Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет102/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   98   99   100   101   102   103   104   105   ...   164
1-секция

Әдебиятлар
1. Әлеўов Ӛ. Этнопедагогика ҳәм оның ӛзине тән ӛзгешеликлери. 
/Қарақалпақстан халқының этнопедагогикасы (Илимий мақалалар топламы).-Нӛкис: 
«Билим», 1995.
2. Волков Г.Н. Исследование, изучение, освоение и применение народной 
педагогики. /В сб. «Народная педагогика и современные проблемы воспитания».-
Чебаксары, 1991. 
3. Шәрияр. Қарақалпақ халық дәстаны (Ӛтенияз жыраў варианты). 
/Қарақалпақ фольклоры. Кӛп томлық, XIII том. - Нӛкис: «Қарақалпақстан», 1984. 
 
МЕКТЕП ОҚЫЎШЫЛАРЫН ЭСТЕТИКАЛЫҚ ТӘРБИЯЛАЎ 
ТИЙКАРЛАРЫ 
Т.В.Уразимова - к-ӛ.т.и.к., доцент, А.Алдабергенов - оқытыўшы 
 НМПИ сҥўретлеў ӛнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы
Адамның жеке қәсийетлери, оның руўхый ҳәм саналылық келбети 
биринши гезекте оқытыў процесиндеги тәрбия бериў барысында 
қәлиплеседи. Билимлендириў системасында жеке адамның дүньяға кӛз-
қарасын, 
ақыллылық 
ҳәм 
дӛретиўшилик 
мүмкиншиликлерин 
раўажландырыўды жеделлестириўге жәрдем бериўши эстетикалық тәрбия 
айрықша орын ийелейди. Мектеп оқыўшыларды эстетикалық тәрбиялаўдың 


194 
тийкары болған классикалық, ҳәм халықлық кӛркем ӛнер оғада үлкен 
әҳмийетке ийе. Ол оқыўшылардың ӛмирине дәслепки балалық шақтан ақ 
кириўи тийис. Мектеп мәкемелеринде кӛркем ӛнер дӛретпелери үш бағдарда 
қолланылады. Жергиликли материалға, ҳәм классикалық, ҳәм халықлық 
кӛркем ӛнерге, оның ӛзине тән айрықшалығына, тәбиятына кеңнен сүйениў. 
Ҳәзирги заман кӛркем ӛнери, оның аўылларда, қалаларда ислеўши 
дӛретиўшилери менен танысыў. Мектеп оқыўшылардың оларды қоршап 
турған, дыққатқа ылайықлы орынларды, белгили ўақыяларды үйренип, 
билиўи. Биринши бағдар – кӛркем ӛнер, соның ишинде сүўретлеў, халықлық 
кӛркем ӛнер де, оқыўшылардың күнделикли турмысына, эстеткалық 
орталықтың ажыралмас бӛлеги сыпатында киргизиледи. Екинши бағдар – 
кӛркем ӛнер билимлендириўдиң мазмунын қурайды: оқыўшыларды кӛркем 
ӛнердиң ҳәр қыйлы түрлери менен, сүўретшилер тәрепинен ашып 
кӛрсетилген 
ўақыялар, 
қубылыслар, 
объектлер 
менен, 
олардың 
шығармаларындағы сазенделер, жазыўшылар ҳәм шайырлар менен; ӛмир 
ҳақыйқатлығының жарқын образларын жаратыўға мүмкиншилик беретуғын 
тәсир етиўши усыллар менен таныстырады. Үшинши бағдар – кӛркем ӛнер 
кӛркемлик искерликтиң ҳәр қыйлы түрлеринде қолланылады, оқыўшылардың 
кӛркем дӛретиўшилигиниң раўажланыўына хызмет етеди. Кӛркем ӛнер 
образлары гӛззаллықтың эталоны болып табылады. Дӛретиўшилик негизлер 
оқыўшыда жанлы қыялшыллықты, жанлы фантазияны пайда етеди. 
Дӛретиўшилик ӛзиниң тәбияты бойынша саған шекем ҳеш ким ислемеген 
нәрсени ислеўге, ямаса бурыннан бар болған нәрсени ӛзинше, жақсырақ 
ислеўге 
ҳәўесликке 
тийкарланады. 
Басқаша 
айтқанда, 
адамдағы 
дӛретиўшилик негизлер – бул бәрқулла алға, ең жақсысына, прогресске, 
жетикликке ҳәм әлбетте, бул түсиниктиң жоқары ҳәм кең мәнисиндеги 
гӛззаллыққа умтылыў.
Эстетикалық тәрбия-(ҳәм пүтинниң бир бӛлеги сыпатындағы кӛркемлик 
дүньяқарас) жеке оқыўшының ҳәр тәреплеме раўажланыўы системасындағы 
ең әҳмийетли элементлердиң бири. Гӛззаллықтың баҳасын билетуғын, оны 
түсинетуғын, ӛмир ҳақыйқатлығына эстетикалық қатнаста бола алатуғын 
адам 
дүньяны 
реңлердиң, 
формалардың, 
даўыслардың 
пүткил 
рәңбәреңлигинде кӛрип, түсине алады. Ол кӛркем ӛнердеги ҳәм оны қоршап 
турған дүньядағы сулыўлықты түсинеди. Эстетикалық тәрбияның бас 
мақсети мектеп оқыўшыларда ӛмирге эстетикалық қатнасты тәрбиялаў болып 
табылады. Бул жерде ең баслысы: 
 ӛзин қоршап турған шексиз әлемниң ажыралмас бӛлеги деп сезиниў; 
 қоршап турған дүньяда ӛзиниң даўамын кӛре билиў уқыбы; 
 басқа адамларға ҳәм тутасы менен алғандағы адамзат тарийхына ҳәм 
мәдениятына сӛзсиз байланыслылық. 
Мектеп 
оқыўшыларды 
кӛркем 
ӛнер 
усылары 
жәрдеминде 
раўажландырыў дүньяны бир пүтинликте сезиниўдиң, кӛркем ӛнер менен, 
оның барлық кӛп түрлилигинде, әдеп-икрамлылық ҳәм эстетикалық 
талапларға ылайық қатнасықта болыў орталығын қәлиплестириўге жәрдем 
бериўи тийис. Оқытыўшының бағдарлаўшы роли мектеп оқыўшының 
билимин, 
уқыплылықларын 
ҳәм 
кӛнликпелерин 
талапқа 
ылайық 
ӛзлестириўин, олардың ақыл күшин ҳәм дӛретиўшилик зейинлилигин 
раўажландырыўды тәмийинлейди. Мине, тап усы сыпатлар тәрбияның әдеп-


195 
икрамлылық, экологиялық, ўатан сүйиўшилик ҳәм басқа да түрлериниң 
беккем негизин қурайды.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   98   99   100   101   102   103   104   105   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет