Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет106/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   164
1-секция

Фойдаланилган адабиѐтлар: 
1. Ўзбек педагогикаси антологияси – Т.: Ўқитувчи, 1995. – Б.141. 
2. Нишонова С. Эзгулик йўли. – Т.: Маънавият, 2001. 
3. А.Зуннунов Педагогика назарияси.- Т.: Алоқачи, 2006, 35-бет. 


199 
МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ ЖАСТАҒЫ БАЛАЛАРДЫ ДЕКОРАТИВ-
ӘМЕЛИЙ КӚРКЕМ ӚНЕР МЫСАЛЫНДА ЭСТЕТИКАЛЫҚ 
ТӘРБИЯЛАЎ 
 
Т.В.Уразимова - к-ӛ.т.и.к., доцент, А.Б.Алеуатдинов 3-курс студент
 НМПИ сҥўретлеў ӛнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы
 
Кӛркем тәрбияның мақсети – мектепке шекемги жастағы балалардың 
эстетикалық ҳәм кӛркемлик раўажланыўын тәмийинлеў. Кӛркемлик 
тәрбияның мазмуны, сондай-ақ халықлық кӛркем ӛнер тараўынғы билимлер 
ҳәм кӛнликпелерди үйретиў, фольклор, кӛркем ӛнерментшилик буйымлары, 
халықтық миллий кийимлери менен таныстырыўды ӛз ишине алады. Кем-
кемнен халықлық кӛркем қол ӛнериниң шеңбери кеңейеди. 
Кӛркем ӛнер түрлери менен таныстырыўды тӛмендеги басқышларға 
бӛлиўге болады: 1. Кӛркем ӛнер түрлери менен улыўма танысыў (кӛркем ӛнер 
дӛретпелерин кӛрсетиў, үлкенлер ҳәм балалар атқарыўындағы шығармаларды 
тыңлаў; тийкарғы тәсир кӛрсетиўши усылды, мысалы сеслер, даўыслар, 
сӛзлер, ҳәрекетлер, реңлер). 2. Кӛркем ӛнердиң анаў ямаса мына түриниң 
пайда болыў тарийхы гүрриң. 3. Образлар жаратыў ушын пайдаланылатуғын 
материаллар ҳәм затлар ҳаққында гүрриңлесиў, оларды кӛрсетиў. 4. Кӛркем 
ӛнердиң усы түри бойынша дӛретилген шығармаларды кӛрсетиў (айрықша 
белгилерин кӛрсетиў). 5. Кӛркем ӛнердиң ҳәр қыйлы түрлериниң 
дӛретпелерин салыстырыў, кӛркем ӛнердиң ҳәр қыйлы түрлериндеги 
затлардың ҳәм қубылыслардың сүўретлениўиниң айырмашылықларын атап 
кӛрсетиў. 6. Балаларды қоршап турған дүньядағы кӛркем ӛнер жумысларын 
айырып таныўға алып келиў, балаларға дәстүрий кӛркем ӛнерди сақлаўға ҳәм 
оларға әлпешлеп ғамхорлық етиўди түсиндириў. 
Солай етип, кӛркем ӛнер менен таныстырыў оның айырым түрлеринен, 
балалар ушын аңсат түсинилетуғынларынан, балалардың дӛретиўшилик 
искерликтиң ҳәр қыйлы түрлериндеги уқыплылықларын жүзеге шығара 
отырып таныстырыўдан басланады. Кӛркем ӛнер ҳаққындағы билимлериниң 
кеңейип барыўы менен, балаларға «кӛркем ӛнер» түсинигиниң қоршап турған 
дүньяның кӛркем образлардағы сәўлелениўи екенлиги түсиндириледи. 
Декоратив дӛретиўшиликти раўажландырыў мақсетинде балалар 
бақшасында мектепке шекемги жастағы балаларды халықлық кӛркем ӛнер 
буйымлары менен таныстырыўды даўам еттириў, олардың билимлерин 
тереңлестириў, пайдаланылатуғын материаллардың ҳәр түрлилигине ҳәм 
орынланыўының пуқталығына ерисе отырып, халық декоратив реңлеп сүўрет 
салыў ӛнери мотивлери бойынша сүўретлер салыўға (реңлик дүзилиси, 
композиция элементлери) үйретиў зәрүр.
Декоратив-әмелий 
искерлик 
сабақларында 
балаларда 
халық 
усталарының шеберлиги ҳаққында түсиниклерди қәлиплестириў тийис 
болады. 
Әмелге асырылған жумыслар тийкарында балалар халықлық декоратив-
әмелий кӛркем ӛнер шығармаларын тек ғана түсинип қабыл етиўге емес, ал 
ӛзлери де анаў ямаса мынаў ӛнердиң реңлеп салынған сүўретлери мотиви 
бойынша избе-излилик пенен шығарма дӛрете алыў уқыбына ерисиўи тийис. 
Балалар халық қол ӛнери мотиви бойынша да, сондай-ақ ӛзлериниң ойы 
бойынша да сүўретте, мүсин жасаўда, аппликацияда (қурастырып ислеў) 


200 
декоратив 
композициялар 
жаратыўы 
мүмкин. 
Оларға 
декоратив 
композицияларды жаратыўда ылайдан, қағаздан, гезлемеден, ағаштан, 
металлдан ҳәм басқа да материаллардан пайдаланыў мүмкин екенлиги 
ҳаққында түсиник бериў керек. Бул балалардың толығы менен алғанда 
халықлық 
декоратив-әмелий 
кӛркем 
ӛнер 
ҳаққындағы 
түсинигин 
раўажландырады, оларда кӛркемликти түсиниў сезимин, эстетикалық 
қызығыўшылығын қәлиплестиреди. Балаларды халық декоратив-әмелий 
кӛркем ӛнери менен таныстырыўда, биринши гезекте, ҳақыйқый 
предметлерден – халық усталарының ислеген буйымларынан пайдаланыў 
зәрүр. Буның ушын турақлы түрде музейлерге, кӛргизбе залларына, 
сүўретшилердиң ҳәм ӛнерментлердиң устаханаларына экскурсиялар 
шӛлкемлестирип турыў, декоратив-әмелий кӛркем ӛнер бойынша 
әдебиятлардан пайдаланыў зәрүр. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет