муғдарындағы ири жойбарды 
тастыйықлаў нәзерде тутылған. Усы жойбарда Ӛзбекстанның айырықша бир 
таңлап алынған аймағына итибар қаратылады. Жойбарды сол аймақта әмелге 
асырып, дәстүрдиң қалай иске асырыў туўрысында кӛнликпе пайда 
қылғаннан соң, жойбарды мәмлекеттиң барлық аймақларында алып барыў 
керек 
болады. 
Экономикалық 
реформалар 
жолынан 
баратырған 
мәмлекетимиздеги Ташкент яки Самарқанд сыяқлы ири қалалар магнитке 
айланып, экономикалық хызметлердиң үлкен бӛлегин ӛзине тартып алады. 
Бул дәстүрге кӛре имкәниятлар басқа аймақларға, ең шетки аўылларға да 
жетип барыўы керек. Жәҳән банки бул жойбарға таярлық кӛрмекте. Жақын 
арада орташа үлкенликтеги қалаларды раўажландырыўға мӛлшерленген 100 
млн. АҚШ доллары муғдарындағы жойбар тастыйықланды. Солай екен 
барлық аймақлар бойлап исленип атырған жумысларда Ӛзбекстанның 
қоллап-қуўатлаўы Жәҳән банки менен бирге ислесиўди еле де беккемлейди.
Аўыл хожалығы бизиң мәмлекетимиз ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе. 
Жәҳән банки бул тараўды раўажландырыў ҳәм реформалаўда қай дәрежеде 
қатнасыўы мүмкин? 
Республикамызда аўыл хожалығына Жәҳән банкиниң инвестиция 
киргизиўи үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Себеби Жәҳән банки 
ирригация системасындағы машқалалар менен жумыслар алып бармақта. 
Бунда суўдан нәтийжесиз пайдаланыў бүгинги күнниң актуал мәселеси 
болып қалғанлығы себепли Жәҳән банки ирригация системасын 
модернизациялаў бойынша жумыслар алып бармақта. Сондай-ақ, 


88 
фермерлерге кредит бериў системасын жақсылаў бойынша да иләжлар әмелге 
асырмақта.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет