58
4. Жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың
алдын
алыў системасын жетилистириў.
5. Суд – ҳуқық системасында нызымшылықты еледе беккемлеў.
6. Юридикалық жәрдем ҳәм хизмет кӛрсетиў ситемасын жетилистириў.
Нызамлардың инсан ӛмириндеги орны жоқары, себеби ҳәр қандай инсан
жасап турған орталықта белгили нызам – қағыйдаларға бойсынып жасайды.
Усы орында тӛмендеги белгили илимпазлардың пикирлерин келтирип ӛтиў
мақсетке муўапық деп ойлаймыз.
«Нызам – қағыйда ҳәм тәртиплер барлығы әдиллик тийкарында
қурылады, жаман адамлар жаманлықларын таслап жоқ болады».
(Юсуф Хас
Ҳажиб.)
«Ҳеш қайсы затты нызамды билгенимиз сияқлы жаман билмеймиз».
(О.
Бальзак.)
«Халық нызамды ӛзиниң сүйениши, ӛзин қорғаўшы дийўал сыяқлы
қорғаўы шәрт».
(Гераклит.)
«Нызамлар
иллетлерди жоқ етип, жақсылыққа жол ашыўы керек».
(Цицерон.)
«Нызамлар бәрше ушын тен болыўы зәрүр».
(Ш.Монтескье.)
Ҳақыйқатында да, инсан омиринде, әсиресе жаслар тарбиясында
нызамлардын әҳмийети жоқары. Ӛзбекстан ғәрезсизлигиниң дәслепки
дәўринде қабыллынған нызамлар ўақыт ӛтип жаңа редакцияда ҳәм жана
кӛринислерде қабыллынып атыр. Жасларды нызамларды жақсы билиў оларға
бойсыныў ҳаққынды түсиндириў менен бирге оларда ҳуқықый мәдениятты
қалиплестириў зәрүр.
«Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда
жақынды қабыл қылынған
«Жасларға тийисли мәмлекет сиясаты ҳаққында»ғы нызам жаңа имканиятлар
ашып бериўи анық» - дейди президентимиз Ш. М. Мирзиѐев.[Ш. Мирзиѐев:
232]
Ҳүрметли биринши Президентимиз И. Каримов айтқанындай: «Ҳуқықый
мәденият дәрежеси қабылланған нызамлар саны менен емес, бәлким олардың
орынланыўы менен белгилениўи бәршемизге жақсы мәлим».[И. Каримов:
201-202]
Жаслар ӛзлериниң пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлерин нызамға
бойсыныў нормаларын, жәмийеттеги ҳуқықый тәртипти ҳәм нызамшылықты
тәмийинлеўде ҳуқықты қорғаў органларының тутқан орнын, жынаят ушын
жазаланыў анық екенлигин белгили дәрежеде ӛзлестириўи зәрүр.
Достарыңызбен бөлісу: