Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


КӚРКЕМ ӚНЕР – ЖӘМИЙЕТЛИК САНА-СЕЗИМНИҢ БИР



Pdf көрінісі
бет53/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   164
1-секция

КӚРКЕМ ӚНЕР – ЖӘМИЙЕТЛИК САНА-СЕЗИМНИҢ БИР 
КӚРИНИСИ 
 
Т.В. Уразимова -к-ӛ.и.к., А.Алдабергенов - оқытыўшы 
 НМПИ сҥўретлеў ӛнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы
 
Кӛркем ӛнер жәмийеттиң руўхый раўажланыўында белгили роль 
ойнайды. Ол жәмийетлик сана-сезимниң тийкарғы кӛринислериниң бири.
Жәмийетлик сана – бул, адамлардың жәмийетлик турмысын, олардың ӛмир 
сүриў жағдайларын сәўлелендириўши, жәмийеттеги болатуғын идеялардың, 
теориялардың, кӛз қараслардың, пикирлердиң, сезимлердиң, кейпиятлардың, 
әдетлердиң, дәстүрлердиң жыйындысы. Жәмийетлик сананың бар 
болыўының ҳәм раўажланыўының түрлери, ҳуқықын билиў де, идеология да, 
дин де, философия да ҳәм улыўма алғанда, илим де болып табылады. 
Жәмийетлик сананың кӛриниси сыпатындағы кӛркем ӛнердиң ӛзине тән 
ӛзгешелиги, оның предмети, ҳақыйқый ӛмирди кӛркем,образлы түрде 
сәўлелендириўи ҳәм оның жәмийтте атқаратуғын ўазыйпалары менен 
белгиленеди. Кӛркем ӛнердиң предмети оғада кең. Ол адамлардың ӛмириниң 
ҳәм искерлигиниң барлық кӛп түрлилигин ӛз ишине алады. Ҳақыйқый 
ӛмирдиң қандай да бир тәреплерин сәўлелендире отырып, танып билиў 
объекти, ҳақыйқатлықты оның объектив сыпатламаларында кӛрсетиўге 
бағдарланған илимнен айырмашылығы, кӛркем ӛнер объектти оның субъект 
пенен байланысында сәўлелендиреди, ол тек ғана объектке тән болған 
қәсийnелерин, белгилерин кӛрсетип қалмайды, ал усы қәсийетлерге жеке 
адамның тәсирленип сезиниўин де кӛрсетеди. Жеке инсан – бул, адамның 
ӛзгермейтуғын, турақлы психологиялық қәсийетлериниң жыйындысын 
билдириўши түсиник.
Кӛркем ӛнердеги сәўлелендирилиўши предметтиң айрықша ӛзине 
тәнлиги сәўлелендириў формасының – мазмуны ҳақыйқатлықтың 
сәўлелендирилиўи ҳәм оның сүўретши тәрепинен баҳаланыўының айрықша 
ӛзине тәнлигин келтирип шығарады, ҳәм дүнья ҳаққындағы, оны ӛзинше 
түсинип атырған сүўретши ҳаққындағы, оның сезимлери, ойлары, 
умтылыўлары ҳаққындағы мағлыўматларды ӛз ишине алады. Кӛркем 


103 
ӛнердеги 
ҳақыйқатлықтың 
кӛркем-образлық 
сәўлелендирилиўиниң 
айрықшалықлары, дүньяны, жәмийетти ҳәм адамды кӛп тәреплеме терең 
түсиниўди тәмийинлейди. Ҳақыйқатлықтың сәўлелендирилиўи, түсиниклер – 
адамлардың санасында изертленип атырған объекттиң керекли тәреплери ҳәм 
байланыслары 
түриндеги 
улыўма 
идеал 
образлар, 
түринде 
сәўлелендирилетуғын 
илимнен 
айырмашылығы, 
кӛркем 
ӛнерде 
ҳақыйқатлықтың тийкарғы мазмуны, оның керекли тәреплери ҳәм 
байланыслары жекке, қайталанбайтуғын қубылыстың анық белгили-сезиўге 
болатуғын, кӛрсетпели-образлы формасында сәўлелендириледи. Сүўретленип 
атырған қубылыстың белгили бир тәреплерин айрықша атап кӛрсете отырып, 
сүўретши оның тийкарғы мазмунын, ишки нызамлылықларын ҳәм 
раўажланыў бағдарларын ашып кӛрсетеди, оған ӛзиниң дүньяға кӛз қарасы 
бойынша баҳа береди. Ӛз гезегинде, кӛркем ӛнердиң мазмунының универсал 
әҳмийетлилиги, оның шығармаларының түсиниклилиги, жеке адамның 
белгили бир мақсетти ойлаўын, дүньяға кӛз қарасының қәлиплесиўин, 
руўхый дүньясының байыўын белгилей отырып, кӛркем ӛнер дӛретпелериниң 
адамның сана-сезимине тәсир етиўин тәмийинлейди. Сондай-ақ, кӛркем 
ӛнердиң және бир айырқша ӛзгешелиги соннан ибарат, ол ҳақыйқатлықты 
сәўлелендириўдиң ҳәм жәмийеттиң эстетикалық идеаллары ӛз кӛринисин 
табатуғын, эстетикалық қунлылықлардың әмелде жаратылыўының бирлигин 
ӛз ишине алады. Бул жағдайлардың бирлиги, ҳәм кӛркем билимлиликтиң, ҳәм 
кӛркем дӛретиўшилик-кӛркем әмелияттың затқа айландырылған нәтийжеси 
сыпатында жүзеге келетуғын кӛркем образда ӛзиниң айқын кӛринисине ийе 
болады. Кӛркем образ, оны кӛркем ӛнердиң қандай да бир түриниң 
материалында затқа айландырылыўы барысында жаратылады. Усы себепли
кӛркем образ анық белгили-сезиўге болатуғын предметлик, затлық кӛриниске 
ийе болады ҳәм бизлер оны кӛрип, түсине аламыз. Солай етип, адамның 
руўхый ҳәм әмелий искерлигиниң басқа түрлеринен айырмашылығы, кӛркем 
ӛнер дүньяны оның бир пүтинлигинде қабыл етиўди тәмийинлейди. Буннан 
тысқары, кӛркем ӛнер жеке адамның пүтинлигиниң, адамның мәденияты ҳәм 
ӛмир тәжирийбесиниң бир тутаслығын сақлаўшы хызметин де атқарады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   49   50   51   52   53   54   55   56   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет