Paydalan
ǵanádebiyatlardizimi
1. Авесто. Тарихий-адабийѐдгорлик. АсқадМаҳкомтаржимоси. Т., Шарқ,
2001, Гаҳлар, Ясна 48-хат, 5-бәнт.
2. Жаббаров
И.,
Жаббаров
С.
Муқаддас
«Авесто»
-
қадиимиймаънавиятимизнингноѐбдурдонаси.
―МарказийОсиѐфалсафийтафаккурида «Авесто»нингўрни‖. Т., 2012, 51-бет.
3. Абдукамалов Р. Авестийские тексты о государственности и праве:
вопрос генезиса и эволюции структур. «Ўзбекистантарихи», 2000 жыл, №3,
22 бет.
53
ЭКОЛОГИЯЛЫҚ МӘДЕНИЯТ ҲӘМ ШАҢАРАҚ
Ю.Алимбетов- доцент, А.Уснатдинов - 3-курс студент
ҚМУ социаллық пәнлер кафедрасы
Адамның тәбият пенен ӛз ара тәсири ҳәмме ўакытта да оның аман
калыўы, ӛзин-ӛзи сақлап қалыўы, раўажланыўының усылы болғанлығы ҳеш
кимге де сыр болмаса керек. Деген менен, бул процесс тарийхый раўажланыў
барысында ӛзгерислерге түсти хәм ол тәбийий, жасалма дүньяның ӛз ара
тәсирин ӛзинде жәмлеген адамзаттың раўажланыў дәрежесин де аңлатты.
Мәселены, ӛткен әсирдиң 60-жыллары қәлиплескен экологиялык жағдайдың
ӛзи-ақ тәбийғыйлык пенен жасалмалықтын ӛз ара қатнасының адамзаттың
техникалык қүдиретиниң ӛсиўи менен байланыслы болып, оның тәбийий орта
менен ӛз ара тәсириниң глобаллық дәрежеге ӛткенлигин тастыйықлады. Бул
деген сӛз тәбият пенен мәденияттың ара-қатнасын енди бурынғысын
тутыныўшылық кӛз-қарасынан қарап болмайды. Дурыс, бул бойынша
дәлилли пикир жүргизиў талап етиледи.
Белгили, бирнешше мың жыллар бойы адамлардың мийнет
искерлигиниң объекти оларды қоршап турған тәбийғый ортаның жеке,
мәселен, механикалық, физикалық, химиялық, биологиялық қәсийетлери я
элементлери болды. Бүтинлигинде жоқарыда ескертип ӛткенимиздей-ақ,
илимий-техникалық раўажланыўдың жүдә күшейген тусында адамның
тәбиятқа тәсириниң улғайыўы менен пүткил биосфера адамзаттың искерлиги
менен қамтылыўға карады. Нәтийжеде, биосфераның ӛзин-ӛзи тәртипке
салыў мүмкиншиликлери кемейип кетти. Ақыбетинде адамзат тәбият пенен
ӛз ара тәсирдиң бурыннан хүким сүрип турған усылын сақлап қалыў я
қәлиплескен искерликтиң типин пүткиллей ӛзгертиўи, сӛйтип, биосфераны
тиришиликке қолайлы жағдайда сақлап қалыў зәрүрлиги пайда болады.
Әлбетте екиншиси ақылға муўапық. Бирақ оны әмелге асырыўдьң
қыйыншылығы мол. Себеби, қашаннан тәбийғый ортаны аямай тутынып,
ақыбетинде оны бузыўға бағдарланып қалған адамзат искерлигиниң барлық
түрлерин кайта қурыў талап етиледи. Бул процесс, сӛз жоқ, белгили дәрежеде
дүньяға кӛз-қарасты қайта қурыўды талап етеди. Демек, адамньң тәбиятқа
қарсы турыўыньң тәсиринде кәлиплесип қалған баҳалықлар системасын
қайта бағдарлаў зарүрлиги пайда болады. Басқаша айтқанда, жаңа
мәденияттың қәлиплесиў процеси қоныраўын қулағымыздың тусынан қағьш
турыпты деген сӛз.
Бул бойынша тийкарғы социаллық – экономикалық ҳәм мәдений
факторлардың ролин ҳеш ҳәм бийкарламастан, керисинше, зәрүрлигин ядта
беккем тута отырып, халқымызда қашаннан қәлиплескен нормалар,
принциплер ҳәм установкалардың ролине де дыққат аўдарыў жӛн болса
керек.
Соны айтыўымыз шәрт, инсанда бул қәдриятлардың қәлиплесиўи ең
алды менен шаңарақтан басланады. Шаңарақ инсанға инсаныйлығын аңлатар
екен, оның ӛткени менен бүгингиси, бүгингиси менен ертеңгисин бир
пүтинликте түсиниўге ҳәм усы бағдарда искерликке бағдарлайтуғын
54
муқаддес мәкан. Ата-ананың үгит – нәсиятлары, кӛрсеткен жол – жорықлары
адамға бала ўақтынан сиңип, ӛмир бойы сақланып қалады. Усы себепли де
қоршаған ортаға, тәбиятқа деген меҳир – муҳаббет ана тербеткен бесиктен
басланады. Ақыры, әлле айтылғандағы перзентке меҳир – муҳаббетте
жүрегиниң тӛринен атлығып шыққан нийетте, тилекте халық аўыз әдебияты
үлгилериндеги тәбияттың ҳәмме компонентлерине тән қәсийетлер, инсанның
оны ийгериўи ҳәм асырап – сақлаўы ӛз таңбасына ийе. Ҳәттеки, ҳайўанлар
дүньясындағы гүрес пенен бирге ондағы мәлим келисимлер жаманлықты
жеңиў ушын күш– ғайрат топлаў, ақыллылық ҳәм оған ерисиў ҳәм ӛз
сәўлелениўин табады. Усы себепли мүләйымлықты, жыртқышлықты,
ҳийлекерликти ҳ.т.б. ҳайўанлар дүньясындағы усы қәсийетлер «иерархиясы
менен» сыпатлаў бар. Бесик жырының бириндеги
«Айналайын аппағым аў,
Қозы жүнли қалпағым аў,
Журт сүймесе сүймесин аў,
Ӛзим сүйген аппағым аў» деген қатарларда қозыға питкен жуўаслық,
мүләйымлық ҳәм сүйкимлилик, қасқырға питкен жыртқышлық, түлкиге
питкен ҳийлекерликке – жақсылық ҳәм жаманлық дәреги кӛз – қарасынан
инсан пейлине аўыстырылады.
Туўылған перзенттиң буннан кейинги дәўирлеринде ҳәм тәбият пенен
адамның ӛз ара байланыслылығына тән шаңарақтан саға алған қәдириятлар
ӛзлериниң функционаллық имканиятларын иске түсириўин үзликсиз даўам
ете береди.
Тәбиятты ақылға сыйымлы пайдаланыўдың үлгилери жасап турған
орталықты мудамы кӛклемзарлықта тутыўдың зәрүрлиги менен ушластырыў
талаплары буған мысал бола алады. Ақыры, адамзат практикасы тәбияттан
қашықлаўды емес, ал керсинше оған мудамы жақынлықта, бирге жасап, оның
менен тең аяқ басып барыўды мақуллар екен, тәбиятқа ғамқорлық, оның
менен мийруүбетли мүнәсибетте болыў шаңарақлық үрп – әдет, дәстүрлердиң
улыўмаадамзатлық сыңары есапланады.
Қулласы, халық дӛретиўшилигиниң бул ҳәм басқа да тараўларындағы
тәбият ҳәм инсанға байланыслы қәдириятлар системасының шаңарақ арқалы
адам қәлбинде орын алып, оның ишки дүньясын байытып, нағыз инсаный
пазыйлетлерге айналыў процеси ҳеш ҳәм тоқтап қалмайды, даўам ете береди.
Оның үстине, жоқарыда айтқанымыздай ақ, бүгинги дүньяның реаль
картинасы глобаллық характерге ийе проблемалар, соның ишинде
тийкарынан ӛткенлиги тәбияттан ала бериўге бағдарланған ақыбетке барып
тирелетуғын, шешилиўи жүдә қурамалы ҳәм қыйыншылықлы экологиялық
проблемалар менен айқынласқан пайытта шаңарақтың күнделикли
турмысымыздағы орны ҳәм роли ӛз артықмашылығын тағы бир мәртебе
дәлиллейди.
Адамның
тәбиятқа
қарсы
турыўында
қәлиплескен
баҳалылықлардан ўаз кешер екенбиз, енди тәбият ҳәм жәмийеттиң бирисиз
бири болмайтуғын, бирин – бири талап етип туратуғын мазмунға ийе
установкаларды инсан санасына сиңириў ўазыйпасы тур. Бул бойынша,
55
әлбетте шаңарақтан, оның ағзаларының улыўмаинсаный ҳәм миллий
пазыйлетлерди ийелеў ҳәм әмел қылыў имканиятларынан кӛп нәрсе ғәрезли.
Усы себепли де Журтбасымыздың шаңараққа, оның беккемлигине итибарды
күшейтиўди зинҳарлаўында үлкен мәни бар. Бул экологиялық мәдениятты
қәлиплестириўде шаңарақтың орны ҳәм ролине де байланыслы. Ахыры,
экологиялық мәденият – адам менен қоршаған орта арасындағы мүнәсибетлер
бойынша билимлерге ийе болыў менен бирге ол билимлерди реаль
практикада әмелге асыра билиў уқыбына ийе болыўды аңлатады. Басқаша
айтқанда экологиялық мәденият экологиялық билим, тәбияттағы тең
салмақлылықты болдырыўға бағдарланған искерликтиң технологиясын,
нормалар, баҳалылықлар, әдеп – икрамлықтың принциплери ҳәм ӛз ишине
алады. Усы себепли ҳәзирги жағдайда экологиялық мәденияттың раўажланыў
дәрежеси
социаллық
дүзимниң
прогрессиниң
ең
әҳмийетли
кӛрсеткишлеринен есапланар екен, оны әмелге асырыўда шаңарақтың,
шаңарақ тәрбиясындағы адам ҳәм оны қоршаған ортаның ӛз – ара қатнасына
байланыслы баҳалылықлардың орны ҳәм роли салмақлы. Бул бойынша Арал
проблемасын шешиўге байланыслы бүгинлигиндеги теңиздиң ултанына
шӛлге шыдамлы ӛсимликлердин егилиўи халқымыздың шаңарақлық үрп -
әдетлер, дәстүрлериндеги Жер – ананың муқаддеслиги туўралы
қәдириятларымыздың реаль әмелге асырылыуын аңлатады.
Достарыңызбен бөлісу: |