Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында



бет14/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   25

Пайдаланылған әдебиятлар

1. Өзбекстан Республикасы Президенти Ислом Каримовтың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың 2010 жыл 12 ноябрдеги қоспа мажлисиндеги “Мамлакатимизда демократик ислоҳотларни янада чуқурлаштириш ва фуқаролик жамиятини ривожлантириш концепцияси” темасындағы баянаты материаллары

2. Өзбекстан Республикасы Президенти Ислом Каримовтың Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаттың 2010 жыл 27 январда болып өткен қоспа мәжилисиндеги «Мамлакатимизни модернизация қилиш ва кучли фуқаролик жамияти барпо этиш – устувор мақсадимиздир» темасындағы баянаты материаллары

3. Ўзбекистон Республикаси Президентининг «Ўзбекистон Республикасининг 2011 йилги асосий макроиқтисодий кўрсаткичлари ва давлат бюджети тўғрисидаги» 24.12.2010 й. № ПҚ-1449 сонли қарори

4. А.Ваҳобов, А.Жораев «Солиқлар ва солиққа тортиш» Тошкент – 2009 й.

КИШИ БИЗНЕС СУБЪЕКТЛЕРИН КРЕДИТ АРҚАЛЫ ФИНАНСЛАСТЫРЫЎДЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ЖОЛЛАРЫ
Баймуратова З.А.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Киши бизнес субъектлерин раўажландырыў бойынша жумыслар алып барылғанда нәтийжеде олардың алдында турған машқала киши бизнес субъектлерин финансластырыў машқаласы болып табылады.

Киши бизнес субъектлерин финансластырыў ишки ҳәм сыртқы дереклер есабынан болады. Киши бизнес субъектлерин ишки дереклер есабынан финансластырыў бизнесменниң өзиниң қаржылары есабынан финансластырылады. Соның менен бирге киши бизнес субъектлериниң исбилерменлик ҳәрекети нәтийжесинде көрилген пайда есабынан финансластырылыўы мүмкин.

Киши бизнес субъектлерин сыртқы қаржылар есабынан финансластырыў тийкарынан инвестициялық қойылмалар есабынан финансластырыў, қәўендерлер есабынан финансластырыў ҳәм кредит жәрдеминде финансластырыўлар болып табылады. Булардан ең көп тарқалғаны кредитлер арқалы финансластырыў болып, кредит жәрдеминде исбилерменлер өзлериниң алдына қойған киши бизнестеги мақсетлерине тезирек ериседи ҳәм исбилерменлик ҳәрекетлерин раўажландырыўға финанслық шараят жаратады.

Киши бизнес субъектлерин кредит пенен тәмийинлеў-бул оларға финанслық пул яки товар формасындағы қуралларды анық мүддетке хожалық ҳәрекетин әмелге асырыў ушын бериў. Кредит пенен тәмийинлеўдиң төмендеги түрлери бар:



  • хожалық жүритиўши субъектлерге пул ссудаларын яки товарды капитал орнына туўрыдан-туўры бериў формасы.

  • есап-китап түрлеринен бири сыпатында кредит пенен тәмийинлеў яғный төлеў мүддети узайтырылғанлығы есабынан.

Бул жерде "Кредит" түсиниги кең мағанаға ийе. Бириншиден- кредит төлеў ҳәм процент төлеў шәрти менен ссуда көринисинде пул яки товар формасында болыўы мүмкин. Юридикалық яки физикалық тәреплер қарызға қурал бериўшилер-кредиторлар, алыўшылар - заёмщиклер деп аталады. Кредиттиң тийкарғы ўазыйпасы пул қаржыларын қайтарып бериў шәрти менен кәрханалар, шөлкемлер, тармақлар ҳәм аймақлар арасында бөлистириў ҳәм ўақтынша бос пул қаржыларын нәтийжели пайдаланыўдан ибарат. Кредиттиң басқа ўазыйпасы бул ҳақыйқый пулларды кредит пулларына (банкнотлар) ҳәм кредит операцияларына (нақ пулсыз есаплсыўға) алмастырыўдан ибарат. Екиншиден-кредит өзин ссуда капиталы ҳәрекети формасында көрсетеди. Пул яки товар формасындағы ссуда қайтарылыўы ҳәм төлеў шәрти менен кредитор ҳәм заёмщик ортасындағы экономикалық қатнасықты сәўлелендиреди. Киши бизнесте кредит пенен тәмийинлеў кең формада түсиниледи, бул жерде төмендеги кредитлер ислетиледи коммерциялық, банк, мәмлекет, тутыныў, халық-аралық. Олардың ҳәммеси кредит берилиў мүддетине қарап қысқа мүддетли (бир жылға шекем), орта мүддетли (бир жылдан үш жылға шекем) ҳәм узақ мүддетли (үш жылдан артық) болыўы мүмкин.

Коммерциялық кредит-товар формасында (берилиўши) сатыўшылар тәрепинен қарыйдарға берилиўши кредит болып сатылған товардың баҳасын арқараға сүриўден ибарат. Нәтийжеде есап-китаплар вексель яки ашық есап пенен әмелге асырылады. Биринши жағдайда қарыйдар товар ҳүжжетлерин алғанынан соң сатыўшы тәрепинен қойылған вексельди (траттаны) қабыл етеди яки әпиўайы вексель рәсмийлестиреди. Екинши жағдайда сатыўшы қарыйдардың қарыз мәжбүриятларын алмайды ҳәм қарыз бойынша есап ашады, қарызды қайтарыў дәўирлик төлемлер сыпатында қысқа мүддетлерде (1-2-ай) әмелге асырылады.

Коммерциялық кредитке болған зәрүрият капиталды ислетиў ҳәм айланыс ўақтының бир-бирине туўры келмеслиги нәтийжесинде келип шығады. Бул жерде товарды кредитке сатыў ислеп шығарыў процессиниң үзликсизлигине жәрдемлеседи, капиталдың айланысының тезлесиўин ҳәм пайданың көбейиўин тәмийинлейди. Усы формадағы кредит әдетте қысқа мүддетли болады.

Банк кредити-исбилерменлер ҳәм кәрханаларға пул ссудасы көринисинде бериледи.

Банк ссудасы - бул кәрхана шөлкемлердиң, айырым пуқаралардың ўақытша бос қаржылары болып банк тәрепинен шәртнама тийкарында олардың разылығы менен тартылады ҳәм ссуда фондын қурайды. Кредит алыў ушын кредит бериўши ҳәм заёмщик тәрепинен кредит шәртнамасы дүзиледи, ол өз ишине төмендегилерди алады. Кредит түри, муғдары, оның берилиў тәртиби ҳәм мүддети, кредит бериў шәрти, процент төлеминиң муғдары, ҳәр еки тәреп жуўапкершилиги, кредитор ҳәм заёмщиклер ҳаққындағы мағлыўматар.

Киши бизнес раўажланыўы ушын мәмлекет кредити мәмлекет бюджетинен ең зәрүр заманагөй исбилерменлик проектлерин әмелге асырыў бойынша тастыйықланған дәстүрлер тийкарында бериледи.

Тутыныў кредити - бул кредит формасында қарыз алыўшы сыпатында юридикалық тәреп, қарыз бериўши сыпатында кредит мекемеси, кәрхана ҳәм шөлкем болыўы мүмкин. Бул кредит формасы халықтың тутыныў талабын қанаатландырыў қуралы сыпатында хызмет қылады ҳәм пул яки товар формасында болыўы мүмкин.

Халық-аралық кредит - бул халық-аралық экономикалық қатнасықлар тараўы болып ол түрли мәмлекетлер кредиторлары ҳәм қарыз алыўшылары арасында ссуда бериў, ислетиў ҳәм оны тоқтатыў бойынша процент төлеў менен әмелге асырылады. Бул түрдеги кредит киши бизнести раўажландырыў ушын мәмлекетлер ортасында банклер ҳәм фирмалар тәрепинен халық-аралық жәрдем формасында бериледи. Халық-аралық кредит өлшеми ҳәм оны бериў шәрти кредит бериўши ҳәм алыўшылар ортасындағы кредит шәртнамасында өз көринисин тапқан. Фирма көз-қарасы бойынша бериў ҳәм тәмийинлеўде төмендеги кредитлер болыўы мүмкин. Товар, валюта, тәмийинленген (товар, коммерциялық ҳүжжетлери менен ҳәм басқа материаллық байлықлар менен) ҳәм тәмийинленбеген (банк) кредитлери. Қарыз алыўшылары бойынша кредитлер жеке, мәмлекетлик ҳәм коммерциялық болыўы мүмкин. Кредиттиң тийкарғы шәрти есап-китап түри болып (төлеў мүддети узайтырылған есап) фирма кредити, вексель (есаплы) ҳәм факторинг есапланады.

Фирма кредити - бул кредит бериў формасында товар бериўши ҳәм сатыўшы төлеў муддети узайтырылған кредитти қарыйдарға береди. Бул киби кредит формасының бирден-бир мысалы өнимди тутыныўшыға авансқа бериў болып табылады, аванс бериўшиге шәртнамаға қол қойылғаннан соң өткериледи. Вексель кредити-бул векселди банк тәрепинен сатып алыў, вексель ийесинен төлеў мүддети келместен турып сатып алыў болып табылады, яғный вексель ийеси банктен мүддетинен илгери векселде көрсетилген пул муғдарын, коммерциялық төлемлерди, есап төлемин ҳәм басқа қәрежетлерди айырғаннан кейингисин алады.

Факторинг-бул айланыўшы қуралларды кредит пенен тәмийинлеўде ортада турыўшының искерлик түри, ортада турыўшы компания (банк) белгили бир төлем орнына исбилерменлер қурамынан, қарыйдарлардан оның есабына алынатуғын пул қаржыларын алыў ҳуқықына ийе болады (дебиторлық қарызын инкассаға қосыў ҳуқықы). Соның менен бирге ортада турыўшы қарыйдардың айланыў қуралын кредит пенен тәмийинлейди ҳәм оның кредит ҳәм валюта тәўекелшилигин өз мойнына алады, ортада турыўшы товар сатыўшының өз-ара қатнасықлары факторинг бойынша шәртнама менен тәртипке салынды.

Ашық есап бойынша кредит пенен тәмийинлеў - бул сатыўшыны турақлы қарыйдарға тәмийинлетпестен ҳәм тез процент төлеместен төлеў мүддети узайтырылған формадағы кредит. Сатыўшы қарыйдарға товарды оның мәнзилине товар бөлистириў ҳүжжетлери менен карыз муғдарын қарыйдар шәртнамада көрсетилген мүддетлерде өз қарызын ашық есап бойынша үзип барады.

Овердрафт–қысқа мүддетли кредитлеў формасы болып банклер әмелиятында ислетиледи. Ол Англияда пайда болған. Овердрафттың мазмуны соннан ибарат, әдетте банктиң исенимли қарыйдарына белгили шегарада чеклер менен қарыз төлеў ҳуқықы бериледи. Банк ҳәм қарыйдар өз-ара шәртнама дүзип онда овердрафттың ең үлкен муғдары, кредит бериў шәрти, оны қайтарыў тәртиби ҳәм овердрафт процент муғдары белгиленеди.

Киши бизнес хәм жеке исбилерменлик тараўына жиберилип атырған кредитлер муғдары 2001-2009-жыллар даўамында дерлик 11 есе өсти. Сондай-ақ, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ҳәрекетиниң жедел раўажланыўында оған хызмет көрсетиўши инфраструктура шөлкемлериниң шөлкемлестирилиўи ҳәм хызмет сапасы дәрежесиниң жақсыланып барыўы сезилерли тәсир көрсетти. Бүгинги күнде мәмлекетимиз киши бизнес тараўында оннан артық түрдеги 8 мыңға жақын инфраструктура шөлкемлери хызмет көрсетип, ҳәрекет ушын зәрүр шәраятларды жаратып бермекте.

Киши бизнес субъектлерин финансластырыўды жетилистириў ушын бизиң мәмлекетимизде көплеген мүмкиншиликлер жаратылған, олардан салықлардағы жеңилликлерди, әсиресе, бирден-бир салықтың 7 %тен 6 % ке шекем түсирилиўин мысал етип келтириўимиз мүмкин. Кредит арқалы финансластырыў бойынша көплеген коммерциялық банклерде кредитлердиң түрлери жүдә кең.

Дизимнен өткенине 6 ай толмаған киши бизнес субъектлерине 50 минимал ис-ҳақы муғдарында жылына 3 % пенен берилетуғын кредитлер- киши бизнес субъектлерин финансластырыў машқалаларын жеңиллестиреди. Буннанда басқа киши бизнес субъектлерине басқа да жеңилликлер менен берилетуғын кредитлер, әсиресе, егер киши бизнес субъектлери экспортқа өним шығаратуғын болса, онда олар барлық салық түрлеринен азат етилиўи киши бизнес субъектлериниң раўажланыўы ушын ашылған кең мүмкиншиликдур.

Бундай жеңилликлерге қарамастан киши бизнес ҳәрекетлери менен шуғылланыўшы исбилерменлер ҳәм сол исбилерменлиги бойынша қәнийгеликке, билимге, тәжирийбеге ийе болыўына қарамастан өзлериниң пикирлерин шөлкемлестириў ҳәм финансластырыўда қыйыншылықларға ушырамақта. Бундай қыйыншылықларды жеңип өтиў ушын төмендеги усынысларды келтирмекшимен.

Исбилерменлик палаталарында, коммерциялық банклерде, бәнтлик ҳәм мийнет Министрлигинде ҳәм жоқары оқыў орынларының экономика факультетлеринде семинар-тренинг шөлкемлестириў. Бул тренингте тәжирийбели лекторлар лекция оқып, жол-жобалар көрсетилип, бул тренинг төмендеги үш басқышта ҳәрекет етиўи керек:

Биринши басқышта киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў тәртиби, оларды дизимнен өткериўде керекли ҳүжжетлер дизими, сондай-ақ, бул тек ғана дизим менен шекленип қалмастан, олардың избе-излиги ҳәм хабарласатуғын мекемелердиң мәнзиллери, фирмалардың ҳәрекет түрлерине қарап олардың уставларының жазылыўы үйретилиўи керек.

Екинши басқышта жаңа ашылған киши бизнес субъектлерине берилетуғын кредитлердиң түрлери ҳәм коммерциялық банклердиң жеңилликлер менен берилетуғын кредитлериниң барлық түрлери, тәртиби ҳәм шәртлери келтирилиўи керек.

Үшинши басқышта бизнес-жоба дүзиў түсиникли, анық ҳәм мысалларда келтирилиў керек.

Бундай семинар-тренинглер өткериў киши бизнес ҳәрекетлери менен шуғылланыўды қәлеўшилерге ҳәм олардың финанслық машқалаларын шешиўге жәрдем тийгизген болар еди.
Пайдаланылған әдебиятлар:


  1. Каримов И.А. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари Ўзбекистон, 2009 йил.

  2. Каримов И.А. Мамлакатимизда демократик ислоҳотларни янада чуқурлаштириш ва фуқаролик жамиятини ривожлантириш концепцияси “Халқ сўзи”, 2010 йил 13-ноябрь.

  3. “Мaмлaкaтимизни мoдeрнизaция қилиш вa кучли фуқaрoлик жaмияти бaрпo этиш–устувoр мaқсaдимиздир”.–Прeзидeнт Ислoм Кaримoвнинг Ўзбeкистoн Рeспубликaси Oлий Мaжлиси Қoнунчилик пaлaтaси вa Сeнaтининг қўшмa мaжлисидaги мaърузaси // Халқ сўзи, 2010 йил 28- январь.


ИҚТИСОДИЁТНИНГ ХИЗМАТ КЎРСАТИШ СОҲАСИДА КИЧИК БИЗНЕС ВА ХУСУСИЙ ТАДБИРКОРЛИК СУБЪЕКТЛАРИ ФАОЛИЯТИНИ ҚЎЛЛАБ-ҚУВВАТЛАШ
Исаков Ж., Данияров Қ.

Қорақалпоқ давлат университети
Ўзбекистоннинг сиёсий ва иқтисодий мустақиллигига эришиш, миллий давлатчилигимизни барпо этиш, бунинг учун мустаҳкам моддий негиз яратиш манфаатларини кўзлаб иқтисодиётни ислоҳ қилиш соҳасида кўзлаган стратегик мақсадларидан бири - иқтисодиётни моддий, табиий ва меҳнат ресурсларидан самарали фойдаланишни таъминлайдиган чуқур структуравий ўзгаришлар қилиш, рақобатбардош маҳсулотларни ишлаб чиқариш, ишлаб чиқариш самарадорлигини ошириш йўлида кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари иштирокидаги бозор инфратузилмасини яратишдан иборатдир.

Мамлакатимиз Президенти И.А.Каримов таъкидлаб ўтганидек – “Инфратузилма комплекси иқтисодиётимизнинг бутун структураси таянадиган пойдевордир. Республика бутун халқ хўжалик комплекси ишининг уйғунлиги, унинг самарадорлиги, шунингдек, чет эл сармояларини жалб қилиш ва ўзлаштириш имконияти бутунлай инфратузилма тизими ривожининг ҳолатига ва даражасига боғлиқдир”.15

Ишлаб чиқариш имкониятларининг кенгайиши эса ишлаб чиқаришга хизмат қилувчи кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолияти асосида хизмат кўрсатиш соҳасини ривожлантириш заруриятини келтириб чиқаради.

Ишлаб чиқаришдаги узвийлик ва ўсиб бориш кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятида- маҳсулот ишлаб чиқариш ва маблағлар айланишидаги уйғунликка боғлиқ бўлиш билан бир қаторда, ишлаб чиқаришга хизмат қилувчи инфратузулма мажмуасининг юқори технологик сервис - хизмат кўрсатиш тизими субъектлари фаолиятига ҳам боғлиқдир. Аммо, мамлакатимизнинг қишлоқ жойларида, оғир экологик муҳит таъсиридаги Қорақалпоғистон Республикасида аҳоли ижтимоий эҳтиёжини қондириш субъектлари фаолиятининг талаб даражасидан анча пастлиги улар фаолиятини ривожлантириш ҳаётий заруриятдир.

2008 йилда бошланиб ҳанузгача жаҳон ҳамжамияти иқтисодиётига салбий таъсир этиб келаётган жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон мамлакатини оқилона бошқарув натижасида мамлакат иқтисодиётини ўз домига тортиб кетаолмаган бўлса-да, унинг салбий таъсиридан ўз вақтида ва самарали муҳофазаланиш чора-тадбирларининг белгиланиши натижасида жаҳондаги илғор мамлакатлардаги каби иқтисодий турғунлик ҳолатига тушуб қолмади, балки иқтисодий ўсиш суръатларининг ўсиб боришига эришилди.

Ўзбекистон Республикасида ЯИМ ҳажми МДҲ давлатларидагига нисбатан энг юқори кўрсаткичга, яъни 2010 йилда ЯИМ ҳажмидаги ўсиш 8.5 фоизни ташкил этди. Қорақалпоғистон Республикасида бу кўрсаткич ялпи ҳудудий маҳсулот ҳажми 1354,5 млрд.сўмни ташкил қилиб, ўсиш суръати 108,7 фоизга еткан. Иқтисодий ўсишга эришишнинг асосий омиллари - бу 2009 йилга нисбатан саноат маҳсулотлари ҳажмининг 109,4 фоиз, жами хизматлар 111,0 фоиз, ялпи қишлоқ хўжалиги маҳсулоти ҳажмининг 113,4 фоиз ва пуллик хизматлар ҳажмининг 118,2 фоизни ташкил қилган.

Қорақалпоғистон Республикаси кичик тадбиркорлик субъектларининг ялпи ҳудудий маҳсулотдаги улуши 2010 йилда 60,7 фоизни ташкил қилган бўлса, бу кўрсаткич “2008-2010 йилларда аҳоли бандлигини таъминлаш, рақобат ва тадбиркорликни қўллаб-қувватлаш ҳамда ривожлантириш” ҳудудий дастури бўйича 62,5 фоизни ташкил этган.

Амалга оширилган ижобий ишлар натижасида 2010 йил давомида рўйхатга олинган кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектларининг сони 20121 тани ташкил этиб, 2009 йилга нисбатан 706 тага, яъни 3,6 фоизга кўпайган. Рўйхатга олинган кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектларининг 93,2 фоизини (18761 та) микрофирмалар, 6,8 фоизини (1360 та) кичик корхоналар ташкил қилган.

Рўйхатга олинган кичик бизнес субъектларининг 560 таси
(2,7 фоиз) маиший хизмат кўрсатиш соҳасига тўғри келади.

Кичик бизнес ва тадбиркорлик субъектлари ҳисобидан жами яратилган янги иш ўринларидан хизмат курсатиш ва сервис соҳасида 8001 та (режа 7985) янги иш ўринлари яратилган. Мазкур маълумотлардан кўриниб турибдики, республика иқтисодиёти риводланишида кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятининг роли ортиб бораётган бўлса-да, ҳудудда бу фаолиятни ривожлантириб бориш учун ҳали кўп ишлар қилиш зарурлиги кузатилмоқда. Масалан, Қорақалпоғистон Республикаси бўйича фаолият кўрсатмаётган кичик корхона ва микрофирмалар сони 2 мингтага етиб, 2009 йилга нисбатан 400 тага ошишига йўл қўйилган. Бу асосан кичик бизнес субъектларининг фаолият бошламасдан олдин зарур бизнес режаларининг пухта ишламаганлиги, керакли айланма маблағлар билан таъминланмаганлиги сабаби билан боғлиқ бўлмоқда.

Бугунги кунда кичик бизнес субъектларига консалтинг хизмат кўрсатувчи 16 та ахборот-маслаҳат марказлари, 2 та бизнес инкубаторлар, 5 та суғурта компаниялари, 54 та банк бўлимлари, 151 та минибанклар ва 2 та микрокредит ташкилотлари, 20 та аудиторлик фирмалари, 89 та брокерлик идоралари, 14 та баҳолаш компаниялари фаолият юритиб келаётган бўлсалар-да, кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятининг ривожланишига тўсиқ бўлиб келаётган асосий сабаблар сифатида бизнес режаларининг пухта ишламаганлиги, керакли айланма маблағлар билан таъминланмаганлиги деб қайд этилиши ачинарли ҳолдир.

Кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятини айниқса хизмат кўрсатиш соҳаси тизими субъектларининг қишлоқ жойларида ва оғир экологик муҳит таъсиридаги ҳудудда ривожлантириш кўп жиҳатдан ташқи молиялаш тадбирларига боғлиқ. Бу тадбирлар асосан хизмат кўрсатиш соҳаси тизим субъекти бўлган банк ва бошқа кредит ташкилотлари воситасидаги кредит муносабатлари асосида амалга оширилади.

Тадқиқотлар кўрсатишича, кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолияти ривожланишига тўсиқ бўлиб турган муаммолардан энг муҳими, фаолият олиб бориш учун айланма маблағларнинг етишмаслигидир.

Бу ҳолат банклар томонидан кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолияти ривожланиши учун кредитлар ажратилмаётганлигидан эмас, балки бериладиган кредит таъминоти учун субъектда таъминот билан боғлиқ муаммоларнинг мавжудлигидир, яъни кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектларида таъминот объектининг йўқлиги, ёхуд таъминот объектини гаровга қўйиш билан боғлиқ харажатлар учун маблағнинг етишмаслигидан, шунингдек кредитлашнинг оғир экологик муҳит таъсирида бўлган ҳудудлар ва қишлоқ жойлардаги кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятини кредитлашнинг самарали ва нисбатан енгил механизмлари ишлаб чиқилмаганлиги банк кредитларидан фойдаланиш имкониятини чеклаб қўймоқда. Бу муаммонинг ижобий ҳал этилиши оғир экологик муҳит таъсирида бўлган Қорақалпоғистон Республикаси учун долзарб ҳисобланади. Чунки, оғир экологик муҳит шароитида истиқомат қилаётган аҳоли ижтимоий эҳтиёжларини қондириш, умуминсоний фаолият узвийлигини таъминлашда иқтисодиётнинг бутун пойдевори таянадиган соҳа тизими бўлган инфратузулма фаолиятини кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолияти асосида ривожлантириш мамлакатимиз олдида турган муҳим вазифалардан ҳисобланади.

Шу муносабат билан, инфратузулманинг кредит муносабатларига хизмат қилувчи банк ва бошқа кредит ташкилотлари манфаатларига зиён етказмайдиган, шунингдек, аҳолининг ижтимоий эҳтиёжларини қондирувчи субъектлар фаолиятини ривожлантиришда кредитларнинг роли ва унинг самарадорлигини таъминловчи, мижозлар учун енгил ва лекин муносабатда мажбурият ижросини таъминлашнинг ўзига хос мукаммал усулларини амалиётда татбиқ этиш орқали кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятини ривожлантиришда банк кредитларининг самарадорлигини янада ошириш тадбирларини ишлаб чиқишимиз ва амалиётга татбиқ этишимиз мақсадга мувофиқдир.

Фикримизча, мамлакатнинг бутун иқтисодиёти таянадиган пойдевор бўлган кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик субъектлари фаолиятини ривожлантиришда ва айниқса оғир экологик муҳит таъсирида бўлган Қорақалпоғистон Республикасида инфратузулма субъектлари учун таъминотнинг соддалашган ва лекин ишончли бўлган услубларини қўллашнинг ҳуқуқий асосини яратиш зарур. Бунинг учун кредит муносабатларини тартибга солувчи норматив ҳужжат сифатида “Учинчи шахсларнинг мулкий мажбуриятларни зиммасига олиш тўғрисида” ги Қонун ҳужжати ва мазкур қонун нормаларига мувофиқ кафиллик таъминотининг ҳуқуқий ва иқтисодий саводхонлик нуқтаи назаридан тўғри расмийлаштиришга асосланган кредитлашни амалга ошириш механизмини ишлаб чиқилиши мақсадга мувофиқдир.


Адабиётлар:

  1. Ўзбекистон Республикаси Конституцияси. ».- Т.: «Ўзбекистон». 1992.

  2. Каримов И.А., «Мамлакатимиз тараққиёти ва халқимизнинг ҳаёт даражасини юксалтириш-барча демократик янгиланиш ва иқтисодий ислоҳотларимизнинг пировард мақсадидир».-Т: «Ўзбекистон».2007.-199 б.

  3. Каримов И.А., «Ўзбекистон бозор муносабатларига ўтишнинг ўзига хос йўли».- Т.: «Ўзбекистон». 1993.

  4. Каримов И.А., «Ўзбекистон ХХI аср бўсағасида: хавфсизликка таҳдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолатлари» - Т.: «Ўзбекистон». 1997. 326б.


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНДА АЎЫЛ ИНФРАСТРУКТУРА СИСТЕМАСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ ТИЙКАРҒЫ БАҒДАРЛАРЫ
Сейтимбетов К.С.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2009-жылдың «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў жылы» деп аталғаны ҳәм қабыл етилген «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў жылы» Мәмлекетлик дәстүриниң орынланыўы заманагөй архитектура ҳәм қаласазлық талапларынан келип шығып, үлги проектлер ислеп шығыў ҳәм қолланыў, аўыл қурылысының көлемин жоқарылатыў ҳәм де оны индустриалластырыў, аўыллық жерлерде үй-жай, социаллық, мәдений ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объектлери қурылысы, автомобиль жолларының жағдайын, транспорт ҳәм коммуникация хызметлерин жақсылаў, улыўма айтқанда аўыллық пунктлерди раўажландырыў ҳәм аўыл халқының турмыс дәрежесин және де жақсылаўды мақсет етип қойды.

Бүгинги күнде усы дәстур бойынша аўылды раўажландырыў ҳәм абаданлығын жоқарылатыў ушын аўыл қурылысы саласының да реформаласыўы келешектеги тийкарғы бағдарларының бирине айланды.

Аўыл хожалығында басқышпа-басқыш алып барылған реформалардың нәтийжесинде жеке мүлкшиликке тийкарланған ҳәр түрли тайпадағы хожалықлар шөлкемлестирилди ҳәм хызмет көрсете баслады. Бунда жаңа фермер хожалықларын дүзиў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша ҳүкимет тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар, оларды хошаметлеў ҳәм оларға хызмет көрсетиўши инфраструктура мекемелерин шөлкемлестириўге үлкен итибар берилмекте. Президентимиз Ислам Каримовтың айтып өткениндей, «Аўылда базар инфраструктурасы әмелде жаңадан пайда болды, аўыл хожалығында өндиристи шөлкемлестириў ҳәм хошаметлеў тараўын басқарыў принциплери ҳәм системасы сапа жағынан абсолют жаңа принциплер тийкарында жолға қойылды». Булардың барлығы мәмлекетимизде дийханлардың пидәкерлик мийнетиниң нәтийжеси болып есапланады.

Өзбекстанда аўыл хожалығы өндирислик инфраструктурасының жедел раўажланыўына тәсир етиўши тийкарғы фактор-аўыл хожалығы өндирислик инфраструктурасын мәмлекет тәрепинен туўрыдан-туўры қоллап-қуўатлаўдың зәрүрлиги төмендеги жағдайлар менен түсиндириледи:


  • мәмлекет бойынша, әсиресе, аўыллық жерлерде өндирислик инфраструктура шақапшаларының раўажланыў дәрежеси олардың хызметинен пайдаланыўшы хожалық субъектлериниң раўажланыўынан артта екенлиги. Өндирислик инфраструктура шақапшалары раўажланыўының дәслепки дәўириндеги финанслық қыйыншылықлар, аўыл хожалық кәрханаларының төлем уқыплылығының салыстырмалы төменлиги, тәжирийбели кадрлар менен жетерли дәрежеде тәмийинленбегенлиги оларды жеделлик пенен раўажланыўына тосқынлық қылып атырғанлығы;

  • өндирислик инфраструктура шақапшалары ортасында толық бәсеке орталығының жүзеге келмегенлиги. Бүгинги күнде мәмлекетке қараслы болған хызмет көрсетиў ҳәм тәмийнат кәрханаларына бәсекилес болған жеке, акционерлик яки басқа түрдеги кәрханаларды раўажландырыў ушын айрықша жеңилликли жағдайлар жаратыў, оларды раўажландырыўда ишки ҳәм шет ел инвестицияларын енгизиў ушын жетерли дәрежеде ҳуқықый ҳәм нормативлик тийкарлардың жаратылмағанлығы;

  • өндирис инфраструктура шақапшалары тәрепинен көрсетилетуғын хызметлерге болған талап ҳәм усыныстың товар базарындағы талап ҳәм усыныстан бирқанша парқ қылыўы, яғный аўыл хожалығының мәўсимлилигине байланыслы жағдайда өндирис инфраструктура шақапшалары тәрепинен жеткерип берилетуғын ресурс ҳәм хызметлерге болған талаптың жыл даўамында өзгерип турыўы.

Жоқарыда баян етилген жағдайларды есапқа алған жағдайда мәмлекетимизде аўыл хожалығына хызмет көрсетиўши өндирислик инфраструктураны раўажландырыўға туўрыдан-туўры мәмлекеттиң араласыўы зәрүр болады. Усы көз-қарастан кейинги жылларда зыян менен ислеўши ири аўыл хожалық кәрханалары негизинде фермер хожалықларын шөлкемлестириў бойынша қабыл етилип атырған ҳүкимет қарарлары мысал бола алады.

Аўыллық социаллық инфраструктураны раўажландырыўдың экономикалық механизми дегенде аўылдың белгили секторын раўажландырыўды хошаметлеўши финанслық, салық, кредит, инвестициялық, дәстүрий метод ҳәм қураллардың жыйындысын өз ишине алыўшы, аўыллық социаллық инфраструктураны муўапықластырыўшы ҳәм тәртипке салыўшы механизм түсиниледи. Усы механизмлерди анықлаўда аўылдың социаллық инфраструктурасының өзине тән өзгешеликлерин дыққат итибарға алыў лазым.

Аўыл инфраструктурасы тийкарынан социаллық сектор экономикасына тийисли болғаны ушын оны раўажландырыў механизми онда мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың экономикалық хошаметлеў ҳәм рычагларының айрықшалығы менен характерленеди. Аўыллық социаллық инфраструктураны раўажландырыў механизминиң тийкарғы элементлери қатарында социаллық инфраструктурани финансластырыў (бюджет есабынан), салық ҳәм бюджетке төлемлер, баҳаның қәлиплесиўи, кредитлестириў, сыртқы экономикалық хызметлерди хошаметлеў ҳәм қамсызландырыўларды ажыратып көрсетиў мүмкин. Аўыллық социаллық инфраструктураны финансластырыўдың өзгешеликлерин, механизм ҳәм дереклерин анықлаў ушын аўыллық жерлердиң социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесине қарай, илимий тийкарда топарларға ажыратыў лазым. Бунда аўыл территорияларының тәбийий жағдайы, социаллық-экономикалық, экологиялық ҳәм басқа бир қатар факторларын терең анализ етип, объектлерди улыўмаластырылған модель жәрдеминде топарлаў тийкарында объектлерди илимий жақтан изертлеў керек.

Аўыллық жерлерди топарларға ажыратыў нәтийжесинде республикадағы районлардың тәбийий-экономикалық потенциалының жағдайы ҳаққында жеке көз-қарасқа ийе болып, аўылды қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекет сиясатының тийисли илажларын ислеп шығыўға мүмкиншилик жаратылады. Сондай-ақ жоқары көрсеткишлерге ийе районларда аўыллық социаллық инфраструктураны финансластырыўдың өз дәраматлары есабынан әмелге асырылыўы мүмкин.

Бунда аўыллық социаллық инфраструктурасын раўажландырыўға орайластырылған капитал қаржыларын киритиў ушын райондағы барлық өндирис кәрханаларының кооперациялық принциплерине тийкарланған, регионлық бирлеспелерди дүзиў мүмкин. Бундай жақынласыў мақсетли бағдардағы қаржыларды топлаў, айрықша тараўларды раўажландырыўдағы сәйкес келмеўшиликлерди сапластырыў имканиятын береди.

Орта көрсеткишли топарларда аўыллық социаллық инфраструктурасиниң өз дәраматлары есабынан финансластырыўдың дерлик илажы жоқ, себеби олар әсте-ақырын буннан да төмен көрсеткишлерге қарап кетиўине ийкемлеседи. Бундай жағдайда район ҳәм республика орайының аўыллық социаллық инфраструктурасын финансластырыўдағы жәрдеминиң үлесин көбейттириў зәрүр. Дәраматлар қурамында бюджет қаржылары бар болған мәденият, физикалық тәрбия ҳәм спорт мекемелерин жергиликли ҳәм регионлық бюджетлерге төленетуғын барлық төлемлерден азат етилип, босаған қаржыларды социаллық инфраструктура объектлерин раўажландырыўға бағдарлаў мүмкин.

Төмен көрсеткишли топарларда аўыллық социаллық инфраструктураны финансластырыў мәмлекетлик дәстүрлер ишинде илажлар арқалы әмелге асырылады. Бундай регионда мәмлекеттиң жәрдемисиз, аўылдың социаллық раўажланыўы бойынша айрықша миллий сиясатты ислеп шығылмаған жағдайда аўылда жасаўшылардың социаллық тараў машқалалары, соның ишинде оны финансластырыў мәселесин ғәрезсиз түрде шеше алмайды. Усы орында республикамызда заманагөй өндирис ҳәм социаллық инфраструктураны жедел раўажландырыўды тәмийнлеў, усы тийкарда экономиканы избе-из ҳәм турақлы жоқарылатыў ушын қолайлы шәрт-шараятлар жаратыў мақсетинде, «2009 жылда өндирислик ҳәм социаллық инфраструктураны жәнеде раўажландырыўға тийисли илажлар ҳаққында» арнаўлы дәстүр қабыл етилди ҳәм оның орынланыўы кескин түрде қадағалаўға алынды.

Солай етип, аўыллық социаллық инфраструктураны финансластырыў машқаласын шешиў ушын жүдә қурамалы мәселе болып, мәмлекет ҳәм аўыл халқының мәплериниң теңликте болыўын есапқа алған жағдайда системалы усылда әмелге асырылыўы шәрт.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет