Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет97/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   93   94   95   96   97   98   99   100   ...   164
1-секция

Әдебиятлар
1. Ўзбекистон Республикасининг 2000 йил 14 декабрьда қабул қилинган 
«Судлар тўғрисида»ги Қонуни. 
2. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2017 йил 21 февральдаги 
«Ўзбекистон 
Республикаси 
суд 
тизими 
тузилмасини 
тубдан 
такомиллаштириш ва фаолияти самарадорлигини ошириш чора-тадбирлари 
тўғрисида»ги Фармони. 
СУДЬЯЛЫҚ ЛАЎАЗЫМЛАРЫНА ТАЛАБАНЛАРДЫ ТАЯРЛАЎДЫ
ӊ 
БИРДЕН-БИР СИСТЕМАСЫ 
 
Н.Орынбетов - НМПИ оқытыўшысы 
Д.Лепесбаев - ҚМУ юриспруденция қәнигелиги студенти 
 
Елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдил пуқаралық 
жәмийет қурыўда нызам үстинлигин тәмийинлеў, суд системасын және де 
жетилистириў, судты
ӊ ҳақықый ғәрезсизлигин тәмийинлеў, әдил судлаў 
дәрежесин асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, жәмийет ҳәм 
мәмлекеттиң 
нызамлы 
мәплерин 
қорғаў, 
жынаятшылық 
ҳәм 
ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша системалы реформалар әмелге 
асырылмақта. 
Ҳәрекетлер стратегиясында қӛрсетилген ўазыйпаларды әмелге асырыў 
бойынша Президентимиздиң «Ӛзбекстан Республикасы суд системасы 
структурасын түптен жетилистириў ҳәм искерлик нәтийжелилигин асырыў 
шара-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Бул ҳүжжетке 
муўапық, судьялар бирлеспеси органы есапланған ҳәм суд ҳәкимияты 
ғәрезсизлигиниң конституциялық принципине әмел етилиўин тәмийинлеўге 
кӛмеклесетуғын Ӛзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси дүзилди. 
Сондай-ақ, Ӛзбекстан Республикасы Жоқарғы судының Жоқарғы суд 
жанындағы Суд нызамшылығын демократияластырыў ҳәм либералластырыў 
ҳәм де суд системасы ғәрезсизлигин тәмийинлеў бойынша изертлеў орайын 
Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы Әдил судлаў машқалаларын үйрениў 
бойынша изертлеў орайы сыпатында ӛзгертиў ҳаққындағы усынысы 
мақулланды [1].
Бул реформалардың даўамы сыпатында Ӛзбекстан Республикасы 
Президентиниң «Судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар 
ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин 


182 
асырыў системасын түптен жетилистириў шара-илажлары хаққында»ғы 
Қарарына муўапық Әдил судлаў машқалаларын үйрениў бойынша изертлеў 
орайы негизинде Судьялар жоқарғы кеңеси жанында Судьялар жоқарғы 
мектеби шӛлкемлестирилди. Қарарға қосымша сыпатында қабыл етилген 
Режеде кӛрсетилиўинше Жоқарғы мектеп судьялық лаўазымларына 
талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта 
таярлаў, олардың қәнигелигин асырыў ушын жуўапкер болған мәмлекетлик 
билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси есапланады. Жоқарғы 
мектепке Судьялар жоқарғы кеңеси баслығының усынысына тийкар 
Ӛзбекстан 
Республикасы 
Президенти 
тәрепинен 
лаўазымға 
тастыйықланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық 
етеди. Директор мийнетке ҳақ тӛлеў, материаллық қоллап-қуўатлаў, 
медициналық ҳәм транспорт тәмийнаты шәрт-шараятлары бойынша Жоқарғы 
суд баслығының биринши орынбасарына, директор орынбасарлары — 
Жоқарғы суд баслығының орынбасарына теңлестириледи [2].
Жоқарғы мектептиң тийкарғы ўазыйпаларына судьялық лаўазымларына 
талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта 
таярлаў, олардың қәнигелигин асырыў системасын түптен жетилистириўдиң 
жалғыз 
системасын 
шӛлкемлестириў, 
сондай-ақ 
ҳуқықты 
қоллаў 
әмелиятының қурамалы мәселелерин додалаў бойынша ис-илажлар әмелге 
асырыў, суд тараўында жоқарғы қәнигели кадрларды таярлаў, суд-ҳуқық 
искерлигин илимий-методикалық тәрептен тәмийинлеў сыяқлылар киреди 
[2].
Жуўмақлап 
айтқанда, 
Судьялар 
жоқарғы 
мектебиниң 
шӛлкемлестирилиўинен мақсет Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген 
ўазыйпаларды есапқа алған ҳалда судьялық лаўазымларына талабанларды 
таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, 
олардың қәнигелигин асырыў системасын түптен жетилистириў болып 
табылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   93   94   95   96   97   98   99   100   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет