211
3.Орынның рельефин үйрениў ҳәм рельеф ҳаққындағы билимлер ҳәм
кӛнликпелерди және де тереңлестириў ҳәм де далада ӛзбетинше рельефтиң
тийкарғы түрлерин үйрениў кӛнликпелери қәлиплестириледи. Буннан басқа
рельеф пайда етиўши факторларды үйрениў усыллары менен таныстырады.
4. Ҳаўа – райын бақлаў ҳам суў бассейнлерин үйрениў кӛнликпелерин
қәлиплестириў. Оқыўшылар ҳаўа-райы түрлерин анықлай алыўы лазым.
5.Ӛзлери жасап турған орынның топырақ қатламын үйрениў ҳәм
тийкарғы топырақ түрлерин анықлаў кӛнликпелерин қәлиплестириў.
6.Орынның ӛсимлик қатламын үйрениў усыллары менен таныстырыў.
Ӛсимликлерди қабатларға (ярусларға) бӛлип үйрениў кӛнликпесин
қәлиплестириў
7.Ландшафтларды ажыратыў кӛнликпелерин қәлиплестириў.
8. Ӛзлери жасап атырған жерде жайласқан санаат орайы яки кәрхананы
үйрениў кӛнликпесин қәлиплестириў.
Демек, усы ўазыйпаны орынлаў даўамында оқыўшылардың
алған
географиялық билимлерди ҳәм кӛнликпелери және де тереңлеседи оларда
тәбиятда ҳәм тәбийий географиялық процесслерди үйрениў ҳәм бақлаў
тәжирийбелерине ҳәм кӛнликпелерине ийе болады.
Оқыў саяхатлары тӛмендеги түрлерге бӛлинеди:
Тәбийий географиялық оқыў саяхатлары;
Экономикалық ҳәм социаллық географиялық оқыў саяхатлары;
Үлкетаныў оқыў саяхатлары;
Арнаўлы оқыў саяхатлары (географиялық, биогеографиялық,
метеорологиялық ҳәм т.б.)
Оқыў саяхатлары түри ҳәм ӛткизилиў орнын география пәни
оқытыўшысы танлайды.Тәбийий география оқыў
саяхатларының тийкарғы
мақсети оқыўшылардың мектепте алған билим ҳәм кӛнликпелерин жәнеде
беккемлейди. Тәбийий географиялық бақлаўлар алып барыў тәжирийбесине
ийе болады.
Экономикалық география оқыў саяхатлары даўамында оқыўшылар ислеп
шығарыў процесин үйрениўди ҳәм санаат географиясы ҳаққында билим ҳәм
кӛнликпелери кеңейттириледи.
Үлке таныў бойынша оқыў саяхатлары даўамында оқыўшылар үлкениң
тәбияты, байлықлары, хожалығы, мәдений-тарихый естеликлерди үйренеди
ҳәм тийисли мағлыўматлар жыйналады.
Арнаўлы географиялық саяхатлар оқытыўшының дәстүрине муўапық
алып барылады. Олар кӛбинесе орынның геологиялық шараяты ҳәм пайдалы
қазылмаларды үйрениўге топырағы ӛсимлиги ҳәм ҳайўанат дүньясы, яки
кӛнликпелерди үйрениўге бағышланған болады.
Таярлық процесинде оқыў саяхатында әмелге асырылатуғын
жумыслардың мазмунына қарап оқыўшылардың билимлери беккемленеди.
Оқыў үскенелери тәбиятқа шӛлкемлестирилген саяхатларды алып барыўдан
дәслеп класс шараятында тәбийий географиялық билимлер беккемленеди,
яғный реже алыў,
литосфера, гидросфера, атмосфера. Биосфера ҳаққындағы
теориялық билимлер қайтарылады ҳәм беккемленеди. Егер, оқыў саяхаты
дәрья алабы бойлап ӛткизилетуғын болса дәрьяның кӛнделең кесимин,
суўдың тазалығын ҳәм сарпын анықлаўды билиўи ҳәм орынлай алыўлары
212
лазым. Оқыў саяхатында реже алыў кӛзде тутылган болса түрлери бойынша
әмелий кӛнликпелер қәлиплескен болыўы лазым.
Оқытыўшы саяхатының мақсети ҳәм режеси менен оқыўшыларды
таныстырады. Олар саяхаттың мақсетин оқытыўшы анықлайды. Оның
мақсети оқыўшыларға топографиялық карталар менен орында ислеў
кӛнликпелерин қәлиплестири. Оқыў саяхатының режеси менен оқыўшыларды
таныстырыў. Режеде бағдар, тоқтаў орынлары кӛрсетилиўи лазым.
Класс
белгили бир топарға бӛлинеди, ҳәр бир топарда 5-6 оқыўшы болыўы лазым.
Ҳәр бир топар басшысы тәмийинлейди. Ҳәр топардың ўазыйпалары
түсиндириледи. Оқыўшылар қандай кийим кийиўи, нелерди ӛзлери менен
алып барыўын ҳәм саяхатта ӛзлериниң қандай тутыўларын ҳәм қәўипсизлик
қағыйдаларына бойсыныўлары ҳаққында кӛрсетпе бериледи.
Оқытыўшы саяхатының мақсети ҳәм ўазыйпаларынан келип шыққан
ҳалда буйымлар, приборлар ҳәм әсбаплар дизимин дүзеди ҳәм
оларды
жыйнайды. Оқыў саяхатларында тӛмендеги әсбап – үскенелер лазым болыў
мүмкин; компас, термометр, рейка, арқан, карта, банометр, т.б.
Демек, оқыў саяхатларының нәтийжели ӛткизиў саяхат ӛткизилетуғын
орынды таңлаўға байланыслы. Егер саяхаттың темасы рельеф формаларын
үйрениўге бағышланған болса илажы барынша рельефи ҳәр түрли болған
орын танланыўы лазым. Таў жынысларына бағышланған саяхатларды
ӛткизиўде геологиялық ашылмалар бар болған орынлар таңланса мақсетке
муўапық болады.
Достарыңызбен бөлісу: