ЎЗБЕКИСТОН РЕСПУБЛИКАСИДА ТАШҚИ САВДОСИНИНГ РИВОЖЛАНИШИ ВА ЭКСПОРТНИНГ САЛОҲИЯТИНИНГ РАҚОБАТБАРДОШЛИГИ
Жуманазаров О.С.
Қорақалпоқ давлат университети
Экспорт диверсификацияси, яъни хорижга сотилаётган товарлар ва хизматлар номенклатурасининг кенгайиши, жами экспортда алоҳида товар ёки хизмат тури (айниқса, хом ашё) улушининг катта бўлишига барҳам берилиши, маҳсулотларимиз экспорт қилинаётган мамлакатлар географиясини кенгайтириш экспорт ҳажмининг барқарор бўлишини таъминлайди, миллий иқтисодиётнинг ташқи бозордаги салбий ўзаришларга таъсирчанлиги даражасини пасайтиради.
Экспорт таркибида бир ёки бир неча товарлар улушининг сезиларли даражада ортиб кетиши бу товарлар нархи пасайган ёки уларга ташқи талаб қисқарган ҳолатларда экспортчи корхоналарни оғир аҳволга солиб қўйиши мумкин. Бунинг натижасида экспорт ҳажмининг қисқариши валюта тушумларининг камайиши, ташқи савдо балансининг ёмонлашуви ва корхоналар молиявий аҳволининг тангликка юз тутишига олиб келиши мумкин. Шунингдек, экспорт умумий ҳажмининг кам сонли давлатларга боғланиб қолиши ҳам қалтис ҳолат ҳисобланади.
Президентимиз томонидан маърузада илгари сурилган тайёр рақобатбардош маҳсулотлар экспортини фаол ошириш ва бу маҳсулотлар етказиб бериладиган мамлакатлар географиясини янада кенгайтириш вазифасини амалга ошириш экспорт ҳажмини барқарор ўстириш, ташқи бозордаги ўзгаришлар таъсирида унинг ҳажми кескин камайиши хавфини бартараф этиш имконини беради.
Экспорт қилинаётган товарларни диверсификация қилиш, уларни импорт қилувчи мамлакатлар географиясини кенгайтириш бу мамлакатлардан бири ёки бир гуруҳининг иқтисодиётида муаммолар рўй берганда ҳам экспорт ҳажмининг кескин пасайиб кетишига йўл қўймаслик имконини беради.
Ўтган йиллар мобайнида экспорт қилувчи корхоналарни қўллаб-қувватлаш борасида амалга оширилган чора-тадбирлар иқтисодиётимизнинг экспорт салоҳиятини юксалтириш, ташқи савдо таркибида ижобий силжишларга эришиш, унинг ҳажмини барқарор ўстириш имконини бермоқда .
Шу билан бирга, рақобат муҳитини яратиш мамлакат экспорт имкониятларини ўстириш ва янада ривожлантириш учун энг муҳим шарт ҳисобланади. Бир қатор мамлакатлар ва чет эл иқтисодчиларининг фикрига кўра, мамлакат ишлаб чиқарувчилар рақобатбардошлигини ошириш учун қуйидагилар шарт:
• Хўжалик фаолиятининг барча субъектлари учун теппа-тенг шароитларни яратиш, яъни ҳар қандай имтиёзлар барча тармоқларга тааллуқли бўлиши шарт;
• Ресурсларнинг мобиллилигини ошириш, энг аввало банк тизими самарадорлигини ошириш орқали товариявий сармояни эркин ўтишини таъминлаш, шунингдек, товар-хом-ашё ресурслари бозорини эркинлаштириш ва маъмурий бошқаришдан воз кечиш ва хом-ашё товарларини саноат ишлаб чиқариши ва экспорт учун тақсимлаш;
• Маҳсулотлар импортига чегараланган тарзда йўл қўйилиши билан бирга технологик занжир бўйлаб нархларнинг ошишига олиб келаётган юқори нархларни якка тарзда сақлаб туриш амалиёти сақланиб келаётган концернлар, ассоциациялар, холдинглар ва миллий компаниялар тизимини монополиядан чиқариш;
• Солиқ тизимини ва уни маъмурийлаштиришни такомиллаштириш;
• Ташқи савдони эркинлаштириш.
Нохом ашё, айниқса қайта ишлаш соҳаларининг экспортини ривожлантириш хорижий мамлакатлар бозорларига чиқиш имкониятларига ҳам юқори даражада боғлиқ. Хом ашё экспорти амалда хорижий бозорларга чиқишда тўсиқларга учрамаган бир шаротда нохом ашё экспорти хорижий мамлакатларда кўпинча тариф ва нотариф тўсиқларга дуч келади. Хўжалик юритувчи субъектларга ва инвесторларга барқарор шароит ва қўллаб-қувватлашни таъминлаб берадиган, одилона рақобатга ривожланишига ёрдам берадиган ва суиистеъмолнинг олдини оладиган қулай шароитни яратиш экспортни ривожлантириш ва диверсификация қилиш, ва оқибатда, иқтисодий ўсишнинг зарур шарти ҳисобланади. Хусусийлаштириш давом этишини, савдони эркинлаштиришни ва рақобатни ривожлантириш, самарадорликни ошириш ва ишлаб чиқариш ва сотиш харажатларини камайтириш мақсадида тадбиркорлик субъектларининг хўжалик фаолиятига давлат томонидан тартибга солишнинг бевосита аралашувидан тадрижан воз кечишни рағбатлантириш лозим.
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ ЭКОНОМИКАДА ТУТҚАН ОРНЫ
Сейтниязов С.П.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Өзбекстанда кең көлемли базар өзгерислерин әмелге асырыў процессинде мүлк ийелериниң шеңбери кеңейип бармақта. Мәмлекетимиз Президенти И.А.Каримов айтқанындай, «әмелге асрырылып атырған реформалардың тийкарғы, ең үлкен мақсети, биринши дәрежели бағдары Өзбекистанда ҳақыйқый мүлк ийелери классын қәлиплестириўден ибарат. Бизлердиң қабыл қылған барлық пәрман қарарларымыз, нызамларымыз, ҳәмме жумысымыз және сол мақсетке қаратылған. Бул ўазыйпаларды орынламастан күтилген нәтийжеге, турмысымызда, экономикамызда ойлаған өзгерислерге ерисип болмайды»5. Республикада экономикалық өсиўди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, бәнтлик машқаласын шешиў, халықтың дәраматлары ҳәм абаданлығын асырыўда әҳмийетли орын тутып атырған киши бизнeс ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў, хошеметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр.
2010 жылда Қарақалпақстан Республикасында дизимген алынған киши бизнес субъектлериниң саны 8967 ни, соннан хызмет көрсетип атырғанлары 7463 ти қурап, өткен жылға салыстырғанда 328 ге артқан. Олардың жәми дизимнен өткен субъектлердеги үлеси 3,2 процентти қураған.
Хызмет көрсетпей атырған киши бизнес субъектлери 1504 болып, олардың дизимнен өткен субъектлердеги үлеси 16,8 процентти қурап, бул көрсеткиш Тахтакөпир районында 32,0 процентти (хызмет көрсетпей атырған субъектлер саны 64), Шымбай районында 20,0 процентти (хызмет көрсетпей атырған субъектлер саны 84), Қаңлы районында 21,6 процентти (хызмет көрсетпей атырған субъектлер саны 47), ҳәм Нөкис каласында 21,6 процентти (хызмет көрсетпей атырған субъектлер саны 727)ни, қурады.
Киши бизнестиң жалпы территориялық өним өндириўдеги үлеси 63,6 процентти қурап, өткен жылға салыстырғанда 2,9 процентке артқан (кесте №1).
Қ.Р. КИШИ БИЗНЕСТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ №1 КЕСТЕ
№ т/р
|
Қөрсеткишлер аты
|
өлшеў бирлиги
|
2009 жыл ҳақыйқатта
|
2010 жыл
|
2009 жылға салыстырганда %те
|
прогноз
|
ҳақыйқатта
|
1
|
2
|
3
|
4
|
5
|
6
|
7
|
1.1.
|
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлер саны
|
бирлик
|
8282
|
9023
|
8967
|
108,3
|
|
соннан:
|
|
|
|
|
|
|
Хызмет көрсетип атырғаны
|
бирлик
|
7135
|
7712
|
7463
|
104,6
|
|
Хызмет көрсетпей атырғаны
|
бирлик
|
1147
|
1311
|
1504
|
131,1
|
|
Есабат дәўиринде өз хызметин тоқтатғанлары
|
бирлик
|
1227
|
612
|
965
|
78,6
|
|
Соның ишинде:
|
|
|
|
|
|
1.2.
|
Киши кәрханалар саны
|
бирлик
|
824
|
821
|
827
|
100,4
|
|
Хызмет көрсетип атырғаны
|
бирлик
|
798
|
800
|
803
|
100,6
|
|
Хызмет көрсетпей атырғаны
|
бирлик
|
26
|
21
|
24
|
92,3
|
|
Есабат дәўиринде өз хызметин тоқтатғанлары
|
бирлик
|
22
|
14
|
23
|
104,5
|
1.3.
|
Микрофирмалар саны
|
бирлик
|
7458
|
8202
|
8140
|
109,1
|
|
Хызмет көрсетип атырғаны
|
бирлик
|
6337
|
6912
|
6660
|
105,1
|
|
Хызмет көрсетпей атырғаны
|
бирлик
|
1121
|
1290
|
1480
|
132,0
|
|
Есабат дәўиринде өз хызметин тоқтатғанлары
|
бирлик
|
1205
|
598
|
942
|
78,2
|
1.4.
|
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси
|
|
|
|
|
|
|
- ЖТӨ деги үлеси
|
%
|
60,7
|
62,5
|
63,6
|
х
|
|
- Санаат өнимлерин өндириў муғдары
|
млн.сўм
|
62356,2
|
80000,0
|
93562,1
|
150,0
|
|
жәми санааттағы үлеси
|
%
|
18,0
|
21,2
|
23
|
х
|
|
- аўыл-хожалық өними муғдары
|
млн.сўм
|
361992,4
|
410000,0
|
458845,5
|
106,5
|
|
Аўыл-хожалығындағы үлеси
|
%
|
95,6
|
95,4
|
95,1
|
х
|
|
- курылыс жумыслар муғдары
|
млн.сўм
|
119730,6
|
130000,0
|
149444,8
|
124,8
|
|
Қурылыстағы үлеси
|
%
|
65,9
|
66,1
|
64,9
|
х
|
|
- усақлап сатыў саўда муғдары
|
млн.сўм
|
218967,4
|
230120,0
|
309210,1
|
141,2
|
|
Усақлап сатыў саўдадағы үлеси
|
%
|
44,2
|
40,1
|
45,2
|
х
|
|
- Жәми хызмет көрсетиў муғдары
|
млн.сўм
|
230677,8
|
274700,0
|
289839,8
|
108,6
|
|
Жәми хызмет көрсетиўдеги үлеси
|
%
|
52,2
|
55,2
|
51,3
|
х
|
Республиканың сыртқы саўда айланысында киши бизнестиң үлеси 25,7 процентти ямаса 29613,6 мың АҚШ долларын қурады, соның ишинде :
- экспорт муғдары 11354,5 мың АҚШ долларынан ибарат болып , жәми экспорт муғдарының 12,5 процентти қурап , өткен жылға салыстырғанда 150,5 процентке өсти;
- импорт муғдары 18259,1 мың АҚШ долларынан ибарат болып, жәми импорт муғдарының 74,3 процентин, өткен жылға салыстырғанда 60,2 процентти қурады.
Қарақалпақстан Республикасы коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнести раўажландырыў мақсетинде 2010 жылда 105964,7 млн.сўм муғдарында кредитлер ажыратылды яғный 2009 жылға салыстырғанда 139,8 процентти қурады. Соның ишинде 105057,4 млн.сўм банклердиң өз қаржылары есабынан ҳәм 907,3 млн.сўм бюджеттен басқа фондлар есабынан ажыратылды. Сондай-ақ қысқа мүддетли кредитлер 52437,6 млн.сўмды ҳәм узақ мүддетли кредитлер 53527,1 млн.сўмды қурады. Өндирис ҳәм тамырлаўға 12881,2 млн.сўм, хызметлер тараўына 18618,0 млн.сўм, қурылыс тараўына 9974,3 млн.сўм, аўыл-хожалық тараўына 23916,2 млн.сўм, айланба қаржыларды толтырыў есабына ҳам ТМБ сатып алыўға 29621,7 млн.сўм ҳәм басқаларға 10953,3 млн.сўм муғдарында кредитлер берилди.
Республика экономикасындағы жәми жумыс пенен бәнт болғанлар ишинде киши бизнестиң үлеси 71,2 процентти қурады.
Әдебиятлар:
1.И.А.Каримов «Мамлакатимизда демократик ислохатларни янада чуқурлаштириш ва фуқоралик жамиятни ривожлантириш концепцияси « Узбекистон Республикаси Президенти И. Каримовнинг «Узбекистон Республикаси Олий мажилиси қонунчилик палатаси ва сенатининг қўшма мажилисиндаги маърузаси. //Халқ газетаси 2010 йил 13 ноябрь.
2.И.А.Каримов Жахон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишининг йўллари ва чоралари. –Т. Ўзбекистон, 2009 31-34 б.
3. Абдурахманов К. Меҳнат иқтисодиёти ва социологияси. Тошкент Ўқитувчи 2001
РЕГИОНДА ИННОВАЦИОН ПРОЦЕССЛЕРДИ БАСҚАРЫЎДЫ ЖЕДЕЛЛЕСТИРИЎ СТРАТЕГИЯСЫ
Қалмуратов Б.С.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Дүнья жүзлик экономиканың глобалласыўы шараятында мәмлекетимизде алып барылып атырған экономикалық реформалар процессинде регионда миллий экономикамыздың турақлы пәт пенен өсиўин тәмийинлеў ушын мәмлекетимизде инновацион процесслерди кеңнен ен жайдырыў, бул тараўдағы активликти асырыў есабынан пухаралардың турмыс дәрежесин арттырыў, дүнья мәмлекетлеринен информация ҳәм экономикалық жақтан ажыралып қалмаслыққа ерисиў ҳәм халық аралық көлемдеги интеграция процесслеринде актив қатнасыў менен ерисиў мүмкин.
Регионаллық экономиканы басқарыўда регионға пүткил мәмлекетлик ислеп шығарыў күшлери ҳәм өндирис қатнасықлары бирден-бир системасының ажыралмас бөлеги сыпатында ҳәм экономиканың ислеп шығарыў-экономикалық, ресурс, илимий-техникалық, финанс-кредит ҳәм социаллық байланыслары менен туўрыдан-туўры ҳәм кери қатнасларда болатуғын система сыпатында қараў лазым.
Ҳәзирги экономикалық глобалласыў ҳәм ресурслардың шекленгенлиги шараятында мәмлекеттиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып инновацион ҳәм санаат сиясатын ислеп шығыў ушын шәрт-шараятлар жаратыў, илим-пән, ислеп шығарыў, инвесторлар, базис инновациялар деп аталыўшы туўрыдан-туўры бюджеттен финансластырыў ушын өз ара мәплерди көрсетиўши илимий-техникалық ҳәм технологиялық артықмашылықларды анықлаў болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы жоқары экономикалық имканиятларға, перспективлы жоқары тәбийий байлықларға ийе болған регион болып есапланады. Бүгинги күнде регионда шарўашылық өнимлери, пахташылық, салыгершилик ҳәм бийдай жетилистириў мәденияты жетилисип, жаңа басқышларға көтерилмекте, санаат барған сайын раўажланбақта.
Республиканың мәмлекеттиң басқа регионларынан парқы ҳәм өзине тән өзгешелиги соннан ибарат, бул регион мәмлекеттиң ең арқа регионы болып, оның тәбияты ҳәм климаты жүдә қурамалы. Ол сондай-ақ, мәмлекетлик санаат орайларынан узақта жайласқанлығы, социаллық-экономикалық раўажланыўы, географиялық, социалық-мәдений дәстүрлери ҳәм басқа өзгешеликлери менен де мәмлекеттиң басқа регионларынан айырылып турады. Келешекте усы регионда нәтийжели раўажланыў имкәнияты ҳәм мүмкиншилигине ийе болған салалар, жаңадан-жаңа тараў кәрханаларының раўажланыўын тәмийинлеўде, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў салаларын да базар инфраструктурасын раўажландырыў баслы мәселе есапланады. Бул бойынша экономикаға тек ишки инвестицияларды ғана емес, бәлким сыртқы инвестициялардың киритилиўин де жетилистириў ушын регионда ислеп шығарыўды сәйкеслестириў ҳәм модернизацияластырыў дәстүрлерин нәтийжели әмелге асырыў, сыртқы инвестицияларды экономикаға тартыў мүмкиншиликлерин кеңейиттириў керек.
Регионда инновациялық процесслердеги машқалаларды шешиўде стратегиялық мақсетлердиң бири тәжирийбеде илимий-техникалық өнимлерден нәтийжели пайдаланыў ушын регионда усы процесслерди басқарыўшы ҳәм тәртипке салып турыўшы тийкарғы буўыны – республика ҳәм мәмлекеттиң басқа ўәлаятларындағы илимий орайлар арқалы ҳәрекет етип атырған илимий-ислеп шығарыў ҳәм ислеп шығарыў системалары, селекцион орайлар, тәжирийбе-ислеп шығарыў шөлкемлери менен өз-ара байланысларды муўапықластырыўшы илимий мекемелер ҳәм жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилген заманагөй структураны пайда етиў усыныс етиледи. Усы структура пән ҳәм ислеп шығарыў интеграцияласыўына, тәжирийбе ҳәм сынақтан нәтийжели өткен жойбарлардың әмелиятта қолланылыўын жеделлестириўге үлкен үлес қосыўы мүмкин.
Регионда инновацион процесслерди раўажландырыў стратегиясының структуралық бөлимлери сыпатында төмендегилерди көрсетиў мүмкин:
-
пән-техниканы сапа жағынан өзгертетуғын нәтийжелерди алыўға қаратылған фундаментал илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў;
-
жаңа өнимлер ҳәм алдағы техникалық жумысларға тийкарланған технологиялар жаратыў ҳәмде оларды материаллық ислеп шығарыў саласында қолланыў ушын илимий-изертлеў ҳәм конструкторлық жойбарларды финансластырыў;
-
инновацияларды әмелге асырыў ушын ислеп шығарыўшылардың экономикалық мәпдарлығын ҳәм буның нәтийжеси сыпатында ислеп шығарыў ҳәм улыўма экономиканың техникалық дәрежесин түптен өзгертиўге қаратылған нызамшылық ҳәм информациялық тийкарын жаратыў;
-
салық (регионда салық жеңилликлери, жер салығы), қарызларды реструктуризациялаў, мәжбүрий төлемлердиң ўақтын узайыттырыў;
-
финанслық (регион бюджетинен жеңилликли кредитлер бериў, мәмлекет кредитлериниң кепили, тиккелей мәмлекет инвестициялары, коммерция кредитлери процент ставкаларын субсидиялаў, финанслық жойбарлар ҳәм дәстүрлердиң бөлимлерин биргеликте алып барыў) ;
-
инфраструктуралық (регионда маркетинг изертлеўлерин өткериў, информация-коммуникацияны қоллап-қуўатлаў, аймақта инновацион ярмаркалар өткериў);
-
шөлкемлестириўшилик (мәмлекет хызметлерин сертификатлаў, хызметлердиң экспортында бирге ислесиў, оларды регионлық дәстүрлерди өткериўде тартыў, сервис хызметлерин бағдарлаў.
Бизиң пикиримизше, келешекте регион дәрежесинде инновациялық процесслерди жеделлестириўди басқарыўдың нәтийжелигин арттырыў ушын төмендеги шәрт-шәраятларды жаратыў зәрүр:
-
илимий-техникалық өним базардың ҳәрекет етиўиниң анық экономикалық механизмин қәлиплестириў. Усыдан келип шығып, инновацияларды экономикалық хошаметлеў механизми ҳаққында нызам ҳәм басқа нормативлик ҳүжжетлерди ислеп шығыў;
-
миллий өнимниң бәсекеге шыдамлылығы артыўын тәмийинлейтуғын инновациялық активликти күшейиттириў;
-
заманагөй технологиялар тийкарын қурайтуғын фундаментал инновацияларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;
-
инновация хызметин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды бәсекеге шыдамлы базардың инновация механизминиң нәтийжели ҳәрекет етиўи ҳәм интеллектуал мүлкти қорғаў менен қосып алып барыў;
-
регионда инновация хызметин раўажландырыў, технологиялардың халықаралық ҳәм регионлар аралық трансферти, халықаралық инвестициялық бирге ислесиўшилик, миллий инновация исбилерменлиги мәплерин қорғаўға көмеклесиў.
Мәмлекет регионларындағы экономикалық сиясат экономика раўажланыўында тармақлардың өзгешеликлери ҳәм шийки зат пенен тәмийинленгенлигин есапқа алынып, ислеп шығарылыўы ҳәм әмелге асырылыўы керек. Бунда орайлық басқарыў органлары регионлар үстинен инвестицияларды тартыў тийкарында технологиялық инновациялық сиясат раўажланыўына басшылық етиўи ҳәм қадағалаўды әмелге асырыўы керек болады. Тек ғана усындай қатнас жасағанда ғана ең қысқа мүддетлерде дүнья-жүзлик финанслық-экономикалық дағдарысының унамсыз ақыбетлерин нәтийжели жоқ етиў имканиятына ҳәм турақлы экономикалық өсиў ушын исенимли тийкарға ийе болыў мүмкин.
КИШИ БИЗНЕСТЕ ЭЛЕКТРОН ҲҮЖЖЕТЛЕРДИ ПАЙДАЛАНЫЎДЫ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ
Уразбаева Л.М.
Карақалпақ мәмлекетлик университети
Киши исбилерменлик секторы түрли мәмлекетлер экономикасында әҳмийетли ўазыйпаны атқармақта. Бириншиден, бул сектор базар шараятында өндиристеги терең қәнигелесиў ҳәм тармақласқан кооперацияны жаратады, буларсыз жоқары нәтийжелиликти көз алдымызға келтирип болмайды. Екиншиден, заманагөй үскенелер ҳәм технологиялардан пайдаланып, сарыпланған капиталдың орнын жүдә тез қаплай алады. Үшиншиден, майда бизнес базар ушын зәрүр болған бәсекешилик орталықты, өзгерип турыўшы базар талабына жуўап бериўге таяр болыў қәбилетине ийе. Төртиншиден, ең дәслеп өндириўшилердиң жеке мәпи тийкарына қурылған исбилерменлик орталығын жаратады.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик илимий-техникалық раўажланыўды жеделлестириў, санааттың алдыңғы тараўларында жаңа технологияларға өтиў шараятында өз орнын тапты. Бундай исбилерменлик жаңа информациялық технологиялары менен, жаңа идеялар ҳәм өндиристи модернизациялаў менен ислеўди тәмийинлеўши пүткил системаның тығыз байланысқан элементлерин қурайды.
Киши кәрханалардың жумысын жәнеде әпиўайыластырыў ушын бул системаны компьютерлестириў керек. Оның ушын:
- мәмлекетлик басқарыўдың артықша буўынларын қысқартыў, тәртипке салыў жүгин кемейтиў, сондай-ақ, ҳүжжетлер айланысының санлы технологияларын кең енгизиў жолы менен бизнес процесслерин ҳәм транзакцияларын тезлестириў, әпиўайыластырыў ҳәмде арзанластырыў;
- бизнес структуралары алдында турған қағазбазлық ҳәм административлик тосықларды жоқ етиў;
- нызамлардан ҳәм базар талапларынан келип шыққан жағдайда бар ресурсларды мақсетке муўапық еркин басқарыў;
- раўажланыў дәстүрлерин қоллап қуўатлаў.
Бул ўазыйпаларды шешиў төмендеги мәселелер бойынша бизнес субъектлерине электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў системасын раўажландырыў жолы менен ерисиледи:
-
ўәкиллик берилген шөлкемлерден проект ҳүжжетлерине рухсатнамалар алыў ҳәм олар менен келисиў;
-
лицензиялар алыў ҳәм оларды узайтыў;
-
компанияларды мәмлекет дизиминен өткериў ҳәм қайта өткериў;
-
исбилерменлердиң сораўлары, мүрәжетлери ҳәм шағымларын интерактив қураллары арқалы қабыл етиўин ҳәмде олар менен байланыста болатуғын мәмлекетлик басқарыў органларының ҳәр түрли ҳүжжетлерин исбилерменлерге электрон түринде жибериў хызметин шөлкемлестириў;
-
бюджетке ҳәм бюджеттен тыс фондларға мәжбүрий корпоратив төлемлерди әмелге асырыў;
-
исбилерменлерге юридикалық мәсләҳәтлер бериў;
-
нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киритиў ҳаққында өз ўақтында толық мағлыўмат алыў;
-
экспорт-импорт операциялары бойынша товарға қосымша етилетуғын ҳүжжетлерди ҳәм бажыхана төлемлерин рәсмийлестириў;
-
бухгалтерия, салық ҳәм статистика есабатын рәсмийлестириў ҳәм т.б.
Республика өткерилип атырған административлик реформаларға сәйкес келетуғын электрон ҳүкимет системасын жаратыўдың мәмлекетлик стратегиясын ислеп шығыў керек.
Таңланған стратегия тийкарында электрон ҳүкимет системасын енгизиў бойынша проектти жаратыў ҳәм оның стандартларына тийкарланып басқышпа-басқыш турмыста қолланыў жобаластырылған мақсеттиң әмелге асыўына алып келеди. Бунда төмендеги мәселелердиң шешилиўине итибар қаратыў әмелий әҳмийетке ийе:
-
аралық байланыс имканиятына ийе болған ҳүкимет электрон мағлыўмат базаларын, мағлыўматларды жыйнаў ҳәм топлаўдың интеграцияласқан системаларын жаратыў;
-
Интернет системасы тийкарында министрликлер, мекемелер ҳәм мәмлекетлик шөлкемлери ҳәмде орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият органларының компьютер системаларын бирлестириўши бирден-бир компьютер тармағын жаратыў;
-
интеграцияласқан электрон ҳүжжет айланыс системаларын енгизиў, яғный ҳәр қыйлы дәрежедеги мәмлекетлик басқарыў органларының жумыс алып барыў процесслерин масластырыў, олар ортасындағы ҳүжжет айланысының универсал стандартларын ислеп шығыў ҳәм жетилистириў, мәмлекетлик интеграцияласыў ҳәм мекемелер аралық ҳүжжет алмасыўының нормативлик-ҳуқықый базасын жаратыў;
-
мәмлекет органының пуқаралар ҳәм шөлкемлер электрон байланыслылығын белгилеп бериўши қағыйдаларды ислеп шығыў, олардың тийисли ҳүжжетлер тийкарында рәсмийлестириў, мәмлекет басқарыў органларының ямаса ҳәкимият басқармаларының Интернеттеги Web-сайтлары арқалы пуқаралардың мүрәжетлери ямаса сораўларын рәсмийлестириў механизмлериниң формасын ислеп шығыў, оларды көрип шығыў мүддетлери қандай, унамлы ҳәм унамсыз жуўап ушын қандай тийкарлар бар, қабыл етилген қарар қандай тәртипте даўа етиўи мүмкинлигиниң тәртиплерин тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде көрсетиў;
-
исбилерменлердиң арза, есабатларының электрон формаларын ислеп шығыў ҳәм олар тийкарында мәмлекетлик мекемелелер менен байланысты жолға қойыў;
-
хожалық хызмети мәселелериниң (яғный, дизимге алыў, лицензиялаў ҳ.т.б.) электрон түринде әмелге асырылыўын жолға қойыў;
Мәмлекетлик басқарыўына электрон ҳүкемет методларын енгизиўдиң нәтийжеси бул тараўдағы нызамшылықтың туўры дүзилгенлигине байланыслы болады. Егерде мәмлекетлик органлары, бизнес шөлкемлери ҳәм пуқаралары ортасындағы электрон түринде әмелге асырылатуғын байланыслар белгили бир нормативлик қағыйдаларға тийкарланып алып барылмаса, ҳәр қыйлы тосықлардың пайда болыў итималлығы көбейип кетеди ҳәм ақыбетинде информациялық-коммуникация технологияларын енгизилгенлигине қарамастан байланыслар ески методта орынлана береди.
Достарыңызбен бөлісу: |