194
тийкары болған классикалық, ҳәм халықлық кӛркем ӛнер оғада үлкен
әҳмийетке ийе. Ол оқыўшылардың ӛмирине
дәслепки балалық шақтан ақ
кириўи тийис. Мектеп мәкемелеринде кӛркем ӛнер дӛретпелери үш бағдарда
қолланылады. Жергиликли материалға, ҳәм классикалық, ҳәм халықлық
кӛркем ӛнерге, оның ӛзине тән айрықшалығына, тәбиятына кеңнен сүйениў.
Ҳәзирги заман кӛркем ӛнери, оның аўылларда, қалаларда ислеўши
дӛретиўшилери менен танысыў. Мектеп оқыўшылардың
оларды қоршап
турған, дыққатқа ылайықлы орынларды, белгили ўақыяларды үйренип,
билиўи. Биринши бағдар – кӛркем ӛнер, соның ишинде сүўретлеў, халықлық
кӛркем ӛнер де, оқыўшылардың күнделикли турмысына, эстеткалық
орталықтың ажыралмас бӛлеги сыпатында киргизиледи. Екинши бағдар –
кӛркем ӛнер билимлендириўдиң мазмунын қурайды: оқыўшыларды кӛркем
ӛнердиң ҳәр қыйлы түрлери менен, сүўретшилер
тәрепинен ашып
кӛрсетилген
ўақыялар,
қубылыслар,
объектлер
менен,
олардың
шығармаларындағы сазенделер, жазыўшылар ҳәм шайырлар менен; ӛмир
ҳақыйқатлығының жарқын образларын жаратыўға мүмкиншилик беретуғын
тәсир етиўши усыллар менен таныстырады. Үшинши бағдар – кӛркем ӛнер
кӛркемлик искерликтиң ҳәр қыйлы түрлеринде қолланылады, оқыўшылардың
кӛркем дӛретиўшилигиниң раўажланыўына хызмет етеди. Кӛркем ӛнер
образлары гӛззаллықтың эталоны болып табылады. Дӛретиўшилик негизлер
оқыўшыда жанлы қыялшыллықты, жанлы фантазияны пайда етеди.
Дӛретиўшилик ӛзиниң тәбияты бойынша саған шекем ҳеш
ким ислемеген
нәрсени ислеўге, ямаса бурыннан бар болған нәрсени ӛзинше, жақсырақ
ислеўге
ҳәўесликке
тийкарланады.
Басқаша
айтқанда,
адамдағы
дӛретиўшилик негизлер – бул бәрқулла алға, ең жақсысына, прогресске,
жетикликке ҳәм әлбетте, бул түсиниктиң жоқары ҳәм
кең мәнисиндеги
гӛззаллыққа умтылыў.
Эстетикалық тәрбия-(ҳәм пүтинниң бир бӛлеги сыпатындағы кӛркемлик
дүньяқарас) жеке оқыўшының ҳәр тәреплеме раўажланыўы системасындағы
ең әҳмийетли элементлердиң бири. Гӛззаллықтың баҳасын билетуғын, оны
түсинетуғын, ӛмир ҳақыйқатлығына эстетикалық қатнаста бола алатуғын
адам
дүньяны
реңлердиң,
формалардың,
даўыслардың
пүткил
рәңбәреңлигинде кӛрип, түсине алады. Ол кӛркем ӛнердеги ҳәм оны қоршап
турған дүньядағы сулыўлықты түсинеди.
Эстетикалық тәрбияның бас
мақсети мектеп оқыўшыларда ӛмирге эстетикалық қатнасты тәрбиялаў болып
табылады. Бул жерде ең баслысы:
ӛзин қоршап турған шексиз әлемниң ажыралмас бӛлеги деп сезиниў;
қоршап турған дүньяда ӛзиниң даўамын кӛре билиў уқыбы;
басқа адамларға ҳәм тутасы менен алғандағы адамзат тарийхына ҳәм
мәдениятына сӛзсиз байланыслылық.
Мектеп
оқыўшыларды
кӛркем
ӛнер
усылары
жәрдеминде
раўажландырыў дүньяны бир пүтинликте сезиниўдиң, кӛркем ӛнер менен,
оның барлық кӛп түрлилигинде, әдеп-икрамлылық ҳәм эстетикалық
талапларға ылайық қатнасықта болыў орталығын қәлиплестириўге жәрдем
бериўи тийис. Оқытыўшының бағдарлаўшы роли мектеп оқыўшының
билимин,
уқыплылықларын
ҳәм
кӛнликпелерин
талапқа
ылайық
ӛзлестириўин, олардың ақыл күшин ҳәм дӛретиўшилик зейинлилигин
раўажландырыўды тәмийинлейди. Мине, тап
усы сыпатлар тәрбияның әдеп-