49
жетилистирип барған сайын жаңалықты тез ҳәм анық, ҳақыйқый ҳәм
исенимли етип жеткерип бериўди талап етеди. Ўақыт ӛтиўи даўамында
жәмийет раўажланып, бәсеки күшейиўи менен информацияға болған
мүтәжлик және де артып бара береди. Исенимли ҳәм ҳақыйқый
информацияға болған талапты қанаатландырыўда баспасӛз хызметлери үлкен
роль ойнайды.
Баспасӛз хызмети Паблик Рилейшнз қурамында пайда болғанлығы
себепли, теориялық жақтан Паблик Рилейшнз пәни
арқалы бизге бир қанша
таныс. Бүгинги күнде раўажланған мәмлекетлердиң ҳәр бир жетекши
шӛлкемлеринде, ол жеке ямаса мәмлекетлик шӛлкем болыўына қарамастан
баспасӛз хыметинен кең пайдаланады. Себеби, баспасӛз хызметлери
ҳақыйқый ҳәм исенимли информация дереклеринен бири есапланады.
«Бүгинги күнде Паблик Рилейшнздың ири жәмийетлик – сиясий дүзими
сыпатында орны айрықша. Оның хызметин жәмийетлик-сиясий, социаллық
мүнәсибетлерде, ҳүкимет ҳәм парламентлер аралық мүнәсибетлерде,
халық
аралық ҳәм миллетлер аралық байланысларда, финанс тараўында, саўда-
сатық, санаат, ислеп шығарыўы мүнәсебетлеринде түрли пропоганда ҳәмде
ғалаба хабар қуралларында кӛриўимиз мүмкин. Бүгинги күнде, әне сол
тараўларда Паблик Рилейшнзге болған мүтәжлик күшейип бармақта. Себеби,
күннен-күнге технологиялар раўажланып, тез пәт пенен раўажланыўлар
жүзеге келип атырған информациялар дүньяның бир шетинен екинши шетине
бир неше минутлар ишинде-ақ жетип барып атырған паытта жәмийетлик-
сиясий, социаллық ҳәм экономикалық ӛзгерислер де соған жараса болмақта»
[Ф. Муминов: 75].
Глобалласыў дәўири деп аталған ҳәзирги заманда «информацияны
басқарыў» деген түсиник те жүзеге келди. Жәҳән тәжирийбесинде айырым
ўақытлары хабарды натуўры жеткериў, оны унамсыз анализ етиў, айырым
жағдайларда оннан қара нийетлер жолында пайдаланыў ямаса оларды ӛз
мәплери жолында узатыў жағдайлары да ушыраспақта. Бул болса, мүнәсибет
ҳәм байланыслар ҳақыйқыйлығы ҳәм
унамлылығына тосқынлық жасайды,
келиспеўшиликлердиң жүзеге келиўине себеп болады. Бул орында да
баспасӛз хызметлериниң орны ҳәм хызмети салмақлы.
Баспасӛз хызмети хаткерлери ғалаба хабар қураллары редакциясы
хызметкери сыяқлы информация топлаў, сол информацияны қағазға түсирип,
қунт пенен ислеў, оны баспасӛз ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы
аудиторияға жеткериў менен де шуғылланады. Баспасӛз хаткерлери бул
ўазыйпаларды орынлаўда журналистлер менен бирге ислесиў арқалы әмелге
асырады.
Баспасӛз хызмети хаткери ғалаба хабар қуралларында жәрияланатуғын
материалларды жақсы анализлей алыўы, жетекши журналистлердиң услубын
билиўи лазым. Баспасӛз хызмети хызметкери
жәмийетшилик пенен
байланысларды кең жолға қойыўы ушын, жетик пиармен ҳәм тәжирийбели
журналист болыўы лазым. Себеби, ол ӛз министирлиги, партия, шӛлкем яки
50
кәрханасы
тәрепинен
әмелге
асырылып
атырған
ислерди
кең
жәмийетшиликке ғалаба хабар қураллары арқалы жәриялап барыўы тийис.
Бүгинги баспасӛз бетлеринде бул типтеги материалларды кӛплеп
ушыратамыз. Әсиресе, сиясий партиялардың баспасӛз хызмети тәрепинен
Қарақалпақстан баспасӛзинде жәрияланған материалларды айтып ӛтиў
орынлы. Мәселен, ӚзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң
баспасӛз хизмети қәнигеси А. Сырымбетованың «Депутат ҳәм жаслар
ушырасыўы» [А. Сырымбетова: 4], К.Сейдановтың «Бас бағдарларға итибар»
[К.Сейданов: 3], Ӛзбекстан «Адолат» СДП ҚР Кеңеси баспасӛз хызмети
хаткери Ш. Тӛрешованың «Реформалар халық пәраўанлығы ушын» [Ш.
Тӛрешова: 4] ҳәм басқа да кӛплеген материалларды кӛриўимиз мүмкин.
«Баспасӛз хызмети» деген атаманың мазмунынан кӛринип турғанындай,
ол журналистика тараўында ӛзине тән айрықша жӛнелис. Баспасӛз
хызметинде мәлим дәрежеде билим ҳәм тәжирийбеге, қәлем тербетиў
уқыбына
ийе болған, соның менен бирге, радио ҳәм телевидение менен
шериклик қыла алатуғын жетик журналист хызмет кӛрсетиўи мүмкин.
Айырым илимпазлардың пикиринше, жәмийетте «сиясатшының баспасӛз
хаткерлери ел-журт итибарына түскен белгили журналист, талантлы
телерепортѐр болыўы» [Б.Н. Пашенцов: 2] мақсетке муўапық есапланады.
Сиясий партиялардың баспасӛз хызмети хаткери ҳәр күни ӛз
шӛлкеминен информация ҳәм мағлыўматлар алыўы, топлаў ҳәм қайсы ҒХҚна
бериўиниң режесин ислеп қойыўы зәрүр. Бул
реже партия кеңеси баслығы
тәрепинен тастыйықланады. Яғный баспасӛз хаткери ҳәр бир шӛлкем
басшысы тәрепинен тастыйықланған режеге муўапық жумыс алып барыўы,
баспасӛз хызмети тәрепинен талап етилген информацияларды бериўи лазым.
Баспасӛз хаткери партия кеңеси басшысы менен мәсләҳәтлескен ҳалда
жумыс алып барыўы шәрт, информация алыўда да, оны ҒХҚна бериўде де
рухсатсыз ҳәрекет етиў унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Сонлықтан да, бүгинги сиясий партиялар баспасӛз хызметлери партия кеңеси
менен ойласа отырып, ӛз бағдарламасынан келип шығып информация
ағымын пайда етеди.
Паблик Рилейшнз бойынша арнаўлы изертлеўлер алып барған
алымлардың бири Т.Эшбеков ӛзиниң «Жәмийетшилик пенен байланыслар
ҳәм Баспасӛз хызметлери» деп аталған китабында: «Шӛлкемлер ӛз
жәмийетшилиги менен беккем байланыс орнатыўда Баспасӛз хызметлери
жетекши орынды ийелейди. Баспасӛз хаткериниң тийкарғы ўазыйпасы –
баспасӛз, радио ҳәм телевидение арқалы ӛз кәрханалары ҳаққында
жәмийетшилик ортасында унамлы мағлыўматларды тарқатып, жәмәәтшилик
ортасында мәкемениң имиджин жаратыў болып есапланады» [Т.Эшбеков: 49]
- деп кӛрсетеди.
Айырым журналистлер шӛлкемлерден информация алыўда кимге
мүрәжат етиў керек екенлигин билместен екиленип қалады.
Бул мәселеге
объектив пикир жүргизсек, сол ўақытта шӛлкем басшысы басқа әҳмийетли
жумыслар менен бәнт болған болыўы мүмкин. Ямаса ол журналистке
51
интервью бериўге таяр болмаған болыўы да мүмкин. Бул жағдайда бир
тәрептен оны информация бермегенликте айыплаў да орынсыз. Демек, ҒХҚ
ўәкили информацияны қай жерден алыўды ҳәм кимнен талап етиўди билиўи
де лазым. Яғный ҒХҚ ўәкиллери ушын баспасӛз хызмети ҳәмме ўақытта
исенимли информация дереги бола алады. Ӛз нәўбетинде шӛлкемниң
баспасӛз хызмети зәрүр информацияларды бериўге жуўапкер. Бунда баспасӛз
хызмети ҳеш екиленбестен, қыйналмастан ӛзи жаратқан информация дерегин
бере алады.
Солай етип, бүгинги глобалласыў дәўиринде информация ағымының
кескин кӛбейиўи ҳәм информация алмасыўының тезлесиўи ҳәр бир кәрхана,
министрлик ҳәм партиялардың баспасӛз хызметлериниң алдына үлкен
ўазыйпаларды қоймақта. Баспасӛз хызметлериниң қай дәрежеде хызмет
кӛрсетип атырғанлығын олардың ҒХҚда жәриялап атырған мақалалары
тийкарында билиўимиз мүмкин.
Жуўмақлап айтқанда, сиясий партиялардың жергиликли кеңеси баспасӛз
хызметлери ӛз бағдармалары тийкарында информация
ағымын пайда етип
ғалаба хабар қуралларына ҳәм кең жәмийетшиликке усынып келмекте.
Достарыңызбен бөлісу: