45
жергиликли ҳәкимият органларыың ўәкилликлери ӛз алдына белгилеп
ӛтилген. Жаслар сиясатында бул органлардың әҳмийети сонда,
олар жаслар
менен тиккелей ислеседи. «Жасларға тийисли мәмлекет сиясаты хаққында»ғы
нызамда жергиликли хәкимият органларының ўәкиллиги
-тийисли аймақта жасларға тийисли мәмлекет сиясатын әмелге
асылыўын тәмийнлеў;
-жасларға тийисли мәмлекет сиясаты тараўында айиақлық дәстүрлерди
ислеп шыгыў, тастыйықлаў ҳәм әмелге асырыў;
-тийисл аймақта жасларға тийисли мәмлекет сиясатын әмелге асырыўда
қатнасыўшы органлар ҳәм мекемелердиң хызметин муўыпықластырыў;
-жасларға
тийисли
мәмлекет
сиясатын
жүзеге
шығарыўдың
нәтийжелилигин арттырыў ушын жаслардың талабы мониторынгин алып
барылыўы ҳәм баҳаланыўын тәмийнлеў;
-жаслардың бәнтлиги ҳәм оларды жумысқа орналастырыў сиясаты
әмелге асырылыўын тәмийнлеў, мийнет базары ҳәм
жас қәнийгелерди
жумысқа орналастырыў әмелияты мониторингин шӛлкемлестириў;
-жасларға тийисли мәмлекет сиясатын әмелге асырыўда мәмлекетлик
емес коммерциялық емес шӛлкемлер, пуқаралардың ӛзин-ӛзи басқарыў
органлары ҳәм де пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен
байланыста болыў белгиленген.[1]
Буннан басқа да 2016-жыл 22-декабаьде қабылланған «Жергиликли
атқарыўшы ҳәкимият органлары хызметин және де жетилистириў ҳаққында»
Президент қарарында жаслар сиясаты тараўындағы ўазыйпаларды әмелге
асырыўда ўәлаят,
Ташкент қаласы, қала ҳәм район ҳәкимлериниң жеке
жуўапкершилиги белгиленген. [2]
Жуўмақлап айтқанда жасларға тийисли мәмлекетлик сиясатты әмелге
асырыўда
жергиликли
органлар
кең
ўәкилликлерге
ҳәм
үлкен
жуўапкершиликке ийе есапланады. Олар мәмлекет сиясатын жузеге
шығарыўда шешиўди буўынлардан бири ҳәм де мәмлекет механизминиң
әҳмийетли қурамлық бӛлими есапланады.
Достарыңызбен бөлісу: