Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет41/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   164
1-секция

Әдебиятлар 
1. Данилевский Г.И. Описание Хивинского ханства //Записки Русского 
географического общества. КнV. -СПб., 1851. 
2. Савельев П.С. Путешествие г.Базинера через Киргизскую степь в 
Хиву// Географические известия.-СПб., 1849.-№ 4.-С.170-208. 
А.И.БУТАКОВ КҤНДЕЛИГИ – ҚУБЛА АРАЛБОЙЫ ХАЛЫҚЛАРЫ 
ТАРИЙХЫ БОЙЫНША ДЕРЕК 
 
Б.Қ.Турганов, Ф.Мадреимов 
НМПИ Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы 
XIX әсирдың орталарында Россия империясы сиясий-экономикалық 
мәплеринен келип шыққан жағдайда Арал теңизин географиялық ҳәм 
картографиялық тәрептен үйрениў басланады. Бул дәўирде Россия империясы 


80 
ушын Арал теңизиниң экономикалық ҳәм әскерий стратегиялық әҳмийети 
оғада үлкен еди. Сол мақсетте 1847-жылы Арал флотилиясы дүзилип, оның 
жәрдеми менен Орта Азия ханлықларына алдағы ўақытта әскерий атланысқа 
таярлық жүргизиў ушын Россия империясы тәрепинен Арал флотилиясының 
баслығы контр-адмирал А.И. Бутаковқа 1848-жылы Арал теңизин терең 
үйрениў ҳәм оны географиялық тәрептен классификациялаў ўазыйпасы 
жүклетиледи. А. И. Бутаков бақлаўлары оның «Күнделиклери»инде баян 
етилген. [2.60] 
А.И. Бутаковтың 1848-1849 ҳәм 1849-1852-жылларда ӛз қолы менен 
жазылған еки күнделиклери тийкарында 1943-жыл Е. К. Бетгер кандидатлық 
диссертациясын жақлады ҳәм оны баспадан шығарды [1.186]. Оның 
күнделиклеринде Арал теңизи ҳәм оның әтирапындағы халықлар ҳаққында 
баян етилген дереклер кӛплеген рус саяхатшылары ҳәм экспедиция ағзалары 
тәрепинен жоқары баҳаланған. [3.86-87]
А.И. Бутаковтың 1848-1849-жыллардағы топографиялық изертлеўлери 
тийкарында «Арал теңизи Қубла ағысы ҳәм Әмиўдәрья дельтасының 
тегислик картасы» дүзиледи. 1850-жылға келип Россия империясы 
Адмиралтействаның гидрографиялық басқармасы тәрепинен А.И.Бутаков 
изертлеўлери тийкарында Арал теңизиниң бир тутас картасы ислеп 
шығылады. Усы картада Арал теңизи ҳәм Әмиўдәрьяның тӛменги 
ағысындағы аймақлар анық инструментал ӛлшеў ислери тийкарында 
жаратылған. Бул картаны немис саяхатшысы ҳәм географы А.Гумлболдт 
ҳақыйқый жаңалық деп тәриплейди. Буннан тысқары, 1859-жылы
А.И.Бутаков Арал теңизиниң қубла жағалаўлары ҳәм Әмиўдәрья 
дельтасының ири масштаблы картасын ислеп шыққан. Ол картада кӛплеген 
географиялық объектлер сүўретленген, бул картаның анықлық дәрежеси 
тәрепинен алдынғы дәўирлердеги карталардан ажыралып турады. 
1853-жыл май айында Арал теңизине және бир «Пѐтровский» атлы 
пароход ҳәм «Обручев» атлы бир баркас түсириледи. Бутаков 
басшылығындағы Арал экспедициясының нәтийжелери ҳәм Арал теңизи 
картасы Россия илимий жәмийетшилиги тәрепинен жоқары дәрежеде 
баҳаланады. Оған усы мийнетлери ушын Демидов атындағы мәмлекетлик 
сыйлық лауреаты, 1853- жылда Берлин географиялық жәмийети ҳүрметли 
ағзасы, 1867-жылда Рус география – жәмийети кеңеси ҳақыйқый ағзасы 
болды. А. И. Бутаков тәрепинен «Возрождение», «Беллинс гаузен», «Лазерев» 
ҳәм басқа кӛплеп Арал, қолтықлардың ашылыўы менен Арал теңизи 
ҳаққындағы жаңаша түсиниклер пайда болды. А.И.Бутаков 1855-жылда 
тӛменги Сырдәрья бойы, 1861-1863- жылларда орта Сырдәрья ағысында 
топографиялық изертлеў ислерин алып барады.
Контр-адмирал А.И.Бутаковтың бақлаўлары, Россия ҳүкиметине 
келешекте Арал теңизинде әскерий ҳәм саўда-сатық флотын дүзиў имканияты 
берилгенлигин кӛрсетеди. Бул жойбар патша Россиясына Сырдәрья ҳәм 
Әмиўдәрьяда да кемелер қатнаўын жолға қойыўға, бул арқалы Қашқар ҳәм 
Ҳиндистанға суў жолын ашыў мүмкиншилигин береди. 


81 
А.И.Бутаков Арал теңизи әтирапының тәбияты ҳәм географиясынан 
тысқары, сол дәўирде Хийўа ханлығында жүз берип атырған сиясий ҳәм 
тарийхый ўақыялар ҳаққында да кӛплеген тарийхый мағлыўматлар береди. 
Олардан рус география жәмийетиниң «Вестник» журналында басылған 
«1848-жылы Арал теңизин үйрениў бойынша дүзилген экспедиция бойынша 
мағлыўматлар», «Отечественные записки» журналында «Әмиўдәрья дельтасы 
ҳәм етеклери» мақаласы, «Үлке статистикаси бойынша материаллар» 
журналы, «Туркестанские ведомости» газетасында «Хийўа тарийхы бойынша 
бир қанша бетлер», «Ҳәзирги Орта Азия тарийхынан кӛринис», «Хийўа 
тарийхына байланыслы бир неше бет: Тӛре суўпының Қоңыратты 
басқарыўы» усаған тарийхый жанрдағы мақалалары бар. [4.5] 
Бул мақалаларда А.И.Бутаковтың хатлары, экспедиция дәўиринде алып 
барған күнделиклери, Арал теңизи әтирапындағы халықлардың сиясий, 
социал-экономикалық жағдайларын ҳаққындағы тарийхый мағлыўматлар 
берилген. Олардан «Ҳәзирги Орта Азия тарийхынан кӛринис» атлы 
мақаласындағы 
араллы 
ӛзбеклер 
ҳәм 
қарақалпақлар 
ҳаққындағы 
мағлыўматларды келтирип ӛтемиз. [4] 
Хийўа ханлығы тӛменги Әмиўдәрья оазисинде жайласқан. Ҳаўа райы 
ыссы ҳәм жаўынгершиликсиз, континентал климат, олар Әмиўдәрьядан 
каналлар арқалы дийқаншылық жерлерин суўғарады. Ханлықтың 
арқасындағы Қоңырат ўәлаяты Арал теңизи менен тутасады. Әмиўдәрья бир 
неше тармақларға ажыралады, ол жерлерде Хийўа ханлығы қурамындағы бир 
неше киши қала қорғанлар бар. Таллық дельтасы бойындағы тийкарғы қала 
Қоңырат болып, ўәлаяттағы барлық халық ушын орайлық базар есапланады. 
[5] 
Қоңыратта 7- 8 мың халық жасайды, олар түркий қәўимлер әўладлары: 
ӛзбеклер, сартлар ҳәм тәжиклер. Ӛзбеклер саўда-сатық ислери менен 
шуғылланады. Қарақалпақлар пүткил оазисде 80-90 мың халық, олар 
тынышлық сүйиўши ҳәм мийнеткеш халық, дийқаншылық пенен 
шуғылланады, алдынғы дәўирлерде олар тӛменги Сырдәрья бойларында 
жасаған. Ол жерде қазақлар менен ӛз-ара келиспеўшиликлер себепли ӛткен 
әсирдиң екинши ярымында (XVIII әсир – Т.Б.Қ ) Әмиўдәрья бойларына 
келип жайласқан. 
Қазақлар Әмиўдәрья дельталары бойлап кӛшип жүреди, шарўашылық 
пенен шуғылланады, олар улыўма дийқаншылық қылмайды. 1814-жылға 
шекем Қоңырат ўәлаяты Хийўа ханлығынан ғәрезсиз сиясат жүритип, 
ўәлаятты қоңыратлы ӛзбеклерден болған Тӛре суўпы 18 жыл даўамында 
басқарып турған. Хийўа ханы Мухаммед Раҳимхан Қоңырат ўәлаятына 
турақлы түрде душпанлық кейпиятында болған. Мухаммед Раҳимхан 
Қоңыратқа бир неше мәрте әскерий жүрислер шӛлкемлестиреди. Ол 
қартайғаннан соң ӛмириниң ақырында Тӛре суўпының кӛзи кӛрмей соқыр 
болып қалады. Оның меҳтары Мендигаск сатқынлық қылып, Хийўа ханы 
тәрепке ӛтип кетеди. Нәтийжеде Хийўа ханы тәрепинен шӛлкемлестирилген 
бир неше әскерий жүрислерден соң Қоңырат қаласы басып алынады, Тӛре
суўпыны ӛлтирип, оның басын Хийўаға жибереди. Дәслеп Қоңыратқа 


82 
Мендигаск, соң 1858-жылдың гүзине шекем Қутлымурат ҳәкимлик қылды. 
Қоңырат ҳәкими Тӛре суўпы ӛлтирилген дәўирде қызы ҳәмиледар қалған 
болады. Мухаммед Пана Тӛре суўпының қызының баласы еди. Қутлымурат 
Қоңырат ўәлаятын Хийўа ханлығы әмелдары, қалмақ қәўиминен болған 
жасаўыл басы Мамет арқалы басқарып турады. Салықларды жыйнаўда жаўыз 
ҳәм сықмарлығы менен ханның Қоңыраттағы ҳәкими Қутлымурат кӛзге 
түседи. 
Мухаммед Пана халықтың Қутлымурат бекке қарсы наразылық 
кейпиятынан пайдаланып, ӛзиниң қәўипли душпаны сыпатында билип, оған 
қарсы тил бириктириўшилик шӛлкемлестиреди. Қутлымуратқа қарсы тил 
бириктириўшиликке қазақ бийи Азберген де қатнасады. Соң Мухаммед Пана 
басшылығында Қоңырат ўәлаятында Хийўа ханлығынан ғәрезсиз ханлық 
дүзиў мақсетинде кӛтерилис шӛлкемлестириледи. Мухаммед Пана 
кӛтерилиске басшылық қылады. Ол Хийўа ханлығына қарсы гүресте 
Қоңыраттың жергиликли халқына исенимсизлик билдирип, түркмен 
феодалларын жәрдемге шақырды. Түркмен феодаллары Қоңыратта ӛз 
билгенлеринше ҳәрекет ислеп, жергиликли халықтың наразылықларын 
келтирип шығарады. Хийўа ханы Сейдмухаммедханның қоллап-қуўатлаўы 
менен Мухаммед Панаға қарсы тил бириктириўшилик шӛлкемлестириледи. 
Хийўалылар тәрепинен 1859-жылы Қоңырат қаласы басып алынады. 1859-
жыл август айында Мухаммед Панахан ӛлтириледи. 
Жуўмақлап айтқанда, А.И. Бутаковтың хатлары, экспедиция дәўиринде 
алып барған күнделиклери XIX әсирдеги қарақалпақ халқы тарийхы, 
этнографиясы ҳәм мәденияты бойынша тарийхый дерек болып табылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет