Адабиётлар:
-
Мамлакатимизни модернизация қилиш йўлини изчил давом эттириш – тараққиётимизнинг муҳим омилидир. - Президент Ислом Каримовнинг Ўзбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганининг 18 йиллигига бағишланган тантанали маросимдаги маърузаси // “Халқ сўзи” газетаси, 2010 йил 8 декабрь.
-
Барча режа ва дастурларимиз Ватанимиз тараққиётини юксалтириш, халқимиз фаровонлигини оширишга хизмат қилади. - Президент Ислом Каримовнинг 2010 йилда мамлакатимизни ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш якунлари ва 2011 йилга мўлжалланган энг муҳим устувор йўналишларга бағишланган Ўзбекистон Республикаси Вазирлар Маҳкамасининг мажлисидаги маърузаси //Халқ сўзи, 2011 йил 22 январь.
-
Ўзбекистон Республикаси Президентининг Қарори. “Кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик йили” Давлат дастури тўғрисида. 2011 йил 7 февраль, ПҚ-1474-сон.
-
Абдуллаев Ё., Юлдашев Ш. Малый бизнес и предпринимательство: Учебник для студентов высших учебных заведений, обучающихся по экономическим направлениям и специальностям. – Т.: “IQTISOD-MOLIYA”, 2008. 340 с.
Экономиканы модернизациялаў шараятында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажланыў бағдарлары
Жиемуратов Т.П., Сарсенбаев С., Бердиева Қ.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Республикамызда әмелге асырылып атырылған экономикалық реформалардың ҳәзирги басқышы бул процестеги ең әҳмийетли баслы бағдарларынан бири - киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў оған кең экономикалық еркинликлер бериў менен характерленеди. Бул тараўдағы субъектлерге еркинлик бериў оларда өз хызметиниң нәтийжелери ушын жуўапкершилик сезимин жәнеде асырады, мәмлекет экономикасындағы үлеси сезилерли дәрежеде артып барыўына мүмкиншилик жаратылады.
Ҳақыйқатында да, жер жүзлик финанслық-экономикалық дағдарысы шараятында бул тараў тек экономиканың өсиў пәтлерин жеделлестирип ғана қоймастан, бәлким, мәмлекетимиз ушын оғада әҳмийетли болған бәнтлик ҳәм халықтың дәраматларын асырыў мәселелерин шешиўде ҳәм жетекши орын тутпақта. Усыған тийкарланып ҳуқықый базаны беккемлеў, экономиканың бул секторы ушын турақлы қолайлылық, жеңиллик ҳәм кредитлер системасын қәлиплестириў мәселелерине әҳмийетли итибар берилип атырылғаны себепли ерисилмекте.
Республикамызда киши бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәмде исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде экономиканың бул тармағы барған сайын беккемленип, оның республикамыз экономикасындағы орны, жумыс пенен тәмийнлеў ҳәм өним ислеп шығарыўдағы салмағы жылдан-жылға артып бармақта.
Анализлеримиздиң көрсетиўинше, киши бизнестиң сыртқы экономикалық хызмети әсте ақырын кеңейип бармақта. Оның улыўма экспорт көлеминдеги үлеси 2010-жылдың 1-январ жағдайына 14,6% қурап, бул көрсеткиш 2005-жылға салыстырғанда 6,7 % ке өскен. 2010-жылда киши бизнестиң экспорт көлеми 1723,6 млн. АҚШ долларына жетти. Олардың тийкарғы экспорт өнимлери аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехникалық ислеп шығарыў өнимлери, халық әмелий өнери буйымлары қурамақта.
Ҳүкимет исбилерменлик субъектлериниң сыртқы экономикалық хызметин кеңейтириў ушын қолайлы шараятлар жаратпақта. Олар технологиялық әсбап-үскенелерди алып кириўде импорт бажылары төлемлеринен азат етилген. Бул өз нәўбетинде, дүнья базарында бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспортқа сатыў имканятын береди.
Ҳәзирги шараятта банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин финанслық қоллап-қуўатлаў ушын усынылған кредитлер исбилерменлер ҳәм жеке шахсларға берилген микрокредитлер муғдары сезилерли дәрежеде көбейди. 2010-жыл 1-январ жағдайына киши бизнес тараўына коммерциялық банклер тәрепинен 1851,7 млрд. сўм, соннан микрокредитлер 322,1 млрд. сўмлық кредит берилди.
Бул бойынша әсиресе «Микрокредитбанк»тиң хызмети әҳмийетли есапланады. Мәмлекетимиз аймақларында 78 филиали ҳәм 270 тен зыят мини банклери хызмет көрсетип атырған бул банк киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тармағын кредитлер менен тәмийнлеўге хызмет етпекте. Коммерциялық банклердиң қоллап-қуўатлаўлары нәтийжесинде усы жылда 480 мыңнан артық жаңа жумыс орынлары шөлкемлестирилип, олардың дерлик тийкарғы бөлеги аўыллық орынларында ашылды. Бул бойынша мәмлекетимиз басшысы «бизлердиң социаллық-экономикалық сиясатымызда киши бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ушын қандай үлкен әҳмийет берилип атырғанлығын және бир мәрте тәкрарлап өтиўдың қәжети жоқ деп ойлайман. Тек итибарыңызды соған қаратпақшыман киши бизнестиң ықшам ҳәм ҳәрекетшеңлиги, базар конъюктурасының өзгерислери ҳәм тутыныўшылардың мүтәжликлерине салыстырғанда тез бейимлесе алыўы жер жүзлик экономикалық дағдарысы дәўиринде жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын асырыўды ең қолайлы ҳәм мақул қуралга айланады»деп айрықша атап өтти.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик кәрханаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жеңиллестирилген кредит жамғармасының ресурс базасын еки есе көбейтиў нәзерде тутылған. Соның менен бирге, берилген жеңилликлердиң әмел қылыў мүддети создырылды, айланыс қаржыларды толтырыў ушын берилетуғын кредитлердиң ең узақ муддети 12 айдан 18 айға создырылды.
Жуўмақлап айтқанда, республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың экспортқа жарамлы бәсекелесе алатуғын, сапалы товар ҳәм хызметлерди ислеп шығарыўды избе-из жолға қоя алатуғын беккем экономикалық тараўға айланыўын тәмийнлеўге ҳәрекет етиўимиз лазым.
Жер-жүзлик финанслық-экономикалық дағдарысының унамсыз ақыбетлери сапластырыў, әсиресе киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң ролин асырыў бойынша төмендеги илажларды әмелге асырыў мақсетке муўапық:
-санаатта киши бизнес кәрханаларының үлесин асырыў бойынша әмелий ис-илажлары жетилистириў, экспортқа жарамлы өним ислеп шығаратуғын кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, ишки ҳәм сыртқы инвестициялар есабынан ислеп шығарыў қуўатларын модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, жаңа кәрханаларды дүзиў арқалы бәсекеге шыдамлы өним ислеп шығарыў көлеминиң асыўын хошаметлеў;
-фермер хожалықларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың материаллық ҳәм финанслық базасын беккемлеў, оларға жаңа имканиятлар жаратыў, хызмет көрсетиўши структураларын раўажландырыў;
-аўыл хожалығы кәрханаларына өзиниң өнимлерин қайта ислейтуғын заманагөй технологияларды сатып алыў ушын жаратылған кең имканиятлардан пайдаланыўға көмеклесиў илажларын көриў.
Аўыллық орынларында киши исбилерменликтиң жәнеде раўажланыўында кредит мәкемелерин раўажландырыў әҳмийетли роль ойнаўын есапқа алған ҳалда, банк-финанс системасындағы реформаларды жәнеде тереңлестириў бойынша: Халықтың ҳәм исбилерменлердың банклерге болған исенимин беккемлеў, банклердың арасында бәсеке орталығын пайда етиў, олар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сыпатын асырыў ҳәм олардың жаңа түрлерин раўажландырыў, микрокредитлер берилиўин сезилерли дәрежеде кеңейтириў лазым.
Әдебиятлар
1. И.А.Каримов. Асосий вазифамиз – Ватанимиз тараққиёти, халқимиз фаровонлигини янада юксалтиришдир. Тошкент: Ўзбекистон, 2010. 35-бет.
2. Мамлакатимизни модернизация килиш йулини изчил давом эттириш – тараққиётимизнинг муҳим омилидир. Ўзбекистон Республикаси Президенти Ислом Каримовнинг Ўзбекистон Республикаси Констиутцияси қабул қилинганлигининг 18 йиллигига бағишланган тантанали маросимидаги маърузаси// Халқ сўзи. 2010, 8 декабрь.
3. Президенти Ислом Каримовнинг 2010 йилда мамлакатимизни ижтимоий-иқтисодий ривожлантириш якунлари ва 2011 йилга мўлжалланган энг муҳим устувор йўналишларига бағишланган Ўзбекистон Республикаси Вазирлар маҳкамасининг мажлисидаги маърузаси// Халқ сўзи. 2011, 22 январь №16 (5183).
4. И.Каримовнинг Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Қонунчилик палатаси ва Сенатининг 2010 йил 12-ноябрдаги қўшма мажлисидаги маърузаси.
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎДЕ ИНТЕРНЕТ ГЛОБАЛ ТАРМАҒЫ ИМКАНИЯТЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНЫЎ
Жиемуратов Т.П.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Реклама қатнасықлары жәмийеттиң экономикалық жақтан раўажланыўында тийкары фактор есапланған исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшыларға пайда көриў ушын исленген ис-ҳәрекеттиң нәтийжелилигин асырыўшы, ҳәм де тутыныў мәдениятын раўажландырыўдың қурал сыпатында жүзеге шыққан. Товар ислеп шығарыўшы яки хызмет көрсетиўши субъект, өз товарына тутыныўшыны (қарыйдарды) қызықтырыў ушын рекламадан пайдаланады. Бирақ, информациялык–коммунимкациялық технологиялар (ИКТ) дың тез раўажланыўы ҳәм глобал тармақ–Интернеттен коммерциялық мақсетте пайдаланыў нәтийжесинде реклама тутыныўшыларды өзине тартыў усылы ғана болып қалмастан, бәлким қарыйдарлар менен туўрыдан-туўры байланыс орнатыў қуралына айланды.
Интернет реклама әдеттеги реклама усылларынан парықлы рәўиште төмендеги қолайлылықларға ийе:
-
бир ўақыттың өзинде ишки ҳәм сыртқы базарға шығыў;
-
қәлеген көркем ҳәм аудиовизуал элементлерден пайдаланыў;
-
таңланған тутыныўшылар топарына мүрәжат етиў;
-
реклама тәсирин тез ҳәм анық баҳалаў;
-
реклама баннерлерин жайластырыў ямаса өзгерислер киритиў ушын қосымша ўақыт ҳәм қәрежет талап етилмеўи.
Ислеп шығарыўшы яки исбилермен бул қолайлылықтан пайдаланыў ҳәм интернет рекламаны жолға қойыў ушын қандай жол тутыўы керек? Буның ушын реклама бериўши төмендегилерге әҳмийет бериўи керек:
-
Реклама жайластырылатуғын веб-сайттың ҳәммеге мәлимлиги;
-
Реклама баннериниң өлшемлери ҳәм жайласқан орны;
-
Реклама баннериниң дизайни;
-
Баҳалаў моделлери.
1. Веб-сайттың ҳәммеге мәлимлиги. Реклам бериўши бар болған жергиликли ҳәм сырт ел веб-саитлар, оларға мүрәжет етиўшилер саны, қандай жас ҳәм қызығыўшылықтағы пайдаланыўшыларға мөлшерленгенлиги ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болыўы керек.
Ҳәзирги күнде дерлик барлық түрдеги фирма ҳәм компаниялар өзиниң веб-сайтларына ийе. Өзбекстан байланыс ҳәм хабар агентлигиниң 2010 жыл жуўмақларына бағышланған есабатына тийкарланып бүгинги күнге келип uz. зонасында дизимге алынған доменлер саны 11095 ке жақын. Барлық миллий сайтлар рейтинги www.uz ҳәм uzreyting.uz саитларынан алыў мүмкин. Бул мағлыўматлар жәрдеминде реклама бериўши өзи ушын зәрүр болған веб – саитларды ажыратып алыў имканиятына ийе болады.
-
Реклама баннериниң өлшемлери ҳәм жайласқан орны. Ҳәр бир веб сайт өзине тән дизаинға ийе, олардың айырымларындағы реклама ушын ажыратылған орынлар екиншиси менен бирдей емес. Бирақ барлық тийкарғы сайтлардағы реклама баннерлери майданларын шәртли түрде төмендеги улыўмалық шаблон жәрдеминде сәўлелендириў мүмкин. Бунда 1 – ең жоқары баннер, өлшемлери 468Х60рх ( рх – пиксел); 2 – орайлық баннер, оның өлшемлери ҳәр түрли; 3 – төменги шеп мүйештеги баннер 120х600 яки 160х600рх; 4 – ең төменги баннер 468х60рх; 5 – оң тәрептеги орайлық баннер 200х200рх.
Бул мағлыўматлар жәрдеминде реклама бериўши өз баннериниң өлшемлери қандай болыўы ҳәм қайсы орында жайласыўы кереклигин белгилеўи мүмкин.
3. Реклама баннериниң дизайни. Ҳәр бир баннер өзине тән көркемлик жақтан безеўди талап етеди. Ол ҳәр кимниң итибарын тез тарта алатуғын, тәкирарланбас, ондағы ҳәр бир сөз ҳәм элемент товар яки хызметтиң қәсийетлерин ашып бериўге қаратылып, улыўма уйғынлыққа ийе болыўы лазым. Баннерлер еки түр статик ҳәм динамик көринисте болып, оларды таярлаўда ҳәр түрли графикалық редакторлардан пайдаланылады. Adobe Flash дәстүринен пайдаланғанда баннерде аннимациялар менен бирге сүўретке сәйкес намаларды (музыкаларды) да жайластырыў мүмкин. Бирақ пайдаланып атырған ҳәр бир графикалық редакторға файлдың көлеминиң артыўына, кейин ала болса сайттың әсте ашылыўына себеп болыўын есте тутыў лазым.
4. Баҳалаў моделлери – баннерди жайластырыў баҳалары.
Интернет тармағында рекламалар жайластырыўды баҳалаўдың бир қанша моделлери бар.
а) Белгиленген айлық төлеў тийкарында жайластырыўды FFA (Flat Fee Advertising) – рекламаларды жайластырыўдың ең кең тарқалған баҳалаў усылы болып, бул моделде көринислердиң саны ҳәм оған болған мүрәжетлер есапқа алынбайды.
б) Мың мәртебе көринислери ушын төлеў тийкарында жайластырыў CFM (cost per thousand, M-римның мың саны) және бир кең тарқалған баҳалаў моделлеринен бири болып, бул рекламаның мың мәртебе көринислери ушын төлеў есапланады. Төменде айырым веб-сайтларға баннерлерди 100 000 көринислер саны менен жайластырыў баҳалары келтирилген.
Бул басқышларды әмелге асырғаннан кейин реклама бериўши өз дағазаларын бир ўақыттың өзинде бир яки бир неше веб-сайтларға жайластырыўы мүмкин болады. Жоқарыда биз тек ғана реклама баннерлер ҳаққында айтып өттик. Интернет рекламалардың және бир қанша түрлери бар. Мысал ушын, байриклер (өз-өзинен шығыўшы реклама айнасы), электрон почта арқалы жибериўлер, контекстли рекламалар ҳәм тағы басқа. Реклама бериўши олардың ҳәммесинен комплекс түрде пайдаланыўы да мүмкин.
Басқа мәмлекетлер менен салыстырғанда мәмлекетимизде Интернет рекламаларын ислеп шығыў, жолға қойыў барысында еледе бир қанша қыйыншылық ҳәм кемшиликлер бар. Олардың тийкарғылары сыпатында төмендегилерди көрсетиў мүмкин:
-
Реклама бериўшилердиң интернет рекламалары ҳаққында жетерли мағлыўматларға ийе емеслиги;
-
Қаладан тысқарыдағы пайдаланыўшылар Интернетке қосылыўда айрым қыйыншылықларға дус келмекте;
-
Электрон коммерцияның раўажланыўы салыстырмалы төмен дәрежеде екенлиги;
-
Туўрыдан – туўры реклама хызмети менен шуғылланыўшы, арнаўлы билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелердиң жетиспеўшилиги.
Реклама әллеқашан бизиң турмысымызға кирип келиўге үлгерген. Ендиги ўазыйпа болса заманагөй АКТ имканиятларынан пайдаланып, оның нәтийжелилигин және де арттырыў, ишки ҳәм сыртқы базарға тезирек шығыў қуралы сыпатында дурыс пайдаланыўды жолға қойыўдан ибарат.
Әдебиятлар:
1. Деҳқонов Ш. Реклама: ҳар қандай қонунчилик такомили юрт манфаатига хизмат қилади. Хабар. 2011 жыл, 21-январь, 3(957)-сан.
2. Успенский У.В. Интернет маркетинг.
3. Тюриков А.Г., Шляпин Д.Е. Интернет реклама.
4. Аксенова К.А. Реклама и рекламная деятельность.
5. www.aci.uz
МАЗМУНЫ
Қосымша
Достарыңызбен бөлісу: |