59
ШАҢАРАҚ – СОЦИАЛЛЫҚ ИНСТИТУТ
Х.Ешмуратов-оқытыўшы, Р.Асанова - 3–курс оқыўшы
ӚзР ИИМ Қарақалпақ академиялык лицейи
Инсан ӛмирин мазмунлы ететуғын оның руўхыйлығын белгилейтуғын
ең әҳмийетли жәмийетлик буўын бул – шаңарақ. Шаңарақ социологиясы –
социологияның тийкарғы жӛнелислериниң
бири болып, бул тараў шаңарақ,
неке қатнасықлары тийкарында пайда болған, жәмийет раўажланыўындағы
әҳмийетли социаллық ўазыйпаларды орынлаўшы социал институт
тийкарында үйрениледи.
Ең алды менен шаңарақ еркек ҳәм ҳаялдың ортасындағы неке
бирлигинен пайда болады. Шаңарақ тек еркек пенен ҳаялдың мүнәсибетлерин
емес, бәлким, басқада сол шаңарақ ағзаларының мүнәсебетлерин ӛзинде
сәўлелендиреди. Жәмийеттеги социал-экономикалық мүнәсебетлер шаңарақ
раўажланыўына тәсир етеди.
Солай етип, инсанның дүньяға келиўи жаңа
әўладтың пайда болыўы-әўладлар алмасыўы, тийкарынан шаңарақта жүз
береди. Перзент сыпатыңда қәлиплесиўине шекем зәрүр болған бәрше тәлим
тәрбия шаңарақтан басланады. Инсан ата-анаға, туўған – туўысқанға, жасы
үлкенлерге, әтирап орталыққа ҳәм тәбиятқа болған мүнәсибетлерди дәслеп
шаңарақтан қәлиплестиреди. Соның менен бирге шаңарақта үрп –
әдетлеримиз ҳәм миллий қәдриятларымызды әўладтан әўладқа жеткизиўши
тараў социал институт есапланады. Соны айтып ӛтиў керек, шаңарақтағы
тәлим –
тәрбия қәсийетлери болса, жәмийетимизде ӛз кӛринисин табады.
Сонлықтанда шаңарақ ҳәм жәмийет ӛз ара байланыслы.
Ҳәммемизге белгили шаңарақтың ӛзи некеден басланады ҳәм олар
жәмийетимиз бенен тығыз байланыслы. Бирақ тилекке қарсы айырым
шаңарақтағы келиспеўшиликлер шаңарақтың бузылыўына ярым жетим
балалардың санының кӛбейиўине себеп болып атыр. Бул болса
жәмийетимизге ӛзиниң кери тәсирин тийгизбей қоймайды.
Жоқарыда айтып
ӛтилгендей, шаңарағымыздағы тийкарғы орынды тәрбия ийелейди. Солай
екен, ең алды менен ата-аналар ӛзлерин тәрбиялап алыўы тийис. Даналық
сӛзлерде айтылғандай:
«Ата-аналар перзентлериндеги қәте –кемшиликлерди кӛрип
- Буларды олар кимнен үйренген? –деп ҳайран болады, қыйналады. Ал,
тийкарында ата-аналар перзентлериниң мийримли ҳәм баркамал инсанлар
болып жетилисиўине ерисиўди қәлесе, – олар дәслеп ӛзлери әдеп – икрамлы
болыўды үйрениўи тийис».
«- Ӛзиң ишесең, шегесең, урысасаң, сӛгесең………»
Кейин-ҳәзирги жаслар қалай –қалай болып кеткен дейсең?!». Дәслеп
ӛзиң әдепли ҳәм үлгили бол, ҳүрметли ата-ана![Саза журналының №0396
саны: 6]
Усы кӛз қарастан қарағанда, не демекшимиз, биз ӛзимиз үлгили болсақ,
перзентлеримиз де үлгили болады. Ақыры олар сизлерге қарап үлги алады,
соның ушында айыпты ӛзгелерден емес, ал ӛзимизден излеўимиз лазым.
60
Соның менен бир қатарда ҳүрметли президентимиз Ш.М.Мирзиѐев
басламасы менен бир қанша ислер әмелге асырылды.
Шаңарақ институтын
раўажландырыў мәселеси глобал дәрежеде БМШ бас ассамблеясында, сондай
– ақ, 2017-2021 жыллырдағы Ӛзбекстан Республикасын раўажландырыўдың
бес баслы бағдарлары бойынша «Ҳәрекетлер стратегиясы» шеңберинде кӛрип
шығылды.
Мамлекетимизде сиясатты муўапықластырыўды алып барыў жолында
тосқынлық етиўши бир қатар системалы машқалаларын ҳәм кемшиликлерин
шаңарақ институтын беккемлеў тараўында реформаларды анық белгилеп
берди. Шаңарақ институтын шӛлкемлестириў бойынша комплексли
илажларды әмелге асырыў, бул процессте мәмлекет органлары пухаралық
жәмийет институтлары ҳәм пухаралардың қәўендерлигинде ҳәмде
олардың
белсендилигин тәмийинлеў мақсетинде, сондай – ақ, Ӛзбекстан Республикасы
Президентиниң 2018 жылы 2-февралдағы «Ҳаял – қызларды қоллап қуўатлаў
ҳәмде шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы искерлигин түпкиликли
реформалаў ис – илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5375 санлы қарарында
кӛрсетилип ӛтилген.
Шаңарақ орайы, Ӛзбекстан ҳаял-қызлар комитети мәҳәлле қайрия
жәмийетлик фонды, Ӛзбекстан Жаслар Аўқамы ҳәм кең жәмийетшилик
БМШның Бас Ассамблеясында 1993 жыл 20 – сентябрь А/РЕС/47/237
санлы
резолюциясында жәрияланды.[www.uza.uz]
Енди
халықаралық
шаңарақ
күни
Республикамыздың
бәрше
аймақларында ҳәр жылы белгилениўи ҳаққындағы усыныстың мақсети,
мазмуныны усы қарарда кӛрсетип ӛтилди.
Соның менен бир қатарда айтып ӛтиў керек шаңарақтың және бир
ўазыйпасы – ол инсанды инсан етип тәрбиялайды. Яғни, Ўатанды, халқымыз
ҳаққында билимлерди, оларды қәдирлеўди шаңарақтан үйренемиз. Шаңарақ
адамды мийнетке үйретеди. Үй-хожалық жумыслары менен бәнт болады ҳәм
ўақтын мазмунлы ӛткереди. Жәмийетке ӛз
пайдасын тийгизеди, адамларды
тыныш ҳәм татыўлыққа, бирликте жасаўға үйретип жәмийеттеги турмысты ӛз
– ара дослық орнында беккемлеўге хызмет етеди. Елимизде шаңараққа үлкен
итибар қаратылған. 1998 жыл шаңарақ жылы ҳәм шаңарақ кодекси қабыл
етилди. Ислам дининиң муққадес китабы Қуръани кәрим ҳәм Хадис шәрифте,
уллы шет ел алымларымыздың шығармаларында, «шаңарақ – уллы дәргай»
екенлиги сӛз етилген. Олардың бәрин мүмкиншилиги болғанша үйрениў ҳәм
турмыста қолланыў лазым.
Достарыңызбен бөлісу: