176
киреди. Усы кӛрсеткиш бойынша АКШ 8-орынға миясар болса, Россия 60-
орынды, Қытай 81-орынларды ийелейди.
Дүнья жүзи глобал экономикасында байлық айырым еллерде (группа
еллеринде ғана) емес, ал айырым адамлардың қолында да топланбақта. БМШ
мағлыўматларына қарағанда, дүнья бойынша 499 миллиардер есапқа алынып,
олардан Билл Гейтстиң қәрежети 56 миллиард доллар, Уоррен Биффет – 49
млрд, Карлос Слим – 49 млрд., Иптвара Капрала – 39 млрд, Лакшми Миттала
– 32 миллиард доллар байлықты ийеледи. Бирақ, деген менен дүньяда тӛмен
турмыс жағдайында жасап атырған еллердиң ҳәм
ашаршылықта жасаған
адамлардың саны аз емес. Солай етип, Жәҳән хожалық структурасында
ӛндирилген ӛнимниң бир бӛлиминиң «кӛленкели экономика» арқалы
жасырын саўда, криминал бизнес ҳәм спекуляция менен сарп етилиўинен
ҳәзир дүнья бойынша проф. А. Рафиковтың мағлыўматына сәйкес, 1,5 млрд.
адам ашаршылықта жасаса, ал 0,5 млрд. адам ярым қашқынлықта күн
кеширмекте. Бул шараятларды нормаға келтириў, шешиў
хам нормаға
келтириў, дунья мәмлекетлериниң уазыйпасы болып есапланады.
Жәҳән глобал экономикасы, оның финанс системасындағы дүнья жузлик
кризистиң дәслепки соққысы дуньяның кӛпшилик мәмлекетлерине ӛзиниң
кери тәсирин тийгизиўи нәтйжесинде раўажланған еллер финанс дағдарысын
бастан кеширмекте. Усындай жағдайда, Ӛзбекстан ҳүкиметиниң бул
процесске дәл ўақтында баҳа бериўи, сондай-ақ ҳүкиметлик масштабта
шешимлердиң қабылланыўы, дүнья жүзилик экономика ҳәм финанс
системасындағы кризисти дурыс баҳалай билиўи жүдә әҳмйетли болды. Бул
кризистиң
ақыбети гейбир корпорация, гигант кәрханалардың жумысына
тәсир етип, ол барлық еллерде ҳәм оның регионларында миллий табыстың
қысқарыўына, сондай-ақ халықтың турмыс дәрежесине кери тәсир етиўи
мүмкин еди.
Жоқарыда кӛрсетилгендей, дүнья жүзи хожалық структурасындағы
диспропорциялар, криминал хәрекетлердин нәтийжесинде пайда болып дүнья
жузлик банк системасы, әсиресе Европа еллериниң экономикасы күшли
кризислик ситуацияларды
бастан кеширмекте, олардың финанс кризистен
кӛрген шығыны халықаралық валюта фондының есаплауына қарағанда 1,4
триллион долларды қурайды. Банкротқа ушыраған АҚШ тағы финанс
мекемелериниң
тек
2008-жылдың
биринши
ярымында
жоғалтқан
акцияларының муғдары да 3,4 трл. долларды қурады. Финанслық
экономикалық кризис салдарынан ипотека банс системасыда берген
қарызларын ӛз клиентлеринен жыйнап ала алмай үлкен финанслық шығынға
ушырады.Кризистиң қыйратушылық ақибети буда кушли болып, бул туралы
Европаның айырым еллерине (Улыбритания,
Германия, Нидерландия,
Норвегия х.т.б.) оз уақтында хабар берсе де олардың финанс системасы
банкротқа ушырап үлкен кӛлемдеги шығынларға дуўшар болмақта.
Солай етип, соңғы 100 жыл ишинде қәлиплескен дүнья жүзиниң финанс
системасы үлкен дағдарысты бастан кеширмекте. Бул ўақыя барлық дүнья
халқын ойландыратуғын, жумысларына пухта болыўға шақыратуғын жағдай
екенлигин умытпаўымыз тийис.
Дүньяның раўажланған еллери экономикасын қамтыған бул кризис ӛзи-
ӛзлигинен жӛнге түсиўи хам кризислик ситуацияны пүткиллей жеңип
177
шығыўы қыйын. Усындай жағдайда кризисти жеңиўдиң жолы–глобаллық
масштабта дүнья жүзилик хожалық системасының технологиялық базасын
жаңалаў, илим менен технологиядағы жаңалықларды
макроэкономикалық
тараўларға енгизиў ҳәм товар ӛндириўшилердиң ӛнимин арзанлатыў арқалы
иске асырыў мүмкин.
Достарыңызбен бөлісу: