Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


Пайдаланылған әдебийятлар



Pdf көрінісі
бет91/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   164
1-секция

Пайдаланылған әдебийятлар
1. Бегматов Б. Интернет: ривожланиш босқишлари ва замонавий 
таъсирлар // www.UzScinet.ru. 
2. Богомолова Н.Н. Социальная психология печати, радио, телевидения и 
интернета. М.: МГУ, 1991. 
3. Каримов И. Юксак маънавият – енгилмас куч. Тошкент: «Маънавият», 
2008. 
4. Каримов И.А. Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимларига // 
Халқ сўзи. 2010 йил 26 июнь. 
5. Каримов И.А. Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимларига // 
«Халқ сўзи» газетасы. 2012 жыл 27-июнь. 
6. http:// www.UzScinet.ru//google.ru 


174 
ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫНЫҢ ЖАСЛАР 
ТӘРБИЯСЫНДАҒЫ ӘҲМИЙЕТИ 
Г.Базарбаева
 НМПИ «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары хәм
ҳуқық тәлими» кафедрасы
Жаслар - мәмлекетимиз келешегиниң беккем тийкары. Оларға заманагӛй 
билим бериў, ӛзи таңлаған тараўда мийнет етиў қәбилетин анықлаўда, 
сондай-ақ, жаратып атырған инновациялық технологияларын раўажландырыў 
ҳәм бизнес идеяларын қоллап-қуўатлаў ең тийкарғы мәселелердиң бирине 
айланбақта. 
Елимизде жасларға кӛрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлық, сондай-
ақ, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат түп-тийкарынан реформаланып, 
олардың ҳуқықый ҳәм сиясий мәдениятын жоқарылатыўға айрықша итибар 
қаратылып, бир қатар мақсетли ис-илажлар әмелге асырылды. 
2017-2021-жылларда Ӛзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес 
тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп 
кӛрсетилген, елимиздиң раўажланыўының тийкарғы бағдарлары есапланған 
экономика ҳәм социаллық тараўында жаслардың қатнасыўын еле де 
кеңейтиў, оларды жәмийетлик шӛлкемлер менен тығыз бирге ислесиўге, 
жәмийетлик жумысларға белсене қатнасыўға кеңнен тартыў ҳәм сиясий 
қарарлар қабыл етиў процесслеринде түрли институтлар турмысындағы 
қатнасыўын кеңейтиў оғада әҳмийетли орын тутады.
Ҳәрекетлер стратегиясы ӛз гезегинде жасларымыздың сиясий санасының 
артыўына, олардың жоқары шеклерге қарай алға умтылыўында, бар күш-
жигери 
ҳәм 
интасын 
аямастан, 
Ўатанымыздың 
раўажланыўына, 
халқымыздың пәраўанлығына ӛз үлесин қосып жасаўға руўхландырады ҳәм 
еле де излениўге, аянбай хызмет етиўге талпындырады. 
Ӛзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиѐевтиң Олий 
Мажлиске жоллаған екинши Мүрәжатында «Тәлим ҳәм тәрбия бесиктен 
басланады» деген ҳикметтиң жаңлағаны мәмлекетимизде мәнаўияттың 
улығланып атырғанын дәлиллемекте. Мектепке шекемги тәлим-тәрбияның 
бас буўыны сыпатында қаралып атырғаны, жаңа жылда мектеп 
питкериўшилериниң 20 проценти жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы 
бойынша белгиленип атырған тийкарғы ўазыйпалар да ҳәр бир шаңараққа 
жаңа жылдың хош хабары сыпатында кирип келди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   87   88   89   90   91   92   93   94   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет