Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет95/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   164
1-секция

Әдебиятлар
1. Ўзбекистон Республикаси Конституцияси. – Т.: «Ўзбекистон», 2018. 
2. Ўзбекистон Республикаси Президентининг Олий Мажлисга 2018 йил 
28 декабрьдаги мурожаатномаси.
3. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2017 йил 7 июньдаги 
«Маҳаллий бюджетларни шакллантиришда жойлардаги давлат ҳокимияти 
органларининг ваколатларини кенгайтириш чора-тадбирлари тўғрисида»ги 
Фармони. 
4. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2017 йил 7 июньдаги 
«Маҳаллий давлат ҳокимияти органларининг бюджет ваколатларини 
кенгайтириш ва маҳаллий бюджет даромадларини шаклллантиришдаги 
масъулиятини ошириш тўғрисида»ги Қарори.
СУД СИСТЕМАСЫ СТРУКТУРАСЫН ЖӘНЕ ДЕ 
ЖЕТИЛИСТИРИЎДЕ ҲУҚЫҚЫЙ РЕФОРМАЛАРДЫҢ ОРНЫ 
Д.Лепесбаев 
ҚМУ юриспруденция қәнигелиги студенти 
Елимизде суд ҳәкимиятын ғәрезсиз ҳәм айрықша тармақ сыпатында 
шӛлкемлестириў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши 
ҳәм қорғаўшы мәмлекеттиң ҳақыйқый ғәрезсиз институтына айландырыў, 
судьялық лаўазымларына талабанларды тайынлаў ҳәм сайлаў системасын 
түптен 
жетилистириў 
бойынша 
2017-2021-жылларда 
Ӛзбекстан 
Республикасын еле де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер Стратегиясына 
тийкар салмақлы реформалар әмелге асырылмақта. 
Бул тараўдағы реформалар қатарына елимиз басшысының 2017-жылы 
21-февральдағы «Ӛзбекстан Республикасында суд системасы структурасын 
түптен жетилистириў ҳәм искерлик нәтийжелилигин асырыў шара-илажлары 
ҳаққында»ғы Пәрманы айрықша әҳмийетке ийе. Хүжжетке тийкарланған 
ҳалда мәмлекетимизде суд системасының структурасын еле де жетилистирип 
барыў бойынша бир қатар ӛзгерислер әмелге асырылды. Судьялар бирлеспеси 
органы есапланған ҳәм Ӛзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты 
ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўге 
кӛмеклесетуғын Ӛзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси дүзилди. 
Сондай-ақ, 
Жоқарғы 
суд 
жанындағы 
Суд 
нызамшылығын 
демократияластырыў ҳәм либералластырыў ҳәм де суд системасы 
ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынши изертлеў орайы Судьялар жоқарғы 
кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў бойынша изертлеў 
орайы сыпатында қайта шӛлкемлестирилди. Ӛзбекстан Республикасы 


179 
Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы хожалық суды бирлестирилип, пуқаралық, 
жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд ис жүритиўи тараўындағы суд 
ҳәкимиятының бирден-бир жоқарғы органы - Ӛзбекстан Республикасы 
Жоқарғы суды дүзилди. Соның менен бирге, ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан 
келип 
шығатуғын 
ҳәкимшилик 
келиспеўшиликлерди, 
ҳәкимшилик 
ҳуқыкбузарлықлар ҳаққындағы ислерди кӛрип шығыўшы ҳәкимшилик судлар 
дүзилди. Әскерий судлар штат бирликлери Қураллы күшлери қурамынан 
Жоқарғы суд системасына ӛткерилгени суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин 
тәмийинлеўдеги айрықша ӛзгерислерден бири болды. Жоқарғы суд 
қурамындағы әскерий коллегия тамамланып, ҳәкимшилик ислер бойынша 
судлаў коллегиясы шӛлкемлестирилди. Соны айрықша айтып ӛтиў керек, 
Президентимиз пәрманы менен суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги принципине 
әмел етиў, судларды материаллық-техникалық тәрептен тәмийинлеў 
мәселелерин ғәрезсиз шешиў мақсетинде Жоқарғы суд жанында Судлар 
искерилигин тәмийинлеў департаменти шӛлкемлестирилди ҳәм оған 
судларды материаллық-техникалық ҳәм финанслық жақтан тәмийинлеў 
сыяқлы ўазыйпалар жүклетилди. 
Ҳәрекетлер стратегиясындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўды еле де 
даўам еттириў мақсетинде Президентимиздиң 2019-жылы 6-январьдағы 
«Судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялық ҳәм судлар 
аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин асырыў 
системасын түптен жетилистириў шара-илажлары ҳаққында»ғы Қарарына 
муўапық, әдил судлаў машқалаларын үйрениў бойынша изертлеў орайы 
Судьялар жоқарғы кеңеси жанында Судьялар жоқарғы мектеби 
шӛлкемлестирилди. 
Жуўмақлап айтқанда, елимизде бундай кең кӛлемли реформалар әмелге 
асырылыўының тийкарғы мақсетлеринен бири ҳуқықый демократиялық 
мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетте айрықша әхмийетке ийе болған
тийкарғы ўазыйпасы әдил судлаў болған ҳақыйқый ғәрезсиз суд системасын 
қәлиплестириў болып табылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет