Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


ТЕСТ – ИНТЕЛЛЕКТИ ПСИХОМЕТРИЯЛЫҚ ТЕКСЕРИЎДЕГИ



Pdf көрінісі
бет103/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   99   100   101   102   103   104   105   106   ...   164
1-секция

ТЕСТ – ИНТЕЛЛЕКТИ ПСИХОМЕТРИЯЛЫҚ ТЕКСЕРИЎДЕГИ 
ТИЙКАРҒЫ УСЫЛ 
 
В.Мамбетиярова 
НМПИ 2- курс магистранты 
Мәлим болғанындай, ойлаўдың жемиси, бул – ақыл сыпатлары, яғный
интеллект (IQ-ай кью). Психология илиминде интеллект машқаласы ӛзиниң
қызық тарийхына ийе. Мысалы, интеллект түсиниги бурынғы совет 
психологиясында улыўма тән алынбаған. Лекин, уллы рус психологи 
С.Л.Рубинштейн пуқаралық ҳуқықларды усы термин арқалы түсиндирген. 
Оның мазмуны ҳәм ҳәр қыйлы болып қабыл етилген. Базылар ушын бул 
шахстың улыўма зийреклилик эквиваленти болса (Рубинштейн, Спирмен),
басқалар ушын болса жаңа әмелий ҳәм теориялық билимлерди ийелеў 
белгиси болған (А.Бине, Д.Векслер, Л.М.Термен, Р.Л.Торндайк), ал және 
биреўлер ушын бәрше дәрежелердеги ҳәрекетлердиң улыўма регуляторы 
сыпатында қабыл етилген (Ж.Пиаже). 
Инсан интеллекти кӛплеген факторларға байланыслы, атап айтқанда, 
нәсилге, тәбийий орталықка, жынысый ҳәм жас парықларға, аўқатланыўға, 
социомәдений орталыққа, ҳәттеки изертлеўлердиң соңғы мағлыўматларына 
қарағанда шаңарақтағы балалар саны ҳәм олардың туўылыў гезеги де
интеллектке тәсир кӛрсетеди екен. Психология илиминде интеллекттиң 
қатар теориялары ҳәм моделлери ислеп шығылған, мысалы, Тѐрстоун модели,
Гилфорд модели, Айзенк модели, Кеттелл модели ҳәм.
Биз шахстың интеллектин анықлаўда оның тәбияты ҳаққындағы 
түсиниклерден хабардар болыў лазым деп есаплаймыз. Себеби, интеллект 
ҳаққында психологияда бир қатар кӛз қараслар болып, оларға муўапық,
интеллект - тәлим алыўға қаратылған улыўмаласқан қәбилет; интеллект
бул абстракт ойлаў қәбилети; интеллект - инсан минез-қулқының қурамалы 
шараятларға нәтийжели ийкемлесиў уқыбы, деп қаралады.
Инсанның интеллекти түрли методикалар ҳәм ислеп шығылған арнаўлы 
тестлер жәрдеминде үйрениледи. Улыўма билим бериў орта мектептеги 
тәлим-тәрбия процеси оқыўшылардың қәбилетлери, еркин пикирлеўи, 
дӛретиўшилик излениўи ҳәм ақылый сыпатларын ҳәр тәреплеме 
раўажландырыўға, олар шахсын қәлиплестириўге қаратылған. Педагогикалық 
процесстиң нәтийжелилиги педагогтың ӛз оқыўшыларын жақсы билиўге,
тәлим-тәрбияның ҳәр қыйлы методларын қолланыўға байланыслы. 
Педагоглар тәлим-тәрбиядағы қыйыншылықлар не ушын ҳәм қалай пайда 
болыўын түсиниў ушын, алдын ала психикалық раўажланыўдың тийкарғы 
нызамлықларын билиўи ҳәм түрли психикалық жағдайларды үйрениў ушын
психодиагностикалық методларды ийелеўи зәрүр. 
Мектеп 
оқыўшыларында 
интеллект 
дәрежеси 
раўажланыўын 
диагностика қылыўда таңланған методикалардың исенимлилиги әҳмийетли 
болып есапланады. Ҳәр қандай методиканың исенимлилиги үйренилип 
атырылған психологиялық ӛзгешеликлердиң оларда сәўлелениўи кӛз-
қарасынан дурыс қолланыўды тәрийплеп беретуғын мағлыўматлар


196 
жыйындысы сыпатында қаралыўы керек. Мысалы, мектеп оқыўшыларының
интеллект дәрежесиниң раўажланғанлығы ҳаққында тек ғана бир методика 
тийкарында жуўмақ шығарыў мүмкин емес, буның ушын бир неше 
методикалар топламын қолланыў керек.
Психометрияға 
тийкарланған 
тестлер 
қолланылатуғын 
анық 
методикалардан парық қылады. Бул тестлерди ислеп шығыўда тийкарынан 
баланың психикалық раўажланыў дәрежесин сәўлелендириўши орнатылған 
нормадан шетке шығыўларды, теңлеслер топары менен салыстырыўшы 
муғдарлық кӛрсеткишлерге итибар бериледи (В.М.Блейхер, Л.Ф.Бурлачук). 
Олардың сӛзсиз болатуғынлығы бир жас дәўириндеги сыналыўшының
үлкен топарларында әмелге асырылады (В.В.Столин, А.Г.Шмелѐв). 
Тест – психологиялық диагностиканың методы болып, ол мәлим мәниске 
ийе болған стандарт сораўлар ҳәм мәселелерден ибарат. Тест интеллектуал 
ҳәм арнаўлы уқыплылықлар, шахстың психофизиологиялық ӛзгешеликлери 
ҳәм сыпатларының раўажланыўы, кәсиплик жарамлылығын анықлаў, 
кәсиплик экспертиза ҳәм реабилитация, сондай-ақ, кәсиплик маслаҳәтлер
процесинде қолланылады.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   99   100   101   102   103   104   105   106   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет