Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет90/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   86   87   88   89   90   91   92   93   ...   164
1-секция

 
 
Paydalan
ǵan ádebiyatlar 
1.М.Карлыбаев Медресе в Каракалпакии ХIХ-наале ХХ веков Н, 2002. 
2. Этнографии каракалпаков T. 1980. Ст 33.
3. O. Yusupov Polevıe zapisi (1985-jıl, 1-avgust). Qaraqalpaq ádebiyatı 
tariyxı. Nókis. 1983, 309 bet.
ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ ЖӘМИЙЕТТЕ ҒАЛАБА ХАБАР 
ҚУРАЛЛАРЫНЫҢ ИНСАН САНАСЫНА ТӘСИРИ ҲАҚҚЫНДАҒЫ 
МӘСЕЛЕЛЕРИ 
Х.С.Камалова - соц.и.к., доцент 
Қарақалпақ мәмлекетлик университети 
И.А. Каримов ӛзиниң «Жоқары мәнаўият - жеңилмес куш» атамасындағы 
мийнетинде глобалласыў процессиниң пайдалы ҳәм зыянлы тәреплери 
жӛнинде айрықша ҳәм кең түрде тоқталып ӛткен еди. Онда: «Глобалласыў – 
бул ең әўеле турмыс дәрежелеримиздиң шексиз дәрежеде тезлесиўи» 
делинген. [Каримов И.А.: 111] 
Усындай глобалласыў пайытында жәмийетке, адамларға қандай 
информациялар жеткериў керек, қалайынша жәҳән мәлимлеме базарында 
орнымызды сақлап қалыўымыз мүмкин? Бунда ғалаба хабар қуралларының 
атқаратуғын ўазыйпалары қандай? Мине, усы сораўларға И.А.Каримов ӛз 
ўақтында жуўаплар берди, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерин 
заманның нәпеси менен жасап мийнет етиўге шақырды. Себеби, елимиз 
ғәрезсизлиги ғалаба хабар қуралларының хызметкерлериниң, айрықша - 
журналистикамыздың раўажланыўына мүмкиншиликлер туўдырыўы менен 
бирге бул тараўдағы хызметкерлерге жаңаша жумыс ислеў усылларын да 
енгизип, жаңаша талаплар да қоймақта. [Каримов И.А.: Халқ сўзи. 2010 йил 
26 июнь] 
Глобалласыўдың тезлесиўине биринши орында Интернет себепши болып 
атыр. Буны барлық қәнигелер менен алымлар мойынлап атыр. Санларға 
итибар қаратсақ, жәҳәнде 1999-жылдың ақырларында Интернеттен 


172 
пайдаланыўшылардың 88%-ти раўажланған мәмлекетлерде жасаған. Бул 
дүнья халқының 15%-тин қурайды. АҚШ ҳәм Канада халқы жер жүзи 
халқының 5%-тин қурайды. Усы 5% халық дүнья бойынша улыўма 
Интернеттен пайдаланыўшылардың 50%-тин пайда еткен. 
Демек, 
глобалласыўға, 
дүньялық 
процесслердиң 
тезлесиўине, 
информация тараўының жеделлесиўине интернет түртки болып атыр екен, ең 
дәслеп интернет тармағының пайда болыў тарийхына азғана тоқталып ӛтсек. 
Интернеттиң пайда болыўына түртки болған нәрсени алымлар ӛткен 
Советлер ҳүкимети дәўиринде инсанның биринши рет космосқа пәрўаз етиўи 
менен байланыстырады. [Бегматов Б.: www.UzScinet.ru] Себеби, бул пәрўаз 
америкалыларды тәшўишке салған. Олар атом бомбасы ҳүжимин нәзерде 
тутып, жаңа қорғаныў қуралын ойлап табыўды күшейтиў ҳаққында бас 
қатырыўға мәжбүр болады. Бул ҳаққында: «1957 - жылы Жердиң жасалма 
жолдасы орбитаға шығарылғаннан кейин, АҚШ мәмлекети үлкен тәшўишке 
түседи. Себеби, мәмлекеттиң информация сақлаў барысында исенимли 
системаға ийе болыў зәрүрлиги пайда болған еди» - деп жазылған. [http:// 
www.UzScinet.ru//google.ru

Енди АҚШтың алдыңғы илимий жойбарлары агентлиги буның ушын 
компьютерлер аралық тармақты жаратыўды усыныс етеди. Усы тармақ 
үстинде ислеўди мәмлекеттиң ең ири тӛрт университетине тапсырылады. 
[http:// 
www.UzScinet.ru//google.ru

Солай етип, ең дәслепки компьютерлер тармағы - «Арпанет» (ARPANET 
- буның мәниси алдыңғы илимий изертлеў жойбарлары агентлиги тармағы) 
жүзеге келеди. Анығырағы 1969 - жылы Американың ең ири тӛрт илимий 
шӛлкеми, яғный тӛрт университети (булар: Лос-Анжелестеги Калифорния 
университети, Стэндфорд илимий-изертлеў орайы, Юта штаты университети 
ҳәм Калифорния штатының Санта-Барбара қаласындағы университетлер еди) 
ӛзлериниң компьютерлерин бир тармаққа жалғайды ҳәм мағлыўматлар 
алмасады. Бул жойбардың барлық қәрежетлери АҚШ тың финанс 
министрлиги тәрепинен қапланады. 
Интернеттиң пайда болыўы ҳәр түрли илимий орайлардың жумысларын 
координациялаў, информация алмасыў, ӛз-ара қарым-қатнас орнатыў ушын 
исенимли ҳәм турақлы ислейтуғын тармақтың зәрүрлиги менен де 
байланыслы еди. Бул системада тармақтың бир «буўыны» истен шықса 
(мәселен ядро ҳүжими тәсиринде) басқа бӛлимлердиң зыян кӛрмеслиги, 
ӛзлериниң жумысларын даўам еттириўи жобаластырылған еди. Сол сыяқлы 
информацияларды сақлаў ҳәм байланыста болыўдың әскерий қуралы 
сыпатында пайда болған Интернет 1972 - жылға келип, жоқары оқыў 
системаларында кең түрде қолланыла баслады. АҚШтың 50 университети 
ҳәм илимий изертлеў орайлары жаңа тармаққа жалғанып, илимий 
мағлыўматларды алмасыўда оннан ӛнимли пайдаланатуғын болды. Ал, 1983 - 
жылға келип, Интернет жәмийетлик байланыс қуралына айланып, оның 
кӛлеми бираз кеңейип барды. 
Еки қүдиретли мәмлекеттиң ортасында «қуралланыў жарысы» пайда 
болған Интернет XXI әсирге келип, ҳәттеки атом бомбасынан да қорқынышлы 
ҳәм қәўипли, басқарылыўы қыйын болған күшке айланды. [Богомолова Н.Н.: 
37] 


173 
Бүгинги күнде Интернеттен ўақытхошлық усылы, почта хызметлери, ҳәр 
түрли күшлердиң ӛз мәплери ушын гүресиндеги қуралы сыпатында да 
пайдаланылмақта. Олар туўдырып атырған қәўиплер бир адамның ямаса бир 
мәмлекеттиң ғана емес, ал, пүткил жер шарының тәғдирине, келешегине 
қәўип салмақта. 
Интернет арқалы ҳәр қандай мағлыўмат санаўлы секундлерде пүткил 
жер шарына әшкара етилмекте. Бүгинги күнде 220 вт. электр қуўаты, жеке 
компьютери ҳәм Интернет тармағына ийе болған адам кӛп нәрсени ӛзиниң 
бӛлмесинен шықпай турып-ақ билип алыўы, ўазыйпаларды орынлаўы 
мүмкин. 
Ал, енди усындай заманагӛй оператив техниканың инсаният ушын кери 
тәсирлерин ойлап қарасақ, айырым адамлар оны «атом қуралы»на, базылар 
«информация урысы қуралы»на бағдарлайды. Себеби, инсанлардың 
мәденияты ҳәм қәдириятларына зыян жеткизетуғын аудио-визуал ҳәм 
контент мағлыўматлардың тарқалыўы, мәселен, зорлық, порнография, 
педофилия сахналарының тарқалыўы кескин шара ҳәм иләжлар кӛриўди 
талап етеди. 
Усындай унамсыз ҳәрекетлер кӛп хызметти атқарыўшы Интернетти 
«ӛзине тән тасландыхана», «басқарып болмайтуғын информация майданы», 
«дезинформация», «ӛтирик ҳәм ӛсеклер» дерегине айландырып тасламақта. 
Сонлықтан да, оннан тек ғана инсаияттың пайдасы ушын, дурыс 
пайдаланыўды үйрениўди, информациялық мәдениятты қәлиплестириўди 
дәўир талап етеди. 
Әлбетте, ҳуқықый бақлаў, әдеп-икрамлылық қағыйдаларына бойысынбаў 
ҳәрекетлери Интернетти әззилендиреди. Бундай кемшиликлер Интернеттиң 
абзаллықларын ҳәм 
қолайлылықларын 
екинши 
дәрежеге 
түсирип 
жибереди.[Бегматов Б.: 
http://huquqburch.uz/uz/article/639/

Бизиң пикиримизше, халық-аралық шӛлкемлер бул машқалалардың 
шешимин табыўы керек. Дүньяның жетекши мәмлекетлериниң бул 
бағдардағы ҳәрекетлерин бирлестирген ҳалда Интернеттиң жумыс ислеў 
тәртибиниң ҳуқықый тийкарларын ҳәм нормаларын ислеп шығыў мақсетке 
муўапық. Усы тийкарда руўхый зыян жеткизиў, әдеп-икрамлылық 
қағыйдаларының бузылыўы ҳәм информация-коммуникация барысындағы 
басқа да тәртипсизликлер ушын жуўапкерлик иләжларын белгилеп алыў 
айрықша әҳмийетке ийе. Сонда ғана Интернеттиң унамсыз тәсирлери 
кемейеди, тийкарғы итибар оның пайдалы тәреплерине қаратылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   86   87   88   89   90   91   92   93   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет