Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет44/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   164
1-секция

Пайдаланған әдебиятлар. 
1. Аҳмад Яссавий. Девони ҳикмат. – Тошкент: Ғ.Ғулом номидаги 
Нашриѐт-матбаа бирлашмаси, 1992.
2. Комилов Н. Тасаввуф. Тошкент, 1998. 


86 
РЕСПУБЛИКАМЫЗДЫҢ СОЦИАЛ-ЭКОНОМИКАЛЫҚ 
РАЎАЖЛАНЫЎЫНДАҒЫ ТАРИЙХЫЙ ӚЗГЕРИСЛЕР 
 
П.З.Хожалепесов – доцент, А.Қ.Сарыбаев - доцент 
Әжинияз атындағы НМПИ 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
бүгинги 
күнде 
макроэкономикалық 
раўажланыўда бир қатар реформалар нәтийжесинде ӛзине тийкар жаратып 
алмақта. Бул ӛз гезегинде Ӛзбекистанда «2019-жылды жедел инвестициялар 
ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп аталыўына тийкар жаратып берди. 
Бул ӛзгерислер мәмлекетимизде жәҳән банки менен және қандай келисимлер 
ҳәм бирге ислесиўлерге имкәният жаратып бериўи мүмкин? 
Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-
президенти Сирил Мюллер «… мәмлекетиңиз ҳалқының турмыс тәризи 
ҳаққындағы ӛткерилген сораўнамамыздың нәтийжелерине қарайтуғын болсақ
пуқараларда оптимистлик кейпиятты, ертеңги күнге болған исенимди 
кӛриўимиз мүмкин. Меннен, экономикалық жақтан алып қарағанда усы 
тараўдың тийкарғы тәреплери туўралы сорасаңыз, мен усы жерде үш себепке
итибар қаратпақшыман » деген еди. Усы айтылған үш себеп томендеги 
себеплер болып, олардың: 
бириншиси бул- соңғы еки жыл даўамында әмелге асырылған 
макроэкономика ҳәм бюджетти қамтып алыўшы салмақлы экономикалық 
сиясат жолы. Бул жол , Ӛзбекстан раўжаланыў ушын туўры жолдан 
баратырғанлығын кӛрсетеди. Жүдә үлкен қыйыншылықларға қарамастан 
Ӛзбекистан жалпы ишки ӛнимнин 5 пайыздан жоқары кӛрсеткиши менен 
турақлы ӛсиўди даўам етпекте. Бул жүдә зәрүр болып есапланады ҳәм 
екинши тәрепи соннан ибәрат, биз биринши гезекте мәмлекетке болған 
исеним Ӛзбекистанлылардың ӛзлеринде күннен күнге артып 
баратырғанлығын кӛриўимиз мүмкин. Бул нәрсе олардың, жаңа бизнес 
түрлерин жаратып, исбилерменлик жумысын алып барыўында ҳәм 
мәмлекетке инвестиция алып кириўде анық кӛринбекте. 2019-жылға нәзер 
салатуғын болсақ Ӛзбекистан ушын бул салмақлы экономикалық сиясат, 
яғный терең ойланып басқарыў сиясаты, бюджетте де, финанста да жүдә 
әҳмийетли болып есапланады. Себеби бул сиясат раўажланыў ушын беккем 
фундамент жаратып береди ҳәм бул даўам еттирилиўи лазым. 2019-жыл 
февраль айы орталарында Ӛзбекистан ӛз тарыйхында биринши мәртебе 
Лондон фонд биржасында Евро облигацияларын жайластырды. Бул процесс 
табыслы ӛтти. Бул ӛз гезегинде ҳалықаралық базардың Ӛзбекистан 
мәмлекетине болған исенимин билдиреди. Улыўмаластырып айтқанда усы 
стратегияны даўам еттириў бул биринши себеп болып еапланады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет