179
Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы хожалық суды бирлестирилип, пуқаралық,
жынайый, ҳәкимшилик ҳәм экономикалық суд ис жүритиўи тараўындағы суд
ҳәкимиятының бирден-бир жоқарғы органы - Ӛзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды дүзилди. Соның менен бирге, ғалаба-ҳуқықый қатнасықлардан
келип
шығатуғын
ҳәкимшилик
келиспеўшиликлерди,
ҳәкимшилик
ҳуқыкбузарлықлар ҳаққындағы ислерди кӛрип шығыўшы ҳәкимшилик судлар
дүзилди. Әскерий судлар штат бирликлери Қураллы күшлери қурамынан
Жоқарғы суд системасына ӛткерилгени суд ҳәкимияты ғәрезсизлигин
тәмийинлеўдеги айрықша ӛзгерислерден бири болды.
Жоқарғы суд
қурамындағы әскерий коллегия тамамланып, ҳәкимшилик ислер бойынша
судлаў коллегиясы шӛлкемлестирилди. Соны айрықша айтып ӛтиў керек,
Президентимиз пәрманы менен суд ҳәкимияты ғәрезсизлиги принципине
әмел етиў, судларды материаллық-техникалық тәрептен тәмийинлеў
мәселелерин ғәрезсиз шешиў мақсетинде
Жоқарғы суд жанында Судлар
искерилигин тәмийинлеў департаменти шӛлкемлестирилди ҳәм оған
судларды материаллық-техникалық ҳәм финанслық жақтан тәмийинлеў
сыяқлы ўазыйпалар жүклетилди.
Ҳәрекетлер стратегиясындағы ўазыйпаларды әмелге асырыўды еле де
даўам еттириў мақсетинде Президентимиздиң 2019-жылы 6-январьдағы
«Судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялық ҳәм судлар
аппараты хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин асырыў
системасын түптен жетилистириў шара-илажлары ҳаққында»ғы Қарарына
муўапық, әдил судлаў машқалаларын үйрениў бойынша изертлеў
орайы
Судьялар жоқарғы кеңеси жанында Судьялар жоқарғы мектеби
шӛлкемлестирилди.
Жуўмақлап айтқанда, елимизде бундай кең кӛлемли реформалар әмелге
асырылыўының тийкарғы мақсетлеринен бири ҳуқықый демократиялық
мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетте
айрықша әхмийетке ийе болған,
тийкарғы ўазыйпасы әдил судлаў болған ҳақыйқый ғәрезсиз суд системасын
қәлиплестириў болып табылады.
Достарыңызбен бөлісу: