I-Бөлим
№ I. 1-лекция
Тема: Кирисиў. Жер планетасы ҳаққында улыўма мағлыўматлар. Жердиң формасы ҳәм дүзилиси. Жердиң формасы ҳәм дүзилиси. Жер қабығының жыллылық режими.
Инженерлик геология пәни имарат ҳәм иншаатларды жойбарлаў, қурыў ҳәмде олардан пайдаланыў тәжирийбесинде тәбий шәраятларды анық есапқа алыў ҳәм олардан дурыс пайдаланыўды үйретеди. Инженерлик геология пәни улыўма геология пәнине тийкарланған. Геология пәни өз гезегинде жердиң үстинги ҳәм ишки бөлеги, ондағы болатуғын қубылыслардың раўажланыў нызамларын ашып береди. Геология пәни төмендеги түрлерге бөлинеди.
Кристаллография – затлардың кристалл ҳалаты ҳәм кристалл решеткасының дүзилисин үйренеди.
Минерология - минераллардың химиялық қурамын физикалық қасийетлерин ҳәм олардың пайда болыўына себеп болған ҳәр түрли процесслерди үйретеди.
Петрография – жер қатламында қатты ҳәм жумсақ ҳалда болған таў жынысларын, олардың минераллық қурамын, дүзилисин, жатыў шакллерин ҳәм геологиялық, географиялық тарқалыўын үйрететуғын пән.
Тарийхый геология - тәбиятты тексериў жолы менен ҳәр түрли таў жынысларының жатыў шараятларын бул жыныслардың бир-бирине салыстырғанда жайласыўын ҳәм олардың қатламланыў тәртиплерин үйренеди.
Динамикалық геология – геологиялық процесслер тәсиринде жердиң ишки дүзилиси ҳәм қурамының өзгериўи, жер бетиндеги жыныслардың орнынан жылжыўы ҳәм өзгериўи себепли пайда болған жағдайларды үйренеди.
Геофизика – жер қабығындағы таў жынысларының физикалық қасийетлерин (сейсмик толқынларының тарқалыў тезлигин, электр тоғы өткизиўшилиги ҳәм қарсылығының өзгериўи, радиоактивлиги, магнитли қасийетлери) үйренетуғын пән.
Палеонтология – жер қабығында өтмиштеги геологиялық дәўирде жасаған ҳәм қатламлар ишинде қалып кеткен тасқа айланған өсимлик (флора) ҳәм организм (фауна) қалдықларын үйренетуғын пән.
Стратиграфия – таў жынысларының жатыў жағдайларын, олардың бир-бирине қатнасы ҳәм горизонталь вертикаль бағытларда нәўбетпе-нәўбет дүзилисин үйренеди.
Пайдалы қазылмалар геологиясы – пайдалы қазылмалардың жер бетинде тарқалыўын, пайда болыў шараятларын үйренеди.
Тестоника – таў жыныслары дәслепки жатыў жағдайларының өзгериўин, оларда жарыўлар пайда болыўын, бурмалы ҳәм үзилисли дислокациялар формасын үйренеди.
Геоморфология – жердиң үстинги бөлегиндеги релеф түрлери, олардың пайда болыўы, өзгериўи ҳәм тарийхын үйренетуғын пән.
Гидрогеология – жер асты суўлары ҳаққындағы пән болып, олардың пайда болыўын, жайласыўын, тарқалыў ҳәм бөлиниў шараятларын, физикалық қәсийетлери ҳәм химиялық қурамын, жер асты суўлары менен байланысын үйренеди.
Гидрогеология пәни жер асты суўларының тәмийнлениўи, хәрекетлениў, сарпланыў нызамларын үйрениў ҳәмде қурылыс котлаванларына, траншеяларға, шахта қудықларына, горизонтал суў шығарыў иншаатларына ағып келетуғын суў сарпын анықлаў имканиятын береди.
Гидрогеология пәни төмендеги бөлимлерге бөлинеди:
1.Улыўма гидрогеология.
2.Жер асты суўлары динамикасы.
3.Гидрохимия.
4.Жер асты суўларын қыдырыў гидрогеологиясы.
5.Руда кәнлери гидрогеологиясы.
6.Минерал суўлар гидрогеологиясы.
7.Радиогидрогеология.
8.Регионал гидрогеология.
Инженерлик геология пәни ҳәзирги ўақытта өз алдына төмендеги үш тийкарғы мақсетти қояды.
1.Таў жынысларының қурамы, дүзилиси, жағдайы, қасийетлери ҳәм тарқалған жерлерин үйрениў.
2. Имарат ҳәм иншаатларды қурыў ҳәм оларды пайдаланыў дәўиринде дийўаллардың тырнағы болған таў жынысларында жүз беретуғын инженер-геологиялық өзгерислердиң пайда болыў себеплери ҳәм пайда болыўы мүмкин болатуғын процесслерди алдынан айтып бериў ҳәм оларға қарсы шара ислеп шығыў.
3. Инженер – геология шараятларының түрли жерлерде тарқалыў нызамларын үйренеди.
Жердиң раўажланыў тарийхы.
Жер планетасының пайда болыўы ҳаққында үш гепотеза бар:
1. Кант-Лаплас гепотезасы. Бул гепотеза XIX-әсирде жүзеге келип оған қарап жер ҳәм басқа планеталар қызған ҳалындағы шаң туманының бир жерге топланыўы ҳәм әстен туйықланыўы, өз әтирапында айланып көлеминиң үлкейиўи нәтийжесинде пайда болған. Жер дәслеп қызған ҳалында болып ол әстен суўый баслаған деп түсиндириледи. XX-әсирге келип рус илимпазы, О.Ю.Шмидт Кант-Лаплас гипотезасын тийкарсызлығын дәлийллейди. Шмидт пикиринше жер ҳәм басқада планеталар суўық ҳалдағы шаң туманының бир жерге топланыўыннан пайда болған. Қуяш өз ҳәрекети даўамында бул туманды кесип өтип оны ҳәрекетке келтирген ҳәм нәтийжеде туманның тығызлығы артып барған ҳәм көлеми үлкейген. Жер дәслеп суйық ҳалда, кейинирек тәртиптеги радиоактив элементлердиң бөлиниўинен бөлинген ыссылық есабында қызған деп есапланады.
Рус алымы В.Г. Фесенковтың пикиринше жердиң пайда болыўы қуяш ҳәм жулдызларда болатуғын ядролық процесслерге байланыслы. Оның пикиринше қуяшта пайда болған күшли партлаў нәтийжесинде оның тезлиги кескин жоқарылаған ҳәм бир тәрептен қысылған. Нәтийжеде алдын қуяш массасынан бир болып ажыралып шығып, кейинирек ол бөлинип айырып планеталарды пайда қылған.
Жердиң формасы ҳәм дүзилиси.
Жер көринисинен шарға усайды, бирақ ол бираз қызылған, экватор бойлап бираз кеңейген ҳалда. Меридиан ҳәм экватор көшерлери арасындағы парқ 42 км ди қурайды. Сонлықтан жер эллипске усайды. Бирақ жер бетиндеги ойлы-бийиклерди есапқа алсақ ол өзине тән бир формаға ийе екен. Яғный жердиң ең бийик точкасы 8848 м ди, ал ең шуқыр жери (тыныш океанында) 11541 м диоганалды есапқа алсақ жер жүзиниң өзгериў амплитудасы 20км ди қурайды. Сонлықтан жер жүзи геосу формаға ийе деп есапланады.
Жердиң дүзилиси.
Ҳәзирги дәўирде жердиң дүзилисин ҳәм оның шуқыр бөлеклерин пән жетискенликлерине тийкарланып билиўимизге болады.
Жер дүзилиси бойынша бир-неше концентрик қабатлардан ибарат. Оның ең жоқары қабаты:
Литосфера оннан соң
Передотит яғный (мантия)
Промежуточный (аралық)
Ядро
Литосфера қабаты өз гезегинде екиге бөлинеди:
1) Гранит 2) Базальт.
Жердиң литосфера қабаты қатты жыныслардан ибарат болып, базальт гранит усаған таў жынысларынан ибарат. Оның төменги бөлегинде температура жоқары болып 700-10000
Z=700-10000
P=1-1400 атм
Таў жынысларының салыстырмалы аўырлығы
=2,7-2,8 г/см3
Жердиң мантия қабатының салыстырма аўырлығы
=3,4-3,8 г/см 3
Жердиң мантия қабаты кремний, никель усаған элементлерден ибарат Si, Ni
Бул қабатта t0
t=1000-15000
P=1400-500000 атм.
Мантия қабатының жоқарғы бөлеги вулкан атылыўы жер қыймылдаў процесслериниң ошағы болып есапланады.Жердиң аралық қабаты тийкарынан Кремний Si, Никель Ni, Темир Fe, Марганец Mg, элементлеринен қуралған.
Олардың салыстырма аўырлығы
=5,4-5,7 г/см3
t =15000-20000
P=0,5-1 млн атм.
Жердиң ядро қабаты 2900-6371 аралықты ийелеген, тығызлығы жүдә жоқары болып Кремний Si, Никель Ni, элементлеринен ибарат.
=6,7-6,9 г/см3
t = 20000
Р=1млн атм.
Жер қабатының жыллылық режими.
Жер еки манбайдан ыссылық алады. Бириншиси қуяштан, екиншиси жердиң ишки бөлегинен.
Бизге белгили таў жыныслары қуяш нуры тәсиринде +70-800 қаша қызады. Қыста болса ол –35-400 қа суўыйды. Соның ушын таў жыныслары температурасының өзгериўин үйрениў қурылыс ушын айрықша дыққатқа ийе.
Егер температураның жазда өзгериўин биринши сызық пенен, қыста өзгериўин болса 2 сызық пенен характерлесек ол ўақытта олар мәлим бир тереңликте кесилиседи. Кесилискен точкадан жер бетине шекемги аралық (1 зона) температурасы өзгерип турыўшы зона деп аталады.
Жердиң белгили бир тереңлигинде температураның орташа муғдары жер бети температурасының жыллық орташа муғдарына тең болады ҳәм ол өзгермейди. Соның ушын оларды (2 зона) турақлы температуралы зона деп атаймыз.
Оның тереңлиги 15-40 метргеше барады. II-зонадан кейин температура жердиң ишине қарай әсте-ақырын асып барады. Оны температурасы асып барады. Оны температурасы асып барыўшы зона деп атайды. Жердиң ишине түсип барған сайын ҳәр 100 м де тереңликте асыўы геометриялық градиент деп аталады. Температура жер бетиниң түрли жерлеринде ҳәр қыйлы болады. Мс: Камчаткада 15-19 м/де, Бакуда 26 м/де, Донбаста 28-33 м/де, Москвада 36 м/де, Харьковта 36 м/да температура 10қа асады. СССР да орташа есап пенен ҳәр 33 м/де температура 10қа көтериледи.
Бул көрсеткиш геометрик басқыш деп аталады. Имарат ҳәм иншаатлар қурылысында таў жынысларының температурасының өзгериўин есапқа алыў ҳәм оған қарап фундаменттиң жайласыў тереңлигин анықлаў лазым.
Жер қабатын пайда етиўши таў жынысларының жатыў жағдайларын, структурасын ҳәм қурамын сондай ақ жер бетиниң формасын өзгертетуғын процесслер геологиялық процесслер келип шығына қарап еки группаға бөлинеди.
Жердиң ишки динамикалық күшлери – эндоген процесслер
Жердиң сыртқы динамикалық күшлери – эгзоген процессл
Геологиялық процесслер
Эндоген
Экзоген
Магматик затлардың
орнын өзгертиўи
Жер қатламлары жайласыўының өзгериўи
Таў жынысларының дүзилисиниң өзгериўи.
Таў жынысларының уныраўы
Уныраған жыныс материалларының алып кетилиўи
Жатқызыўлар ҳәм шөгиндилер пайда болыўы
№ I. 2 – Лекция.
Тема: Минераллар ҳаққында түсиник.
Минераллар дүзилиси ҳәм классификациясы.
Таў жыныслары. Геологиялық жылнама.
Жер қабаты яғный литосфера ҳәр түрли таў жыныслардан, оларда өз гезегинде бир ямаса бир неше минераллардан қуралған.
Литосфераны пайда етиўши таў жыныслары (гранит, мрамор, ҳәк тасы, қум, гил, топырақ, лесс ҳ.т.б). Түрли минераллар жыйындысынан ибарат.
Минералл деп тәбий шарайытта қурамалы физикалық ҳәм химиялық процесслер тәсиринде жер қабатында пайда болған бир ямаса бир неше химиялық элементтен ибарат тәбий бирикпеге айтылады. Минераллар өзине сай физикалық қасийетлерге ҳәм химиялық қурамға ийе.
Табиятта минераллар ҳәр түрли көринисте (қатты, суйық ҳәм газ тәризли) ушырайды. Мысалы: кварц, ортоклаз, малахит – қатты халындағы минерал, сынап, суў, нефть – сўйық минерал, вулкан газлери – карбонат ангидрит, сульфат ангидрит-газ тәризли жағдайдағы минерал. Ҳәзирги ўақытта 3000 нан аслам минеллар белгили, бирақ таў жынысларының тийкарғы қурамын қураўшы минераллар 100 ден аспайды. Бул минераллар жыныс пайда қылыўшы минераллар деп аталады.
Аморф минерал деп, белгили геометриялық формаға ийе болмаған ҳәм ишки дүзилисинде молекула ҳәм атомлар тәртипсиз жайласқан ямаса кристалл решеткаға ийе болмаған минералға айтылады.
Минераллардың физикалық қәсийетлерине олардың реңи, сызығының реңи, жалтыраўықлылығы, тынықлығы (прозрачность), биригиў тегислиги, сыныўы, қаттылығы, салыстырма аўырлығы, магнитлик қасийетлери, таўланыўы, дәми, кислота тәсиринде қайнаўы, нурды сиңдириўи ҳәм басқалар киреди. Минераллардың қаттылығы деп оны басқа минераллардың өткир тәрепи менен тырнағанда қарсылық көрсетиў қәсийетине айтылады.
Қаттылық шкаласын Ф.Моос биринши болып дүзгенлиги ушын шкала оның аты менен аталады (5 таблица 22 бет).
Таў жыныслары.
Таў жыныслары бир ямаса бир неше минераллардан қуралады. Егер таў жынысы бир минералдан қуралса мономинералдан қуралған деп аталады. Мыс: Ас дузы, гипс,ҳ.т.б. Егер таў жынысы бир неше минералдан қуралған болса полиминераллы таў жынысы деп аталады. Мыс: грнит, кварц, кремний, ортоклаз, слюда.
Таў жыныслары пайда болыўына қарап үш үлкен группаға бөлинеди.
Магматик
Метоморфик
Шөгинди.
1. Магматик таў жыныслары магманың әсте-ақыры суўып кристалланып қатыўынан пайда болады.
Бизге белгили, жердиң ишки бөлегинде ҳәмме элементлер жоқары температура ҳәм басым астында болады. Басымның асыўы тәбиятта ҳәр-қыйлы затлар, элементлер, суў пуўлары болған бундай еритпелерди – магманы жоқарыға қарап ҳәрекет қылыўға себеп болады. Жоқарыға көтерилип атырған вулкан айырым жағдайларда жердиң бетине вулкан түринде атылып шығады. Айырым жағдайларда болса жердиң ишинде ҳәр түрли формада қатып қалыўы мүмкин. Магманың қай жерде қатыўына қарап ол 2 ге бөлинеди.
Интрузив – жердиң ишинде
Иффузив – жердиң бетинде.
Таў жынысларының структурасы деп, олардың ишки дүзилиси, жыныс пайда етиўши минералл бөлеклериниң үлкен-кишилиги, формасы, муғдары ҳәм бул бөлеклерди, бир-бири менен өз-ара байланыста болыўына айтылады.
Таў жынысларының текстурасы деп, оларды пайда етиўши минералл бөлеклериниң жыныста фазалық жайласыўы ҳәм жыныслардың яхлитлик дәрежесине айтылады.
2. Метоморфик таў жыныслары – магматик ҳәм шөгинди таў жынысларының қурамының өзгериўи нәтийжесинде пайда болады. Метоморфизм деп магматик ҳәм шөгинди жынысларының жердиң терең жерлерине түсет қатып қалып жоқары температура ҳәм басым тәсиринде структурасының минералогиялық қурамының өзгериўине айтылады.
Басым ҳәр бир километрде 270 атмосфераға асып барады. Температура болса ҳәр 33 метр тереңликте 10С ға асып барады.
Жоқарыда айтылған жағдайлардың таў жынысларына қай дәрежеде тәсир етиўине байланыслы метоморфизм 3 түрли болады:
Контакт метоморфизм
Динамо метоморфизм
Регионал метоморфизм
Контактлы метоморфизм магманың әтираптағы таў жынысларына тәсир етиўши нәтийжесинде оның қурамының өзгериўи ҳәм жаңа таў жынысы пайда болыўы менен әмелге асырылады.
Динамо метоморфизм таў пайда болыўы нәтийжесинде жүзеге келетуғын басым тәсиринде таў жынысларының тығызланыўы ҳәм басқа жаңа таў жынысларына айланыўынан пайда болады.
Регионал метоморфизм жердиң жүдә үлкен майданларында жүзеге келип жыныслар үстинде жатқан қатламлар аўырлығынан болатуғын басым есабынан жүзеге келеди.
Жер бетинде ең көп тарқалған метоморфик жынысларға гнейс, сланец, кварцит ҳәм мрамор тасы киреди.
3.Шөгинди таў жыныслары – жер жүзиниң ҳәмме жеринде таралған. Шөгинди таў жыныслары өзинен алдын пайда болған магматик ҳәм метоморфик таў жынысларының атмосфера ---- тәсиринде (шамал, суу, қуяш нуры, муз, өсимликлер, ҳайўанлар) жемирилиўи уныраўы ҳәм бир жерден екинши жерге алып барып жатқызыўдан пайда болады. Пайда болыўына қарап төгинди таў жыныслары төмендегилерге бөлинеди.
а) Механикалық жол менен – егер таў жыныслары атмосфера агентлери тәсиринде жемирилип, басқа жерге жатқызылса ол ҳәр түрли күшлер тәсиринде жатқызылған болып есапланады. Соның ушын шөгинди таў жыныслары пайда болады.
Элювиал 5. ЭОЛ
Делювиал 6. Флюгляциал
Гролювиал 7. Морена
Аллюмиал
Характеристика
Егер таў жыныслары жемирилип, унырап өз орнында қалып топланса бул жыныслар эллювиал шөгиндилер деп аталады. Оның қалыңлығы бир неше см ден бир неше метргеше болады.
Делювиал шөгиндилер жыныслар уныраған жынысларды таў жанбаўырында өз аўырлық күши ҳәм ериген қар суўлары күши тәсиринде пәске қарап ҳәрекет қылыўы ҳәм таў астында топланыўынан пайда болады.
Пролювиал шөгиндилер ўақытша ағар суўлардың (сиан суўлары) уныраған жынысларды жуўып таў етеклерине алып барып жатқызыўынан пайда болады.
Аллювиал шөгиндилер турақлы ағып турыўшы дарья суўларының таў жынысларынан жемириўи ҳәм дәрья өзени бойлап жатқызыўдан пайда болады.
ЭОЛ шөгиндилер самал күши тәсиринде таў жынысларын бир жерден көширип екинши жерге жатқызыўынан пайда болады.
Флюгляциал шөгиндилер музлардың ҳәрекети нәтийжесинде таў жынысларының кириўи, сындырыўы ҳәм муз ериўи нәтийжесинде усы жерде топланып пайда болады.
Морена шөгиндилери музлықлар еригенде пайда болған суўлардын таў жынысы бөликлерин алып барып топланыўынан пайда болады.
Қурылыс ислери тийкарынан механикалық жол менен пайда болған шөгинди таў жыныслары тарқалған жерлерде ҳәм майданларда алып барылады.
б) Химиялық жол менен пайда болған таў жыныслары. Бундай жыныслар көп, теңиз, океанлар түплеринде ямаса жер асты суўлары қурамынан ериген дуз еритпелериниң шөгиўи ҳәм топланыўы нәтийжесинде пайда болады. Мысалы; ҳәк тасы, даламит, ангидрид, гипс, ас дузы ҳ.т.б.
в) Органикалық жол менен пайда болған жыныслар өсимлик ҳәм ҳайўанлар қалдықларының бир жерге топланыўы ҳәм таў жынысына айланыўынан да таў жыныслары пайда болады. Усыған байланыслы ол екиге бөлинеди;
1) зооген-ҳайўан, 2) Фитоген-өсимлик қалдық..
г) Аралас жол менен пайда болған таў жынысларына мергель ҳәм опока мысал бола алады. Мергель механикалық жол менен пайда болса чилл бөлекшелериниң химиялық жол менен пайда болған дузлар менен араласыўынан пайда болады.
Опока болса химиялық жол менен пайда болған дузларды фитоген жол менен пайда болған өсимлик қалдықларына араласыўынан пайда болады.
Ҳәк тастың ҳәр бири 150-600кг/см² күш көтере алады.
Таў жынысларының жасын анықлаў
Қурылыс майданларында таў жынысларының жасын анықлаў үлкен әҳмийетке ийе. Себеби дийўал, фундаменттиң тийкары болып есапланып таў жынысларының қәсийетлери олардың қай дәўирде пайда болғанлығына байланыслы. Буннан басқа үлкен майданларда тарқалған жыныслардың жасын анықлаў пайдалы қазылмаларды қыдырыў жумысларында әҳмийетке ийе.
Таў жынысларының жасы 2 түрли жас пенен анықланады.
1) Абсолют жасы 2) Салыстырма жасы
Абсолют жасы жыллар менен белгиленип, жыныслардың қашан пайда болғанын белгилейди. Абсолют жас таў жынысларының пайда болғанынан баслап ҳәзирге шекем болған дәўир есапланып, миллион ҳәм мың жыллар менен өлшенеди.
Таў жынысларының салыстырма жасы жер қатламларының қайсысы алдын ямаса кейин пайда болғанын шамалап анықлаў арқалы анықланады.. Салыстырма жас түрли жоллар менен анықланады. Булардың ең тийкарғылары стратиграфия ҳәм палеонтология усыллары.
Қатламлардың алдын ямаса кейин пайда болғанлығын стратиграфия пәни тексереди. Мәселен 6-сүўретте а, 3 қатлам ең жас қатлам есапланады, ең төменги 1 қатлам ең қәдиймий болып есапланады.
6 –сүўрет Қатламлардың жайласыўы.
Егер қатламлар тектоник ҳәрекетлер нәтийжесинде бурмаланған болса (6-сүўрет,б) қатламлардың жатыў тәртибин анықлаў бир қанша қыйын болады. Бундай жағдайда таў жыныслары қатламларының жасы полеонтологиялық усыл яғный таў жынысларында сақланып қалған органикалық қалдықларын үйрениў арқалы анықланады.
Жердиң дүзилиси ҳәм раўажланыў тарийхый үйрениў нәтийжесинде пүткил жер тарийхын белгили бир дәўирлерге ажыратыў ҳәмде абсолют ямаса салыстырма жас мағлыўматлары бойынша геологиялық ўақыт кестесин – геохронологиялық кесте (6-жадвал 44 бет ) дүзиў мүмкиншилигин туўылды. Бул кестеде геологиялық қабығының ҳәмме қатламлары бес группаға ажыратылады. Ҳәр бир эра дәўирлерге, дәўир-эпохаларға, эпохалар-әсирлерге бөлинген.
Ҳәр бир ўақыт бөлеклери ҳәм оған туўры келиўши жыныс қатламларына ат ҳәм белги қойылған. Эраларға ат қойыўда органикалық дүнья эволюциясы тийкар қылып алынған. Мәселен, архей-басланғыш, протерозой- ерте, палеозой-ески, мезазой-орта, кайнезой- жаңа эра мәнисин билдиреди. Дәўирлердиң атлары көбирек усы дәўир қатламларынан табылған органикалық қалдықлар ҳәм үйренилген жерлердиң атына қойылған. Эралар арналған белгилер менен белгиленеди.
I. 3 Лекция
Тема; Жердиң ишки ( эндоген ) күшине байланыслы геологиялық жағдайлар. Қатламлардың жатыў ҳалатын үйрениўдиң қурылыстағы әҳмийети. Сейсмик ҳәдийселер ҳәм сейсмикалық районларда қурылыс жумысларын алып барыў.
Жер қабығы бәрҳәмә раўажланыўда, өзгеристе болып, жердиң ишки бөлегинде пайда болатуғын күшлер тәсиринде оның рельефи, теңиз ҳәм океан олардың қурғақлық шегарасы, дәрьялар өзени, таў жынысларының жатыў жағдайлары өзгереди. Жер жүзинде айырым жерлер көтерилип таўлар ҳасыл болады, буның есабынан жердиң басқа жерлери шөгеди.
Бундай ҳәдийселерди жүзеге келтиретуғын ҳәрекетлер тектотикалық ҳәрекетлер деп аталып, олар жердиң ишки (эндоген ) динамик күши менен тиккелей байланысқан болады.
Жер бетин өзгертиўде қатнасатуғын процесс экзоген процесс деп аталады.
Эндоген ҳәм экзоген процесслер таў жынысларына бәрҳәма тәсир етеди. Жердиң ишки эндоген күшлери көбейген жерлерде таўлар пайда болса, сыртқы экзоген күшлериниң таў жынысларына узақ ўақыт тәсир етиўинен кең тегис ойпатлықлар пайда болады. Жер қабығындағы жаңа ҳәм ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған таўлар пайда болыў процессин геология пәниниң неотектоника бөлими үйренеди.
Таўлар ҳәм күшли бурмаланыўлар пайда қылыўшы тектоникалық ҳәрекетлер жердиң тарийхый жолы даўамында үш мәрте болғанлығы ҳәм жер жүзинде үлкен өзгерислер болғанлығы мәлим.
1) Каледон циклы –палеозой эрасының басларында кембрий-силур дәўирлеринде (буннан 435-570 млн жыл бурын ) пайда болған. Бул циклде ҳәммеге белгили таўлы жерлер Шотландия, Скандинавия, Греландия Забайкалье районлары ҳәм Орта Азия ҳ.т.б районлар байланыслы.
2) Герцен циклы-палеозой эрасының нермь ҳәм мезазой эрасының триас дәўири басларында ( буннан 230-285 млн жыллар алдын ) пайда болған. Бул таў пайда қылыўшы ҳәрекеттиң екинши фазасы болып есапланады. Урал, Алтай, Тяньшань, Донбасс таўлары тап усы дәўирде пайда болған.
3) Альп циклы – кайнезой эрасының палеоген дәўири ақырларында буннан 65млн жыл бурын болған. Бул дәўирде Альп, Атлас, Каркат, Кавказ, Конетдат, Памир, Гималай, Камчатка таўлары ҳәм Курил атаўлары пайда болған. Булар ең жас таўлар болып есапланады.
Қатламлардың жатыў жағдайының өзгериўи бурмаланыў делинеди. Ямаса дислокация деп аталады. Дислокация екиге бөлинеди;
1. Бурмалы 2. Үзилмели
Бурмалы дислокация жердиң ишки күшлери тәсиринде қатламлардың пүтиклиги бузылмастан олардың жатыў жағдайының өзгериўи яғный ийилип бүгилиўи жоқарыға көтерилиген бөлеги антиклинал, ал төменги бөлеги синклинал деп аталады.
8- сүўрет Бурмалар ҳәм олардың элементлери
Антикликал ҳәм синкликал арасындағы бөлек бурмаланыў қанаты делинеди. Егер бурма 1 тәрепке қыя ҳалда жатқан қанатлардың қуралған болса оны моноклинал бурма деп аталады.
Үзилмели дислокация деп жердиң ишки күшлери тәсиринде қатламлардың бурмаланыў ҳәм оның ол ямаса бул орыннан урылып жарықлар ( разкол ) бойынша қатламлардың жоқарыға яки пәске шөгиўинен пайда болған бурмаларға айтылады. Бурылмалардың төмендеги түрлери болады.
а) сброс –үзилме. Егер қатламның бир бөлеги екиншисине салыстырғанда жарық бойынша жоқарыға көтерилсе сброс пайда болады.
б) взброс; Қатламлардың бир бөлеги 2-шисине салыстырғанда пәске сүрилиўинен пайда болады.
в) сдвиг ; Егер қатламлардың бир бөлеги жарық бойынша екиншисине салыстырғанда горизонтал ҳалда жылжыса сдвиг көринисинде бурылмалар пайда болады.
г) надвиг ; Егер қатламлардың бөлеклери бир неше жарықлар бойынша белгили бир қыя линияда бир –бирине салыстырғанда жылысса надвиг типиндеги бумалар пайда болады.
д) грабень ; Егер қатламлардың бир бөлеги еки жарык бойынша пәске шөксе грабень типиндеги шөкпелер пайда болады. Бул шөкпелер суў менен толып шуқыр көллерди пайда кылады. Мысалы; Байкал көли.
е) Горст ; Егер қатламлардың бир бөлеги еки бир нешше бөлеги жоқарыға көтерилсе горст типиндеги бурмалар пайда болады. Нәтийжеде горст бурмалар тәсиринде бәлент шоққылар пайда болады. Айырым жағдайларда текшели шоққыларды ушыратыў мүмкин.
Қатламлардың жатыў жағдайын үйрениўдиң қурылыстағы әҳмийети
Қурылыс майданында инженер геологиялық жумысларды алып барыўда қатлам лардың жатыў жағдайлары үйренилип оларды геологиялық карталарда көрсетиў керек болады. Буның ушын қатламның созылыў сызығын, қыялый мүйеши қыялыў азимуты анықланады. (16 –сүўрет ). Қатламлардың жатыў жағдайларын билиўден тысқары олардың бир - бирине салыстырғанда туўры келетуғын ямаса туўры келмеўинде билиўимиз керек. Теңиз ҳәм океанларда шөгинди жыныс топланыў процесси нәтийжесинде алдын пайда болған қатламлар үстине избе-из жас шөгиндилердиң параллель ҳалда жатыўы мас - дурыс жатыў деп аталады. ( 17-сүўрет а ). Егер белгили геологиялық дәўирде пайда болған ески жыныс қатламлары дислокацияға ушыраса ҳәм жыныс топланыўы тоқтап қалса кейинрек усы майдан шөгин және жыныс шөгиўи ҳәрекети даўам етеди, қабатлардың избе-излиги ҳәм геохранологиялық кестеде көрсетилген дәўирлер избе-излиги бузылады. Қатламлардың бул ҳалда жатыўы стратографиялық мас емеслик деп аталады. Төртмүйешли дәўир таў жыныслары бурмаланған қатламлар үстине горизонтал ҳалда жатса бул тектоникалық мас емеслик деп аталады. ( 17-сүўрет б ).
17-сүўрет. Қатламлардың мас ҳәм мас емес жатыўы.
Жер бетиниң қәлеген жеринде имарат ҳәм иншаат қурылатуғын болса, алдын-ала қатламлардың жатыў жағдайларын билиў керек. Себеби таў жынысларының қалыңлығы, жатқан тереңлиги, дүзилисин билместен турып усы, майданларды қурылысқа ылайық ямаса ылайық емеслигин анықлап болмайды.
Таў жынысы қатламлары горизонтал ҳалда жайласқан болып, олардың қурылысы ҳәр түрли, қалыңлығы үлкен, тығызлығы жоқары болса, олар имарат ҳәм иншаат қурыўда ең жақсы фундамент тийкары болып есапланады. Себеби бундай жыныслар имарат ҳәм иншаат аўырлығынан болатуғын басым тәсиринен бир муғдарда сызылады ҳәм иншаат беккемлигин тәмийнлейди.
Қурылыс ушын сайланған майданларда тарқалған таў жынысы қатламлары тектоник үзилмелер жарықлар ҳәм қурамалы бурмаланыўлар нәтийжесинде зоналарға бөлинип кеткен болса, бул орын қурылыс ушын жарамсыз есапланады. Себеби ўақты-ўақты менен қатламның жылжыўы жатыў қыялығының өсиўи жер асты суўлары ағып шығыўы мүмкин. Бундай майданларда қурылған имарат ҳәм иншаатлар аўырлығы тәсиринен қыя ҳалда жатқан қатламлар ҳәр түрли сызылады ҳәмде форма анықланады, шөгеди. Қурылыс майданларында алып барылатуғын инженер-геологиялық қырыў жумысларында жердиң ишки қатламларына қарай буровой қудықлар, шурфлар қазып, нусқалар алынады ҳәм лабораторияда қатламлардың жағдайы, дүзилиси, қурамы, физика-механикалық қәсийетлери үйрениледи. Алынған мағлыўматлар тийкарында тексерилип атырған майданның қурылысқа қолай ямаса қолай емес екенлигин анықланады. ( 18-сүўрет).
18-сүўрет. Түрли геологиялық дүзилиске ийе болған қурылыс майданында имаратлардың жайласыўы 1-2- қолайлы , 3- салыстырмалы қолайлы , 4- қолайсыз майданлар.
Сейсмик ҳәдийселер ҳаққында мағлыўматлар.
Жер шарында қурғақлық ҳәм теңизлерде түрли себеплерге байланыслы пайда болған күшлер тәсиринен жер қабаты қатламларының тербениўи жер силкиниў деп аталады. Тәбияттың бундай қәўипли бахытсызлық келтириўши ҳәдийсеси ҳәзирги дәўирдеги таў пайда болыў процесслери менен байланыслы. Сейсмик тербениўлер жер жүзинде тоқтаўсыз болады. Алымлардың анықлаўынша , ҳәр жылы жер шары бойлап 100000 нан аслам жер силкиниўлер болып турады. Демек ҳәр саатта 11,4 мәрте жер силкинип турады. Булардан 10000 адамлар сезетугын силкиниўлер болып, оннан 100 ўайранлық келтириўши, қәўипли силкиниў болып есапланады. Жер силкиниўлер келип шығыўы ҳәм пайда болыў себеплерине көре төмендеги группаларға бөлинеди.
а) Жер қабығының үстинги бөлегиндеги қатламлардың бузылыўынан болатуғын силкиниўлер.
б) Вулканлар атылыўынан болатуғын жер силкиниўлер.
в) Таў ҳасыл болыўы процесси нәтийжесинде болатуғын техтоник силкиниўлер.
г) Партланыўлар нәтийжесинде болатуғын силкиниў.
Жер силкиниў жер бетинде болады, бирақ оның дереги тереңде орналасқан болады, ол жерде механикалық энергия пайда болады. Энергияның күши белгили бир қуўатлыққа ийе болғанда жарылыў, яғный энергияның сарпланыў ҳәдийсеси жүз береди ҳәм ол тебрелиўши (сейслик) толқынларды пайда етеди. Толқынлардың тарқалыў орайы гипоцентр ямаса силкиниў ошағы деп аталады ҳәм жер бетине вертикаль сызыў бойлап орналасқан точкасы эппицентр деп аталады.
19-сүўрет. Гипоцентр (г) эппицентр ( эп) ҳәм сейслик толқынлар 1- бойлама 2- колденец 3- сыртқы толқынлар.
Жер силкиниўди үйрениўде оны келтирип шығарыўшы ҳәр бир соққының ўақтын, бағытын ҳәм күшин белгилей алатуғын арнаўлы әспаблардан пайдаланылады. Бундай әспаблар сейсмографлар деп аталып, сейсмикалық толқынларды қағазға сейсмограмма көринисинде жазып алады. Силкиниўдиң күшин анықлаў ушын елимизде 12 баллы шкала қабыл қылынған. Ҳәр бир балл силкиниў таў жынысының белгили дәрежедеги тебрелиў тезлениўине туўры келеди. Сейсмикалық тезлениўди табыў ушын алдын сейсмограммалар жәрдеминде толқынлардың тебрелиў амплитудасы ҳәм дәўири анықланады. Соңынан сейсмикалық тезлениў ( мм / с ² ) төмендеги формула арқалы есапланады:
2=А
Бунда А- тебрелиў амплитудасы ; мм
Т- тебрелиў дәўири: сек
Сейсмик тебрелиўдиң муғдарын анықлап, оны сейсмометрди сферикалық моятнигин улыўма алынған жылжыў ( Хо , мм ) муғдарына шамалап силкиниўдиң күши төмендеги баллар менен анықланады. ( 8- кесте 64 бет )
Қосымшалар киргизилип бир район ямаса қурылыс участкасы ушын дүзилген сейслик карта микросейсмик карта деп алалады.
Сейсмикалық районларда қурылыс жумыслары.
Жер силкиниўдиң күши 5 баллдан аспайтуғын районларда қурылыс жумыслары сейсликалық есаплаўсыз алып барылады. Егер қурылыс 6 - баллы зонада болса, ол жағдайда қурылыс материаллары ҳәм қурылыс жумысларының сапасына айрықша итибар бериледи.
Имарат иншаатлар 7 баллы ҳәм оннан жоқары болған територияларда қурылатуғын болса, ол ўақытта оларды жойбарлаў ҳәм қурыў жумыслары госстрой тәрепинен тастыйықланған «Қурылыс нормалары ҳәм қағыйдалары» ( СНиП 2.02.01-63 ) талапларына мас етип алып барылады.
Имаратлар жер силкиниўине шыдамлы болыўы ушын олардың консистенциясында антисейсмикалық белбаўлар қолланылады. Бундай антисейсмик белбаўлар имарат конструкциясының беккемлигин тәмийинлейди ҳәм горизонтал бағыттағы тебрелиўге шыдамлығын арттырады.
Жер силкиниў күшин анықлаў
8-таблица.
Балл
|
Жер силкиниў дәрежеси
|
Х0,мм
|
А,мм/с2
|
Жер бетинде болатуғын өзгерислер
|
1
|
2
|
3
|
4
|
5
|
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
|
Сезилмейтуғын
Жүдә күшсиз
Күшсиз
Күшлирек
Аз-маз - күшли
Күшли
Жүдә күшли
Уайрангершилик келтиретуғын
Хороблик келтиретуғын
Фалокатли
Ҳалокатли
Дахшатли бахытсызлық келтиретуғын жер силкиниў.
|
0,1-0,2
0,2-0,3
0,3-0,4
0,4-0,5
0,5-1,0
1,1-2,0
2,1-4,0
4,1-8,0
8,1-16
16,1-32
>32
---
|
2,5
2,5-5
5,1-10
11-15
26-50
51-100
101-250
251-500
500-1000
1000-2500
2500-5000
>5000
|
Микросейсмик тебрениўлер: жүдә сезгир сейсмогрофлар сезеди.
Тыныш ҳалдағы сезгир адамлар сезеди.
Тыныш ҳалдағы көп адамлар сезеди.
Ҳәрекеттеги ҳәм жумыс ислеп атырған кисилерге де сезиледи: терезе айналары дирилдейди.
Крават ҳәм мебеллер қыймылдайды, уйықлап атырғанлар оянады.
Дийўал саатының маятниги тоқтап қалады. Имаратлар бираз зәрерленеди. Тереклер шайқалып турады.
Дийўал жарылады, сыбаўлар жарылып түседи, естеликлер қыйсаяды. Ҳәмме кисилер имараттан шығады.
Тамдағы морлар, көшедеги естеликлер, имарат дийўаллары қулайды. Терезе айналары сынады.
Имаратлар қулайды. Грунтларда 10 см жарық пайда болады. Таў районларында омырылыў ҳәм көшиў.
Имаратлар ўайран болады.Жер бетинде ойықлар пайда болады.Грунтларда 1м жарық пайда болады.
Жер бетинде сансыз ойықлар пайда болады. Таўлық жерлерде аўдармалар пайда болады.
Ҳәмме жер ўайран болады, жер бетиниң рельфи дарьяның өзеги өзгереди. Көллер пайда болады.
|
II-Бөлим.
II. 1-лекция
Достарыңызбен бөлісу: |